Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер



Download 0,6 Mb.
bet27/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   36
Bog'liq
Лекция

1930 жылы 5 январьда «коллективлестириўдиң пәти ҳәм колхоз қурылысына илажлары ҳаққында» қарар қабыл алды. Усы қарардан кейин дийханларды колхозға массалық түрде киргизиў басланды. Колхозға киргенлер тийкарынан жарлы ҳәм орта дийҳанлар еди. Ал бай ҳәм руўханийлер қуўдаланды ҳәм жазаланды.
Колхозға кириў ерикли деп дағазаланғаны менен, ол мәжбүрий кириў тәртиби менен иске асты ҳәттеки маллар ҳәм үй қуслары мәжбүрий түрде жәмийетлестирилди, айрым жерлерде дийханлардың жер ҳәм мүлклери тартып алынды.
1925-1928 жыллардағы жер-суў реформасы нәтийжесинде Өзбекстанда байлар, ири саўдагерлер ҳәм руўханийлердиң 1,5 мыңға жақын хожалықлары пүткиллей сапластырылды. Республикамыздағы майда хожалықлардың шама менен 10% жерге, аўыл хожалық әсбап-үскенелерине ийе болып қалды.
Коммунистлик партияның сиясий доктринасы хожалық жүргизиўдиң жәмәәт формаларын раўажландырыўды гөзлейтуғын еди. Жер-суў реформасы дәўиринде 522 жәмәәт хожалығы, яғный колхозлар шөлкемлестирилди. Оларға басшылық етиўдиң экономикалық жақтан хошаметлеўден административлик-буйрықпазлық усылларына өтиў барған сайын көбирек сезилди.
1927 жылдың ақыры 1928 жыллардың басларында, Сталинның партияны майда товарлы қатламла жасалма жол менен шеклеп қойыўға бағдарланған дәўирде административлик-буйрықпазлық усылларына өтиў айрықша анық сезилди. Мине усы ўақыттан баслап жәмәәт хожалықларын дүзиўге бағдарланған жол тағы да кескинлести.
20 жылларда жәмәәт болып ислейтуғын ширкетлер ТОЗлар (товарищество по общественной обработке земли) дүзиў, аўыл-хожалық артельлерин ҳәм басқа формалардағы жәмәәт хожалықларын дүзиўде сәўлеленди. Өзбекистанда сол жыллары 550 артель ҳәм 166 ТОЗ дүзилген еди.
Санаат тараўында, санаатты тиклеў ҳәм раўажландырыў ислери 20 жыллардың биринши ярымында аўқам Орайының мәплерин ойланған ҳалда жоба тийкарында алып барылды.
Индустриалластырыўдың дәслепки дәўиринде республикада раўажланған заманагөй санаат жоқ еди. Өзбекстанды индустриалластырыў ең басынан-ақ аўқамды индустриалластырыўдың ажыралмас қурам бөлеги деп белгиленди.
Республика санаатын раўажландырыўдың негизги бағдарын да мине усы нәрсе белгилеп берди: бул жол аўыл-хожалығын ҳәм тәбийий байлықларды қатаң тәртипте эксплуатациялаўға бағдарланған еди. Сол дәўирде (1926-1928 жж.) жумысшылардың саны еки еседен аслам артып, соның менен бирге жергиликли миллеттен шыққан жумысшылар олардың ярымынан көбирегин қурады. Солай етип, 20 жыллар республика экономикасының аяққа турыўы ҳәм раўажланыўы менен тәрийпленеди, бирақ бунда майда өндирис үстин болып турды. Жеке сектордың барлығы жаңа экономикалық сиясат шараятында майда хожалықлардың өсиўине алып келеди, бул нәрсе тиклениў процесслерине жақсы тәсир жасады. Майда санаат ҳәм кустар өндирисиниң жанланыўы ишки базарды кеңейтти ҳәм ири мәмлекет индустриясы ушын қаржылар бере алатуғын дереклерди дөретти.
20 жыллардың биринши ярымындағы экономикалық реформалар азық-аўқат разверткасы, мийнетке мәжбүрлеўдиң бийкар етилиўи, экономикада мәмлекет секторы басқарыўды орайдан бираз узақластырыў, хожалық есабын, өз қәрежетлерин өзи қаплаў ҳәм өзин-өзи қәрежетлер менен тәмийинлеў усылларын еңгизиў - индустриалластырыў сиясатының зәрүрли шәртлери болып қалды. Бирақ 20 жыллардың ақырларында бул процесслерди кескин тезлестириў, өзине тән «үлкен секириў» ди әмелге асырыў жолын тутыў пүткил мәмлекеттиң ҳәм атап айтқанда Өзбекстанның соңғы экономикалық раўажланыўына әҳмийетли өзгерислер киргизди.
1950 жылларға келип те жәмийеттиң барлық салаларында партияның зорлық-зомбылығы үстем еди. Санааттың раўажланыўында үлкен қарама-қарсылықлар келип шықты. Өзбекстан Аўқам басшылығы тәрепинен ислеп шығылатуғын ҳәм белгилеп берилетуғын экономикалық сиясатты әмелге асырып отырыўға мәжбүр еди. Санаатта тек аўыр санаат раўажландырылып, жеңил санаатқа кеўил аўдарылмады. Урыстан кейинги ҳәр бес жыллықта 100 ге жақын санаат объектлери иске қосылды.
1960 жыллар даўамында ҳәм 1980 жыллардың биринши ярымында Өзбекстанда Ангрен, Наўайы, Чарвақ, Ташкент ҳәм басқада ири электростанциялары иске қосылды. Машина соғыў ҳәм металл ислеў Өзбекстан санаатының ири тармағы болып, халық хожалығын техникалық жақтан қуралландырыўда әҳмийетли роль ойнады.
Санааттың өсиўи менен бир қатарда транспортыда раўажланды. Бул жылларда Чаржаў-Қоңырат темир жолы қурылды. 1972 жылы Қоңырат-Бейнеў темир жолы ашылды. Республикада темир жоллардың узынлығы урыстан кейинги жылларда еки есеге артты. Асфальт ҳәм бетон төселген автомобиль жолларының узынлығы болса усы дәўир ишинде 8 есеге артты.
Республиканың экономикасында негизинен пахташылықтың ихтияжларына хызмет ететуғын санаат раўажланып барды. Машина-трактор станциялары жаңа тракторлар менен толықтырыла баслады. 1960-1985 жылларда тракторлар саны 53 мың бирликтен 200 мыңға шекем көбейип, пахташылықтың раўажланыўына тирек болды. Пахта егилетуғын майданлар көбейтиле берди, булардың есесинен мийўе-палыз, ғәлле, бийдай өнимлерин жетистириў пүткиллей төменлеп кетти. 1985 жылға шекем пахта зүрәәти 5,5 есе, пахта егилетуғын майданлар 1 млн. дан асты. Буған жоңышқа ҳәм басқада азық-аўқат беретуғын басқа егинлер егилетуғын майданларды қысқарттырыў есабынан ерисилди.
Жаңадан-жаңа пахта егилетуғын жерлер өзлестирилди. Суў режели түрде ислетилмеди. Буның есесинен суў тамтарыслығы келип шығып, Арал машқаласы келип шықты.
Пахта жеке ҳәкимшилиги дәўиринде Өзбекстанда тек зор берип пахта жетистирилип берилер ҳәм шийки зат есабында «Орайға» алып кетилер, өзлеримизде таяр өнимге айлантырылмас еди, яғңый Өзбекстан Орайдың шийки зат базасына айланған еди.
Орайдың рухсатысыз ҳеш бир кишкене ғана кәрхананы қурыўда мүмкин болмаған. Өзбекстан территориясында ислеп шығарылған барлық материаллық өнимлерди бөлистириў ҳәм олардан пайдаланыў, биринши гезекте, орайдың мәплерине бағындырылған, қалдықлары ғана жергиликли тутыныў ушын сарыпланған.
Қулласы, ғәрезсизликке ерискенге шекем Өзбекстан республикасы экономикалық ғәрезлиликте, ҳәр тәреплеме қатаң қадағалаў астында болып «Орай»ға бағынышлы еди.
Республика шараятларында мәдений раўажланыўдың заманагөйлик дәрежесине өтиў ҳәдден тысқары үлкен қыйыншылықларды жеңиў менен байланыслы болып, кескин идеологиялық гүрес пенен бирликте даўам етти. Солай болса да, мәдениятты жаңадан қурыў процесслери барған сайын әҳмийетли болды. Бул процесслер әўели сабақлар ана тилинде жүргизилетуғын бес жыллық тәлим ҳәм төрт жыллық тәлим басқыш мектеплерин ашыў ҳәм оларды сабақлықлар жәңе оқыў қураллары менен тәмийинлеў, билимлендириў институтларын, оқытыўшылар таярлайтуғын курсларды ҳәм басқаларды шөлкемлестириўден ибарат болды.
1924-1925 оқыў жылында республика бюджетиниң 24 % халық билимлендириўи ушын бөлип шығарылады. Халық билимлендириўиниң ихтияжларына сарпланатуғын пул қаржылары кейинги жылларды барған сайын көбейди, бул мектеп қурылысын тезлестириўге имканият берди. Биринши ҳәм екинши басқыштағы улыўма билим беретуғын мектеплердиң саны 1928-1929 оқыў жылына келип дерлик 2,5 мыңға жетти.
Соның менен бирге үлкен жастағы адамлар арасында саўатсызлықты сапластырыў бойынша кең көлемде жумыслар басланып кетти. Мектеплердиң педагогикалық кадрларға болған талапларын қанаатландырыў ушын педагогикалық оқыў орынлары техникумлар, билимлендириў институтлары, оқыў орынлары ашылды. 20 жыллардың ақырларында бул оқыў орынларында - 5,5 мың муғаллим кадрлары жетистирилди.
Халықтың улыўма саўаты өсти. 20 жыллардың басларында совет мектеплери менен бирге ески усыл мектеплери, медреселерде ислеп турды. 1925 жылы Өзбекстанда 97 ўақым мектеплери ҳәм медреселер 1,5 мыңнан аслам ески мектеплер ислеп турды.
Бул мектеплер ҳәм медреселер көплеген әўладлардың өмири даўамында билимлендириў-ағартыў бойынша үлкен әҳмийетке ийе болып, халықтың руўхый өмириниң қурамы болып келди. 1929-жылға келип ески усыл менен оқытатуғын диний мектеплер биротала сапластырылды. 1928-жылы Латын графикасы тийкарында жаңа қарақалпақ алфавити тастыйықланды ҳәм 1929-жылдан баслап мектеплерде латынластырылған алфавит пенен оқытыў басланды. 1929-1930 оқыў жылында 124 мектеп болып, оларда 14,670 оқыўшы билим алды.
20 жыллардың екинши ярымында орта арнаўлы ҳәм жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлайтуғын оқыў орынлары ашылды. 20 жыллардың ақырларында республиканың жоқары оқыў орынларында - 4 мыңға шамалас студентлер оқыды.
Орта Азиядағы биринши жоқары оқыў орны - Түркистан мәмлекетлик университети - 1920 жылы ашылған. Бул ўақытқа келип жоқарғы билимниң ең ири орайына айналды. Оны питкерип шыққанлардың саны 1928 жылы 5 есеге көбейди.
20 жылларда республикада дәслепки илимий-изертлеў мекемелери ашылды.
20 жыллардың ақырларында Өзбекстанда оңлаған илимий-изертлеў мекемелери жумыс иследи, онда 10 мыңнан аслам илимий хызметкерлер мийнет етти.
30 жылларға келип халық билимлендириў тараўы, илим ҳәм мәденият тағыда жоқары раўажланды. 30 жыллардан ақырларында улыўма жети жыллық билим бериўди әмелге асырыўға кирисилди.
1940 жылы республикада барлық түрдеги 5,5 мыннан аслам улыўма билим беретуғын мектеплер ислеп турды. Бирақ бул дәўирде мектеп жасындағы барлық балаларды, әсиресе аўыллық жерлердеги балаларды оқыўға тартыў имканияты болмады, себеби мектеп жайлары жетиспеди, оқыў қураллары, муғаллимлер жеткиликли емес еди.
1933 жылы Самарқандта мәмлекетлик университет ашылды.
30 жыллардың ақырларында республикада 44 мың студент оқытатуғын 30 жоқары оқыў орынлары ҳәм 98 техникум жумыс иследи.
30 жылларда илимниң раўажланыўында да табыслар болды.
1943 жылы СССР Илимлер Академиясының Өзбекстан филиалы ашылды. Миллий кадрлар жетилисип шықты.
Геолог алымлардан Х.М.Абдуллаев., Г.А. Маўленов., математиклерден Т.Н. Кары Ниязий., Т.А. Сарымсаков, химиклерден О.С. Садықов, философлардан И.Мўминов., тарийхшылардан Я.Г.Гулямов, П. Салиевларды атап өтиўге болады.
20-30 жыллары әдебият ҳәм көркем өнер тараўында да үлкен өзгерислер болып өтти. Жазыўшы ҳәм шайырлардан Хамза., С.Айний., Заўкый., А.Қадирий., Шолпан, А.Фитрат ҳәм т.б. ажайып көркем шығармаларды дөретти. Олар жәмийетлик темаларда Өзбекстан халықларының азатлық гүресине, ҳаял қызлардың еркинлигине, қала ҳәм аўыллардағы социаллық өзгерислерге шығармалар жазды.
Суўретлеў ҳәм көркем өнер пайда бола баслады. Жәмийеттиң руўхый жақтан раўажланыўында мәдений-ағартыў мекемелери үлкен роль ойнады. Китапханалар, клублар, театрлар, кинотеатрлар, музейлер ашыла баслады.
Өзбек драматургиясы ҳәм кино раўажланды.
1936 жылы Ташкентте мәмлекетлик консерватория ашылды.
1940 жылы Өзбекстанда 77 миллий театр жумыс ислеп турды.
Өзбекстанда жасап турған барлық миллетлер өзлериниң театр мәдениятының раўажландырыўна имканият алды.



Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish