Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet175/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   171   172   173   174   175   176   177   178   ...   290
Bog'liq
ОМК

Пластификаторлар 
полимер қурамына эластикликти асырыў ҳәм мортлықты 
кемейттириў мақсетинде киритиледи. Пластификаторлар сыпатында дибутилфтолат, 
камфора, олеин кислотасы, поливинилацетат, СГС-65 ГП латекси ҳәм басқалар усыныс 
етиледи. 
Қатырғышлар
(катализаторлар) пластмасса ҳәм басқа композицион полимер 
материаллар қатыў процессин тезлестиреди ҳәм жоқары беккемликтеги ӛнимлер алыўды 


163 
тәмийинлейди. Қатырғышлар сыпатында кислоталар ҳәм силтилер, оргоно-минерал 
комплекслер ҳәм т.б. ислетиледи. 
Қатырғышлар (катализаторлар) полимерлер қатыўы процессинде реакцияға кирисип 
жаңа (таза) зат пайда етпестен
 
тек процессти тезлестириў қәсийетине ийе. Олар 
қолланылыўы себепли полимерлениў процесслери атмосфера басымы ҳәм бӛлме 
температурасы шараятында қысқа мүддет ишинде жүз береди ҳәм ӛним баҳасының кескин 
кемейиўине себеп болады. 
Стабилизаторлар
пластмасса ҳәм басқа композицион полимер материаллардыӊ ўақыт 
бойынша ескериўиниң алдын алады. Олар пластмассаларды қуяш нуры, ҳаўадағы кислород 
ҳәм басқа газлар, ыссылық ҳәм т.б. орталықлар тәсирине шыдамлылығын асырады. 
Бояўлар
пластмассаларға белгили реӊ береди. Бояўлар сыпатында органикалық затлар 
(нигрозин, хриозоидин) ҳәм минерал пигментлер (охра, 
мўмиѐ
, ултрамарин, белила, умбра 
ҳәм басқ.) ислетиледи. 
Порофорлар 
(геўек пайда етиўши) пластмасса қурамында полимерлерди кӛбейттириў 
усылында жеӊил материаллар алыў ушын хызмет етеди. 
Пластмасса ҳәм басқа композицион полимер материаллар қурамы ушын 
компонентлерди туўры таӊлаў ҳәм олар арасындағы 
мутаносибликни
сақлаў олар 
тийкарында таярланатуғын буйым ҳәм конструкциялар қәсийетлерин ҳәм ислетилиў 
тараўларын белгилейди. 
25.2.2 Пластмассалардыӊ тийкарғы қәсийетлери 
Пластмассалар қурылыс материаллары ишинде конструктив сапа кӛрсеткиши жоқары, 
яғный жеке массасы кем, беккемлиги болса жоқары материал есапланады. Олар 
алюминийден 2 мәрте, полатдан 5-6 мәрте жеӊил. Пластмассалардыӊ тығызлығы 0,8-1,8 
г

см
3
, орташа тығызлығы болса 20 дан 2200 кг

м

қа шекем ӛзгереди. 
Пластмассалар беккемлиги кең шегараларда ӛзгереди.
 
Порошок ҳәм талшық тәризли 
толтырғышлы пласмассалардың қысылыўдағы беккемлиги 120-160 МПа, ағаш шпонлы 
пластиклердики 200-220 МПа, СВАМ дики (шийша талшықлы анизотроп материал) болса 
420 МПа. Порофорли пластмассалардыӊ қысылыўдағы беккемлиги әдетде 0,1-10 МПа 
әтирапында болады. 
Талшық тәризли ҳәм қатламлы толтырғышлы пластмассалардыӊ үзилиўдеги беккемлик 
шегарасы жоқары болады. Мәселен, текстолитдики 150 МПа, ағаш шпонлы 
пластмассалардики 350 МПа. 
Пластмассалардың ыссы ӛткизиўшеӊлиги оныӊ геўеклигине байланыслы болады. Жүдә 
жеӊил пластмассалардыӊ ыссы ӛткизиўшеӊлик коэффициенти 0,03 Вт


.0
С). 
Пластмасса түрине қарап силти, кислота, дуз еритпелери ҳәм басқа агрессив 
орталықларға шыдамлы болады. Жоқары тығызлықдағы ҳәм беккемликтеги пластмассалар 
желиниўге ҳәм соққыға шыдамлы болады. 
Пластмассалар қурамына бояўлар қосылып түрли реӊли ӛнимлер алыў мүмкин. 
Органикалық шийша (полиметилметакрилатлар) 
шаффоф
болып, 1% ден кем 
ултрафиолет нурларды ӛткизеди, әпиўайы айна болса 70% ден кӛп нурды ӛткизеди. 
Пластмассаларды пышқылап кесиў, тесиў, фрезерлеў, бураўлап тесиў, шарлаў ҳәм 
басқа технологиялық ислеў бериў аӊсат. Пластмасса буйымларды ӛз-ара ҳәм басқа 
материаллар (металл, ағаш, 
мато
ҳәм т.б.) менен желимлеў мүмкин. Бул имканиятдан 
пайдаланып түрли қәсийетлерди ӛзине жәмлеген желимленген қурылыс буйымлары, 
конструкциялары ҳәм бӛлимлери таярланады. 
Пластмасса буйымларды кепсерлеў аӊсатлығы олар тийкарында беккем жыйналмалы 
конструкциялар таярлаў имканиятын береди. Механизацияластырылған кепсерлеў усылында 
трубопроводлар, коррозия орталығынан қорғаўшы гидроизоляция қатламлары пайда етиў 
ҳәм басқа жумысларды әмелге асырыў мүмкин. 


164 
Айрым пластмассалардыӊ (полимерлер) жарықларысыз жүдә жуқа перделер пайда етиў 
имканияты олар тийкарында коррозияға шыдамлы ҳәм пардозлаў бояўлары ҳәм лаклери 
таярлаўға тийкар жаратады. 
Пластмассалар ҳәм басқа композицион полимер материаллар ӛзине тән кемшиликлерге 
ийе. Пластмассалардыӊ ыссылыққа шыдамлылығы жоқары болмай, 70
0
С дан 200
0
С ға шекем 
болады. 
Ыссыдан сызықлы кеӊейиў коэффициенти жоқарылығы пластмассалардыӊ тийкарғы 
кемшиликлеринен есапланады. Әдетде 25-120
.
10
-6
әтирапында болып, полаттың усы 
кӛрсеткишинен 2,5-10 мәрте кӛп. Пластмассалардыӊ бул кемшилигин басқа материаллар 
менен комбинацияласқан буйым ҳәм конструкциялар алыўда, антикоррозион қапламалар 
пайда етиўде, үлкен ӛлшемдеги конструкцияларды жыйнаўда (мәселен, трубопроводлар, 
ҳаўада қатыўшы конструкциялар) есапқа алыў зәрүр. Пластмассалардыӊ бул кемшилигин 
қурамына имканияты болғанынша толтырғышлар киритиў усылы менен сапластырыў 
мүмкин. 
Пластмассалардың кемшиликлеринен бири жүклеме тәсиринде ўақыт даўамында 
деформацияның артып барыўы есапланады (ползучест). Бул кемшилик пластмассалар 
тийкарында жүк кӛтериўге мӛлшерленген конструкциялар таярлаўда есапқа алыныўы керек. 
Айрым пластмассалар жоқары температура тәсиринде ҳәм жанғанда зыянлы газлерди 
ажыратып шығарады ҳәм әтирап-орталық ямаса бӛлмелерде токсинлескен шараятты пайда 
етеди. Поливинилхлорид сыяқлы термопластик полимерлер бӛлме температурасы ҳәм 
ығаллығы шараятында да инсан ушын зыянлы хлор затын ажыратады. Пластмассалардан 
зыянлы газ ҳәм суйықлықлар ажырлыўын болдырмаў ушын қурамына стабилизаторлар 
қосылады. 
Пластмассалардың улыўма кемшилигине қуяш нуры ҳәм кислород тәсиринде ескериўи 
киреди. 
Пластмассалардан таярланған буйым ҳәм конструкциялардың тийкарғы қәсийетлери 
ҳәм белгили орталықларға шыдамлылығы олардыӊ ислетилиў тараўларын белгилейди. 
Пластмассалардың қәсийетлерин қурамына түрли модификаторлар киритип 
ӛзгертириў, жақсылаў ҳәм басқарыў мүмкин. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   171   172   173   174   175   176   177   178   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish