Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»


Қаҳарманның үйлениўи ҳәм сынақ мотивлери



Download 292,3 Kb.
bet18/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

Қаҳарманның үйлениўи ҳәм сынақ мотивлери. Көпшилик фольклортаныўшылар ҳәм этнографлардың пикирлери бойынша, бул мотивте ең әййемги дәўирлерде көплеген халықлардың турмысында орын алған, матриархаллық қатнасықлар дәўириниң қалдығы есапланған салт-дәстүр орын алған. Оған сәйкес, патшалық статус туўысқанлық қатнасық бойынша әкеден ер балаға емес, ал ҳаял арқалы, яғный қыз перзент арқалы оның күйеўине өткен. Көп дәўирлер даўамында бул салт-дәстүр бойынша, басқа журттың адамы, өзиниң шығысы бойынша патша әўладына тийисли ҳаялы арқалы басқа патшалықтың тахтына ийелик етип отырған68.
В.М.Жирмунский батырлық ертеклерде патриархал-урыўлық жәмийетте экзогамиялық шәраятларда қалыңлықты басқа урыў – қәўимнен алып келиў дәстүри жийи ушырасатуғын болған. Бул өз гезегинде эпоста батырдың образын идеалластырыў, дәстандағы ўақыяларға қаҳарманлық түс бериўде пайдаланыла баслаған69.
Көпшилдик қаҳарманлық дәстанлардан парықлы рәўиште,батырлық ертеклерде қаҳарман өз қалыңлығын излеў сапарында жолда көплеген сыйқырлы, магиялық характердеги тосқынлықларды жеңип өтеди, яки болмаса қыздың әкеси (патша) тәрепинен берилген үш шәртти орынлап болып, қалыңлығына үйленеди. «Жәҳанша» дәстанында батырдың үйлениўи қаҳарманлық ертеклердеги батырдың үйлениў мотивине сай тәризде сүўретленген. Дәстанды дөретиўши жыраўлар бул мотивти реал турмыслық ҳәм тарийхый фонда қайта ислеп дәстан жанрының талапларына сәйкеслендирген.
«Алпамыс» типиндеги ертек ҳәм эпосларда батыр өзиниң қыз егизеги ямаса болажақ қалыңлығы менен бир күнде туўылады ҳәм бул жағдай дәстан сюжетиниң буннан былай раўажланыўында өзине тән орынға ийе. «Жәҳанша» дәстанында батырдың үйлениў мотивиндеги ўақыялар түркий тиллес халықлардың арасында экзогам некеге, яғный өз урыўы, жақын ағайинлер арасындағы некени бийкарлаўшы неке тийкарында сәўлеленген.
Көпшилик қаҳарманлық эпосларда әдетте батырдың өз қалыңлығы жөнинде басқалардан хабар табыўы ямаса оны түсинде көриў мотивлери орын алады. «Жәҳанша» дәстаны композициясында бул дәстүрий мотивлер батырдың өз жақынлары менен болған конфликти мотиви менен алмастырылған.
Дәстанда Жәҳанша үшинши мәртебе Қытайға оқыўға, өнер үйрениўге барып келеди. Өмири көшпели патриархал турмыс тәризине бейимлескен ҳәм дәслеп қандай да бир жаңалықты унамсыз қабыл еткен Сәңгилбай ушын Жәҳаншаның ерискен табысларына душпанлық қарастағы иниси Қарабайдың гәплериниң өзи әке менен бала арасында конфликтти келтирип шығарыўға ҳәм Жәҳаншаның елден шығынып кетиўине себепши болады. Сәңгилбай баласының Шын-машында ийелеген билими ҳәм өнерин биймәни, мал-дүнья әкелмейтуғынҳәм ақша сарыплаўға турарлық емес нәрселер, деп қарайды. Жәҳанша наилаж өз журтын тәрк етиўге мәжбүр болады. Ҳеш нәрсесиз қалған батыр гүзар жолда үйинен алып шыққан китапларын дастанып жатырғанда, оның үстине Үсенбек исимли саўдагердиң кәрўаны келеди. Үсенбек батырды өзи менен алып кетеди.
Әдетте, эпос қаҳарманының өз қалыңлығын излеп сапарға атланыўы ҳәм оның сынақтан өтиўи мотиви жийи ушырасады. Бунда ол қандай да бир мүшкил шәртти орынлаўы, батырлық ертеклерде болса ‒ мифик мақлуқлар менен гүресиўинен ибарат сынақ мотиви бериледи. Архаик дәўирлердиң формасын өзинде сақлап қалған қаҳарманлық эпосларда батыр әдетте бир қатар шәртлерди орынлап, өз қалыңлығына ерисиў ҳуқықына ийе болады ҳәм көбинесе өз қалыңлығы менен гүрес тутысып, оны жеңиўи арқалы қалыңлығына ерисиў мотиви қалыңлықтың анасы яки әкеси тәрепинен қойылған шәртти орынлаў мотиви менен алмастырылған. «Жәҳанша» дәстанында да батырдың өз қалыңлығын излеп сапар етиўи берилген, бирақ бул мотив түрки тиллес халықлардың ертеклик фольклорында жийи ушырасатуғын батырдың мифик душпан – дәў сыпатлы мақлуқлар менен гүреси тийкарында өзине тән шешим тапқан. Анығырағы, дәстанда қаҳарманды батыр сыпатында танытатуғын жекпе-жек сынақ мотиви тиккелей батырдың өз қалыңлығы ушын гүресиўи ўақыяларына емес, ал батырдың алған билими, ийелеген өнери ҳәм ақыл-санасын көрсетиўге бағдарланған. Қаҳарманды батыр сыпатында танытатуғын сынақлар оның өз қалыңлығын излеў сапарында жүз береди.Үсен саўдагердиң кәрўаны менен Шынытатарға, яғный өз қалыңлығы Зәўрияның елине сапар шегип баратырғанда, Жәҳанша кәрўандағы адамлардың бир нәрседен ғалаўыт таўғанын сезип қалады. Ол Үсенбектен буның себебин сорайды. Үсенбек оған алдында Барса келмес деген қысқа, бирақ қәўипли, қәўипсиз, бирақ жүдә узақ қырық күнлик жолдың бар екеннин, Барса келмес деген бул таўдағы жолда Арыслантуй деген гәўирдиң өткен-кеткенлердиң кәрўанын талап, «адамлардың қанын суўсын орнына ишетуғынлығын» айтады. Сонда Жәҳанша Үсенбекке кәрўанды қәўипсиз жолдан барыўын тапсырып, өзине саўдагерден урыс көрген ат ҳәм қурал-жарақ сорайды.
Үсенбек Жәҳаншаға саўаш ушын керек болатуғын барлық нәрсени таярлап береди. Кәрўан Арыслантуй жасайтуғын Қара таўдың жолына келгенде, бастан-аяқ қуралланған, өзи дәў сыпатлы, тили түсиниксиз, аўзы-басын жүн басқан Арыслантуй қасындағы жигитлери менен кәрўанның алдынан шығады ҳәм өз жигитлерине Үсенбекти услаўды буйрық береди. Сол ўақытта кәрўанның алдына Жәҳанша шығып, Арыслантуйға өзин танытады ҳәм гүреске шақырады. Арыслан туй батырдың әнейи емес екенин билип, оған қарай сарыжайдан оқ атады. Жәҳанша қалқанын тутып қалады. Арыслантуй батырды оқ менен өлтире алмайтуғынын билип, батыр менен ат үстинде алысады. Олар ат үстинде де бирин-бири жыға алмай, көп алысады. Ақыры атларынан түсип, жерде гүреседи. Узақ даўам еткен гүресте Жәҳанша ақыры бар күшин жыйнап, Арыслан туйды басына көтерип жерге тартып урады ҳәм көкирегине минип турып басын қылыш пенен кесип алады. Арыслантуйдың жеңилгенин көрген қасындағы жигитлердиңҳәммеси Жәҳаншаға топылады. Жәҳанша олардың биреўин де қалдырмай қылыштан өткереди.
Дәстанда барлық қаҳарманлық эпосларға тән болған батырдың душпаны менен жекпе-жек алысыўында қолланылатуғын усыллар (сары жайдан оқ атыў, ат үстинде ҳәм жерде гүрес тутыў) қолланылған. Булар турақлы түрдеги мотивациялық белгилерден ибарат болып, дәстанда Жәҳанша образы бираз реалластырылғандай көринеди. Себеби, басқа дәстанларда ушырасатугын батырды қорғаўшы, ғамхоршы күшлер бунда толық көринбейди. Керисинше, батыр өз душпанын ақыл-сана күши менен ямаса физикалық күш пенен жеке қарабасы жеңиўге ериседи.
Дәстан сюжетиндеги бул мотив өзинде архаик мифологиялық белгилердиң излерин ғана сақлап қалған. Бундай мифологиялық тийкарға ийе сюжет, образлар, исимлер өзлериниң мифологиялық мазмунын жоғалтқаннан кейин де халықтың ертеклик фантазиясы сыпатында фольклорлық традицияның дәстүрий элементи қатарында сақланып қалабереди70. Жәҳаншаның Ҳәсер таўында Арыслантуй ҳәм оның адамлары менен гүреси барлық қаҳарманлық эпосларға тән болған батырдың айрықша физикалық күшин идеалластырыўшы мотив есапланса, усы мотивке параллель рәўиште батырдың ақыл-сансын, тапқырлығын идеалластырыўшы эпикалық мағлыўматлар дәстаннан кең орын алған.
Дәстанның композициясында бас қаҳарманның физикалық күшин сәўлелендириўши, барлық қаҳарманлық эпосларға тән болған батырдың жекпе-жек гүрес мотиви Жәҳаншаның Арыслантуй менен гүреси эпизодында берген. Бул дәстүрий мотив арқалы жыраўлар батырдағы физикалық күшти идеалластырса, ал батырдың ақыл-санасы, билими оның үш гәўир менен ушырасыўы мотиви арқалы бериледи. Бунда Жәҳанша үш гәўирди билегиниң күши арқалы емес, ал ақыл-билими,санасы менен жеңеди. Жәҳаншаның ақыл ҳәм билимин көрсетиўде жыраўлар ертеклик сюжеттен пайдаланған ҳәм бул мотивти дәстан текстине шеберлик пенен сиңдире алған.
Дәстанда батырдың өз қалыңлығын излеп сапарға шығыўы ҳәм сапардағы сынақлары мотиви қатарына Орта Азия халықлары ертеклик прозасында жийи ушырасатуғын хат мотиви киритилген. Жәҳанша Акбар гәўирдиң жәрдеминдеқудықтан шыққаннан кейин, ол және кәрўанның изинен жетип алады. Жаман нийети иске аспаған Үсенбек саўдагер енди тағы сумлық ойлайды. Ол ҳаялына хат жазып, онда усы хатты жеткерип берген Жәҳаншаны өлтириўди буйырады. Жәҳанша жолда хатты ашып оқып, оның орнына «усы хатты алып барған жигитке қызы Гүлнәҳәрди ҳаяллыққа бе»р деген мазмунда хат жазады. Хатты алған Үсенбектиң ҳаялы үлкен той берип, қызын Жәҳаншаға узатады. Дәстанның сюжетинде бул мотив тийкарғы еки функцияны атқарады:бириншиден, батырдың билиминиң сыналыўын, оның қыйыншылықтан шығыўға уқыплы екенин ҳәм, екиншиден,өзине жаманлық ислеген душпанынан өш алыў, жазалаў.
Әдетте, қаҳарманлық дәстанларда батыр өз қалыңлығы менен ушырасыўдан алдын, қалыңлығының ҳәм сол журттың жағдайын билиў ушын жолда сол елдиң адамы менен ушырасқанысүўретленеди. «Алпамыс» дәстанында бул мотивти жүзеге асырыўда Қултай баба тийкарғы фигура есапланса, «Жәҳанша»да бул функцияны Асқар ханның жаўызлығы салдарынан бар мал-мүлкинен айрылып, өзлери сансыз мал кейнине салынған шопан ғаррылар атқарған. Шопанлардан Сарандиб атлы ғарры Жәҳаншадағы мийрим-шәпәәт ҳәм ғайратты көрип, қалайынша өзлериниң усы аўҳалға түсип қалғанын айтып налынады. Сарандибтиң айтыўына қарағанда, Шынытатар елиниң патшасы Асқархан елиндеги адамларды өзи менен шатыраш ойынын ойнаўға мәжбүрлеп, утылған адамның мал-мүлкин алып қойып, өзинмалдың кейнине салады екен. Жәҳанша Үсенбек саўдагердиң қызы Гүлнәҳәрге сол елдиң патшасына сәлем бериўге баратуғынын айтады. Гүлнәҳәр де патшаның шатыраш ойынына ҳәўес екенин ҳәм утылған адамлардың басына жаман күнлерди салыўға өш екенин айтып, Жәҳаншаны бул нийетинен қайтармақшы болады. Еси-дәрти патшаның қызы Зәўрия болған Жәҳанша патшаның алдына барады. Асқархан батырдың ким екенин сорайды. Жәҳанша өзиниң Ура Төбе елиниң батыры екенин, шатыраш ойыны кәри екенин, ойынға тигетуғын мал-мүлкиниң бар екенин айтады. Жәҳанша патша барлық мал-мүлкин есап етседе, оның менен теңлесе алмайтуғын бир дана гәўхарды ортаға қойып, патшаны шатыраш ойнаўға мирәт етеди. Асқархан патшалықтың барлығын, тахтын ойынға тигеди. Пүткил Шынытатар халқы бул ойынды бақлайды. Патшадан жәбир көргенлер Жәҳаншаның утып шығыўын қудайдан тилейди. Жәҳанша Шын-машында үйренген шатыраш ойынының барлық әдисин иске салып, Асқарханды утады. Халық барлық мал-дүньясы, тахтынан айырылған ханды өлтиреди ҳәм Жәҳаншаны хан көтереди. Жәҳанша елдеги ханнан жәбир көрген халықты бенделиктен азат етип, олардың мал-дүньясын қайтарып берип, малы жоқларға мал, кийим берип, елде тыныш-абадан турмыс орнатады. Өзи болса, әкесиниң барлық жаўызлығына қарсы, мәрт, ақты-қараны айыра алатуғын Зәўрияға үйленеди.
Шығыстың цивилизацияласқан отырықшы халықлары фольклорында ақыл ойыны есапланған шатыраш ойыны менен байланыслы сюжетлер анаў ямаса мынаў тарийхый шахс аты менен байланыслы көплеген әпсана ҳәм ертеклерде кең таралған мотивлерден есапланады. Бул мотивтиң «Жәҳанша» дәстанына енгизилиўи де батырдың Шын-машынға билим алыў, өнер үйрениў ушын сапары сыяқлы новациялық характерге ийе. Бул мотив арқалы жыраўлар дәстанды дөретиўде алдына қойған ‒ адамның кәмил инсан, ел басшысы, батыр сыпатында қәлиплесиўинде илим-билимге ерисиўдиң зәрүрлиги жөниндеги әҳмийетли идеяны жүзеге асырыўда қолланған. Ҳақыйқатында да, дәстанда Жәҳанша жаман нийетли жаўыз Асқарханды қурал-жарақсыз, өз ақылыменен жеңиўге қүдирети жететуғын қаҳарман ретинде геўделенген.
Жәҳаншаның өз қалыңлығын излеп сапар етиўи сәўлеленген дәстанның финал бөлими де басқа қаҳарманлық дәстанлардағы душпанды жеңип, өз халқын азат етиўи көринисиндеги дәстүрий мотивтен бирқанша өзгеше шешим тапқан. Шынытатар елине хан болып, халықтың исенимин ақлаған Жәҳанша енди өз елинен хабар алыўды мақсет етеди ҳәм Зәўрия қасына қосып берген адамларды изине ертип Ура Төбеге қарай жол алады. Өз елине келгенде, батырды баяғы гүлленген елдиң орнында қарабаханаға айланғанжуртты көреди. Ўайран болған елде бир тислем нан табыў ушын гезип жүрген устазы Жәҳаншаны танып, елди қалмақлар шапқанын, халықтың бары-жоғын талап, көптиң жаў қолында бенде болып кеткенин айтады. Устазы батырға оның ата-анасын таўып береди. Жәҳанша аман қалған халқын жыйнап мәсләҳәт қурады ҳәм өзиниң Шынытатар елине хан болғанын, енди аман қалған халқын Шынытатар елине апарып қоспақшы екенин айтады.
Бул мәселеге егер тарийхый көзқарастан нәзер таслайтуғын болсақ, ҳақыйқатында да қалмақлардың Орта Азия халықларына атланыслары халқымызхдың руўхый ҳәм материаллық жақтан үлкен бүлгиншиликлерге дус болыўына алып келди. Соның ушын да бул мотивтиң «Жәҳанша» дәстанынан орын алмай қалыўы мүмкин емес еди.

Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish