МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
8
Алланазаров е. е.
Қарақалпақ әдебияты кафедрасының III басқыш еркин излениўшиси, ф. и. к.
Азатова Ж.
Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультети 1-курс студенти
Әжинияз атындағы НМПИ
«МәКАРия Сулыў» дәСТАНыНың КӨРКЕМлиК Тили
Таянч сўзлар:
достон, миллий эпик фольклорик анъаналар, умумхалқ метафо-
ралар, индвидуал муаллифлик метафоралар, метафора ва бадиийлик.
Ключевые слова:
дастан, национальные эпические традиций фольклора,
народные метафоры, авторские метафоры, метафоры и художественность.
Key words:
dastan, national epic-folk traditions, folk (national) metaphors, individual
author’s metaphor, metaphor and art.
Белгили сөз зергери Т. Жумамуратовтың дөретиўшилиги өзине тән образлылығы
менен ғана емес, ал дәстанлық дәстүрге тән поэзиядағы сыяқлы инсан қәлбиниң
шексиз кеўил кеширмелери менен де тамырлас, сыбайлас болып келиўии менен
басқа сөз шеберлери поэзиясынан ажыралып турады. Т. Жумамуратовтың усындай
көркем сөз устасы сыпатында реалистлик дәстүрге тән болған дәстан дөретиўине
түртки болып, әжайып халық шайыры болып жетилисиўине қарақалпақ ҳәм басқа
да түркий тиллес халықлар фольклорлық поэтикалық дәстанлары үлкен тәсир
жасаған. Сондай-ақ, шайырдың поэтикалық дәстан дөретиўдиң сырлы ғәзийне
дүньясына кириўине Шығыс ҳәм Орта Азия сөз шеберлериниң, қарақалпақ классик
шайырларының шығармалары да белгили дәрежеде үлги болып, ана тилиниң сөз
байлықларынан, даналықты меңгерген әжайып инсанлардың стильлик, новаторлық
шеберликлеринен өрнек алған десек қәтелеспеймиз. Оның дәстаншылықтағы
шайыршылық толғаныслары халық дәстанлары дәстүрлеринен кең орын алған
аңыз-әңгимелер, мифлик сүўретлеўлер, нақыл-мақаллар, тарийхый ўақыялар,
миллийлигимиздиң бийбаҳа ғәзийнелери болған халық шайырларының дәстанлары
менен бирге суўғарылған болып келеди. Ол өзине халық шайырлары А. Муўсаев, А.
Дабылов, С. Нурымбетов ҳ.т.б.ларды устаз тутты. Белгили илмпаз Б. Қәлимбетов:
«Фольклорлық сөзлер - бул халық поэзиясының түп-тамыры. Тийкарында усы
тамырдан айырылған шығарма халық жүрегинен орын алалмайтуғынлығы әзелден
белгили. Шайырдың поэтикалық күши оның пхалық поэзиясы менен тамыр-
лас болғанында»,- деп пикир билдиреди. (Б. Қәлимбетов. Дәўлен поэзиясының
ҳақыйқатлығы. Әмиўдәрья журналы. №1-саны. 2004., 103-бет).
Т. Жумамуратов «Мәкария сулыў» дәстанында толғаўлар халық дәстанлары
дәстүриндегидей сөз уйқаслары баянлаўшылық усылда болып, бир қарағанда
әпиўайы сөз дизбеги сыяқлы болып көригени менен дыққатлырақ болып мәни
берип оқылса, онда терең философиялық толғаныслардың, фольлорлық дәстүрге
тән болған поэтикалық образлылықты, символлық сүўретлеўди көриўге болады.
Мысалы,
Do'stlaringiz bilan baham: |