Лабораториялық жумыс №5. Еритпелер
Еритпелердиң улыўма қәсийетлери. Гидратлар
1. Еритпениң диффузиясы а) Пробиркаға калий перманганатының кишкене кристалын салып, үстине пробирканың дийўалы бойынша суў қуйып штативке орналастырың. Дуз еритпесиниң төменнен жоқары көтерилиўин байқаң. Б) Пробирканы суўға толтырып, тиккесине штативке бекитиң. Калий перманганатын сийлеге орап пробирканың аўзына бекитиң. Бунда дуздың еритпеси жоқарыдан төмен қарай таралғанын көриң.
Еки пробиркадағы диффузия тезлигин салыстырың.
2. Кобальт дузлары гидратларының дүзилиўи. Кобальт дузлары гидратларының дүзилиўин 1-таблицада көрсетилгендей ҳәр қыйлы реңлер бойынша көремиз.
Кобальт дихлориди кристаллогидратларының реңи.
Кристаллогидратлар
|
Реңи
|
CoCI2H2O
|
Жасыл-көк
|
CoCI21,5H2O
|
Жасыл- қоңыр көк
|
CoCI22H2O
|
Жасыл –сарғыш
|
CoCI24H2O
|
Қызыл
|
CoCI26H2O
|
Сарғыш
|
Дузлардағы гидратлық суў молекулаларының муғдарын қыздырыў арқалы билиўге болады.
Пробиркаға кобальт дихлоридиниң концентрациялы 1 мл еритпесин қуйып қыздырың. Қыздырыўда қызыл реңли еритпе жасыл-көк реңге, соң суўығанда қайтадан қызыл реңге өтеди.
Пробиркаға кобальт дихлоридиниң концентрациялы 1 мл еритпесин қуйып, үстине концентрациялы дуз кислотасынан тамшылатып қуйып еритпениң реңиниң өзгерисин бақлаң.
Ақ қағазға ағаш таяқша менен кобальт дихлоридиниң концентрациялы еритпеси менен жазың. Еритпе кепсе қағаз бетиндеги жазыў билинбейди. Қағазды азғана қыздырсаңыз қайтадан жазыў көринеди.
3. Дузлардың қурғатылыўы ҳәм суў сиңдиргишлиги.
Фарфор табақшаға 3-5 г Na2SO410H2O дузын, ал екиншисине сондай муғдарда суўсыз кальций хлоридин салың. Бос эксикатордың ишине екеўинде салып, аўзын қақпақшасы менен жақсылап бекитип, келеси жумысқа шекем қалдырың. Бир неше күннен кейин ашканда натрий сульфатының аморф порошокке, ал кальций хлориди балқығанын көремиз.
4. Кристаллизацияланған суў муғдарын анықлаў.
Фарфор тигельди турақлы салмаққа жеткенше қыздырып, 0,01 г анықлыққа шекем өлшең. Тигельге 1-2 г анықлыққа шекем CuSO45H2O (мыс купоросы) дузынан өлшеп салың. Тигельди фарфор үшмүйешлигине қойып, газ горелькасының жалынында қыздырың. Алған дузыңыздын реңинин өзгерисин байқаң.
Дуздың реңи толық ағарғаннан кейин қыздырыўды тоқтатып тигельди эксикаторға салып суўытып өлшең. Тигельди тағы да 5-10 мин даўамында қыздырың, қайтадан суўытып өлшең. Турақлы салмаққа келгенше усы жумысты қайталаң.
Тәжирийбе жуўмақлары бойынша мыс купоросындағы кристаллизациялық суўдың муғдарын есаплаң ҳәм мыс(II) сульфатының бир молекуласына қанша суў молекуласы туўры келетуғынын табың.
Қайтадан мыс купоросына суў тамшысын тамызып көк реңли дузға айландырың.
Do'stlaringiz bilan baham: |