Лекция материаллары руўхыйлық философиясы предмети, мақсети ҳӘМ Ўазипалары жобасы


-тема ƟЗБЕКИСТАНДА МИЛЛИЙ СИЯСАТТЫҢ ТИЙКАРҒЫ ПРИНЦИПЛЕРИ



Download 388,41 Kb.
bet25/28
Sana26.02.2022
Hajmi388,41 Kb.
#472962
TuriЛекция
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28
Bog'liq
Ruwxiyliq FILOSOFIYASI

32-тема ƟЗБЕКИСТАНДА МИЛЛИЙ СИЯСАТТЫҢ ТИЙКАРҒЫ ПРИНЦИПЛЕРИ
Жобасы:

  1. Ɵзбекистан сиясатында мәнаўият мәселеси

  2. Мәнаўияттың миллий идея менен үйлесимлилиги,

  3. Ɵзбек модели ҳәм мәнаўият

Таяныш сɵзлер: сиясат, миллий идея, социаллық система, мораллық нормалар, ɵзбек модели

Өзбекистан ғәрезсизликке ерискеннен соң күн тәртибинде жәҳән стандартларына сәйкес келетуғын мәмлекет қурыў, сиясий, социаллық ҳәм экономикалық тараўларда түпкиликли реформалардф әмелге асырыў, оларды нызам менен беккемлейтуғын ҳуқықый системаны қәлиплестириў турар еди. Себеби, ески социалистлик системаға сай социаллық мүнәсебетлер ҳәм процесслер енди республикада шөлкемлестирилежақ жаңа жәмийет мәплерине сәйкес келмейтуғын еди. Мүликшилик, мүликке ийелик етиў ҳәм оны басқарыў, ислеп шығарыў дереклери, базар механизми, мәмлекетиң социяллық-экономикалық турмысын нормал изге салыў әне, усындай қатаң жаңаланыўларды талап ететуғын еди.


Соның ушын мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысы бағдарында ҳуқықый-демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыў стратегиялық мақсет етип алынды. Президентимиз Ислам Каримов өзиниң «Ўзбекистон XXI әсир бўсағасида: ҳавфсизликка таҳдид, барқарорлик шартлари ва тараққиёт кафолатлари» шығармасында «Реформалардың дәслепки басқышында мәмлекеттиң белсенди рөли тийкарғы ўәкилликлер мәмлекеттиң ҳәм ең әўеле, атқарыўшы ҳәкимияттың қарамағында болып талап етти. Демократиялық өзгерислердиң ҳәзирги басқышы сиясий, экономикалық ҳам социаллық раўажланыўдың узақ мүддетке мөлшерленген стратегиясын ислеп шығыўды талап етпекте. Бунда мәмлекеттиң рөли демократиялық раўажланыўымыздың баслы мақсети – пуқаралық жәмийетин қурыў мақсетине тийкарланған ҳалда түпкиликли өзгериўи дәркәр»1 - дейди ҳәм пикирин даўам еттирип көп ғана мәселелерди әсте-ақырын мәмлекет ҳәкимиятынан жәмәәт шөлкемлерине ҳәм пуқараларының өзин-өзи басқарыў органларына тапсырылыўы кереклигин атап өтеди.
Бул стратегиялық мақсеттиң мазмун-мәниси түсиниў ушын алды менен демократиялық мәмлекет, ҳуқықый мәмлекет, пуқаралық жәмийет түсиниклериниң мазмун-мәниси менен танысып алыўымыз керек болады. «Демократиялық мәмлекет» түсинигиниң өзегинде «демократия» түсиниги турады. «Демократия» сөзи грекше «демос» - «халық» ҳәм «кратос» - «ҳәкимият» деген мәнини билдиреди.
Демоктиялық мәмлекет пуқараларының мәмлекет ҳәм жәмийет ислерин басқарыўдағы ҳуқықларын әмелде тәмийнлейди, мине, усындай қатнасыўға шәрият жаратады, шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлери толығы менен жүзеге шығарылыўын кепиллейди2 . Социаллық турмыстың барлық тараўларында нызам менен шекленбеген искерликти әмелге асырыўға руўсат етилди. Демократиялық мәмлекет – мәмлекеттиң пүткиллей жаңа тарийхый формасы. Ол социаллық әдиллик принциплерине, ҳуқыққа, нызамға, нызамлылыққа тийкарланатуғын мәмлекет. Демократиялық мәмлекет халық ушын хызмет ететуғын, оның мәплерине ҳәм ҳуқықларын тәмийнлейтуғын мәмлекет3. Демократиялық жәмийет қурыў процессии күшли пуқаралық жәмийети жаратылыўын талап етеди.
Халқымыз демократиялық мәмлекет қурыўды мақсет қылып алған. Демократиялық мәмлекет – бул халық ҳәкимиятшылығына тийкарланған мәмлекет. Демократиялық мәмлекетте халық ҳәкимияты орнатылды. Өйткени, халық - мәмлекет ҳәкимиятының бирден-бир дерек. Бул Өзбекистан Конституциясында өз сәўлелениўин тапқан (7-статья 1-бөлим). Буны мәмлекет ҳәкимияти орайлық органларының халқымыз қәлеўи тийкарында шөлкемлескени мысалында көриўимиз мүмкин. Тийкарынан, Президент сайлаўлары, Олий Мажлисте болып өткен сайлаўлар буның анық дәлили есапланады.
Халықымыз ҳуқықый мәмлекет қурыў бағдарында үлкен ислерди әмелге асырмақта. Ҳуқықый мәмлекет – бул Конституцияға, нызамларға, ҳуқыққа тийкарланған мәмлекет болып, унда барлық мәселелер нызамлар негизинде ҳәм нызамларға тийкарланып шешиледи. Бул нызамлар үстинлиги тәмийнлениўиниң көриниси сыпатында жүзеге шығады. Ҳуқықый мәмлекет қурыў пуқараларының ҳуқықый билимдан болыўы арқалы болатуғын процесс. Солай екен, мәмлекетимиздиң ҳәр бир пуқарасы өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин туўры аңлап алыўы, конституциялық миннетлемесин түсиниўи лазым.
Пуқаралық жәмийети ҳаққындағы ҳәм қысқаша тоқталып өтиў мақсетке муўапық. Егер «жәмийет» түсинигин мәкән ҳәм усы дыярда бар, турмыс тәрзи ҳәм мәплери дерек болған инсанлардың өзара байланысларын сәўлелендириўши бирлик деп түсинсек, пуқаралық жәмийети болса, мине, усындай жәмийеттиң раўажланыўында мәлим шәраятларда қарар табатуғын оның жоқары басқышы.
Жәмийет инсаният тарийхый раўажланыўдың мәлим басқышында қәлиплесетуғын социаллық мүнәсебетлер бирлиги. Пуқаралық жәмийети – бул жоқары пәзийлетлерге ийе болған инсанлар жәмийети. Пуқаралық жәмийет – бул сондай социаллық система, онда нызамлар үстинлиги тәмийнленеди, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери қәлиплескен, сиясий партиялар ҳәм институтлар, идеология ҳәм пикирлериниң ҳәр түрлилиги тәмийнленеди, инсанға оның экономикалық, сиясий ҳәм мәдений турмыс формаларын еркин таңлаў кепилленеди, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларының абыройы жоқары болады. Мәмлекеттиң ҳәр бир пуқарасы пуқаралық институтлары искерлигинде кең түрде қатнасады ҳәм олар арқалы сиясий, социаллық, экономикалық, мәнаўый ҳәм ҳуқықый тәрептен өз зәрүрлигин қанаатландырыў имканыятқа ийе болады. Пуқаралық жәмийетинде мәмлекет ҳәм оның органлары искерлиги үстинен пуқаралардың жәмийетшилик қадағалаўы орнатылды. Мәмлекеттиң бир қатар кепилликлери жәмийетлик шөлкемлер желкесине жүклетилген.
Президентимиз Ислам Каримов пуқаралық жәмийети ҳаққында сондай деген еди: «Биз ушын пуқаралық жәмийети – социаллық мәкән. Бул мәкәнда нызам үстинликке ийе болып, ол инсанның өз-өзин камалатқа жеткериўге тосқынлық етпейди, керисинше, жәрдем береди. Шахс мәплери, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери толық дәрежеде әмелге асыўына жәрдем береди»4.
Еӊ дәслеп айтыў керек раўажланған пухаралық жәмийет ҳуқуқый мәмлекетшилик пайда болыўыныӊ гиреўи. Пуқаралық жәмийет өз жеке мақсетлерин көзде тутыўшы инсанныӊ ғәрезсиз искерлик тараўы. Бунда сацияллық байланыстыӊ барлық қатнасыўшылары өз жеке мәплерин әмелге асырыўшы, қорғаўшы еркин ҳәм теӊ субьектлер спатында пайда болады.
Сен-Симон жәмийети өзи бирдей унамсыз еки душпанға ийе, бул-бийбастақлық ҳәм истибдод, деп өз ўақтында көрсеткен. Пуқаралық жәмийет әне сол бийбастақлық ҳәм истибдодты шеклеп турады.
Пуқаралық жәмийеттиӊ тийкарғы белгилери спатында төмендегилерди көрсетиў мақсетке муўапық: эканомика тараўында-мәмлекетлик емес шөлкемлер, кооператив-ширкетлер, ижара топарлары, акциянерлық жәмийетлери, шөлкемлер, корпорациялардыӊ бар екенлиги; социял тараўда-шаӊарақ, партиялар, жәмийетшилик шөлкемлери ҳәм ҳәрекетлер, жумис ҳәм жасаў жериндеги өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес орталық хабар байланыслары, жәмийетшилик пикирди анықлаў, түрлендириў ҳәм көрсетип бериўдиӊ мәденийлескен тәртиплери, социяллық жағдайларды күш ислетпестен, басымсыз, нызамлар шегарасында шешим қабыл қылыў әмелиниӊ бар екенлиги; руўхый тараўда-сөз, ҳүждан ҳәм пикирлер еркинлиги, өз пикирин ашық билдире алыўдыӊ реал имканиятлары, дөретиўшилик, илимий ҳәм басқ уйымлар ғәрезсизлигиниӊ ҳәм нызамлы, ҳәм әмелий тәреплерден тәмийнленгени5.
Пуқаралық жәмийеттиӊ раўажланыўы дегени мәмлекеттиӊ роли кемейеди яки мәмлекет күши қырқылыўына разы болады дегени емес. Ҳәтте еӊ демократик ҳәм ҳуқуқый мәмлекет күшли мәмлекет болып қалыўы лазым. Оныӊ әззи болыўына жол қойыўға болмайды. Себеби, улуўма миллий ўазыйпалар болған қорған, мәмлекет қәўипсизлиги ҳәм пуқаралар қәўипсизлиги, сыртқы сыясат, валюта-финанс ҳәмде салық системасын, нызамлар қабыл қылыў ҳәм оныныӊ үстинлигин тәмийнлеў барысындағы басқарыў ҳәмде тексериўди тәмийнлеў мәмлекет ҳәм оныӊ сиясый ҳәкимият ўазыйпасында қалыўы керек болады.
Солай етип, пуқаралық жәмийетти шөлкемлестириўдиӊ стратегик жолы: а) сиясий плюрализимди раўажландырыўға; б) мәмлекеттиӊ социяллық ролин күшейтиўге; в) шахстыӊ ғәрезсизлигин тәмийнлеўге; г) мәмлекеттиӊ эканомикадағы ролин өзгертиўге бағдарланған болыўы керек.



Download 388,41 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish