Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»



Download 292,3 Kb.
bet26/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

БАПҚА ЖУЎМАҚ:
1. “Жәҳанша” дастанының қарақалпақ қаҳарманлық дәстанлары системасындағы орнын ҳәм тек дәстанның өзине тән болған поэтикалық өзгешелигин анықлаўда Қурбанбай жыраўдың жыраўшылық шеберлиги үлкен әҳмийетке ийе.
2. Дәстанда белгили ўақытлардағы психологиялық халатлардың ашылыўы ушын бир неше қаҳарманлардың қатарма-қатар ишки кеширмелери, олардың руўҳый дүньясының конкрет ситуациялардағы көринислериниң көзге онша көринбейтуғын тәреплери терең көркем психологизм менен сүўретлениўинде, конфликт ҳәм шешимлердиң берилиўинде поэзиялык баянлаў үлгиси, ал, ўақыя ҳәм эпизодларды байланыстырыўда прозалық баянлаў формасы дәстанның көркем поэтикалық жақтан байытыўына хызмет еткен.
ЖУЎМАҚ
“Жәҳанша” дәстанының гензиси, типологиясы, жанрлық өзгешелиги, образлар системасын үйрениў нәтийжесинде төмендегидей жуўмақларға келдик:

  1. «Жәҳанша» дәстаны сюжетиниң генезисиниң көркем эволюциясында мифлик ҳәм архаик фольклорға қатнаслы үлгилер орын алған. Дәстанның бас қаҳарманы Жәҳанша да әййемги мифтеги адамзатқа ийгилик алып келиўши, оларды жаўыз күшлерден қорғаўшы мәдений қаҳарманның классикалық эпостағы көриниси болып табылады.

  2. «Жәҳанша» дәстанының сюжетиниң қәлиплесиўинде Түрк қағанлығы менен сиясий ҳәм мәдений қатнасықлар раўажланған тарийхый дәўирдеги Қытайда илим-билим үйренип, тәлим алған түркий ҳасылзада ҳаққында аңыз әңгимелер тийкар болған. Дәстан сюжетинде бул тарийхый ўақыяның тек айрым элементлери ғана сақлап қалынып, кейин ала ертекке диффузияланған формалар трансформациясы көринисинде орын алғанлығы дәлилленди.

  3. “Жәҳанша” дәстаны сюжетине қаҳарманлық дәстанлардың жанрлық белгилери белгилери тән болып, халықтың эстетикалық көзқараслары, идеал жәмийет ҳаққындағы ойлаўлары дәстанның мазмунындағы эпикалық сүўретлеўге тийкар болғанлығы, оның қәлиплесиў басқышларында жыраўлардың атқарыў өзгешелиги нәтийжесинде дәстанның тийкарғы идеясы орта әсирлердеги түркий мәденият дүньясының ояныў дәўириндеги жәмийетлик талапларды әмелге асырыўшы илажлардың эпикалық көринислери сыпатында сәўлеленгенлиги халықлық сананың жетискенлиги қатарында баҳаланды.

  4. Дәстанда қаҳарманлық эпостың эпикалық дәстүриндеги қаҳарманның туўылыў мотиви, үйлениў мотиви, сынақ мотиви, сапар мотиви, ат мотиви сыяқлылар типологиялық жақтан үйренилгенде, дәстанның тийкарғы сюжетлик-композициялық линиясын шөлкемлестириўши сапар мотивиндеги илим-билим излеп қаҳарманның сапарға атланыўы миллий дәстанларымызда жүдә сийрек ушырасатуғын кубылыс болғаны менен, ол миллий дәстан дөретиўшилик тәжирийбелериниң шеңберинен шығып кетпеген, бурыннан қәлиплесип киятырған сюжетлик, мотивлик детальларды дәстанның мазмунына өзлестирип алған ҳәм басқа да фольклорлық жанрлардың тәсиринде толықтырылғанлығы белгили болды.

  5. Дәстандағы тийкарғы қаҳарманлар ҳәм жәрдемши персонажлардың образлар системасындағы ҳәм дәстан сюжетиндеги көркем орны бас қаҳарманның эпикалық өмир жолы менен байланыслы раўажланыўға ҳәм көркем эстетикалық әҳмийетке ийе болатуғынлығы белгилеп берилди. Бас қаҳарман Жәҳаншаның басқа қаҳарманлық дәстанлардың қаҳарманлары менен типологиялық уқсаслықлары ҳәм айырмашылыклары салыстырмалы үйренилди. Дәстандағы Жәҳаншаның басқа дәстан қаҳарманлары сыяқлы шығысының идаҳий негизлерге ийе болыўы ҳаққындағы тезиске қарсы келиўши бай қатламға тән болмаўының негизинде дәстанның жыраўдан жазып алыныў дәўириндеги жәмийетлик-сиясий турмыстағы дөретпениң бас қаҳарманының халықтың арасынан болыўы шәрт болған, оның социаллық шығысын бийкарлаўшы дәўирдеги үстемлик еткен тенденцияның тәсири сыпатында тийкарланды.

  6. “Жәҳанша” дәстанының тийкарғы мазмуны илим-өнер үйрениў арқалы халықты ағартыўшылыққа шақырыў, тынышлық, дослық, еркинлик, душпанға қарсы қаҳарманлық гүресиўден ибарат. Дәстандағы қаҳарманға қарсы гүресиўши душпанлар қатарына әпиўайы адам, бирақ ҳийлекер, қызғаншақ Карабайдан баслап, гәўирлер, қарақшылар, жеңилтек ҳаяллар ҳәм саўдагер Үсенбек, есапланады. Олар менен гүресиўде бас қаҳарман Жәҳанша образына қаҳарманлық эпостағы илаҳий физикалық күшке ийе болыў традициясы менен бирге, ақыллы, бир неше өнерди үйренген ҳәм усы өнерлери, билими арқалы жаўларын жеңе алатуғын, ҳәр бир исти дипломатиялык жол менен шешиўге ҳәрекет ететуғын сыпатлары параллель раўажланғанлығы образдың ҳәм дәстан сюжетиниң тийкарғы өзгешелиги екенлиги анализлер тийкарында дәлиллеп берилди.

  7. Қәлеген дәстанның көркемлигинде жеке атқарыўшы жыраўлардың дөретиўшилик қәбилетлериниң әҳмийети айрықша. «Жәҳанша» дастанының усы ўақытқа шекем тек Қурбанбай жыраў репертуары арқалы жетип келиўи, басқа вариант ҳәм басқа халықлардағы версияларының болмаўы, сондай-ақ, оның сюжетиниң қәлиплесиўинде ушырасатуғын мотив ҳәм образлардың архаикалық формасынынан бираз узақласыўы яки мотив ҳәм образларда тек рудимент ҳалында сакланыўы, эпослық традициялар менен бирге, реал турмысқа жақынлығы сыяқлы өзгешеликлер дәстанның поэтикалық тилинде Қурбанбай жыраўдың импровизациялық тәсириниң күшли болғанлығы белгили болады.

  8. Дәстан поэтикасында дәстүрий эпикалық баянлаў формалары болған қосық пенен қара сөздиң басқа араластырылып берилиў дәстүри көзге тасланады. Дәстанда поэзиялык баянлаў үлгиси белгили ўақытлардағы психологиялық халатлардың ашылыўы ушын бир неше қаҳарманлардың қатарма-қатар ишки кеширмелери, олардың руўҳый дүньясының конкрет ситуациялардағы көринислериниң көзге онша көринбейтуғын тәреплери терең көркем психологизм менен сүўретлениўинде, конфликт ҳәм шешимлердиң берилиўинде көркем эстетикалық ўазыйпаларды атқарса, ал, ўақыя ҳәм эпизодларды байланыстырыўда прозалық баянлаў формасы дәстанның көркем поэтикалық жақтан байытыўына хызмет еткен.

  9. «Жәҳанша» дәстаны аз вариантлы дәстанлар типине тән ҳәм тек Қурбанбай жыраў репертуарына тийисли болып, бүгинги күнге шекемги изертллеўлер дәстан поэтикасында жыраўдың жеке импровизаторлық шеберлиги халықлық дәстан дөретиў усылларының өзгешеликлерин анықлаўда үлкен әҳмийетке ийе.




Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish