Кирисиў. Жеке раўажланыў биологиясы пәниның раўажланыў



Download 2,04 Mb.
Pdf ko'rish
bet39/62
Sana20.04.2022
Hajmi2,04 Mb.
#567220
TuriЛекция
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   62
Bog'liq
рауаж.биол. лекция

Қадағалаў ушын сораўлар 
1. Гаструляция ҳәм гаструла типлери қандай? 
2. Эмбрионаллық қабатлар ҳаққында теориялар. 
3. Мезодерманың пайда болыўының қандай түрлери бар? 
4. Ланцетниклерде, балықларда, амфибияларда, қусларда ҳәм сүт 
емизиўшилердеги гаструляция қубылысларының айырмашылықлары. 
5. Зародышлық қабатлардың туўындылары ҳәм целом ҳаққында айтың. 
6. Ерте раўажланыўдың форма пайда етиў ҳәрекетлериниң тийкарындағы 
клеткалық қубылыслар қандай? 
7. Клеткалық ҳәрекетлердиң ўақыттағы ҳәм кеңисликтеги иретлесиўлери. 
8. Гаструляциядағы биохимиялық қубылыслар. 
9. Гаструляцияның себеплери ҳәм Густафсон гипотезасы әҳмийетин айтың.


75 
Лекция №8 
 
Сүт емизиўшилердиң раўажланыў өзгешеликлери 
 
Таяныш сөзлер:
-Сүт емизиўшилердиң раўажланыў өзгешеликлери; -
Төменги сүт емизиўшилердиң раўажланыўы; -Жоқарғы сүт емизиўшилердиң 
ерте раўажланыўлары; -Имплантация ҳәм плацента типлери; -Омыртқалы 
ҳайўанлардың органогенези; -Орайлық нерв системасының раўажланыўы; -Ас 
писириў ҳәм дем алыў органларының раўажланыўы; –Мезодермалық 
туўындылардың раўажланыўы; -Адамның раўажланыў өзгешеликлери. 
 
Сүт емизиўшилердиң раўажланыў өзгешеликлери 
 
Ҳәзирги сүт емизиўшилердиң ата-теги мәйек салыўшы рептилиялардың 
ямаса кесирткелердиң өлип кеткен топарларының ўәкиллери болып, буған 
мәйек салыўшы ехидна, үйрек тумсық усаған сүт емизиўшилердиң ҳәзирги 
ўақытта барлығы гүўа болады. Тири туўыўшы-жоқарғы сүт емизиўшилердиң 
раўажланыўы ана организминиң ишинде болады. Бул ана организми менен 
урық арасында байланыстың ерте болыўына алып келеди ямаса бала орны 
плацентаның пайда болыўына себепши болады. Бул сүт емизиўшилердиң мәйек 
клеткалары сарыўызының бир қанша бөлимлерин жоғалтып алециталлық 
мәйекке айланған. Бул ҳайўанлардың туқымланыўы полиспермия типи 
бойынша мәйек жолында өтип, бөлшеклениўде сол жерде даўам етеди.
Бөлшеклениўде биринши меридионаллық қарықша зиготаны еки 
бластомерлерге бөледи: олардың биреўи гүңгиртлеў киши ҳәм екиншиси ашық 
түсли үлкенлеў болады. Кейин ҳәр бир бластомерлерде бир-бирине ғәрезсиз 
бөлшеклениў болып, ашық түстеги бластомерлер тезирек көбейип, гүңгирт 
бластомерлерди басып өтип, бластомерлердиң саны жағынан геометриялық 
прогрессиясы бузылып таза қатарлар пайда болады. 3,4,5,7,9,11 ҳәм тағы басқа 
бундай бөлшеклениў толық, бирақ тең емес деп аталады. Ашық түстеги 
бластомерлер аўқатландырыўшы ямаса «трофобласт» хызметин атқарады. Бул 
трофобласт сыртта болып, ана организми менен ерте байланыстың болыўына 
алып келеди. Буның ишки тәрепинде гүңгирт бластомерлерден дүзилген 
зародыш түйиншеси жатады. Бул тығыз клеткалық домалақ ямаса морула мәйек 
жолында жүрип белок суйықлығын өзине сиңирип, урық қуўықшасы болған 
бластоцистаға айланады. Бластоцистадағы зародыш түйиншеси ямаса 
эмбриобласт суйықлығы басымына байланыслы жалпақ пластинкаға усаған 
зародыш қалқанына айланып, сыртқы трофобласт пенен қоршалып, оның ишки 
суйықлығы менен толған болады. Бластоциста рептилиялар ҳәм қуслардың 
бластуласына сәйкес келеди ҳәм сарыўыз орнында бул жерде белок суйықлығы 


76 
болады. Усының менен сүт емизиўшилерде бөлшеклениў тамам бола баслайды. 
Кейин гаструляцияның биринши фазасына өтип, эктодерма ҳәм энтодерма 
деляминация жолы менен зародыш қалқаншасынан пайда болады. Бөлшеклениў 
питкеннен кейин ямаса гаструляцияның биринши фазасында зародыш жатыр 
қуўыслығына түсип, трофобласттың өсимшелери менен зародыш денеси 
жатырдың силекейли қабатына кирип байланыс жасап, ана организми менен 
қарым-қатнас басланады.
Көпшилик сүт емизиўшилерде гаструляцияның екинши фазасында 
зародыш қалқаны үстинде трофобласт жоғалып, зародыш үсти эктодермасы 
трофобласт пенен ямаса зародыштан тыс эктодерма менен биригеди. 
Сүт 
емизиўшилердиң 
зародыш 
қалқанының 
эктодермасында 
қуслардағыдай ҳәм рептилиялардағыдай гаструляция процесслери өтип, 
қарықша ҳәм Гензенов түйини пайда болады. Геўделик бүклемниң пайда 
болыўы менен бир ўақытта амниотикалық өсимше пайда болып, оның шетлери 
қуслардағыдай бир-бирине қарап қарсы өсип, биригип турады. Амнион пайда 
болып ҳәм қуслардың сарыўызлық қабықшасына усаған хорион өсимшели 
қабаты пайда болады.
Амнионның ҳәм харионның дийўалы зародыштан тыс эктодерма ҳәм 
трофобласттан, ҳәм мезодермадан пайда болады. Сүт емизиўшилерде де 
қуслардағыдай аллантоис пайда болып, оның дийўалында да плацентаның 
тамырлары раўажланып, хорион менен бирге дем алыў хызметин атқарады. 
Сарыўыз қалташасы зародыштан тыс сарыўызлық трофобласттың айланып 
өсиўи менен келип шығады. 
Раўажланыўдың ерте стадияларында ўақытша орган болған сарыўыз 
қалташасы қуслардағы ҳәм рептилиялардағы сыяқлы қан пайда етиў ҳәм 
аўқатланыў органлары болып есапланады. Амнион эмбриогенездиң ақырына 
шекем өз жумысын даўам етеди. Раўажланыўдың нәтийжесинде оның дийўалы 
түрли тоқымаларға айланып кетеди. Зародыштан тыс эктодерма ямаса 
амнионның шегаралық эпителиясына, ал мезодермадан мезенхима келип 
шығып, тутастырыўшы ҳәм булшық ет тоқымаларына айланатуғынларға 
айналады. Өсимшели хорионлар бир қанша қурамалы дүзилиске ийе болады. 
Ол плацентаның ямаса бала орнының қурамына кирип, зародыш пенен ана 
организми арасында байланысты пайда етеди. Хорион аўқатланыў, дем алыў, 
бөлип шығарыў ҳәм қорғаныў хызметлерин атқарады. Сөйтип сүт 
емизиўшилердиң тийкарғы ўақытша органы-амнион, хорион, ал сарыўыз 
қалташасы ҳәм аллантоис аз әҳмийетке ийе болады.
Солай етип, сүт емизиўшилердиң қуслардан ҳәм рептилиялардан 
айырмашылығы зародыштың раўажланыўында зародыштан тыс хорионлардан 
зародыш бөлеклесип ерте қәлиплесип, бул комбинацияланған бөлшеклениў 
типине ийе болады: әдеп голобластикалық-тең емес, кейин меробластикалық 


77 
дискоидал бөлшеклениў сыпатына ийе. Буннан басқа сүт емизиўшилерде таза 
ўақытша органларда плацента раўажланып, буларда хорионның өсимшелери 
жатырдың силекейли эпителия қабығы менен байланыста болады. 

Download 2,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   62




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish