“Tálim sistemasında elektron tálim ortalıǵında
islewdegi mashqalalar hám sheshimler”
мағлыўматларды салыстырмалы жеңил ҳәм беккем қәлиплесиўине қолайлы шараят
жаратады.
ХХ әсирдиң 90-жылларынан баслап информация тараўы кескин раўажланып
кетти. Бизиң әсиримиз, яғный ХХI әсирди информация ҳәм коммуникация әсири деп
бийкарға атамайды. Информацияластырыў дегенимиз не ҳәм оның ўазыйпаларына
нелер киреди, оның тийкарғы өзгешеликлери қандай деген сораўлар ҳәзирги заман
жәмийетиндеги ҳәр бир пуқараын қызықтырыўы тәбийий. Себеби, инсан хызметин
информациясыз көз алдымызға келтириў қыйын.
Информация -
(
лат. информатио - түсиндириў, баян қылыў)
– шәртли белгилер
жәрдеминде шахслар, предметлер, дәлийиллер, ўақыялар, ҳәдийселер ҳәм процесслер
ҳаққында, оларды сүўретлеў формасына қарамастан узатылатуғын ҳәм сақланатугын
мағлыўматлар есапланады. [2, M.A.Rahmatullayev , 11-бет].
Билимлендириўде хабар технологиясы
– алдына қойылған билим бериўшилик
мақсетлерге ерисиўге имканият беретуғын, теоиялық тийкарланған билимлендириў
процессин әмелге асырыўдың формалары, усыллары ҳәм қуралларының жыйындысы
есапланады. [3, R.Hamdamov, U.Begimkulov, NTayloqov 22-бет]. Бунда ол тийисли
илимий моделлестириўгне (проектлестириўге) таянады, бул процессте бул мақсетлер
бир кыйлы мәнисте бериледи ҳәмде оқыўшының жеке өзгешеликлери ҳәм сыпатларын
оны раўажландырыўдың мәлим бир басқышында объектив рәўиште басқышпа-басқыш
өлшеў ҳәм баҳалаў имканияты сақланады.
Күнделик турмыста түрли көринистеги информациялар, мәселен, текстли,
графикалық, таблицалы, даўыслы (аудио), сүўретли, видео ҳәм басқа мағлыўматлар
менен ислеўге туўра келеди. Ҳәр бир түрдеги хабарлар менен ислеў (жыйнаў, сақлаў
ҳәм т.б.) ушын ҳәр қыйлы техникалық характеристикаларға ийе болған информация
қурылмалары керек болады.
Ҳәзирги күнде билимлендириў тараўында оқытыўды компьютерлестириўге
үлкен итибар берилмекте, себеби, заманагөй оқытыў технологияларынан сабақ
процессинде пайдаланыў жақсы унамлы нәтийжелер береди. Оқытыўды
компьютерлестириў ямаса хабар технологияларынан пайдаланыў бағдарламасына
төмендегилерди киритиў мүмкин:
-
Билимлендириў
системасының
барлық
басқышларында
информацияластырыўдың жетекши буўынлығы тәмийинлеў;
-барлық
тараўлар бойынша билим бериўде информацияластырыўды
раўажландырыўды проектлеў ҳәм жаратыў (мониторинг);
-
Информация тараўында норматив базаларды жаратыў (илимий методикалық
бирлеспелер ҳәм т.б.);
-техникалық
тәмийнат-компьютерлер,
хабар
технологиясының
басқа
қурылмалары, оларға хызмет көрсетиў уын керекли материалларды жаратыў;
-
телекоммуникация тармақлары;
-тәмийнат ресурслары (дәстүрий тәмийнат, интернетдеги информациялар
комплекси, мағлыўматнамалар ҳәм т.б.).
Раўажланған
шет
мәмлекетлер
ҳәм
республикамыздағы
жетекши
билимлендириў мекемелеринде компьютер технологиялары тийкарында оқытыў
бағдарламалары анализи сыпат жағынан жаңа оқытыў қураллары болып, олар дәстүрий
оқытыў методларынан түптен парық қылыўын көрсетпекте. Бундай қатнастың
тийкарғы қуралларынан бир сыпатында, компьютерда моделлестириў теориясын
көрсетиў мүмкин.
Qaraqalpaqstan
Respublikası xalıq bılımlendiriw xızmetkerlerin
qayta tayarlaw hám olardıń qánigeligin arttırıw aymaqlıq orayı
54
Do'stlaringiz bilan baham: |