4. Шет-еллик физикалық тәреплердиң дәраматына салық салыўдың өзгешеликлери. Шет-еллик физикалық тәреплерге Өзбекстан Республикасы аймағында Өзбекстан Республикасының халық-аралық шәртнамаларында белгиленген өзгешеликлерди есапқа алған жағдайда салық салынады.
Резидент шет-еллик физикалық тәрептен Өзбекстан Республикасы пуқарасы сыяқлы физикалық тәреплер дәраматына салынатуғын салық өндириледи.
Резидент емес шет-еллик физикалық тәреплерден төлеген жерине қарамастан Өзбекстан Республикасындағы дереклерден алынған дәраматлары бойынша физикалық тәреплер дәрамадына салынатуғын салық өндириледи.
Салық салыў мақсетинде резидент емес физикалық тәреплер Өзбекстан Республикасында турақлы мекеме арқалы хызметин әмелге асыратуғын резидент емес сыпатында яки турақлы мекеме менен байланыста болмаған резидент емес тәреп сыпатында қаралады.
Өзбекстан Республикасында турақлы мекеме арқалы хызметин әмелге асыратуғын резидент емес физикалық тәреп мекеме менен байланыслы болған Өзбекстан Республикасындағы дереклерден алынған дәраматлары бойынша салық төлеўши есапланады.
5.Салықты есаплап шығарыў, есап-санақларды тапсырыў ҳәм төлеў тәртиби. Тийкарғы жумыс орнынан алынатуғын мийнет ҳақы төлемлери ҳәм басқа төлемлерден физикалық тәреплердиң дәраматларына салынатуғын салықты есаплап шығарыў жыл басынан өсип барыўшы жуўмақ пенен оларды есаплап жазыўдың барысына қарап салық салынатуғын жәми дәрамат суммасынан әмелге асырылады.
Пуқара бир жыл даўамында тийкарғы жумыс (хызмет, оқыў) орнын өзгертирсе, ол жаңа жумыс орнындағы бухгалтерияға дәслепки ис ҳақы алғанға дейин белгиленген форма бойынша усы жылда төленген дәраматлар ҳәм де услап қалынған салық суммасы ҳаққындағы мағлыўматнаманы тапсырыўы шәрт.
Жаңа жумыс (хызмет, оқыў) орны бойынша салықты есаплап шығарыў календарь жылы басынан илгерги ҳәм жаңа жумыс (хызмет,оқыў) орнында алынған жәми дәраматтан келип шыққан ҳалда әмелге асырылады.
Әўелги жумыс орнынан мағлыўматнама тапсырылмаған яки салық төлеўшиниң идентификация (рақамлы) нөмери тапсырылмаған жағдайларда салық салынатуғын дәраматтан ең жоқары ставка бойынша салық өндириледи. Мағлыўматнама кейинирек тапсырылса, бундай жағдайда өндирилген салық суммасы улыўма белгиленген тәртипте қайта есапланылады.
Тийкарғы болмаған жумыс орнынан дәрамат алған физикалық тәреплер дәраматынан алынған дәраматлар,жумсалған қәрежетлер ҳәм усланган салық суммасы туўрысындағы тапсырылған декларация мағлыўматлары бойынша салық хызмети органы тәрепинен дәрамат салығының ақырғы суммасы есаплап шығарылады.
Физикалық тәреплердиң дәраматына салынатугын салықты услап қалыў ҳәм бюджетке өткизиў ушын юридикалық тәреп жуўапкер. Салық суммасы услап қалынбағанда юридикалық тәреп услап қалынбаған салық суммасын ҳәмде усыған байланыслы жәрийма ҳәм пеняларды бюджетке төлеўи шәрт.
Есапларды тапсырыў ҳәм салықты төлеў тәртиби.
Юридикалық тәреплер төмендегилерди орынлаўы шәрт есапланады:
1. Салық дәўири тамаланғаннан соң отыз күн ишинде мәмлекетлик салық органларына дәраматлар алған физикалық тәреплер ҳаққында (тийкарғы жумыс орны бойынша дәраматлар алған физикалық тәреплерден тысқары) белгиленген формада мағлыўматнама тапсырыўы шәрт, онда төмендегилер көрсетиледи:
-салық төлеўшиниң-физикалық тәрептиң идентификация нөмери;
-салық төлеўшиниң фамилиясы, исми, атасының исми, тийкарғы жасаў орнының мәнзили;
-өткен салық дәўириниң жуўмақлары бойынша дәрамадлардың улыўма суммасы ҳәм физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының услап қалынған улыўма суммасы;
-салық агентиниң идентификация нөмери;
-салық агентиниң аты, жайласқан жери (почта мәнзили);
2. Жылдың ҳәр шерегинде, есап бериў дәўиринен кейинги айдың 25-күнине дейин, жыл жуўмақлары бойынша болса жыллық финанс есабын тапсырыў мүддетинде мәмлекетлик салық органларына есапланған ҳәм әмелде төленген дәраматлар суммалары ҳакқында мағлыўматларды белгиленген формада тапсырыўы шәрт.
Банкде есап бетине ийе болған юридикалық тәреплер ушын физикалық тәреплер дәраматына салынатуғын салықты төлеў сәнеси салық төлеўши есап бетинен қаржылар есаптан шығарылған күн есапланады.
Мәмлекетлик салық органлары тәрепинен есаплап шығарылған физикалық тәреплер дәраматына салынатуғын салықты төлеў, төлеў хабарнамасында көрсетилген мүддетлерде әмелге асырылыўы керек.