Лекция (2 саат) Тема: Физикалық тәреплердиң дәраматларынан (табысларынан) алынатуғын салық



Download 105,5 Kb.
bet1/6
Sana24.02.2022
Hajmi105,5 Kb.
#192453
TuriЛекция
  1   2   3   4   5   6
Bog'liq
3-лекция кк


4-лекция (2 саат)


Тема: Физикалық тәреплердиң дәраматларынан (табысларынан) алынатуғын салық.
1.Физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамаn (табыс) салығының мәниси (мазмуны), салық төлеўшилер, салық объекти ҳәм базасы.
2.Физикалық тәреплердиң жәми жыллық дәраматларының қурамы.
3.Физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамаn салығының ставкалары ҳәм жеңилликлер.
4.Шет-еллик физикалық тәреплердиң дәраматына салық салыўдың өзгешеликлери.
5.Салықты есаплап шығарыў, есап-санақты тапсырыў ҳәм төлеў тәртиби.
6.Физикалық тәреплердиң дәраматларын декларация усылында салыққа тартыў тәртиби.
1. Физикалық тәреплерде
н алынатуғын дәрамат салығының мәниси (мазмуны), салық төлеўшилер, салық объекти ҳәм базасы.
Бизге мәлим, салық нызамшылығында салыққа тартыў мақсетинде салық төлеўшилер екиге бөлинген, яғный юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге.
Физикалық тәреплерге-юридикалық тәреп атағын алмаған Өзбекстан Республикасы пуқаралары, шет-ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған тәреплер киреди.
Физикалық тәреплер төлеп атырған салықлардың ишинде бюджет түсимлеринде салмақлы орынды ийелейтуғын салық бул-физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат (табыс) салығы.
Физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамад салығы-мәмлекетлик бюджет дәраматларының дереклериниң бири болып, ол улыўма мәмлекетлик салықлардың қурамына киреди. Оның өзине тән өзгешелиги сонда, салық физикалық тәреплердиң тиккелей дәраматларынан алынады.
Бүгинги күнде физикалық тәреплер төлеп атырған салықлар ҳәм жыйымлар бюджет дәраматларының дерлик 15-20 пайызын қурайды.
Физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 1991-жылы бюджет түсимлериниң 6,7 пайызын қураған болса, 2000-жылы 13,1 пайызын қураған.
Ал 2010-жылға мәмлекетлик бюджет параметрлери бойынша усы салық мәмлекетлик бюджет дәраматларының 12,5 пайызын, туўры салықлар ишинде болса 51,6 пайызын қураўы (прогнозластырылған) болжаў етилген.


Диаграмма 3.01.

Физикалық тәреплерден дәрамат салығының мәмлекетлик бюджет дәраматларында тутқан орны.1


Бул көрсеткишлер физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының бюджет дәраматларының қурамында әҳмийетли екенлигинен дерек береди.
Салық кодексине муўапық финанс жылында салық салынатуғын дәраматқа ийе болған физикалық тәреплер физикалық тәреплер дараматларына салынатуғын салықтың төлеўшилери болып есапланады.
Салық салыў мақсетинде физикалық тәреплер резидентлер ҳәм (норезидентлерге) резидент емеслерге бөлинеди.
Өзбекстан республикасында турақлы жасап турған яки финанс жылы басланатуғын ямаса тамамланатуғын он еки айға дейин болған қәлеген дәўирде 183 күн яки оннан көбирек мүддетде Өзбекстанда турған физикалық тәреп Өзбекстан Республикасының резеденти деп қаралады.
Өзбекстан Республикасының резиденти болған физикалық тәреплерге олардың Өзбекстан Республикасындағы, сондай-ақ оның тысқарысындағы хызмети дереклеринен алған дәраматлары бойынша салық салынады.
Физикалық тәреплердиң жәми жыллық дәраматы-салық салыў объекти болып есапланады. Салыққа тартылатуғын база болып, физикалық тәреплердиң жәми дәраматынан салық нызамшылығына муўапық белгиленген шегирмелерди алып (айырып) таслағаннан кейинги қалдық сумма есапланады.
Өзбекстан Республикасынан тысқарыда төленген, Өзбекстан Республикасының резиденти болған физикалық тәреплердиң дәрамат салығының суммалары Өзбекстан Республикасында салықты төлеўде Өзбекстан Республикасының халық-аралық шәртнамаларына муўапық есапқа алынады.

Download 105,5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish