Кирисиў. Жеке раўажланыў биологиясы пәниның раўажланыў


Аналық жыныс безлери ҳәм овогенездиң избе-из раўажланыў



Download 2,04 Mb.
Pdf ko'rish
bet9/62
Sana20.04.2022
Hajmi2,04 Mb.
#567220
TuriЛекция
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   62
Bog'liq
рауаж.биол. лекция

Аналық жыныс безлери ҳәм овогенездиң избе-из раўажланыў 
басқышлары 
 
Мәйеклик эпителия менен қапланған жуп орган болып, көпшилик 
ҳайўанларда дене қуўыслығында жайласады. Мәйекликтиң дүзилис хызметлик 
бирлиги жоқары дүзилистеги ҳайўанларда түрли раўажланыў стадияларындағы 
фолликулалар болады. Мәйекликтиң тиришилик искерлиги процесинде 
биринши фолликулалар болады. Мәйекликтиң тиришилик искерлиги 


15 
процесинде биринши фолликула пискен-Графова қуўықшаларына айланады. 
Ҳәр бир Графов қуўықшалары жыныс клеткаларын аўқатландырыўшы 
фолликулярлық эпителиялалардан ҳәм фолликулалардың дийўалын пайда 
етиўши тутастырыўшы тоқыма қатламынан турады. Буның ишинде белоклық 
суйықлық пенен толған қуўыслық болады. Бул бослық пенен фолликулярлық 
эпителия менен қоршалған мәйек клеткасы тийисип турады. Аналық жыныс 
клеткалары арнаўлы орган аналық жыныс безлеринде раўажланады. 
Солай етип, мәйек клеткаларының раўажланыў циклине-овогенез (
оvum

мәйек, 
genesis
- раўажланыў) деп айтылады. Аналық жыныс клеткасы 
мәйекликтиң фолликула, Графов қуўықша бөлимлеринде шама менен 
эмбрионал раўажланыў өмиринде, ал жынысый писип жетилген организмлерде 
толық ҳалында раўажланады. Овогенез процеси 3 дәўирге бөлинеди: 
а) көбейиў дәўири 
б) өсиў дәўири 
в) писип жетилисиў дәўири 
Биринши, ишки көбейиў дәўиринде эмбрионаллық мәйекликте биринши 
жыныс клеткалары овогониядан пайда болады. Булар мәйек алып жүриўши 
шардың ишинде туқымланғаннан кейин бөлинип эмбриогенездиң ақырында 
биринши фолликулалардан келип шығыўы менен овогонияның көбейиўи 
тамамланып, көбейиўин тоқтатқан, аналық жыныс клеткалары биринши 
тәртиптеги овоцитке айланады. 
Ишек қуўыслылардан душшы суў гидрасы клеткасында оогониялар тығыз 
топарлардан турып булардың бир клеткасы ғана ооцитке айланады. Ол басқа 
туўысқан клеткаларды жутып өседи. Кеширек бир қанша ооцитлер биреўге 
биригип, бир ядродан басқалары дегенерацияланады. Бундай ооцит 
“жыртқышлық” ҳәрекети менен қуртлардағыдай, буўын аяқлардағыдай 
нутриментарлық аўқатланыўға өтиўи болып есапланады. Аўқатланыўдың 
нутриментарлық типинде ооцит аўқатландырыўшы клеткалар топары менен 
байланыста болып, булардың бәринде бир оогониялық клеткалардан келип 
шығады. Мысалы: дрозофилаларда ҳәр бир оогония 4 избе-из бөлиниў 
нәтийжесинде 16 клетка пайда болып, булардың биреўи ооцитке, ал қалғаны 
аўқатландырыўшы клеткаларға айланады. Тамам болмаған цитотомияның 
нәтийжесинде барлық клеткалар арасында цитоплазмалық көпиршелер қалады. 
Сөйтип аўқатландырыўшы клеткалардан мәйек клеткасына рибосомалар ҳәм 
рибонуклеопротеидлердиң дәнешелери өтеди. 
Мәйек клеткаларда бир қанша тарқалған аўқатланыў типи фолликулярлық 
клеткалардың болыўы менен байланыслы болып, насекомаларда бул 
аўқатланыў типи нутриментарлық пенен туўры келеди, ал омыртқалыларда тек 
өзинен болады. Аўқатландырыўшы клеткаға қарағанда фолликулярлық 


16 
клеткалар соматикалық клеткалардан келип шығады, ал сүт емизиўшилерде 
олар мәйектиң қабығы бөлиминен пайда болады. 
Сүт емизиўшилер зародышының оогония басқышындағы жыныс 
клеткалары мәйекликтиң жоқарғы қабаты эпителиясында жатады, кейинирек 
ооцитке айланып фолликулярлық клеткалар менен қоршалып тутастырыўшы 
тоқымалық стромаға батады ҳәм қатар турып буған биринши фолликулярлар 
деп аталады. 
Дәслепки бир қабаты фолликула, фолликулярлық клеткалардың көбейиўи 
нәтийжесинде көп қабатлыға айланып, суйықлық бөлип шығарып әсте сорылып 
кетип олардың орнында қуўыслық пайда болып иши суйықлық пенен толады. 
Ядро хроматиннен айырылады цитоплазмада сарыўыз топланады, овоциттиң 
айланысында жарық белбеў пайда болады. Биринши тәртиптеги овоциттиң 
сыртынан жоқары фолликуляр клетка қабығы менен қапланып фолликулярлық 
эпителия менен овоциттиң аўқатландырыўшы байланысы тәмийнленеди. 
Солай етип, аўқатлық затлары топлана баслайды. 
Биринши тәртиптеги барлық өсиў дәўири екиге бөлинеди. 
А) киши өсиўде (превителлогенез) цитоплазманың, ядроның көлеми 
үлкейеди. 
Б) үлкен өсиўде (вителлогенез) сарыўыз пайда болып ядрода
цитоплазмада қурамалы өзгерис болады. Усы дәўирде дейтоплазма қәлиплесип 
биринши тәртиптеги овоцит бир неше онлаған, жүзлеген, ал гейде мыңлаған рет 
(қусларда) үлкейеди, адамда екинши тәртиптеги овоцит ҳәм мәйек 200 мкм 
диаметрге жетеди. Жоқары дәрежели ҳайўанларда, адамларда пискен 
фолликула Графова қуўықшасы нервлик гумораллық импульсларының 
жәрдеминде жарылады ҳәм ондағы суйықлық биринши тәртиптеги 
овоцитларды ҳәрекетке келтирип өзи менен алып кетеди. Ол мәйек алып 
жүриўши шаршарына жақын жатыр менен байланысқан қуўыслыққа түседи. 
Фолликулярлық клеткалар өзи синтези менен басқа жерде синтезленген 
аминокислоталарды, майларды ҳәм белокларды мәйек клеткаларына өткериўге 
жәрдем береди. Фолликулярлық клеткалар аўқатландырыўшы клеткалар менен 
цитоплазмалық байланыста болмайды, бирақ мәйек клеткаларына терең 
өсимшелерин жибереди, ал екинши жағынан ооциттиң үстинде көп ғана 
өсимшелер пайда болып екеўиниң арасында байланыс дүзеледи. Ооцит пенен 
фолликулярлық клеткалардың арасындағы бослыққа мәйек қасы кеңислиги 
делинип, саңлақлар арқалы аўқатлық затлар түседи. Бул затты мәйек 
клеткалары пиноцитозлық жол менен алады. 
Мәйек клеткасында арнаўлы аўқатландырыўшы клетка болмағанда 
солитарлық (жеке) аўқатланыў делинип булар ийне терилилерде, айырым 
қуртларда, ишек қуўыслыларда да аз аўқатланыў болса да фолликулярлық 
клеткалар менен байланыслы болады. 


17 
Графова қуўықшасынан биринши тәртиптеги овоциттиң шығыў процесине 

Download 2,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   62




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish