Кирисиў. Жеке раўажланыў биологиясы пәниның раўажланыў


Насекомалардың метаморфозы



Download 2,04 Mb.
Pdf ko'rish
bet60/62
Sana20.04.2022
Hajmi2,04 Mb.
#567220
TuriЛекция
1   ...   54   55   56   57   58   59   60   61   62
Bog'liq
рауаж.биол. лекция

Насекомалардың метаморфозы. 
Насекомалардың эмбрионнан кейинги 
раўажланыўын өсиў ҳәм дене формасын өзгериўи түлеў арқалы болады. 
Жоқары насекомалардың эмбрионнан кейинги раўажланыў типи жүдә түрлише, 
бирақ толық емес. Өзгериў менен ҳәм толық өзгериў менен раўажланыўшылар 
деп еки тийкарғы типке бөлиўге болады. Толық емес өзгериў менен 
раўажланыўшы насекомаларда мәйектен ересегине усаған жас насекома 
шығып, бирақ ол үлкенлиги жағынан өзгеше, басы үлкен ҳәм қанаты жүдә 
раўажланбаған болады. Бирақ ҳәр бир түлеўде үлкенлиги дене қатнасы 
ересегине жақынласады. Кейинги түлеўде бир қанша өзгерислер болып, 
қанатлары ҳәм гонадалары ямаса жыныс безлери раўажланыўын аяқлап, хызмет 
ете баслайды. Бул дәўирде раўажланыў әсте болып, кескин дегенеративлик 
қубылыс байқалмайды ҳәм пүткил процессте бир қанша созылған метаморфоз 
деўге болады. Гейде айырым насекомаларда имагога қарағанда писип 
жетилмеген стадиясында басқа орталықта ямаса тиришилик искерлиги менен 
айырылады. Онда арнаўлы личинкалық органлар пайда болыўы мүмкин. 
Мысалы, суўда жасаўшы ийнелик личинкасында суўда дем алыў органы 
болады, ал төменги ерин услаўшы орган - маскаға айланады. Тиришилик етиў 
орталығын өзгертиў ҳәм личинкалық органларының редукцияланыўы кейинги 
личинкаға туўры келеди. Бундай жағдайда «метаморфоз» термини үлкен 
тийкарлар менен қолланылады. 
Толық өзгериў менен раўажланыўшы насекомаларда метаморфоз бир 
қанша терең өзгерислер менен болады. Бунда мәйектен имагоға дым 
усамайтуғын личинка шығады. Гүбелек қурты (гусеницасы

мысалы, 
геўдесиниң гомонмилик сегментлениўи ямаса буўынланыўы менен, примитив 
ямаса әпиўайы кемириўши типтеги аўыз мүшеси менен олардың ересек 
губелегинде арнаўлы сорыўшы хоботом ямаса тумсық болады, қурамалы 
көздиң болмаўы менен толық раўажланбаған көкирек аяқлары менен ҳәм қарын 
сегментлеринде ямаса буўынларында жалған аяқларының болыўы менен 
айырылады.
Шыбынның личинкалары да имагодан күшли айырылады. Булар қурт 
тәризли болады, басы күшли раўажланбай ишке тартылған, ал аяқлары да жоқ 
болады. Айырым шыбын личинкаларында сыртқы қанат-басламалары дым 
болмайды. Айырым насекомалар личинкалары бир қанша түлеп формасы 


111 
өзгерип өседи. Кейин қуўыршақ стадиясында өтетуғын түлеў болады ҳәм 
кейинги де имагоға усаған болады. Қуўыршақта қанат басламалары болып, 
денесине тығыз жабысқан болады. Қуўыршақ ҳәрекетсиз болып аўқатланбайды, 
ҳәрекет етпейди, бирақ иште личинкалық органлар, тоқымалар бузылып 
формаланыў процессге өтип, имагиналлық органлар менен алмаса баслайды. 
Бул қайта дүзилиў питкеннен кейин кейинги түлеў болып, имаго ушып кетеди. 
Насекомалардың метаморфозындағы ишки процесслер биринши рет 
А.О.Ковалевский (1887) тәрепинен дурыс жазылады. Буның көрсетиўи 
бойынша қуўыршаққа өткендеги дене формасының өзгериўи, қанат 
басламаларының келип шығыўы, аяқтың, мәйек сақлаўшының ҳәм тағы басқа 
бөлимлериниң басламалары личинка ҳалында таярланылған болады. Ересек 
шыбында жоқ сыртқы дене өсимшелери личинка гиподермасының диска ямаса 
сақыйна тәризли жуўаныйыўынан клеткалардың көбейиўинен пайда болып, 
ишке батады. Сөйтип қуўыршаққа өтердеги түлеўде сыртқа қайрылып шығады, 
ал қалған гиподерма имагоның тери қабына айланыўы мүмкин. Бирақ 
личинкалық гиподерма толық дегенерацияланып имагоналлық диска есабынан 
тазасы менен алмасады. Бундай дегенерацияланыў ишки органлардан болып, 
шыбынларда алдыңғы ҳәм артқы ишек сақыйна тәризли имагоналлық 
клеткалардың топланыўынан пайда болады. Личинканың ортаңғы ишегинде 
ири клеткалар арасында майда имагиналлық клеткалар диффузиялық тарқалып 
көбейип, үлкен емес, пластинканы пайда етеди, олар личинкалық ишектиң үсти 
менен жоқарыға өсип, байланысып, ишектиң жаңа эпителиясын пайда етеди, ал 
личинкалық ишек имагиналлық ишек ишинде писирилип кетеди. 
Бундай аналогиялық процесслер Мальпиги тамырларында, май 
денелеринде, булшық етлерде ҳәм тағы басқаларда өтеди. Солай етип 
метаморфозда барлық организм анаў ямаса мынаў муғдарда жаңарып, 
тиришилик етиўи жағдайы алмасып ушыў уқыплығына ийе болады, 
аўқатланыў, минез-қулқы инстинктлар муғдары өзгереди. Личинкалық 
органлардың бузылыўы (гистолиз, фагоцитлердиң қатнасыўы менен иске 
асады). 
Насекомалар 
метаморфозының 
физиологиялық 
механизми 
үлкен 
қызығыўшылық туўдырады. Бурын личинкалық органлардың бузылыўын 
қартайыў ҳәм клеткалардың тозыўы себепли деп болжады. Айырым илимпазлар 
фогоцитлердиң тоқымаларға топланыўынан деп ойлайды. Бирақ ҳәзирги 
мағлыўматларға қарағанда насекомалардың эмбрионнан кейинги раўажланыўы 
гормонлық факторлардың бақлаўы астында болады.
Насекомалардың бир қанша әҳмийетли инкреторлық дүзилислерине 
нейросекреторлық элементлери, торакаллық безлер баста орналасқан, денеде 
жатқан безлерде жатады. 


112 
Нейросекреторлық 
клеткалар 
торакаллық 
безлердиң 
искерлигин 
күшейтетуғын затты бөлип шығарады, кейинги түлететуғын гормонды бөлип 
шығарады. Торакаллық безлер метаморфозда күшли раўажланып, ал ересек 
насекомаларда дегенерацияланады, сонлықтан имаго түлемейди.
Дене үстиндеги секретке ювениллик гормоны делинип, ол қанда 
жеткиликли болса түлеў болмай личинкалық ҳалын сақлайды. Ал метаморфозда 
дене үстинде жатқан бездиң искерлиги төменги ювениллик гормонның муғдары 
қанда өзгериўге алып келеди.
Бул айырым пителерде тәжирийбеде анықланады. Жас личинкадан үстинде 
жатқан безди алып тасласақ, ерте метаморфоз болып, карлик ямаса кишкене 
пите алынады. 
Ал, ол безди қайта трансплантацияласақ кейинги жаста артық личинкалық 
стадия пайда болады.

Download 2,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   54   55   56   57   58   59   60   61   62




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish