МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
10
Мәкарияның образын реал турмыслық шынлық пенен қарыстырып, жаңашыллық,
заманагөй үнлеслик сезимлерди, жоқары дәрежедеги эмоциональлық экспрессия
менен суўғарылған дәрежеге алып шығады. Мысалы:
Бурымлары таўдың қара жанындай,
Ақ денеси қыстың таза қарындай,
Узын бойы дийдарына қонымлы,
Ҳүр Кырымның өскен сәрўи талындай.
Мыйық тартса жалт-жулт етип дүр тиси,
Шырайына шырай қосар күлкиси,
Күн нурындай уялтады көзлерин,
Тике турып қарай ғойса бир киси.
Тәбияттан келтирилген сый анық,
Ҳәмме сулыў келтирилсе жыйылып,
Ләйли менен Зулейхалар болса да,
Турар еди Мәкариядан уялып. …
Сонда. 143-бет.
Өскен қыз ҳеш ўақытта сағы сынбай,
Таранған Күншығыстың таўысындай.
-Сәлем,-деп аппақ тиси ашылғанда,
Лапызы сыбызғының даўысындай…
Сонда. 148-бет.
Шайыр тәрепинен Мәкария сулыў дәстаны фольклорлық дәстүрий поэтикалық
форма менен заманға сай мазмундағы ўатанды сүйиў руўхы менен суўғарылған,
туўылған жердиң тәбиятына, патриотлық характерге бай болып келген қаҳарманның
кеўил кеширмелерин поэзиялық тил менен берилген. Дәстанда қаҳарман тили менен
туўылған жер топырағының, тәбиятының өзине тән гөззалығын, оның әжайып ҳәр
түрли пасыллардағы картиналарын, пейзажлық көринислериндеги гөззалықты
ашып бере алғанлығын көремиз ҳәм шығарманың Ўатанды сүйиўшилик руўхы
менен суўғарылғанын сезинемиз. Бул жерде шайырдың фольклорлық дәстанлық
шығармалардың, классикалық образлардың рәңбәреңлигинен тәрбияланғанлығын,
руўхланғанлығынан дәрек береди ҳәм оның поэтикалық кеңислигинде реал
турмыстың ҳақыйатлығы, өмир шынлығы менен байланыслы болған сезимлердиң
орын алғанлығы айрықша ажыралып турады. Шайыр дәстанында халықтың реал
турмыслық ой-пикирлери, арзыў-әрманлары, дүнья танымындағы көз-қараслары,
руўхый байлыықлары сөз етиледи. Соның ушын да халық шайыры Т. Жумамура-
тов қарақалпақ халқының ҳақыйқый жыршысы, уллы шайыры болып, новаторлық
көрсетип дөреткен оның шығармалары мақтанышымыз болыў менен бирге әсирлер
даўамында миллий азығымыз сыпатында халыққа хызмет ете береди.
Әдебиятлар:
1. Т. Жумамуратов. Шығармалар жыйнағының 3 томлығы. 1-том. Нөкис:. 1978.
2. Әмиўдәрья журналы. 2004-жыл . №1-саны.
3. Т. Жумамуратов. Аралға келдим оралып. Нөкис:. «Қарақалпақстан» 2015.
РЕзЮМЕ
Мақолада Т. Жумамуратовнинг «Макария сулув» достонидаги метафораларнинг фолькло-
ристик миллий-эпик ва реалистик баён қилиш анъаналарига боғлиқ стилистик қўлланилиши
ўзига хос хусусиятлари ва поэтик-эстетик хизмати кўрсатилиб берилган.
РЕзЮМЕ
В данной статье рассматривается национально-эпические и реалистические дискурсы мета-
форических фольклорных традиции в дастане Т.Жумамуратова «Макария Сулу», а также описы-
вается стилистические разновидностями и поэтическо-эстетические свойства.
SUMMARY
The given article deals with folk traditions of the national-epic and realistic metaphors in “Makariya
suliu” dastan by T.Jumamuratov, and there is described its features of stylistic usage and poetic-esthetic.
Do'stlaringiz bilan baham: |