97
сезилерли өсип сероз пердеге тығыз тутасады ҳәм 3 түрли ўазыйпаны атқарады:
азықландырыў, дем алыў, бөлип шығарыў.
Аллантоистың дийўалы
сероз перде менен бирге белок, әтирапындағы
өсимшелер менен (варсинкалар) қапланады ҳәм олар өсимшелердиң
сорылыўында қатнасады. Ҳаўа камерасы атрапында аллантоис дийўалы ҳәм
сероз пердеге қан тамырлары өсип киреди ҳәм төлдиң дем алыўын тәминлейди.
Аллантоис бослығын толтырып турыўшы суйықлықта сидиктиң ҳәр қыйлы
дузларының болыўы, оның бөлип шығарыў ўазыйпасын атқаратуғынлығын
көрсетеди.
Сүт емизиўшилерде аллантоис хорионға дейин өсип барып тартпа ҳалында
қалады. Оның дийўалы бойлап төлден ана организмине қан тамырлары өтеди
яғный механикалық ўазыйпаны да атқарады.
Хорион-ямаса ворсинкалы қабық тек сүт емизиўшилерде раўажланған.
Оның дийўалы трофобласттан, төлден басқа мезенмадан турған
болып ол
ворсинкалар менен қапланған. Дәслеп ворсинкалар тек трофобласт
клеткалардан турған болып хорионды ҳәмме тәрептен қаплап турады.
Кейинирек төлден тысқары мезенхима
тамырлары менен биргеликте
биринши ворсинкалар арасына қысылып киреди ҳәм олар екинши
ворсинкаларға айланады. Бул ворсинкалар хорионды ҳәмме
бетинде емес ал
жатыр дийўалының силекейли пердеси хорионға тийип турған жерде ғана пайда
болады ҳәм хорионның бул бөлими ворсинкалы хоирон деп аталады.
Хорионның басқа ҳәмме бетиндеги ворсинкалар жоғалады ҳәм хорионның
бул жерлери тегис хорион делинеди. Ворсинкалы хорион бала жолдасы пайда
болыўына қатнасады. Буннан басқа бала жолдасының пайда болыўында
жатырдың силекейли пердесинде қатнасады. Ана организминиң ворсинкалы
хорион эпителиясы менен тутасыўшы тоқыманың характерине қарап сүт
емизиўшилерде 4 түрли бала жолдасы түрлери ушырасады (45-сүўрет).
1. Эпителиохориал бунда төлдиң харион эпителиясы жатыр силекейли
пердеси эпителиясы менен байланыста болсада жатыр эпителиясы қабаты
ҳәмме жерде пүтинлигин сақлайды. Хорионның ворсинкалары жатыр
крипталарының ишине киреди ҳәм туўылған ўақытта бармақлардың қолғаптан
шыққаны сыяқлы ажыралып шығады, бундай бала жолдасының ворсинкалары
жатыр безлери эпителиясиниң секрет затларын жедел қайта ислейди ҳәм оған
жатыр сүти делинеди. Буларды диффузиялық бала жолдаслары делинип ҳәм
олар айырым туяқлы сүт емизиўшилерде (ат, шошқаларда) ушырасады.
2. Десмохориал жолдасы бул хорионның ворсинкалары бир қанша
муғдарда жатыр силекейли пердеси эпителиясын бузады ҳәм хорион
эпителиясы жатырды бириктириўши тоқымасы менен биригеди. Бириктириўши
тоқыманың суйықлығынан хорионның ворсинкалары азық затларын сорып
98
кейин төлдиң қан тамыры системасына өткизеди. Бундай жолдас гүйис
қайтарыўшы ҳайўанларда ушырасады.
3. Эндотелиохариал жолдас-бул жолдастың
ана организми менен
байланысы жүдә жақсы. Хорионның ворсинкалары жатыр бириктириўши
тоқымасын бузып жатыр қан тамырлары дийўалын қаплап турыўшы эпителияға
жетип барады. Олар ана қанынан азық затларын алып қан тамырлары
эпителиясы арқалы төлди азықландырады бундай жолдас жыртқыш
ҳайўанларда ушырасады.
4. Гомохориал жолдас, бундай жолдаслар жүдә қурамалы болып приматлар
ҳәм адамларда ушырайды. Бул жерде хорион жатыр силекейли пердесин,
бириктириўши тоқымаларын бузып қоймастан қан тамырлары дийўалында
бузады ҳәм бузылған жерлерге қан қуйылады, кейин бослықлар (лакунлар)
пайда болады. Жолдастың бул түринде төл өзиниң тиришилигине керек болған
затларды ана қанынан алады.
45-сүўрет.
Do'stlaringiz bilan baham: