Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»



Download 292,3 Kb.
bet19/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

Ат мотиви. Қарақалпақ қаҳарманлық эпосында да оларға жақын басқа түркий ҳәм монгол тиллес халықлардың қаҳарманлық эпосында ат батырдың ең жақын көмекшиси сыпатында орайлық орынды ийелейди. Бул, әлбетте, ең алды бурын олардың қарақалпақларға тарийхый-генетикалық байланысы менен ғана емес, ал олардың көп әсирлер даўамында көшпели турмыс кешириўи менен де байланыслы. Түрки халықлардың көшпели турмыс тәризи, олардың тарийхында көп әсирлер даўам еткен әскерий демократия, урыўлардың өз-ара урыўлық бирлеспе ҳәм мәмлекетлерге биригиўи, елди, халықты сыртқы жаўлап алоыўшыларға қарсы урысыўы сыяқлы турмыста айрықша орын ийелеўши қурал ҳәм көлик болған аттың ролин белгилеп берди. Тарийхый, археологиялық мағлыўматларға қарағанда «әййемги түркий халықлардың армиясында жаяў пияда әскерлерден ибарат бөлимниң өзи болмаған»71. Бундай турмыс тәризи олардың тарийхый турмысын кең ҳәм монументал формада сәўлелендириўши қаҳарманлық эпосларында да атты өзинде халықтың идеалын жәмлеген батырдың ең жақын әмеңгери, әскерий досты, сырласы сыпатында сүўретлениўи ушын шәраят жаратады. Бул мәселе бойынша көплеген түркий тиллес халықлардың фольклорын изертлеген алымлар, солар менен бир қатарда қарақалпақ алымлары да дерлик бир тоқтамға келеди. Яғный, ат мифологиялық образ сыпатында оның батыр менен бир күнде туўылыўы, ат пенен батырдың туўысқан болып тәриплениўи, ат таңлаўда батырдың сынақ объекти болыўы, қәўипли қарсылықлардан батырды аман алып шығыўы, оның сөйлеў, тийисли жеринде ушыў қәбилетлерине ийе болыўы, улыўма, аттың батыр тәғдириндеги орны барынша толық үйренилген мәселелердиң бири болып табылады72.
Эпикалық традицияда турақласқан бул мотив соңын-ала түркий халықлардың тарийхый ҳәм мәдений турмысының ҳәр қыйлы басқышларында ҳәр түрли формаларда орын ала баслайды. Ат мотивиниң ең дәслепки мифлик қарасларды өзинде сақлаған архаик формалары көбирек Сибирьдеги түркий тиллес халықларында сақланған.
Хакаслардың алыптығ нымахахларында батырлардың аттан туўылыўы ҳаққында сюжет ҳәм мотивлер ушырасады. Сибирьдиң бир қатар түрки тиллес халықларының эпосында Батырлардың аттан туўылыўы бул мотивиниң орын алыўы өзиниң түп-тамыры менен түрки тиллес қәўимлердиң бәрине тән болған ең әййемги традицияға барып тақалатуғынын дәлиллейди (мысалы, долган, якутларда)»73. Белгили ҳакас эпосында батыр қыз Ай-Хуучун ала-саман тай менен екеўи бирге егиз болып, ала-саман бийе ҳәм ала-саман аттан туўылады. «Алтын Арыг» қаҳарманлық дәстанының қаҳарманы ҳәм оның Ақ-жийрен аты екеўи егиз болып, олар Ақ Қаядан бирге туўылады. В.Е.Мойнагашеваның пикири бойынша, бул мотив хақаслардың фольклорында өз алдына сақланып қалмаған егизеклик ҳаққындағы әййемги мифлердиң қалдығы есапланады. Оның эпостағы тийкары ‒ түркий халықлардың әййемдеги тотемистлик исенимлерине барып тақалатуғын ат культы менен байланыслы сюжетлер менен байытылған74. Якут қаҳарманлық эпосларынизертлеўши А.Ф.Корякинаның көрсетиўи бойынша, «якут олонхоларында батырдың аттан келип шығыў мотиви ең көп таралған мотивлерден есапланады»75.
Жоқарыда көрсетилген фактлер Сибирьдиң түрки тиллес халықларында өзлериниң архаик мифлик төркинлерин белгили дәрежеде анық сақлағанынан гүўалық беретуғын болса, Орта Азияның түрки тиллес халықларының қаҳарманлық эпосында бул архаик мотив турмыслық факторлар тәсиринде трансформацияға ушыраған ҳалда қолланылған. Орта Азияның көпшилик түркий тиллес халықлары VIII әсирден баслап мусылман динин қабыллай баслағаны белгили. Бул узақ даўам еткен процесс бул территориядағы халықлардың санасынынан усы дәўирге дейинги диний исенимлерди қысып шығарып, ямаса оларға жаңаша (мусылманша) мазмун берип, трансформацияланған формаға әкелгени аян. Бизиң пикиримизше, мусылман дининиң «барлық жаратылыстың ийеси Алла» деген монотеистлик қарас ҳәм соның менен бирге жәмийет санасының эволюциясы тийкарынан алғанда, аўызша таралған ҳәм ҳәмийше сол дәўирде үстемлик еткен идеология тәсирине өзгерип баратуғын дәстанлар текстинен тотемлик түсиникти қысып шығарғаны ямаса оған ислам дининиң қарасынан интерпретацияланғаны сөзсиз. Нәтийжеде, Орта Азияның түркий тиллес халықлары солардың арасында қарақалпақлардың қаҳарманлық эпосларында да тотем ат тийкарында ат культы қәлиплескен. Деген менен, бул халықлар қаҳарманлық эпосында әййемги архаик белгилер реликт формасында ол яки бул дәрежеде сақланып қалған.
Орта Азияның түркий халықлардың айырым қаҳарманлық эпосында ат батыр менен бир күнде туўылады, ат инсан киби сөйлей алады. Ол қыйын-қыстаў жағдайларда батырға жәрдем бериў менен бирге, оның сырласы ҳәм досты сыпатында кеңес бере алады. Ат батырға жоқарғы күшлер тәрепинен арналған болса да ол батыр менен бирге оның батыр сыпатындағы сыналыўы менен байланыслы сынақларынан өтеди.
«Жәҳанша» дәстанында да, басқа қаҳарманлық дәстанларындағы сыяқлы, батырдың аты менен байланыслы мотив усы дәстанның өзине тән идеялық-сюжетлик бағдарына сай өз интерпретациясына ийе. Дәстанда «аттың батыр менен бир күнде туўылыўы», «батырдың атты жылаўлаўы» сыяқлы мотивлер жоқ. Бирақ, дәстанда ат батырдың тийкарғы атрибуты, батырлығының нышаны ҳәм оның душпан үстинен жеңиске ерисиўде тийкарғы көмекшиси ретинде хызмети айрықша. Негизинде қаҳарманлық дәстанларда батырлар жалғыз ат ийелери болып тәрипленеди. “Жәҳанша” дәстанындағыдай бир неше атқа ийелик етиў дәстүри тек усы дәстан ушын характерли болып, олардың батыр ушын ислейтуғын хызметлери ҳәр қыйлы бағдарларда болып табылады. Жәҳаншаның аты сыпатында Қоянкөк , Әреби ат ҳәм Туйғын лақаплы үш ат бар. Ең биринши ‒ Қоян көк туўралы «Он еки жасқа келгенде, Астына батыр ат минип, Үлкен тойды тойлады» делинеди ҳәм бул жерде Қоянкөк Жәҳаншаның батыр ретинде танылыўында тийкарғы атрибутлардың бири сыпатында көринеди. Батырдың Қоянкөк атқа симпатиясы төмендеги басқа қаҳарманлық эпослардағы дәстүрий эпик формулада берилген:

Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish