Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети


-сҥўрет. Портландцемент, орташа ириликтеги қум ҳәм шағал тийкарындағы аўыр



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet88/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   84   85   86   87   88   89   90   91   ...   290
Bog'liq
ОМК

13.2-сҥўрет. Портландцемент, орташа ириликтеги қум ҳәм шағал тийкарындағы аўыр 
бетонныӊ суў сарпы 
а) ҳәрекетшеӊ араласпалар; б) бикр араласпалар; шағал фракцияларыныӊ еӊ ириси; 
1-70 мм; 2-40 мм; 3-20 мм; 4-10 мм. 
Цемент, суў, майда толтырғышлардан қуралған цементли араласпа ири 
толтырғышлардыӊ аралық бослығын толтырады. Бирақ бул процесс идеал түрде болмай, ири 
толтырғыш даналарыныӊ бир-биринен қашыўына алып келеди. Әдетде даналардыӊ бир-
биринен қашыўы 

коэффициенти менен белгиленген болып, барқулла 1 ден үлкен болады. 
Ҳәрекетшеӊ бетон араласпаларында ири толтырғыш даналары бикр араласпаларға 
салыстырғанда кемирек бир-биринен қашады ҳәм 

коэффициенти сәйкес түрде бикр 
бетонларда минимумға умтылады. 
Әпиўайы аўыр бетон араласпасыныӊ үлги структурасы 13.3-сүўретте келтирилген. 
13.3-сҥўрет. Бетон араласпасыныӊ структурасы 
а) бикр; б) ҳәрекетшеӊ. 
Ҳәрекетшеӊлик ОК, см 
С
уў с
арп
ы С, к
г

м
3
С
ув с
арфи
С
, к
г

м
3
Бикрлик Ж, с 


82 
Ири толтырғыш даналарыныӊ бир-биринен қашыў коэффициенти 

бикр 
араласпаларда 1,05-1,15 ҳәм ҳәрекетшеӊ араласпаларда 1,2-1,5 ке теӊ болады. Ири 
толтырғыш даналарыныӊ бир-биринен қашыўы ҳәдден зыят болса, цемент араласпасы сарпы 
кӛбейеди, бетонныӊ физикалық-механикалық ҳәм деформатив қәсийетлери жаманласады. 
Бетон араласпасы ҳәрекетшеӊлигин цемент ҳәм суў сарпын асырыў есабынан 
кӛбейттириў бетонныӊ тығызлығы ҳәм беккемлигине кери тәсир кӛрсетеди. Соныӊ ушын 
бетон араласпасыныӊ ҳәрекетшеӊлигин асырыў мақсетинде оныӊ қурамына түрли 
пластификаторлар киритиў мүмкин. 
Бетон араласпасын пластификациялаў ушын қурамына химиялық затлар-
гидрофиллестириўши (лигносулфонатлар), гидрофобластырыўшы (милонафт, асидол ҳәм 
басқалар), дифил, яғный ҳәм гидрофоблик ҳәм гидрофиллик қәсийетлер бериўши 
синтетикалық майлы кислоталар, микрокӛбик пайда етиўши (ишқорий ағаш пеки) ҳәм басқа 
комплекс қосымшалар қосыў усыныс етиледи. 
Ҳәзирги күнде бетон араласпасын пластификациялаў мақсетинде жүдә нәтийжели 
суперпластификаторлар тӛмендеги полимерлер тийкарында таярланады: меламин смоласи 
ҳосиласи ямаса нафталин сулфокислоталар (С-3); лигносулфонатлар ҳәм капролактам 
шығындылары тийкарындағы затлар ҳәм басқалар. Суперпластификаторлар бетон 
араласпасына 0,15-1,2 % цемент муғдарына салыстырғанда араласпа таярланып атырған 
процессте қосылады. 
Бетон араласпасы қурамына пластификаторлар қосыў оны таярлаў технологиясын ҳәм 
араласпаны қәлиплерге жайластырыўды аӊсатластырады. Пластификаторлардыӊ бетон 
араласпасындағы тәсир күши 1-1,5 саат сақланады. 
Бетон араласпасындағы ишқорий орталықта пластификаторлар бетон ушын зыянсыз 
затларға айланады ҳәм кейинирек оннан таярланған буйым ҳәм конструкциялардыӊ 
эксплуатациялық қәсийетлерине кери тәсир кӛрсетпейди. Тәжирийбелер соны кӛрсетеди, 
яғный бетон қурамына киритилген гидрофоб ҳәм дифил пластификаторлардыӊ гидрофоб 
эффекти, яғный ӛзине суўды жуқтырмаслық қәсийети, узақ жыллар сақланар екен. Әдетде 
бундай бетонлар атмосфера орталығына ҳәм суўыққа шыдамлы болады. 
Суперпластификаторлар қосылған бетон араласпаларын бетоннасослар ҳәм трубалы 
транспорт жәрдеминде узатыў ҳәм қәлиплерге тығызластырыў усылларын қолланбастан, 
қуйма усылда қәлиплеў мүмкин. 
Буннан тысқары бетон араласпасын пластификациялаў суў-цемент қатнасын 
кемейттириў, нәтийжеде бетонныӊ тығызлығы ҳәм беккемлигиниӊ артыўына алып келеди. 
Ҳәзирги күнда бетон араласпасын пластификациялаў ҳәм суў услаўшылық қәсийетин 
жақсылаў мақсетинде гелполимерлер (гидросорслар) қосылмақта. 1 г гелполимерлер 50-100, 
ҳәтте 1000 мл суўды ӛзине ўақытша байланыстыра алады. Суўға тойынған гелполимер бир 
неше күн даўамында суўдыӊ бир бӛлегин жоғалтады. Суўдыӊ қалған бӛлеги болса, ўақыт 
ӛтиўи менен цемент гидротациясы процессин суў менен тәмийинлейтуғын ишки микро суў 
“ҳәўизлери” ўазыйпасын ӛтейди. 
Бетон араласпасы таярланғанда, дәслепки саатларда (күнлерде) суўды жоғалтыўдыӊ 
алдын алыў усылы бетоннан таярланған бетон ҳәм темирбетон конструкцияларда жарықлар 
пайда болыўын, беккемликтиӊ пәсейиўин кескин кемейттиреди. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   84   85   86   87   88   89   90   91   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish