Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»


III БАП. «ЖӘҲАНША» ДӘСТАНЫНЫҢ ПОЭТИКАЛЫҚ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ



Download 292,3 Kb.
bet24/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

III БАП. «ЖӘҲАНША» ДӘСТАНЫНЫҢ ПОЭТИКАЛЫҚ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ
3.1. «Жәҳанша» дәстаны поэтикасында Қурбанбай жыраўдың жыраўшылық шеберлиги
Қалеген дәстанның көркемлиги мәселеси, әлбетте жеке атқарыўшы жыраўлардың дөретиўшилик қәбилетлери менен тиккелей байланыслы. Бул бағдарда өз репертуарында жигирмадан аслам көлемли дәстанларды бизге мийрас етип қалдырған Қурбанбай жырыў Тәжибаевтың орны өз алдына салмаққа ийе. «Жәҳанша» дастанының усы ўақытқа шекем тек Қурбанбай жыраў репертуары арқалы жетип келиўи, басқа вариант ҳәм басқа халықлардағы версияларының болмаўы, сондай-ақ, оның сюжетиниң қәлиплесиўинде ушырасатуғын мотив ҳәм образлардың архаикалық формасынынан бираз узақласыўы яки мотив ҳәм образларда тек рудимент ҳалында сакланыўы, дастанлық традициялар менен бирге, реал турмысқа жақынлығы сыяқлы өзгешеликлер дәстанның поэтикалық тилинде Қурбанбай жыраўдың импровизациялық тәсириниң күшли болғанлығын аңлатады. Бул өз гезегинде, дәстанның поэтикалық өзгешеликлерин, көркем тилин үйрениўде оны атқарыўшы жыраўдың жыраўшылық (соның менен бирге дөретиўшилик) шеберлигине тоқтап өтиў зәрүрлигин пайда етти. Себеби, дәстанның поэтикалық курылысы, көркем тили тиккелей жыраўдың жыраўшылық шеберлиги менен байланыслы екенлиги мәлим. Жыраўшылық өнери өз бойында тек атқарыўшылық емес, соның менен бирге дөретиўшилик, көркемлик жақтан толықтырыўшылық ўазыйпаларын да жәмлейди. Себеби, «жыраў-бақсышылық традициялық халық эпосын атқарыў менен ҳәм оны қайта ислеў менен белгиленеди. Жыршылар эпикалық дәстанларды ҳәм қосықларды сақлап ҳәм оларды бираз жақсартып, көбинесе атқарылатуғын шығарманы ҳәзирги дәўир менен байланыстырады, оларды бираз жақсартып, көбинесе атқарылатуғын шығарманы ҳәзирги дәўир менен байланыстырады, оларды өткендегиниң призмасынан тесип өткерип, гейпара ўақытларда оларға жаңа түр береди ямаса оларды әййемги ўақыттың ҳақыйқат тарийхы деп жәриялайды».107
«Жәҳанша» дәстанының жазып алыныўы Қурбанбай жыраўдың жыраўшылық өнери, соның менен бирге дәстаншылық пенен байланыслы қарақалпақ эпикалық традициясы өзиниң ең бийик шыңына шыққан дәўирге туўра келеди. Жыраў әдебий дөретиўшиликтиң хасыл дүрданасы, дүнья халықлары халық аўызеки әдебиятының классикалық үлгилери қатарына кирген «Қырық қыз» дәстанының атқарыўшысы сыпатында дүньяжүзи фольклористика илиминде тән алынып, оның өмири ҳәм жыраўшылық өнери илимий изертлеўлер объектине айланғаны мәлим. «Қурбанбай жыраўдың халықтың аўызеки творчествосы тийкарында пайда болған поэтикалық импровизаторлық уқыбы менен ушласқан, жыраў турмыс тәжирийбелерине ҳәм көп санлы халықтың даналық сөзхлерине күтә бай, сонлықтан оның жырлаған дәстанлары идеялық курылысы жағынан шебер айтылған болып келеди, жыраўдың импровизаторлық уқыбы дәстанның жырланыўында айрықша көзге түседи»108.
Жыраўдың дәстаншылық өнериндеги улыўма түрки тиллес халықлар эпикалық традициясына тән болған қаҳарманлық дәстан дәстүринен белгили дәрежедеги өзгешелиги ‒ көпшилик алымларды оның репертуарындағы дәстанлардыавторлық дәстанлар сыпатында қараўына алып келгени де белгили. Солардың арасында «Жәҳанша» дәстаны ҳаққында да усындай пикир бар екени ҳәммеге мәлим. «Қарақалпақ фольклоры»ның дәслепки ХХ томлық баспасындағы алғы сөзинде авторлар Қ.Мақсетовтың дәстанды қарақалпақ эпикалық дәстүринде қәлиплескен, өз орнына ийе, деген пикирине қосымша: «Дәстанды жырлаўшы өзине шекемги бир қанша устаз жыраўлардың атын атап, усы арқалы дәстанның көптен берли айтылып киятырған мийрас екенлигин дәлиллемекши болады» деген пикирди келтиреди109.
Бундай өзгешеликлердиң тийкары ‒ әлбетте, сол дәўирдеги қарақалпақ фольклористикасында эпикалық традиция ҳәм онда жыраўдың индивидуал дөретиўшилигиниң орны, вариантласыў мәселелериниң илимий изертлеў объектине еле кең көлемде тартылмаўы менен байланыслы еди.
Усы дәўирге дейин дүньяжүзилик фольклористика илиминде Б.Соколов, Ю.Соколов, В.М.Жирмунский, М.К.Азадовский, В.И.Чичеров, Х.Зарипов, Т.Мирзаевлар110 тәрепинен халық аўызеки дөретпелериниң ҳәр қыйлы тарийхый басқышларда социаллық шәраятларда жасаў формалары, атқарыўшы ҳәм оның аудиториясын билиўи, дөретиўшилик атқарыўда традиция ҳәм импровизацияның ролин белгилеў, атқарыўшылық (жыраўшылық) мектеплери ҳәм ондағы тәлим, атқарыўшының индивидуал стили ҳақкында ҳәрекеттеги эпикалық традиция мысаллары тийкарында илимий мийнетлер жазылған.
Улыўма дүньяжүзилик фольклористика илиминде буннан алдын пайда болған илимий изертлеўлер, сондай-ақ, жоқарыда келтирип өтилген алымлар тәрепинен жазылған мийнетлер ҳәм түркий тиллес халықлардың эпикалық традициясына тийисли болған көплеген материаллар тийкарында В.М.Жирмунский тәрепинен жазылған «Среднеазиатские народные сказители» мақаласы эпикалық традиция ҳәм индивидуал дөретиўшиликтиң традицияда жасаўы бойынша көплеген мәселелерге, солардың арасында бизиң илимий изертлеўимиздиң объекти болған «Жәҳанша» дәстанының Қурбанбай жыраўдың индивидуал шеберлиги мәселесине де белгили дәрежеде айқынлық енгизиў имканын береди. В.М.Жирмунский өз мақаласында импровизацияның Орта Азия жыраўларының улыўма эпикалық традиция көлеминде көплеген дәстанлардың вариантларының пайда болыўының тийкарғы факторы сыпатында баҳалап, бундай индивидуал вариантлардың белгили бир жыраўшылық мектеби ямаса улыўма эпикалық традиция көлеминде әмелге асырылатуғынына айрықша дыққат аўдарады. Яғный, импровизатор вариантты дөретиў процессинде эпикалық дәстүр базасында бар сюжет, мотивлер, турақлы стилистикалық фигуралар, эпитет, теңеўлер, образлар ҳәм фразеологиялық сөз дизбеклеринен пайдаланып, оларға өзиниң жеке поэтикалық уқыбынан келип шығып, жаңа мазмун бағышлайды. Соның менен бирге, алым Орта Азия жыраўларының тыңлаўшылар аудиториясының талабы бойынша дәстандағы белгили бир эпизодларды қысқартыўы, басқа эпизодлар менен алмастырыўы мүмкин, деп ескертеди111.
Қурбанбай жыраўды жақсы билген Қ. Мақсетов жыраўдың өмири ҳәм жыраўшылық шеберлиги ҳаққындағы бир мақаласында оның өмиринен В.Жирмунскийдиң жоқарыдағы пикирин тастыйықлаўшы, дыққатқа ылайық бир эпизодты келтирип өтеди. Онда сөз етилиўинше, жыраў Хожелили Әўезжан деген адамның үйине зыяпатқа шақырылады. Зыяпатта үй ийеси Қурбанбай ҳәм сол зыяпатқа шақырылған Дилим деген бақсыдан бурын ҳеш қашан атқарылмаған дәстанды жырлаўды буйырады. Бул буйрық Дилимниңкеўлине аўыр тийеди ҳәм ол зияпатты тәрк етеди. Қурбанбай жыраў жалғыз қалып, суў бойында ойланып турса, суўдың бойына бир суўпы келип, атын суўғарып турады. Ал, оннан сәл арманырақта бир кемпир келип салмадан суў алады. «Тосаттан мениң ядыма бир дәстанның мазмуны түсти, дәстандағы суўпыны қыз қыдырған жигит, маманы оның ашық яры етип, бир-бири менен айтыстырып, той-тамаша менен қосып, «Суўпыбек» атлы дәстан пайда болды». Қурбанбай жыраўдың өмиринен алынған бул эпизодта айрықша дыққатты талап ететуғын нәрсе: жыраў бул дәстанды тазадан, ядтан шығарып емес, ал умытылып кеткен ески бир дәстанды қайтадан жанландырыў арқалы дөретеди112.
Бул факт қарақалпақ дәстаншылық традициясының көрнекли ўәкили есапланған Қурбанбай жыраўдың сол дәўирде ҳәрекетте болған эпикалық дәстүрдиң орнын ҳәм оның репертуарында айрықша орын ийелеген «Жәҳанша» дәстанының жыраўдың эпикалық имканиятлар көлеминде әмелге асырған жеке индивидуаллық дөретиўшилигиниң жемиси деп қараў имканын береди.
«Жәҳанша» дәстанның бизге дейин тек Қурбанбай жыраў варианты ғана жетип келгени ҳәммеге белгили. Қурбанбай жыраў дәстанның соңғы бөлиминде «Жәҳанша»ның қарақалпақ жыраўларының репертуарында бурыннан бар екенин төмендеги мағлыўмат арқалы тастыйықлайды:
Әўел айтсам өткенди,
Бул дәстанның парқы бар,
Ол Жупардың елинде,
Жыраўболған Айтуўар,
Қабыл деген бир бала,
Оған шәкирт болғанды,
Шәкирт болып жүргенде,
Нуратаның елинде
Қабыл жыраў атанып,
Оған да шәкирт табылып,
Ядлап алған Халмурат.
Халмураттай жыраўда
Толығы менен сақланып,
Үлги болып қалғанды.
Ол заманның дәстүри-
Сәллеси бар басында,
Еки ағаштан қуралған,
Қобызы бар қолында,
Қой бағып жүрген жеринен,
Халмуратты көп излеп,
Тәжибай улы Қурбанбай,
Шәкирт болып барғанды.
Бул дәстанды үйренип,
Қурбанбайдай бул жыраў,
Сексен жасқа келгенше,
Бул дәстан жақсы болғансоң,
Мийесинде қалғанды113.
Жоқарыда келтирилген мағлыўмат пүткил түрки тиллес дәстаншылық традициясына тән болып, бул дәстанның анық дерекке ийе екени және оныңескилигин дәлиллеў ушын келтирилген114. Бул изерлеўшилер ушын дәстанның бурын эпикалық традицияда жасағанлығын дәлиллейтуғын анық фактлерден есапланады, өйткени бир дәўирде жасаған жыраў-бақсылар қайсы дәстанның қайсы жыраўлар мектебине, қайсы жыраўдың репертуарынан орын алғаны туўралы мағлыўматқа ийе болған. Жоқарыда Қурбанбай жыраў тәрепинен берилген мағлыўматқа қарағанда, дәстанды белгили бир дәўирлерде Айтуўар жыраў, оннан кейин Қабыл жыраў атқарған. Қабыл жыраўдан Халмурат жыраў үйренген. Халмурат жыраўдан Қурбанбай жыраўға мийрас болып өткен. Белгили болғанындай, Халмурат жыраў ‒ Қурбанбай жыраўдың биринши устазы. Болажақ жыраў Төрткүлден Нуратаға барып, төрт жыл даўамында оның қолында тәлим алады ҳәм усы жерде Қурбанбайдың жыраўшылық репертуарына тийкар салынады. Қ.Мақсетовтың берген мағлыўматына қарағанда,Қурбанбай жыраў Халмурат жыраўдан көплеген дәстанлар, сол қатарда «Жәҳанша» дәстанын да үйренген115.
В.М.Жирмунский XIXҳәм XX әсирдиң басында Самарқанд областында айрықша белгили Булыңғыр ҳәм Нурата жыраўшылық мектеплери болғанын айтып өтеди. Алымның көрсетип өткениндей, Булыңғыр мектеби қаҳарманлық эпосларды айрықша атқарыўы менен, ал Нурата мектеби – халық романларын (лиро-эпос) атқарыўы менен белгили болған. Усыған сай, олардың бириншисинде дәстүрий, екиншисинде романтикалық сюжетлердиң өзине тән өзгешелигине ийкемлескен – лирикалық стиль басым болып келген. В.М.Жирмунский Нурата мектебине тән бул «модернизм»ди жазба әдебиятқа тийкарланған парсы романлық эпосының үлгилери тәсиринде жүзеге келген, деп есаплайды116.
Бухарадағы қарақалпақ жыраўларына арналған мақалаларының биринде Қ.Мақсетов қарақалпақ жыраўы Өтенияз Ийимбетовтың «Бухараға барып келген жыраў ҳақыйқат жыраў есапланатуғын еди, оның сөзи де, сазы да соннан кейин дүзелетуғын болған» деген сөзин келтире отырып, Нурата жыраўларындағы «китабый сөз» термининиң мәниси ҳәм төркинлерине айрықша итибар береди117.
В.М.Жирмунский де Қурбанбай жыраўдың усы мектепке тәлим алғанын айтады. Қурбанбай жыраўдың Нурата жыраў мектебине қатанасы мәселеси қарақалпақ фольклористика илиминде алымлар тәрепинен өз тастыйығын тапқан мәселе. Бирақ жоқарыда В.М.Жирмунский тәрепинен алға сүрилген пикир Қурбанбай жыраўдың дәстанларындағы романлық эпослардың тәсири ҳаққындағы мәселеге оның жыраўлық стилин изерлеў арқалы белгили дәрежеде айқынлық киргизиў мүмкиншилигин береди. Өйткени, Нурата мектебине тән дәстанларда мифологиялық сюжетлерден пайдаланыў, қаҳарманлардың портретин жасаўда ишки руўҳый ҳалатты, қаҳарманның кеўил кеширмелерин кең сүўретлеў, баянлаў стилинде орнаменталлыққа умтылыў сыяқлы усыллар «Жәҳанша» дәстанында анық көринеди.
Өкинишли жери сонда, белгили себеплерге байланыслы «Жәҳанша» дәстанының Қалмурат жыраўдан басқа Айтуўар жыраў, Қабыл жыраў, Халмурат жыраў вариантлары бизге дейин жетип келмеген. Деген менен, дәстанның Қурбанбай жыраў варианты, қарақалпақ эпикалық традициясы ҳәм ондағы жыраўдың индивидуал өзгешелиги туўралы мағлыўматларға сүйене отырып, белгили дәрежеде пикир жүритиўге мүмкиншилик бар. Дәстан Қурбанбай жыраў тәрепинен тийкарынан өткен әсирдиң биринши ярымында жырланған. Дәстанның М.Сейтниязов тәрепинен жазып алынған усы версиясының қысқаша мазмуны төмендегише:
Өткен заманларда Ура төбе елинде ағалы-инили Сәңгилбай ҳәм Қарабай деген адамлар өтип, олар ғаррылық жасына жеткенше бийперзент еди. Олар қудайдан перзент тилеп, бир күнлери Сәңгилбай ‒ уллы, ал Қарабай қызлы болады. Перзентлериниң тойында халық Сәнгилбайдың баласына Жәҳанша, Қарабайдың қызына –Шийрин деп ат қояды. Жәҳанша қатарынан озық бала болып, ержетеди. Ол мектепке барғанда, оқыўға айрықша ықлас қояды. Жигит балағат жасына жеткенде,сол елдиң Алымбай деген дәўлетли адамы үлкен той береди. Жәҳаншадосты Ералы менен усы тойда ылақ ойынына қатнасады ҳәм жеңип шығады. Оның жеңисине иши күйген қарсыласлары жигитти сабайды. Ералы досты қорқып қашып кетеди. Жәҳанша қарсыласларының сазайын берсе де үйине қапа болып келеди ҳәм оқыўға ықлас қояды. Қарабай ағасы Сәңгилбай менен оның ҳаялына баланы саўда менен шығылланыўды кеңес етеди. Жәҳанша наилаж көнеди ҳәм әкеси берген мың тилланы алып, Қарабайдың кәрўанына қосылып, Шын-Машынға жол алады. Жигит Шын-Машында көше аралап жүргенинде, бир үйдиң қапысында «Мың тиллаға билим бериў, өнер үйретиў» туўралы дағазаны оқып қалады. Бала қолындағы мың тилланы сол мектептиң устазына берип, Шынмашында қалады. Қарабай жигитти таўа алмай елине қайтады. Жәҳанша мектепте оқып, ҳәртүрли өнер-билимди ийелейди. Елин сағынған бала устазынан рухсат алып үйине қайтады. Әкеси оның келгенине қуўанып, үлкен той береди. Көп билим ҳәм өнерди ийелеген жигит және оқыўды ойлап, әкесинен Шынмашынға тағы қайтып, оқыўын даўам етиўге рухсат сорайды. Әкесиниң рухсаты менен бала және Тансықбай дегенниң кәрўанына қосылып, Шын-Машынға жетеди. Бул сапары жигит Шын-Машында жүрип «Мың тиллаға батырлық ҳәм түрли әсбапларда саз шертиўди үйретемиз» деген жазыўы бар тахтаны көрип қалады ҳәм қасындағы мың тилланы берип, Азимге шәкирт түседи. Сол жерде бир жыл тәлим алған соң Жәҳанша тағы елине оралады. Баласының тири қайтқанын қуўанған Сәңгилбай және той береди. Узақ жолдан шаршап уйықлап атырған Жәҳаншаның отаўына кирген Сәңгилбай баласының саз әсбапларын көрип, қатты ашыўы келеди ҳәм ҳаялы Ақтолқынға әсбапларды отқа салыўды буйырады. Усы ўақыя себеп болып, әке бенен бала арасында жәнжел пайда болып, әкесине өкпелегенжигит Шын-Машынға және ҳайт қояды. Бул сапары ол мың тиллаға төрт түрли өнер – гүрес тутыў, найраңбазлық (фокус), шатыраш, батырлықты оқытыў ҳаққындағы дағазаға дус келеди. Мектептиң устазы Омман баба Жәҳаншаны өз перзентиндей көрип қәдирлеп, оны үйине мирәт етеди. Бир күни оқыўға кетип баратырған баланы сол қаланың атақлы байы Асқарбайдың қызы Гүлҳәсел көрип қалып, ашық болып қалады. Жигит өзиниң бул елге оқыў ушын келгенин қанша айтса да, қыз оның изинен қалмайды. Омман устаздың жәрдеми менен жигит ерке қыздан қутылады. Жигит оқыўын тамамлағаннан кейин,устазы оны көп мал-дүнья менен шығарып салады. Елге қайтқанынан кейин жигиттиңқурал-сайманларын, саз әсбапларын себеп етип, күншил Қарабай Жәҳаншаныңабыройын төгеди. Намысқа шыдамаған жигит және елден бас алып кетиўге мәжбүр болады. Жолға шыққан Жәҳанша Үсенбек дегенниң кәрўанына илеседи. Кәрўан жолда Арыслантуй деген дәўге дус келеди. Жәҳанша дәўди жекпе-жек айқаста жеңип, кәрўанды қутқарады. Кәрўан бираз жүргеннен кейин, ишинде үш ағайынлы гәўирлер жасайтуғын қудыққа дус болады. Үсенбек гәўирлердиң бул күни уйқыда жатырғанынан пайдаланып, олардың байлығына ийелик етиўди нийетлейди. Жәҳаншаны қудыққа түсирип, қырық шелек яқут, маржан, лалыны жоқарыға алдырады. Сонша байлықты Жәҳанша менен бөлискиси келмеген Үсенбек жипти кесип, жигитти қудықта қалдырып кетеди. Қудықта қалып қойған батыр қудықтың ишин аралап жүргенде, үш гәўирге тап болады. Устазларынан алған билиминиң арқасында Жәҳанша гәўирлердиң қойған шәртин орынлайды. Еки гәўир бирин-бири өлтиреди. Жигит қуйыдан шығыўдың жолын излеп жүрип, бир жайдан саз әсбапларын таўып алады. Жәҳанша саз шертип отырғанда, оның қасына үшинши гәўир келеди. Жигиттиң шерткен сазын еситкен гәўир өзиниң сазенде улын ядына түсиреди ҳәм жигитке өзиниң дослығын билдиреди. Ол жигитке қудықтан шығыўға жәрдем берип, Жәҳаншаны арқасына мингизип Үсенбектиң кәрўанының изинен жетип алады. Енди Жәҳаншадан қалай болмасын қутылыўды ойлаған Үсенбек ҳаялына жигитти өлтиририўди буйырып хат жазады ҳәм хатты Жәҳаншаның өзинен берип жибереди. Сумлықты сезген жигит жолда хатты оқып көреди ҳәм сол хаттың орнына қызы Гүлнәҳәрды жигитке бериўди буйырған хат жазып, хатты Үсенбектиң ҳаялына тапсырады. Сөйтип, Жәҳанша Үсенбектиң қызына үйленеди. Үсенбектиң елине киятырғанда, жолда Жәҳанша бенде болған ғаррылардан сол елдиң патшасы Асқар ханның жаўызлығы туўралы еситкен еди. Ол «ханға сәлем берейин» деген бәне менен Асқар ханның алдына келеди. Асқар ханЖәҳаншаны шатыраш ойнаўға мирәт етеди. Жигит ханды утады. Халық көтерилиске шығып, Жәҳанша Асқар ханды өлтиреди ҳәм оның орнына қызы Зәўрияны тахтқа отырғызады. Зәўрия Үсенбек ҳәм оның қызы Гүлнәҳәрды да жаманлығы ушын өлимге буйырады. Арадан бираз ўақыт өтип, Жәҳанша қасына Қайсар атлы палўанды ертип,өз елине қайтады. Елге қайтқан Жәҳанша өз мәканының қыйрап, ўайран етилгенин биледи. Жолда оған мектепте оқытқан баяғы устазы ушырасып, Ура төбе халқын қалмақлар шаўып кеткенин айтады. Жәҳанша аман қалған халқын жыйнап изине ертип, бурынлары бир ел болып жасаған Шынытатар елине қосады118. Бунда миллий дәстанларымызда жийи ушырасатуғын сапар мотиви айрықша көзге тасланады. Қаҳарманның билим өнер үйрениўге ийелеўге қуштарлығы соншама, ол ҳәр сапарында жүзеге келген қыйыншылықларды жеңиўге таяр билимли ҳәм батыр образ сыпатында көзге түседи ҳәм бул жолда барлық қарама-қарсылықлардың үстинен жеңиске ериседи. Дәстанның композициялық қурылысының барлығында адамларда билим өнер үйрениў ықласларын оятыў, оның зәрүрликлерин белгилеў ҳәм нәтийжеде қаҳарманның мурат-мақсетлерине ерисиў идеялары менен беккем қәлиплескен.
Дәстандағы ўақыялар өнер билим үйрениўге қаратылғаны менен бурыннан киятырған эпикалық дөретиўшилик дәстүрлерине тән болған мотивациялық бирликлердиң нәтийжесинде әмелге асырылады,яғный, өнер билим алыў ушын ақыл, инта керек болса,сол алған билимди байытып барыў ушын ҳәр кыйлы сыртқы унамсыз тәсирлерден корғааныў мақсетинде физикалық күш те керек екенлигин көрсететуғын бир-бири менен синтезленген философиялық мазмундағы халықлық түсиниклер өз сәўлелениўин табады.
Фольклористика илиминде фольклорлық дөретпелер, солардың арасында қаҳарманлық эпостың эволюциясында сол дәўирдиң тарийхый басқышының ҳәм сол басқышта жәмийетте ҳүким сүриўши идеология тәсиринде белгили дәрежеде өзгерислерге ушырайтуғыны туўралы тезис алымлар тәрепинен ортаға қойылған. Фольклорлық традицияда эпостың вариантласыў қубылысы менен байланыслы болған бул мәселе «Жәҳанша» дәстаны ушын да характерли. Мәселен, дәстанның қолымызда турған, Қурбанбай жыраўдан жазып алынғаннусқасында Жәҳаншаның атасы Сәңгилбай кәмбағал болып, усыған сай Жәҳанша да кәмбағалдың баласы ретинде сүўретленген. Бирақ, дәстанның фабуласындағы көплеген эпизодлар: мысалы, Сәңгилбайдың Жәҳаншаға Шын-Машынға кетерде мың тилла бериўи, Шын-Машында устазы Омманның оған шаҳзада сыпатында қараўы, Жәҳаншаның елине келгенде, әкеси тәрепинен үлкен той бериўи сыяқлы детальлар оның жарлы адам ретиндеги социаллық статусына сай емес. Сондай-ақ, дәстандағы дин ийелери, бай адамларға тек антогонист сыпатында көз-қарас та айқын көзге тасланады. Көплеген халықлардың, солардың арасында түрки тиллес халықлардың ноғайлы дәўирине тийисли эпосларында баслы қаҳарманның социаллық шығысы жарлы қатламға тийисли болған қаҳарманлардың бар екени белгили. Ноғай қаҳарманлық эпосын изертлеген А.И.Сикалиев ноғай халқы жырлаған эпослардың үлкен бөлегиниң қаҳарманларының жарлы қатламнан шыққанлығын айтып өтеди119. Әсиресе, бул жағдай Қурбанбай жыраўдың «Ерсайым» дәстанындағы Ерсайым образы ушын да характерли екенине гүўа болмыз. Көплеген тарийхый дәреклерден белгили болғанындай, жарлы қатламнан шыққан батырдың образының эпикалық традицияда пайда болыўына Ноғайлы дәўириндеги жоқарғы қатлам ‒ бий, мырза, сондай-ақ, ишки социаллық қатламлар арасында жүзеге келген қарама-қарсылықлар негиз болған. Сонлықтан да бул образлар дәстанның сюжетлик жөнелисине сай қубылыс саналады. Ал, «Жәҳанша» дәстанында бас қаҳарманның усындай социаллық шығысты бийкарлаўшы жоқарыдағы детальлар баршылық. Ҳәммеге мәлим болғанындай, «Жәҳанша» дәстаны Қурбанбай жыраўдан жазып алынған дәўирде фольклорда да, жазба әдебиятта да әдебий дөретпеде бас қаҳарманы халық арасынан шыққан болыўы шәрт еди. Бул тенденция қаҳарманлық дәстан эволюциясының белгили бир басқышында жүзеге келген «Алпамыс», «Жәҳанша» типиндеги дәстанлар сюжети ушын характерли эпик қаҳарманның шығысы айрықша, иләҳий негизге ийе болыўы кереклиги ҳаққындағы тезиске қайшы келиўине қарамастан, дәстан атқарыўшылары, соның ишинде Қурбанбай жыраў да өз дәўириниң жыршысы сыпатында усы талапқа әмел қылыўы тәбийий аўҳал есапланады. Биз буннан, усындай ҳәр қыйлы дәўирлик тәсир арқалы енгизилген элементлер дәстанның буннан алдыңғы ‒ Айтуўар, Қабыл ҳәм Халмурат жыраўлар вариантлары болған болыўы мүмкин деген шешимге келемиз.
Айтайын дегенимиз, Курбанбай жыраўдың атқарған «Жәҳанша» дәстаны көркем синтетикалық өзгешеликлергше ийе болып, узақ әсирлер даўамында қәлиплесип, раўажланып киятырған дөретиўшилик дәстүрлеримиздиң даўамы сыпатында баҳаланады.


Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish