МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
101
шәраятында идеологиялық тәрбияның тийкарғы мақсети-халқымыздың азат ҳәм
абат Ўатан, еркин ҳәм пәраўан турмыс қурыў жолындағы әсирлик арзыў умтылыс-
лары, мақсет-тилеклерин, миллий ғәрезсизлик идеологиясының мәнис мазмунын
кең жәмәәтшиликке түсиндириў ҳәм әсиресе жаслар санасына сиңдириўден ибарат.
Буның нәтийжесинде сол жәмийет раўажланыўына түртки бериўши идеялардың ҳәр
бир пуқара тәрепинен саналы түрде өзлестирилиўи, олардың санасы ҳәм қәлбине
сиңиўине тәсир жасайды. Сол мәнисте миллий ғәрезсизлик идеясы Өзбекистанда
жасап дөретиўшилик пенен шуғылланып атырған ҳәр бир пуқара қәлби ҳәм санасында
әсирлер даўамында сақланып киятырған миллий қадриятларымыз, халқымыздың
бүгинги ҳәм келешектеги мақсетин сәўлелендириўши саламат идеялар ҳәм пикирлер
тәризинде-халықтың дүньяқарасында өз көринисин табыўы керек. Бул идеологиялық
тәрбияның баслы өзгешеликлеринен бири. Идеологиялық тәрбиялылық ең әўеле
ийман, исеним, Ўатан ҳәм халық алдындағы жуўапкершилик, пидайылық сыяқлы
пазыйлетлерде көринеди.
Идеологиясы болмаған ҳәм оған тийкарланған тәрбия системасын жаратпаған
жәмийет болмайды. Ол яки бул идеология рәсмий деп тән алынбаған, иеологиялық
көп түрлилик ҳүкимран болған мәмлекетлерде де жәмийетлик турмыста үстин
болған принциплер, адамлар сөзсиз әмел қылатуғын қәдриятлар жәмийет, миллий
раўажланыўдың мақсетлерин сәўлелендириўши дәстурлер бар болады.
Республикамыз халқының 64% артығын жаслар қурар екен, елимиздиң келешеги
де әйне усы жаслар қолында екенлигине гуман жоқ. Жаслардың ийманлы, ғәрезсиз
ҳәм еркин пикирге ийе, ҳәр қандай топылысларга қарсы тура алатуғын инсан болып
жетисиўинде билимлендириў мекемелери, шаңарақ, мәҳәлле бирге ислесиўи, миллий
ҳәм улыўма инсаный қәдриятларға тийкарланған идеологиялық тәрбияның әҳмийети
үлкен.
Бүгинги жаслар өзлериниң ким екенлигин, ҳеш кимнен кем емеслигин, ата-баба-
лары ким болғанлығын аңлап жетти. Бирақ, халқымыздың руўхый бирлигине қәўип
салыўшы, жасларымыздың елимиздиң келешегине болған исенимин бузыўға урынып
атырған күшлер де бар. Олар ҳәр қыйлы бузғыншы, алдамшы идеяларды тарқатып,
жаўыз мақсетлерди гөзлеп, айрым ирадасы әззи жасларды өз журтына, ана Ўатанына,
ҳәтте ата-анасына қарсы болған душпанларды таярлаўға урынбақта.
“Ғәрезсизликке ерискенимизден соң, - деп жазады Бирнши президенти-
миз И.А.Каримов, -биз жалған идеологияның жекке ҳәкимлигинен қутылдық.
Мәнәўиятты, идеологияны зулымлардан азат қылып, еркин пикирге, миллий дүнья
қарасқа жол аштық.
Ендиги тийкарғы ўазыйпа адамларымыздың еркин ғәрезсиз пикирлеўге үйрениўи,
өзине исенимниң артып барыўыдур. Себеби ақыл ой азат болмаса, сана қуллықтан
қутылмаса, инсан толық азат болмайды”. Ақыл ойдың азат болыўы жаңаша, ғәрезсиз
дүнья қарасты қәлиплестириўдиң тийкарғы факторы. Жаңаша дүнья қарас систе-
масында, алымларымыз тәрепинен белгиленген ертеңги күнге исеним сезиминиң
үстинлигин тәмийнлеў улкен әҳмийетке ийе.
Глобалласыў тәсири астында турмысымызға кирип киятырған миллетимиз
ушын жат руўхый топылыслардан қорғаныўдың тийкарғы имканиятларынан
бири идеологиялық тәрбия есапланады. Идеологиялық тәрбия болғанда да мил-
лий тәрбия тийкарында қурылған идеологиялық тәрбия болыўы лазым. Сондай-ақ
ол глобалласыўдың ҳәзирги ҳәўиж алып турған шәраятларын есапқа алған ҳалда
жаңаша мазмун ҳәм формада алып барылатуғын тәрбия болыўы керек.
Миллий тәрбия миллет ўәкиллерине әсиресе оның жасларына миллий мийрас,
Do'stlaringiz bilan baham: |