Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»



Download 292,3 Kb.
bet22/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

Қоянкөк атын алдырып,
Мақпалдан беллик салдырып,
Қоянкөктей бедеўге,
Алтыннан ер салады,
Үстине минип Жәҳанша,
Көргенниң ақылын алады.

Сулыў еди Жәҳанша,
Көзи тускен кызлардын,
Меники болса екен деп,
Көзлери оттай жанады.
Сеп-сеп болып келинлер,
Топ-топ болып көп кызлар.
Тойға қарай жөнеди85.

Мине усылайынша, дәстанда қаҳарман образын фольклорлық образ жасаў принциплерине сәйкес түрде идеалластырып сүўретлеў миллий сана-сезимлеримиздиң жетилискен формасы түринде көринеди.
«Жәҳанша» дәстанындағы бас қаҳарман образының усындай басқа қарақалпақ халық қаҳарманлық дастанлары менен усаслық белгилери менен бирге, басқа қаҳарманлық дәстанларда ушыраспайтуғын образлық белгилери де бар болып, бул дәстаннның сюжетиниң де, образларының да қаҳарманлық эпостағы дәстүрий үлгилердиң жыраўдан дастанды жазып алыў дәўириндеги реал жәмийетлик-тарийхый шәраят пенен күшли трансформацияласқанлығынан дәрек береди. Дәстанның түркий халықлардағы қаҳарманлық эпослардан тийкарғы өзгешелиги сонда, дастан қаҳарманы батыр Жәҳанша тек физикалық күш ийеси болып қалмастан, ал билимли, өнерли қаҳарман сыпатында да ел-халқына хызмет етеди, елди басқарыўда ақылға, даналыққа сүйенеди. Бас қаҳарманның образындағы усындай сыпатлардан илим ҳәм билимге ийе жәмийетти қурыў идеясы жүзеге шығады. Дәстанда Жәҳаншаның илимге қуштарлығы, және де илим жолын қуўып, даўам етиўге бел байлаўы былайынша баянланады:

Қыдырып шықса таўларға,
Илим алған китабын,
Ҳасла қолдан қоймады,
Сол себептен Жәҳанша,
Молла менен ийшанның,
Байлар менен хожаның,
Арасына сыймады,

Жалғызлық келип басына,
Бул кеткеннен кетейин,
Оқыған жайға жетейин,
Буннан да көп илим алайын.
Күшимди топлап дүньяда,
Халықларды жөнге салайын,
Деген сөзди Жәҳанша.
Кеше-күндиз ойлады86.

Дәстандағы бас қаҳарманның илимлилик, өнерпазлық ҳәм айрықша физикалық күшке ийе болыў сыяқлы сыпатларының бир образда жәмлениўи дәстүрий қаҳарманлық эпос ушын тән болмаса да, дәстан сюжетиниң жоқары шеберлик пенен қурылыўы нәтийжесинде бул дәстүр қаҳарманлық эпостың жаңа типиниң қәлиплесиўине ҳәм жаңа эпикалық қаҳарманлық образдың дөрелиўине тийкар болған.


Изертлеўши Н.Сабирова «Ўақыяларды көркем образларда сәўлелендириў формасы, яғный, көркем ойлаў пайда болған соң, ол енди көркем образды ҳеш нәрсе жоқ жерде жүзеге шығармайды, бәлки, өзине шекемги инсанияттың тәжирийбесинде пайда болған мифологиялық көзқарасларды баянлаўшы мификалық субъектлердиң әтирапында жаратады»76 - деп, көркем образды жаратыўда мифологиялық түсиниклердиң үлкен әхмийетиниң бар екенин белгилейди. Дәстанның бас қаҳарманы Жәҳанша да әййемги мифтеги адамзатқа ийгилик алып келиўши, жаўыз күшлерден қорғаўшы мәдений сыпаттағы қаҳарманның қаҳарманлық эпостағы образы болып табылады.
«Халық дәстанларында геройлардың ҳәр тәреплеме раўажланғаны сонда, атта жақсы шабандоз, ылақшы болыўы менен, гүрессе палўан, сарыжайдан оқ атса, жүрегиниң тусынан ататуғын, найзаласса сайлап түйрейтуғын, қылышласса желкесин қыятуғын мәрт батыр”87 деп жазады фольклоршы алым Қ.Мақсетов. Қаҳарманлық эпостағы дәстүрий қаҳарман образындағы бундай батырлық сыпатлар Жәҳаншаның образында да көзге тасланады.
Әдетте карақалпақ қаҳарманлық эпосларында қаҳарман образының беллесиў, яғный урыс өнерин үйрениўи берилмейди, ал урыс өнери сырларын билип туўылады. Алпамыс, Қобланлар қылышласыў, гүресиў, найзаласыў сырларын билген ҳалда туўылып, (“Қырық қыз” дәстанынан тысқары) бул өнерлерди тиккелей дәстанның урыс сахналарында көрсетеди. Жәҳанша Үсенбектиң кәрўанына илесип кетип баратырғанда Кара таўда бир мақлуқтың бар екенлиги, ол жүдә күшли ҳам қорқынышлы екенлингин, оның жанынан бирде-бир кәрўан аман өтпейтуғынын еситкен Жәҳанша кәрўанды қутқарыў мақсетинде аўзы-басын жүн басқан Арыслантуйға қарсы гүресетуғынын Үсенбекке айтады. Дәстанның усы эпизодында Жәҳаншаның физикалық жақтан күш-ғайраты басқа қаҳарманлық дәстанлардағы сыяқлы сүўретленеди. Жәҳаншаға саўаш ушын керек болатуғын барлық нәрсени Усенбек таярлап береди.
Бастан-аяқ қуралланған, дәў сыпатлы, тили түсиниксиз, Арыслантуй ҳам қасындағы жигитлери менен Жәҳаншаның урысы барлық қаҳарманлық дәстанлардағы урыс өнери менен байланыслы шәртлер бойынша әмелге асырылады. Арыслан туй биринши болып Жәҳаншага қарай сарыжайдан оқ атады. Жәҳанша қалқанын тутып қалады. Оннан кейин қаҳарманлар ат үстинде бирин-бири жыға алмай алысады. Соңынан жерге түсип гүреседи. Гүресиў соңында ЖәҳаншаАрыслан туйды жеңип, басын қылыш пенен кесип алады. Оннан кейин Жәҳаншаға топылған Арыслантуйдың барлық жигитлерин де қылыштан өткерип жеңиске ериседи.
Деген менен, дәстандағы усындай қаҳарманның образындағы усындай ҳақыйқый батырлығын көрсетиўши сыпатын бериўдеги дәстүрий сүўретлеў усылында да басқа дәстанлардағы қаҳарман образынан өзгешеликти сеземиз. Себеби, дәстанда барлық қаҳарманлық эпосларға тән болған батырдың душпаны менен жекпе-жек алысыўында батырды қорғаўшы, ғамхоршы күшлер бунда толық көринбейди. Ал, батыр өз душпанын физикалық күш пенен жеңеди. Образға бундай сыпатлардың ендирилиўи Жәҳанша образын реаллыққа жақынластырған. Усы сыяқлы образдың реал сыпатлары Жәҳаншаның дәўлерди ақыл-санасы менен жеңген эпизодында да, шатыраш ойнаў арқалы душпан патшасын жеңиўши эпизодларда батыр образы усындай реал өмирдеги ушырасатуғын қаҳарман образындағы реал, бар сыпатлар менен толықтырылған.
Қаҳарманлық эпосларда қарақалпақ халқының этнографиялық турмысы менен байланыслы дәстүрлердин бири ылақ ойыны дәстанларда қаҳарманның образын жаратыўда көркемлик ўазыйпа атқарады. “Қаракалпақ халық дәстүринде ылақ, ат шабыс, ылақ тартысыў, гүрес бурыннан киятырған той-мерекениң ең тийкарғы тамашасы болған. Сонлықтан қаракалпақ дәстанларында ат шабыс, ылақ тартысыў, гүрес тойдағы бақсы-жыраў айттырыў ҳәм тағы басқа қәде-қәўметлерден анағурлым айрықшалық пенен жырланады. Буның себеби дәстанның қахарманлық характерине байланыслылығынан болыўы керек”88 деп тастыйықлайды Қ.Мақсетов. Демек, қаҳарманлық дастанлардағы той-тамашалардағы ылақ ойыны қаҳарман образын жаратыўдағы көркемлик детальлардың бири болып табылады. Деген менен, ҳәмме қаҳарманлық дәстанларда да олар бир мақсетте қоллана бермейди. Мысалы, “Алпамыс”тағы ылақ тартысыў этнографиялық шегараланыў менен характерленсе, “Қырық қыз”дагы ылақ тартысыў ойынының айырмашылығы сонда, ол батыр қызлардың сыртқы жаўларға қарсы гүреске таярланыўында тийкарғы орынды ийелейди”89. Ал, “Жәҳанша” дәстанында болса, ылақ ойыны этнографиялық характерге ий е болыўы менен бирге, ылақ ойыны арқалы бас қаҳарманның күшлилигин, физикалық күшиниң басқалардан артықмаш екенлигин, ылақ ойыны техникасын да жоқары меңгергенлигин, қулласы образдың қаҳарманлык дәстанлардағы идеал қаҳарманға тән мүлтиксиз болып шығыўын тәмийнлеў ушын қолланылған. Мысалы:

Батыр туўған Жәҳанша,
Әрмансыз ылақ ойнады,
Жасы үлкенлер алдына,
Алып барып ылақты,
Әстен ғана таслады,
Жәҳаншаның күшине,
Ҳәмме ҳайран қалады,
Ылақ ойнап Жәҳанша,
Ылақтан кеўлин алады,
Қызлардың ўақтын хошлады,
Қыз Назымның алдына,

Он еки сапар ылақты,
Алып келип таслады,
Орамал менен теңгени,
Ералыдай бир досты,
Алып келип шашлады,
Мәрттиң көзи жайнады,
Ура Төбе елиниң,
Абыройын ойлады,
Сәўран менен Сайрамның,
Не бир шабандозлары,
Ишлери оттай жанады90.

Тойға оғада үлкен әҳмийет берилген қаҳарманлық эпосларда қаҳарманның тойға қатнасыўы үлкен салтанат пенен сүўретленеди. «Жәҳанша» дәстанында да батырдың тойға кирип келиўи оның образындағы ҳәр тәреплеме жетилискен, физикалық жақтан мүлтиксиз батырды тәрийплеў ушын сүўретленеди:



Атқа минди Жәҳанша,
Қыздай болып таранып,
Кеўилли еди геллегар,
Жигитлердиң ишинде,
Еки көзи жайнаған,
Сулыў еди геллегар,
Жигирма жигит алдында,
Он бир жигит соңында,

Уллы байдың тойына,
Салтанат пенен Жәҳанша,
Атланады геллеғар,
Жәҳаншадай жигитти,
Көргенниң ақылы танады,
Қырық жигиттиң ишинде,
Саясаты соңындай,
Минардай болып барады91.

Әдебий қаҳарманның физикалық артықмашлығын бундай етип бөрттирип сүўретлеў, оның күш-қуўатына сай қыз қарағандай сулыўлығын, сын-келбетин де ашып бериў дәстүрли қубылыс. Бул орынлар ҳәм объективликте фольклорлық қаҳарманның өзиндеги усындай артықмашлықлардың оның Назым атлы сол аўыл қызына ашық болыў сыяқлы психологиялық қубылысларының негизи болып та хызмет еткен. Буған қосымшада Жәҳаншаның мәртлик сыпатларының ең биринши үлгиси ылақ ойнаў өнерин жетик меңгериў арқалы қыз келиншеклер менен қыз Назымның алдына бир неше мәртебе көкпарды әкелип таслаўы-бул сол той шәртлерине муўапық үлкен мәртлик ҳәм сыйлықлы ҳәрекетлердиң бири еди. Жәҳаншаға қарата зорлық топылысын шөлкемлестирген, оны қорлаўға тийкар болған себеплердиң бир оның басқалардан усы артықмашылықларға ийе болғанлығы менен белгиленеди.

Ылақ ойыны ҳәм тойда гүресиў яки күш сынасыў қаракалпақ қаҳарманлық эпосларында тойдың бир шәртлилиги сыпатында бериледи. Бул ҳаққында Қ.Мақсетов былай дейди: «Дәстандағы той турмыстағы тойдағыдай барлық тәреплери менен сүўретленбестен, халық поэзиясында қәлиплескен ең әҳмийетли тәреплерин сүўретлеў менен шеекленеди… «Алпамыста» той басқа қарақалпақ дәстанларына қарағанда ҳәр тәреплеме кең сүўретленеди. Деген менен ҳәр бир дәстаннын белгили бир эпизоды сүўретлеўде айрықшалықлары бар. «Қобланда» туўылыў тойы көтериңкилик пенен жырланса, «Алпамыс» ҳәм «Қырық қыз»да үйлениў тойына кеўил бөлинип, «Алпамсытағы» тойда ат шабыс, «Қырық қыз»да ылақ тартысыў басым жырланады».92


«Жәҳанша» дәстанында той тийкарынан сюжетте жетекши орынга шығарылмаған, яғный Жәҳаншаның мурат-мақсетине жеткендеги тойын сүўретлеўге емес, ал қаҳарманның образын еле де жетилистириўге хызмет еттириилген. Себеби, тойда Жәҳанша ылақ ойынында бәрҳама жениске ерисе бергеннен кейин ашыўланған бай балалары биригип, Жәҳаншаға қарсы шығады. Сол қыйын аўхалда достысы Ералы буны таслап қашып кетеди. Мысалы:

Иши күйип душпанлар,
Баланы ортаға алады,
Төрт тәрептен басына,
Қайғылы қамшы урады,
Жәҳаншадай бул палўан,
Гилең байдың баллары,
Бирлескенин биледи,
Жан-жағына қараса,
Ералы түйе ҳеш ким жоқ,
Жалғыз қалып бийшара,

Қан сорғышлар ишинде,
Қалған екен ол сонда,
Жәҳаншадай бул палўан,
Қашқан намыс болар деп,
Ийт урысты салады,
Атты қойып жиберип,
Аттың күши ер күши,
Бухары қамшы қолында,
Көзлери оттай жанады

Бирақ Жәҳанша олардың үстинен өз күши менен жеңиске ериседи:



Әне-мине дегенде,
Он сегиз байдың балларын,
Атынан урып қулатты,
Тойды шаңға улатты,
Жәҳаншаның алдында,
Бай баллары сол ўақта,
Тумлы-тусқа қашады,



Ҳаслы гедей баласы,
Тәжжал болды мекен деп,
Байларды қара басады,
Пыт-шыт болып бай тойы,
Қарсы турған сол байлар,
Қашып жанын сақлады,
Жәҳанша минген Көкқоян,
Даўрық салып ойнады93.

Жоқарыда қаҳарманлық дәстанлардағы той бериў дәстүринде ат шабыс, гүрес, ылак ойыны тойдың шәртлиликлери сыпатында бериледи деген пикирди айтып өткен едик. Бирақ «Жәҳанша» дәстанында сүўретленген урыс өнери тойдың шәртлилиги сыпатында емес, ал дәстан сюжетиниң буннан былай раўажланыўына түйин сыпатында көркем хызмет атқарған. Яғный, Жәҳанша образының раўажланыў басқышларын сәўлелендиретуғын қаҳарманның өсиў жолларына баслама болады. Бул дәстанда төмендеги монологта айдын болады:

Көп ишинде көзден ақты қанлы жас,
Душпанларға жибермедим ар-намыс,
Енди түсежақпан илим жолына,
Биздейлерге той-мереке жараспас.

-Жан атажан, саған айтар сөзим бар,
Ура Төбе ели болды маған тар,
Кештим бул дүньяның тилла, малынан,
Оқыў ушын болып турман мен қумар.



Оқығанлар болады екен саўатқан,
Оқымаған қалады екен көп әрман.
Жақын көрдим мен өзиме илимди,
Ырзалықты бериң маған атажан…94

Демек, дәстандағы той дәстүри дәстанның тийкарғы идеясының сюжетте берилиўинде байланыстырыўшы көпир ўазыйпасын өтеген. Усы тойдағы әдалатсызлықтан кейин Жәҳанша өзиниң әзелий әрманы оқыў-билим, өнер ийелеўге Шынмашынға сапар шегеди.
Жас илимпаз Ф.Мақсетова «Саятхан-Ҳәмира» дәстанындағы образлар типологиясын үйренер екен, оларды тийкарғы каҳарманлар ҳәм жәрдемши персонажлар (Бунда жәрдемши персонажлар дегенде бас қаҳарманды қоллап-қуўатлаўшы персонажлар нәзерде тутылған – М.Ж.) ҳәм дәстандағы ўақыяларды кескинлестириўши қаҳарманлар де пеки топарға бөлип үйренеди ҳәм бас қаҳарманды қоллап-қуўатлаўшы ҳәм оған кесент етиўши персонажлардың образлар системасындағы орнын салыстырмалы анализлейди95. Биз де жумысымызда Жәҳаншаға образының толық ашылыўына хызмет етиўши образлар системасындағы образларды Жәҳаншаны қоллап-қуўатлаўшы ҳәм бас қаҳарманға қарсы шығыў арқалы дәстандағы ўақыяларды кескинлестириўши, конфликт пайда етиўши образлардың жаратылыўы менен бирге, бирде унамлы, бирде унамсыз сыпатларды өзинде жәмлеген, бирде бас қаҳарманға жәрдем берсе, бирде оған тосқынлық қылатуғын қурамалы персонажлар образының да «Жәҳанша» дәстанында бар екенлигин айтып өтпекшимиз. Мәселен, Жәҳаншаның әкеси Сәнгилбай ҳәм оның иниси Қарабай дәстанда ҳәр турли образлық сыпатлар менен сүўретленген.
Сәңгилбайдың характериндеги, минез-қулқындағы, қарама-қарсылықларға тоқтағанда, ен алдын оның өз перзентин менен қарым-қатнасларына айрықша итибар бериў керек. Ол өзине, бала-шағаларына жетерли дүнья малы бар, орта халлы хожалық ийеси. Ол баласы Жәҳаншаның үлгили жигит болып, өз қатарының алды сыпатында өсип өниўин қәлейди. Сол себепли де ол жақын жердеги, ат шаптырым аралықтағы пухараларды қалдырмай шақырып улына уллы той береди, байраққа ат шаптырып, қошқарлар дүгистирип, палўанлар гүрестиреди. Бул ислерде яғный Сәңгилбайдың перзентке мухаббаты жөнинде унамсыз гәп қылыў мүмкин емес. Соның менен бирге ол сөзге ерме, бир қанша қалдық түсиниклерге ийе инсан сыпатындағы кемшиликлери басым образ. Себеби, ол иниси Қарабайдың сөзлерине ерип, перзенти Жәҳаншаның илим-билимнен тысқары өнер, сәзенделик қәсийетлерди меңгериўине қарсылық етеди. Бирақ, әўели ол буған еркинлик те бергени шынлыққа сәйкес келеди. Усы сыяқлы перзент пенен әкениң қарама-қарсы келиўи, әкесиниң перзентин басқаның гәпине ерип куўдалаўға ушыратыўы басқа қаҳарманлық дәстанлар да ушырасады. Мәселен «Едиге» дастанында Едиге де шуғыл сөзлерге ерип перзенти Нуратдин менен конфликтке түседи. Бунда олардың арасына от салыўшы адам образы менен бирге, гәпке ериўшең әке образы да ашып берилген. Ол әўедден-ақ иниси Қарабайдың гәпине ерип, Жәҳаншаны илим-билим сырларын үйрениўге руқсат сорағанда, иниси Қарабайдың гәпине ерип, илим-билим үйрениў менен бирге саўда-сатык ислери менен шуғылланып байлық арттырыўға үгитлейди. Және де Жәҳанша ҳәр түрли өнерлерди үйренип өз елине келгенде, тағы инисиниң саз өнер әспаблары адамларға зыянлы тәсир етеди, балаң өнердиң орнына керексиз нәрселерди үйренип келген, деген гәпине исенип, Жәҳаншаны және елден шығып кетиўге мәжбүрлейди. Сәңгилбай менен Жәҳаншаның абыройлығын күнлегенликтен де жас жигиттиң саз-әсбапларын көриўден-ақ ағасы Сәңгилбайға надурыс үгит-нәсиятлар берип, баланы бул өнерден шетлетиўди усыныс етеди. Иниси Қарабайдың сөзлерине ерген ҳәм өзи де шекленген түсиниклерге берилген әке қоңсы бөлмени ашып көрсе, расында да баласы түрли-түрли саз-әсбапларын алып келген екен. Олар сол бөлмени толтырып үйиўли, қыстырыўлы турғанлығын көрип Сәңгилбайдың қаны қызып, олардың барлығын жасырын түрде жоқ етип жибергенде, Баласын мақуллаған кемпири, өмирлик қостары Ақтолқынды да қолы менен қағып жиберип, аўызы, гәп сөзлери менен балағатлайды. Сол себепли Жәҳанша таң қараңғысында басы аўған белгисиз сапарға атланып туўылған үйин тәрк етип кетеди. Дәстанда Сәңгилбайдың өз перзентиниң саз үйрениўине қарсы шығыўын дәстан атқарылған жыллары ислам дининиң ҳәўиж алып (бирақ, оған қарсы гүрестиң де басланған дәўирлери еди) бул дин көз-қарасларынан көркем-өнерге унамсыз көз-қараслардың үстемлиги менен де тийкарлаўға болады.
Улыўма, Жәҳанша образы усындай шийеленискен көркемлик социал психологиялық, руўҳый ситуациялар тийкарында, дәстанда баслы әдебий тулға болған Жәҳанша образының шыдамлылығын, ақыл парасаты менен барынша албыраған ўақытта да асықпай-албырамай ҳәрекет етиўшилик қәсийетлерди ашып бериўде бундай орынлар, улыўма дәстандағы соңғы бөлимлер өз көркем психологизмниң тереңлиги менен, қаҳарманларды қоспалы драматизмлик, трагедиялық, халатлардан да алып шығып олардың реалистлик қаҳарманлық ис-ҳәрекетлерин сүўретлеў, ҳақықый инсан, адам баласы сыпатындағы обективлик исенимли образын жасаў айтарлықтай шеберлик пенен сәўлеленген. Бул жолда әлбетте, атақлы жыраў усы дәстанды тек ғана өз индивидуаллығы менен атқарған.
Дәстанда Жәҳаншаға жәрдем бериўши образлардың да әҳмийети үлкен. Бул қатардағы образларға көпшилик түркий эпосларда қоллаўшы пирлер, устазлар қатнасатуғын болса, Жәҳанша дәстанында Жәҳаншаның устазлары бул ўазыйпаны атқарады. Шынмашын елине келген палўан жигит Жәҳанша тағы да устаз, өнер, илим жолын үйретиўши орынды излейди. Сонда оның алдынан бир есикти дәрўазаны қаққан ўақытта жыраўдың айтыўы бойынша: «Жаўрының ҳөкки, маңлайы дүңки, бөксеси келте, путы узын, көзи көк, тиси сойлақ, шекесине қысқышқа илгендей ети жоқ» (50-бет) бир инсан хабарласады. Оған Жәҳанша өз ойын билдиреди. Жәҳанша келген бул илим-өнер үйрениў орнының артықмашлығы сол, онда төрт түрли өнер билим, палўанлық, шатыраш (шахмат) ойнамақлық, батырлық, усташылық өнерлерин тереңнен үйретер екен. Сөйтип оғанда Жәҳанша келисим бойынша ғәрежет устазлық пулларын төлеп сол сырларды ийелеўге кириседи.
Фольклорист алым К.Палымбетов қаҳарманлық эпостағы батырға жәрдем бериўши образларды төмендегише береди: «Қизир образи туташган бир уруғ ёки қавмнинг ғамхўри даражасидан аста-секинлик билан якка шахсларнинг, яъни ботирларнинг мададкори сифатида трансформация қилинади. Достонда Қизир Илъёс пир мифологик образ сифатида талқин қилиниши билан бир қаторда яхшилик, адолатлилик, ҳақиқатгўйлик ва тенглик томонида туриб Қўблонга ёрдам беради»96. Бундай дәстанның бас қаҳарманын коллаўшы, жәрдем бериўши образлар сыпатында түркий қаҳарманлық эпосларда пирлер, әзийз әўлийелер образы қолланылады. «Жәҳанша» дәстанында «Мәспатша», «Қоблан» дәстанындағы мифологиялық сыпаттағы қоллаўшы пирлер образы реал өмирдеги Жәҳаншаның устазы образына трансформацияласқан. Себеби, ол Жәҳаншаға тек ғана илим-өнер сырларын үйретип қоймастан, оның басына қыйын күн түўғанда жәрдемге асығады ҳәм оны усы қыйыншылықтан кутқарады. Мәселен, Жәҳанша илим сырларын үйренип жүргенде Асқарханның қызы Гүлҳәсел оған ашық болып қалып, ҳеш изинен қалмайды. Ал, Жәҳанша өзиниң мақсети ашықлық емес, ал илим ийелеў екенин айтып қайта-қайта Гүлҳәселди нийетинен қайтармақшы болады. Бирақ қыз тағы да мухаббат күйигине шыдамай ҳәр қыйлы ис-ҳәрекетлери менен оны өз мақсетине, өз аўына түсиргиси келе береди. Ал бул мүмкин қыз мәзи жеңилтек ашықлықтан қутылыў жолларын излеп Жәҳанша ақыл-парасат пенен өз устазына ойласқан да, устазы бул жолдан қутқарыўдың нәтийжели жолларын қарастырып, соның енен бирге Гүлҳәселдиң шынында да жеңилтек мухаббат ийеси екенлигин жигитке айтып нәсиятлап, қызды бездириў ушын, жортаға өтирик кемпир кийиминде Жәҳаншаны қушақлап Гүлҳәсел қыздың қасынан өтеди. Сол орынлар дәстанда былайша сүўретлениўи Жәҳаншаның устамлылығы менен сабыр тақатын, устазының тапқырлығын көрсетиў арқалы тийкарынан унамлы қаҳарманды барынша үлгили қәсийетлерге бөлеп сүўретлеўши идеял қаҳарман образын жасаўды мүмкиншилиги барынша байытып турады. Мысалы:

Қарап турса Гүлҳәсел,
Жәҳаншадай жигиттиң,
Гарры қатын қасында,
Зерде тақия басында,
Қол усласып жол менен,
Киятырғанын көреди,
Буны көрип перийзат,
Қумар көзин жаслады,
Кесени қолдан таслады,
Таслай берип сөйледи;

-Мынаў мәрттиң келиси,
Тийди мениң жаныма,
Наҳақтан мени Жәҳанша,
Қалар болдыма қаныма,
Қайдағы ғарры қатынды,
Алыпты-ғой жанына,
Екеўине сол ўақта,
Урсам кескир қылышты,
Әўели бурын алсам мен,
Сол қатынның жаныны97

Көп анна аўызеки халық дөретпелериндеги ҳәм соларға негизленген дәстанлық жазба әдебиятлық шығармаларда мухаббат трагедиясының сәўлелениўи жаңалық емес. Деген менен «Жәҳанша» дәстанында ашықлық жолының булайша ақыл-парасат, илим-билимлендириў менен қосып алынып сүўретлениўи өзиншелликлерге ийе. Өйткени дәстанда өз дослары менен ойласыў мақсетлеринде Гүлҳәсел қыз өз қурдасларына: «Барайынба жанына, қалайынба сол саллақының қанына»-деген сораўды берген ўақытта оны тоқтатыў ушын мәрт жигит Жәҳаншаның устазы Оман былай деген екен:
-Бағларың бар гүл ашылған лалазар,
Атың шыққан сенсең жүрген бир нашар,
Долы ҳаял бул сөзлерди айтады,
Сениң енди Асқархандай әкең бар.

…Перзентимди енди қалай бузасаң,


Бул ислериң долылардың сәниди.

Гүлҳәселжан, беттиң оттай жанады,


Байлар сениң қалың берип алады,
Бир саяққа баўдай басың байлама,
Хан атаңа бул не намыс болады98.
Және де ол өз пикирлерин айқынластырып, мынадай деген сөзлерди қосып айтады;
Атаң салды саған алтын сарайды,
Сен аңылдың шәкиртиме муңайды,
Бир журтлардан келген жан-ғой мүсәпир,
Ашықлығың оған жаным келиспес…99.
Усы гәплеринен Оман басынан орамалын алып таслап, нағыз Оман болғанын билгеннен кейин Гүлҳәселдиң қасындағы қызлар уялып қашып кетеди де, ал ашықлық отына күйген қыз да уятқа қалады, пәнтқумар болады. Әлбетте, бул сыяқлы сюжетлик орынлар, яғный оман атлы молла ҳәм тағы басқа өнерди ийелеген устаздың Жәҳаншаға болған жанашырлығы, оның унамлы қәсийетлерине сүйиспеншиликтен, оны ҳүрмет тутыўшылықтан келип шыққан.
Демек, Жәҳаншаға устазлық еткен Әзим устаз бенен Омман баба образларын басқа қаҳарманлық дәстанлардағы батырдың иләҳий күшке ийе қоллаўшысының реалистлик бағдардың тәсиринде трансформацияға ушыраған көриниси деп айтыўға болады. Соның менен бирге, бул образлар қарақалпақ халық қаҳарманлық дәстанларының образлар системасы эволюциясындағы новаторлық та болып табылдады.
“Жәҳанша” дәстанында басқа қаҳарманлық дәстанлардағы сыяқлы жәрдемши образлардың бир ат образы. Аттың поэтикалық образ дәрежесине көтерилиўи түркий ҳәм монгол тиллес халықлардың қаҳарманлық эпосында батырдың ең жақын көмекшиси болыўы менен сыпатланады. Ат батырды көпшилик қыйын жағдайлардан алып шығады. Сонлықтан, бул образ ҳаққында алымлар былайынша характерли шешимлерди береди: “ат мифологиялық образ сыпатында оның батыр менен бир күнде туўылыўы, ат пенен батырдың туўысқан болып тәриплениўи, ат таңлаўда батырдың сынақ объекти болыўы, қәўипли қарсылықлардан батырды аман алып шығыўы, оның сөйлеў, тийисли жеринде ушыў қәбилетлерине ийе болыўы, улыўма, аттың батыр тәғдириндеги орны барынша толық үйренилген мәселелердиң бири болып табылады100.
«Жәҳанша» дәстанында басқа қаҳıарманлық эпослардағы сыяқлы бир ат емес, ал уш ат сүўретленеди. Дәстанда Қоянкөк ат батырдың тийкарғы атрибуты, батырлығының нышаны ҳәм оның душпан үстинен жеңиске ерисиўде тийкарғы көмекшиси болады. Ол ат Жәҳаншаны ылақ ойынында жниске алып шығады. Екинши ат Әреби атқа батырдың узақ жолын қысқартыўшы, оның батырлығының атрибуты болыў функциясы жүклетилген. Усы ат пенен Жәҳанша сапарға шығады. Дәстандағы батырға айрықша жардем берген ат образы Туйғын лақаплы атқа жүкленген. Ол Үсен кәрўанбасының Жәҳаншаға Ҳәсер таўында гәўир Арыслантуй менен саўаш қурыўдан алдын инам еткен аты болып, ат алдыннан әскерий таярлыққа ийе болып сүўретленеди. Арыслантуй менен алысқанда оның жеңиске ерисиўин тәмийнлейди:

Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish