Кирисиў. Жеке раўажланыў биологиясы пәниның раўажланыў


Личинкалар ҳәм олардың әҳмийети



Download 2,04 Mb.
Pdf ko'rish
bet57/62
Sana20.04.2022
Hajmi2,04 Mb.
#567220
TuriЛекция
1   ...   54   55   56   57   58   59   60   61   62
Bog'liq
рауаж.биол. лекция

Личинкалар ҳәм олардың әҳмийети. 
Басқа түрли ҳайўанларда эмбрионал 
раўажланыўдан соң ата-ана организмине уқсамаған урпақ личинка пайда 
болады. Личинка пайда етип раўажланыўға метаморфозлы раўажланыў 
делинеди. Личинканың кейинги раўажланыўында орган ҳәм тоқымалардың 
ҳәммеси қурамаласып қайта дүзиледи ямаса органлары бираз өзгерислерге 
ушырап, қайтадан дүзилислери, хызмети өзгерип үлкен жастағы формаға әсте-
ақырын өтеди (булытлар, ишек қуўыслылар). Личинкалардағы бундай 
өзгерислер метаморфоз делинеди. Бул қубылыс насекомалар личинкасында 
жүдә қурамалы өтеди. Себеби личинканың тек нерв системасы ҳәм жынысый 
органларының басланғышларынан басқа барлық орган ҳәм дүзилмелерин 
қайтадан дүзип шығады.
Метаморфоз менен раўажланғанда мәйектен ересегинде жоқ айрықша 
органлар бар личинка шығады.
П.П. Иванов личинканы «организм» деп есаплап кейинги раўажланыўда 
айырым органлары жаңадан тез раўажланса, биреўлеринде редукцияланыў 
ямаса жоғалыў болады. Егер бундай қайта дүзилиў (әсте мысалы сақыйналы 
қуртлар ямаса шаян тәризлилер) болса, эволюциялы; ал, егер қысқа ўақытта 
болса, бузылыўшы метаморфоз делинеди. Гей ўақытлары дегенератив ямаса 
қысқарыўшы процесслер жеделликтен көп болып (асцидия, паразит шаян 
тәризли саккулина), бундай метаморфозға некробистикалық делинеди. Қағыйда 
бойынша метаморфоз тиришилик жағдайын өзгертиў менен байланыслы 
(губкалар ямаса булытлар, ишек қуўыслылар личинкалары, асцидиялар, 
планктонлық жағдайдан отырыўға өтеди) ямаса тиришилик етиў орталығын 
алмастырады. Мысалы: амфибиялар суўдан қурғаққа шығады. Бул экологиялық 
жақтан филогенездеги ўақыяларды саўлелендиреди. 
Эмбрионнан кейинги раўажланыўдың метаморфоз қубылыслары 
 
Метаморфозлы раўажланыў өз нәўбетинде және 2 түрли болады:
1. Әпиўайы метаморфозлы раўажланыў-личинка ер жеткен организмге 
уқсас болып, үлкен өзгериске ушырамай әсте-ақырын қурамаласып барады. 
Геўек дәнелилер, ишек қуўыслылар, кирпикли қуртлар ҳәм айырым 
насекомалар (нангөрек, шегиртке, қандала) буларға мысал бола алады. 
2. Қурамалы метаморфозлы раўажланыў-личинка орган ҳәм дүзилислерин 
қурамалы қайта дүзилислери менен ер жетеди мәселен: насекомалар, 
амфибиялар ҳәм тағы басқалар. 
Насекомалар онтогенезинде раўажланыў бир неше басқышлы-болғаны 
ушын ол толық өзгериў-мәйек, личинка, қуўыршақ, ер жеткен организм 


107 
раўажланыўы менен парықланады. Насекомаларда қуўыршақ дәўири тыным 
дәўир болып оннан ер жеткен организм қәлиплеседи, және қурамалы 
метаморфозды бастан кеширеди. Омыртқасыз ҳайўанлар ҳәм төмен омыртқалы 
ҳайўанлар личинкалық басқышы менен раўажланады. Бул ҳайўанларда мәйек 
клеткасы киши ҳәм сарыўызы аз болады. Соның ушын организм толық 
қәлиплесиўи ушын азық заты жетиспейди. Нәтийжеде эмбрионал дәўирди 
өтиўи личинкалық дәўири менен тәмийенленеди. Личинкалық тиришилик 
етиўиниң тийкарғы әҳмийетлеринен бири организм толық қәлиплесиў ушын 
керекли болған аўқатлық затты сыртқы орталықтан алады. Соның менен бирге 
түрдиң тарқалыўына себебши болады. 
Мәселен: отырып жасайтуғын асцидия личинкасы еркин жүзиўши түрдиң 
тарқалыўына мүмкиншилик береди. Мәйек қабығын жарып шыққан личинка 
дүзилисиниң қурамалық дәрежеси сарыўызға байланыслы. Сарыўызы аз болса 
әсте раўажланады ҳәм керисинше сарыўызы көп болса күшли раўажланған 
личинка шығады. Мәйек клеткасындағы сарыўыз муғдары эмбрионал 
дәўириниң мүддетин белгилейди. Мәселен: ланцетниктиң эмбрионал 
раўажланыўы 2 күн личинкалық дәўири болса 3 айға шекем даўам етеди.
Ҳайўанлардың личинкалары қандай шараятта ҳәм не менен азықланыўына 
қарап түрлише болады. Бул ҳәр қыйлылық сол личинканың жасап қалыўына 
мүмкиншилик бериўши ийкемлесиў белгилери тийкарында пайда болады. 
Паразит ҳалында жасаўшыларда әпиўайы дүзилиске ийе болған 
личинкалар пайда болады. Мәселен: моллюскалар личинкасында ишек 
системасы төмен раўажланған, баўыр қурты личинкасында улыўма 
раўажланбаған. Соның менен бирге личинкаларда провизор органлар 
қәлиплескен болып ер жетиў дәўиринде жоғалып кетеди. Мәселен: көл бақасы 
ийт балығында, сыртқы сағақ, сорғышлар; жарғанат личинкаларында жипек 
шығарыўшы безлер ҳәм тағы басқалар. 
Метаморфозланыў менен раўажланыў ҳайўанатлар дүньясында кең 
тарқалып, төменги губкалар ямаса булытлар, гидроидлық полиплер метаморфоз 
бенен раўажланғанлықтан метаморфозды метазоа онтогенезиниң дәслепки 
өзгешелиги деген пикирлер бар. Эволюция процесинде көпшилик ҳайўанлар 
туўры раўажланыўға өткен. Буны адым сайын гидроидларда, қарын аяқлы 
моллюскаларда, шаян тәризлилерде ҳәм тағы басқаларда ушыратыўға болады. 
Бул жағдайда мәйеклерде сарыўыз көбирек топланып, личинкалар 
эмбрионалланыўға өтип личинкалық дүзилислер өзиниң әҳмийетин жоғалтып 
ҳәм мәйектен ересегине усаған кишкене ҳайўан шығады.
Метаморфоз екинши рет келип шығыўы мүмкин мысалы насекомалардың 
толық өзгериўи екинши. Айырым болжаўлар бойынша бул мәйеклер де 
сарыўыз муғдарының азайыўына байланыслы келип шыққан. 


108 

Download 2,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   54   55   56   57   58   59   60   61   62




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish