Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet192/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   188   189   190   191   192   193   194   195   ...   290
Bog'liq
ОМК

Қаплама полистирол плиткалар
квадрат ямаса туўры тӛртмүйеш формасындағы 
тегис ҳәм арқа тәрепи тарам-тарам болған жуқа материал есапланады. Композиция 
қурамында полистирол байланыстырыўшыдан тысқары порошок толтырғыш (талк, каолин 
ҳәм басқ.), пигмент ҳәм зәрүрлик болса, модификациялаўшы қосымшалар болады. 
Плиткалар толық автоматластырылған машиналарда қуйма усылда таярланады. Плитка 
қалыӊлығы 1,25-1,5 мм, 1 м
3
плитка массасы 1,5-1,7 кг болып, тийкарға плиткалар 
полимерли ямаса каучукли мастикалар менен желимленеди. 
Плиткалар гигиена талапларына жуўап береди, суўға ҳәм химиялық орталықларға 
шыдамлы, түрли реӊлерде болады. Олар санитария бӛлмелери, саўда-сатық имаратлары ҳәм 
т.б.лардың дийўалларын қаплаўда ислетиледи. Плиткалардың тийкарғы кемшилиги 
жаныўшаңлығы болып, жалын орайына жақын орынларда ислетиўге рухсат берилмейди. 
Органикалық шийша 
(полиметилметакрилат) 
шаффоф
, беккем, жақтылыққа 
шыдамлы жеӊил конструкцион полимер материал болып есапланады. 
Органикалық шийша узынлығы 1350 мм ге шекем, ени 1250 мм ге шекем ҳәм 
қалыӊлығы 2-2,3 мм листлер сыпатында ислеп шығарылады. Ол 
шаффоф
тосықлар, 
пердедийўаллар, жәмийетлик ҳәм санаат имаратларыныӊ үстиңги жақтылық фонарлары 
қурылысында ислетиледи. 
Полимербетонлар
композицион материал болып, полимер байланыстырыўшы, 
порошок, майда ҳәм ири толтырғышлар, қатырыўшы ҳәм түрли модификаторлар араласпасы 
қатыўынан пайда болады. 
Байланыстырыўшы 
сыпатында 
тийкарынан 
термореактив 
полимерлер- 
фенолформалдегидлер, эпоксидлер, полиэфирлер, фуранлар, карбамид-формалдегидлер 
ислетиледи. Термопластлардан метилметакрилатлар, стирол полимери ҳәм басқалар 
полимербетонлар 
ушын 
байланыстырыўшы 
сыпатында 
қолланылыўы 
мүмкин. 
Толтырғышлар 
полимербетонлардың 
ислетилиў 
орталығына 
қарап 
таңланады. 
Полимербетон кислоталы орталықта ислетилиўи мӛлшерленген болса кислотаға шыдамлы 


176 
толтырғышлар – кварц, базалт, гранит қумы ҳәм кварцит шағылған тасы, кислотаға 
шыдамлы гербиштиӊ майдасы ҳәм т.б. ислетиледи. Керисинше, силтили орталықта 
қататуғын ацетон-формалдегид полимери ҳәм эпоксид смоласы қурамына калцит, доломит 
ҳәм басқа силтили таслар тийкарында алынған толтырғышларды киритиў мүмкин. 
Полимербетонлар оптимал структурасы пайда болыўында порошок толтырғышлардың 
қурамы, қәсийетлери үлкен әҳмийетке ийе.
 
Порошок
 
толтырғыш сыпатында андезит, диабаз, 
кварц, кокс, 
шамот
, антрацит, маршалит, шлак, күллер, фосфогипс ҳәм басқалар ислетиледи. 
Фенол-формалдегид, 
карбамид-формалдегид 
смолалары 
тийкарындағы 
полимербетонлар баҳасы арзан ҳәм кең тарқалған. Бул полимербетонлар кислоталы 
қатырыўшы қатнасында бӛлме температурасында қатады. 
Фуран полимерлери ҳәм олардыӊ эпоксид, фенол-формалдегид ҳәм басқа полимерлер 
менен араласпалары жоқары концентрациядағы кислоталарға шыдамлы полимербетонлар 
алыўда 
байланыстырыўшылар 
сыпатында 
ислетиледи. 
Фуранлы 
полимерлер 
бензолсулфокислота, Петров контакты сыяқлы күшли кислоталар орталығында қатады. 
Эпоксид смолалары тийкарындағы полимербетонлар жоқары беккемлик, химиялық 
орталықларға универсал шыдамлылық қәсийетлерине ийе. 
Полимербетонлар қурамын таӊлаў қурамалы болып, кӛплеп ӛткизилген тәжирийбелер 
тийкарында келтирип шығарылған эмперикалық формулалар жәрдеминде әмелге 
асырылады. Полимербетон ушын байланыстырыўшы сарпы 100-240 кг/м
3
әтирапында 
болып, полимер-порошок толтырғыш қатнасы 1:2-1:4 арасында болады. Полимербетон 
қатыўын тезлестириў ушын 40-90
0
С температурада 6-24 саат даўамында ислеў бериў 
мақсетке муўапық. Карбамид-формалдегид сыяқлы күшсиз кислоталар ҳәм 
нордон
дузлар 
тәсиринде тезликте қататуғын полимерлер тийкарындағы полимербетонларды бӛлме 
температурасында қатырыў мүмкин. 
Полимербетонлардың қысылыўдағы беккемлик шегарасы 60-130 МПа, созылыўдағы 
беккемлиги 6-22 МПа, ийилиўдеги беккемлиги 15-42 МПа болады. Олардыӊ суўыққа 
шыдамлылығы /200-/500 ҳәм оннан кӛп болыўы мүмкин; ыссылыққа шыдамлылығы 100-
200
0
С. 
Полимербетонлардың мортлығын жәнеде кемейттириў ушын пластификаторлар, қатып 
атырғанда ишки зорығыўын тӛменлетиў мақсетинде галоген ҳәм сулфат дузлары киритиў 
мүмкин. Полимербетонлардың созылыўдағы беккемлигин асырыў ушын, жарықлар пайда 
болыўына шыдамлы болыўы ушын қурамына асбест, шийша талшығы, базалт талшығы, 
басқа синтетикалық талшықлар киритиледи. 
Полимербетонлар кемшилигине жүк (нагрузка) тәсиринде ўақыт бойынша 
деформацияланыў кӛрсеткишиниӊ жоқарылығы, ыссылық ҳәм ығаллылықтыӊ алмасып тәсир 
етиўи нәтийжесинде ескириўи киреди. 
Полимербетон ислеп шығарыў технологиясы кӛп тәреплери менен (компонентлерди 
жүдә анық дозировкалаў, оларды араластырыў ҳәм т.б.) химия технологиясына жақын 
турады. Полимерлер, қатырыўшылар, пластификаторлар ҳәм басқа модификаторлар арнаўлы 
ыдысларда сақланыў, дозировкалаў, араласпа таярлаў, қәлиплеў ҳәм ыссылық пенен қайта 
ислеў процессинде анықлық ҳәм техника қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў талап 
етиледи. Полимербетон цехы күшли самаллатыў системасы менен тәмийинленген болыўы, 
жумысшылар жеке қорғаныў қураллары (кӛзәйнек, арнаўлы кийим, резиналы қолқап, 
респиратор ҳәм т.б.) менен тәмийинлениўи зәрүр. 
Полимербетонлар улыўма, басқа композицион материаллар (цементли бетон, 
асфалтбетон ҳәм басқ.) шыдам бере алмайтуғын орталықларда ислетиледи. Олар тийкарында 
химиялық орталықларға (кислота, силти, дузлы ҳәм басқа орталықлар) шыдамлы буйым, 
детал ҳәм конструкциялар таярланады. Фуранлы, фенол-формалдегидли полимербетонлар 
кислоталар, минерал тӛгинлер ислеп шығарылатуғын кәрханаларда, эпоксидли, полиэфирли 
полимербетонлар кислоталы ҳәм силтили орталықларда, санитария-техника буйымлары ҳәм 
деталлары таярлаўда ислетиледи. 


177 
Полимербетонлар биологиялық актив орталықларға (
ачитқилар
, бактериялар) шыдамлы 
болғаны ушын биотехнология кәрханалары, мийўе-палызлар сақланатуғын складлар, 
малханалар ҳәм басқа қурылысларда ислетиледи. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   188   189   190   191   192   193   194   195   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish