Лекция материаллары руўхыйлық философиясы предмети, мақсети ҳӘМ Ўазипалары жобасы


тема МӘНАЎИЯТТЫҢ ЖӘМИЙЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДАҒЫ ОРНЫНЫҢ АСЫП БАРЫЎЫ



Download 388,41 Kb.
bet2/28
Sana26.02.2022
Hajmi388,41 Kb.
#472962
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   28
Bog'liq
Ruwxiyliq FILOSOFIYASI

2 тема МӘНАЎИЯТТЫҢ ЖӘМИЙЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДАҒЫ ОРНЫНЫҢ АСЫП БАРЫЎЫ


Жобасы:
1. Мәнаўияттың илимлер системасындағы орны.
2. Мәнаўиятың раўажланыў концепциясына қосқан үлеси
3. Ғәрезсизлик жылларында мәнаўиятқа


Таяныш сɵзлер: Руўхыйлық, илимийий жетискенликлер, раўажланыў, мәденият, материяллық ҳәм руўхыйлық,

Руўхыйлықты раўажландырыў- мəмлекет сиясатындағы əҳмийетли тараў. Гəрезсизликке ерискеннен соң бизиң мəмлекетимизде руўхыйлықты көтериў мəмлекет сиясатындагы ең тийкарғы мəселелердиң бирине айланды. Президентимиз И.А.Каримов екинши шақырық Олий Мəжилистиң биринши сессиясында жасаған баянатында биз өз ҳақ-ҳуқуқларын таныйтуғын, өз күши ҳəм имканиятларына тая-натугын, əтирапта болып атырған ўақияҳəдийселерге еркин мүнəсибет билдиретуғын, шахсий мэплерин мэмлекет мəплери менен уйғын ҳалда көретуғын еркин, ҳəр тəреплеме жетилискен, саламат əўлəдты тəрбиялаўымыз кереклигин уқтырды. Негизинде, ҳəзирги күнде руўхыйлық баслы мəселелердиң бирине көтерилиуиниң бир қатар себеплери бар» Бириншиден, жəмийетте əмелге асырылып атырған барлық ўазыйпалардың тəғдири, онда жасайтуғын адамлардың санасының, ой-пикириниң дəрежеси менен байланыслы. Екиншиден, гəрезсизликтиң дəслепки жылларында бурынғы тоталитарлық дүзимдеги идеологиядан ўаз кешиў байрағы астында улыўма ҳəр қандай идеологияға қарсы гүрес басланды. Бул өз гезегинде адамлардың руўхыйлығына, қəлиплескен кəдриятларына да өзиниң унамсыз тəсирин өткизе баслады.


Адамлардың руўхый турмысында жəне бир тəреплемелик орын ала баслады. Үшиншиден, ғəрезсизликтиң дəслепки жылларында жүзеге келген экономикалық машқалалар алдында адамлардың айырымлары түсинбеўшиликке түсти, көпшилик ҳалларда жаслардың тəлим алыў, кəсип ийелеў, искусство дөретпелерине қызығыўдан гөре базарға шығыў, ақша табыўға умтылыўларды жүзеге келтирди. Ақша табыў турмыслық зəрүрлик, бирақ ол шахс ҳəм миллет камалаты мəплерине зыянлы болмаўы, олардың руўхый жарлыланып калыўына алып келмеўи керек. Төртиншиден, ҳəр қандай миллет белгили бир материаллық ҳəм руўхый байлықлардың жаратыўшысы, қолланыўшысы, басқаларда ушырамайтуғын өзине тəн қəсийетлерине ийелиги ҳəм өзиниң ғəрезсиз орнына ийе болыўы сыяқлы зəрүрликлер турмыслық талап дəрежесине көтерилген еди. Бул машқалаларды шешиў миллет ҳəм мəмлекеттиң келешеги ушын əмелий əҳмийетке ийе. Бесиншиден, биз дүнья цивилизаицясына үлкен үлес қосқан халықпыз. Бизиң руўхыйлық, илим, мəденият тараўларында ерискен жетискен-ликлеримиз дүнья халықларына əсирлер бойы хызмет қылып келмекте. Бирақ тоталитаризм дəўиринде ата-бабаларымыз тəрепинен жаратылған бул байлықларды бизиң қэлбимизден шығарып таслаў ушын бир қанша ҳəрекетлер қылынды. Гəрезсизликке ерискеннен соң буларды қайта тиклеу зəрүр болды. Буған тек ғана руўхыйлықты раўажландырыў арқалы ерисиўимиз мүмкин. Социаллық прогресс халықтың руўхыйлығының дəрежеси менен тиккелей байланыслы. Себеби, ол адамлардың мурат- мақсетин, келешекке исеним ҳəм үмитин қəлиплестирип оған күш ҳəм қуўат бағышлайды. Ол арқалы жəмийеттиң, адамның мəплери анықланады, қəлиплеседи ҳəм беккемленеди. Жəмийетлик система қорғалады ҳəм услап турылады. Руўхый жақтан артта қалыў жəмийет ушын экономикалық ҳəм сиясий жақтан артта қалыўдан гөре көбирек қəўипли. Экономикалық ҳəм сиясий кризислердиң алдын алыў мүмкин. Лекин руўхый шеклениўшилик жағдайына түскен халықтын санасын тазалаў, миллий парызын ҳəм прогресстеги ўазыйпасын түсиндириў ҳəм оларды орынлаўға талпыныўын күшейттириў жүдə үлкен əҳмийетли ҳəм көп мийнетти, ўақытты талап ететуғын жағдай. Сонлықтан бизиң мəмлекетимиздиң алып барып атырған сияса-тында руўхыйлық тийкарғы орынлардың бирин ийелейди.
Руўхыйлық ҳəм мəденият бири-бирине жақын түсиниклер. Бирақ олар бир түсиникемес, бири екиншисин толықтырып отырады. Мəдений ҳəм руўхый мийрас ҳаққында да усыны айтыўға болады. Сол себепли дəслеп мəденият ҳəм оның түрлерин қарап шығамыз.Мəденият деген не»Мəденият» сөзиниң мəниси латынша СULTURA сөзинен алынған болып, ол қайта ислеў, безеў деген мəнини аңлатады. Ал Шығыс əдебиятында «мəденият» түсиниги арабша«Мəдина» (қала, шəҳəр) сөзинен келип шыққан. Араблар адамлардың турмысын екиге бөлип қараған:1) Бадавий, ямаса сахраи турмыс; 2) Мəдений турмыс деп аталған. Бадавий турмыс түсинигиң саҳраларда көшип қонып жүрген халықларға ғана тəн деп есаплаған, ал мəденийлик болса қалаларда отырықшы турмыс кеширген халықларды атаў ушын қолланған. Бизиң дəўиримиздеги мəденият түсинигин талықлайтуғын бир неше илимий əдебиятлар бар. Мəденият түсинигине берилген тəрийплеўлер саны бүгинги күнде260 тан асады. Авторлар бул түсиникке ҳəр бири өз көз қарасынан анықлама береди. Буған себеп мəденияттың көп қырлылығы, қурамалы, руўхый- социаллық қубылыс екенлиги, оның инсан ҳəм жəмийет турмысының барлық тəреплерин қамрап алғанлығында. Мəденият-бул адамлар искерлигиниң жəмийеттиң экономикалық, социал-лық-сиясий ҳəм руўхый турмыс тараўларында жаратқан, өзлериниң зəрүрликлерин қанаатландырыў ушын ислеп шығарған материаллық ҳəм руўхый байлықлар топламы.
Мəденият инсанның материаллық ҳəм руўхый байлықларын жаратыў ҳəм өзлестириўдеги искерликти сəўлелендиреди. Ол инсан ақылы, уқыбы, таланты ҳəм мийнетиниң жемиси. Халық тəрепинен жаратылған барлық материаллық ҳəм руўхый мəдений байлықлар мəдениятқа киреди. Мəденият дегенде, мийнет қуралларын жаратыў ҳəм олардан пайдаланыў, пəн техника жетискенликлери ҳəм оларды ислеп шығарыўға қаратыў, адамлардың ислеп шығарыў ҳəм социаллық көнликпелери, мийнетти социаллық шөлкемлестириў, ден-саўлықты сақлаў ислерин раўажландырыў, жəмийетшилик арасында билимлендириў ислерин жолға қойыў, əдебият, санаат, спорт, социаллық, философиялық, диний идеологиялар ҳəм усы сыяқлылар нəзерде тутылады. Мəденият инсан искерлигиниң тек ғана материаллық нəтийжелери емес, ал соның менен бирге адамлардың мийнет етиў барысында пайда болған билим байлықлары, тəжирийбелери, ислеп шығарыў, кəсип маманлығы ҳəм өз-ара мүнəсибетлерди де өз ишине алады. Жəмийет материаллық ислеп шығарыўының еки əмелий түри- материаллық ҳəм руўхый ислеп шығарыўға қарап мəденият та еки түрге- материаллық ҳəм руўхый мəдениятқа бөлинеди. Материаллық мəденият дегенде мийнет қуралларын, мийнет көнликпелерин, сондай ақ ислеп шыгарыў барысында жаратылған ҳəм материаллық турмыс ушын хызмет қылатуғын инсан тəрепинен жаратылған барлық материаллық байлықларды аңлаймыз. Материаллық мəдениятқа материаллық байлықлардың барлығы, оларды ислеп шығарыў қураллары: ислеп шығарыў барысында жаратылған техника, технология, социаллық мийнетти шөлкемлестириў, қурылыс ҳəм дийханшылықты жолға қойыу ҳəм басқалар киреди. Усыларға қарап, материаллық мəдениятты бир неше түрлерге бөлемиз: ислеп шығарыў ҳəм техника мəденияты, мийнетти шөлкемлестириў мəденияты, инжинерлик мəденияты, аспазлық мəденияты ҳəм т.б. Мəденияттың екинши түри- бул руўхый мəденият. Руўхый мəдениятқа инсанның ақылы ҳəм ақылый жаратыўшылық искерликлери, оның нəтийжелери киреди. Руўхый мəденият философия, санаат, əдебият, əдеп-икрамлылық, дин, ҳуқуқ, сиясат ҳəм басқалардын жыйындысынан дүзилген инсанның сыртқы ҳəм ишки руўхияты əлеми. Руўхый байлықты алымлар, шайырлар, композиторлар, жазыўшылар, қулласы халық жаратады. Руўхый мəдениятты жаратыў, өзлестириў ҳəм раўажландырыў барысында жəмийет раўажланады, мийнет өнимдарлығы артады, ислеп шығарыўшы күшлер раўажланады, адамлардың руўхый келбети қəлиплеседи, əдеп-икрамы, талғамы ҳəм парасаты, эстетикалық заўқы, дөретиушилик күши ҳəм қəблиетликлери раўажланады. Мəденияттың барлық түрлери диалектикалық бирликте, өз-ара байланыста. Материаллық мəдениятты руўхый мəденияттан биротала ажыратып қараўға болмайды. Материаллық байлықларды ислеп шығарыў барысында материаллық ҳəм руўхый мəденият органикалық түрде биригеди. Бирде бир мийнет қуралын, материаллық байлықтың бир де бир түрин инсан ақылысыз, ақылый мийнетисиз жаратып болмайды. Мəдениятқа адамлардың бир бирине мүнəсибетлери, семья, мектеп, жоқары оқыў орны, кəрхана, шөлкемлердеги өз-ара мүнəсибетлер де киреди. Мəдений раўажланыўдың улыўма қағыйдаларының бири оның тоқтаўсыз түрде байып барыўы ҳəм раўажланыўынан ибарат. Жəмийеттиң раўажланып барыўы менен мəденият та сыпаты жағынан өзгерип отырады. Бул жəмийеттиң раўажланыўы мəденияттың өзгериўин
талап етеди, мəденияттың жаңаланыўы болса өз гезегинде жəмийеттиң раўажланыўына себеп болады деген сөз. Жəмийет раўажланыўының ҳəр бир жаңа басқышы алдындағы жəмийеттиң мəдений жетискенликлерин зəрүрий түрде мийрас қылып алады, оны қайта ислейди, оннан дөретиўшилик айдаланады, оны жаңа жоқары басқышқа көтереди.
Инсаният тəрепинен жаратылған ең жақсы ҳəм қымбатлы нəрселер, материаллық ҳəм руўхый байлықлар жаңа тарийхый шəраятта өзлестириледи, қайта исленеди ҳəм раўажландырылады. Мəденият- улыумаин-санийлық қубылыс. Ол ҳəммеге тең. Мəселен, əдебият, мүсиншилик, пəн, техника жетискенликлери, транспорт ҳəм байланыс қураллары ҳəм т.б. Сол сыяқлы руўхый мəденият та миллий ҳəм улыумаинсанийлық болады. Миллий руўхыйлық, мəденият тарийхый ҳəдийсе сыпатында бир күнде, бир жылда, ҳəтте бир əсирде де қəлиплесип болмайды. Орайлық Азия халықлары руўхый мəдениятымыздың бир бөлеги болған ислам диниң раўажландырыўға да ылайықлы үлесин қосқан. Дүньяда ең атақлы ҳəдисшунаслар Имам ал Бухарий, имам ал Мотурудий, Бурхониддин Марғилонийлар бизиң диярымыздан шыққан



Download 388,41 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish