Кецесбай каримов



Download 0,61 Mb.
bet8/14
Sana28.05.2022
Hajmi0,61 Mb.
#614398
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   14
Bog'liq
Kenesbay Karimov. Agabiy. 1-2-kitaplar (2017)

12
Қусханатаўдан тан алагеўгимде жолға түскен бир неше өгиз арбалар излеринде бир тегис шан қалдырып, асықпай жүрип отырып, гүздин қысқарып баратырған күнин батырып, алагеўгимде Мынжырға жетип келди. Ҳәрдайым келип түсетуғын шарбағына кирип, арбалардан өгизлерин шығарып, қазықларға байлап, алдыларына от салынғанша ўақыт қуптанға тақалды.

Үй ийеси шарбаққа сонғы арба кирип, дәрўаза жабылған пайытта алыстырып жиберген от гүрлеп жанып, отқа басылған қара дүмшелер пақырлап қайнай баслады.

  • Ҳа Хошмурат, деп даўыслады арбалардын ийеси, бизге Шымбайдын мал базарынан таныс болған қопа сақаллы дийқан киси ошақ басына жайласып атырып, бала-шағанды оятып қыйналып жүрме, бизге ҳеш нәрсе ҳәжет емес, белимизге байлаған бийдай нанымыз бар, қайнаған суў менен нан жеп, уйқыға жатамыз. Танда базар, еле дәнди Кегейлиден өткериўимиз керек, жол қағып ҳарып- талдық...

  • Болады, болады, Пиримбет, хәлекшилиги жоқ, шертектин астындағы сыпаға кийиз төсеўли, өзин билесен, бизде ҳәммеге жеткендей көрпе жоқ, — деди узын бойлы, арық-турықтан келген көсенамай киси балаларым оянып кетпесин деген ой менен даўысын пәсенлетип. Бул сапары базарға қандай дән әкелдинлер?


344




  • Бийдай әкелдик, — деди қопа сақал басық даўыс пенен.

  • Быйыл бийдай болық болды, — деп еситтим, деди көсенамай хожайын. Әттец, қолым босап, ораққа бара алмадым, балаларым бийдай нанға тойған болар еди. Даўысынан кеўлиндеги өкиниш, ишки ҳәсирет сезилип турды.

  • Көз тиймесин, зор болды, — деди қопа сақал хожайынньщ даўысындағы реништи елестирмеген болып.

Көп өтпей, жол басып ҳарыған дийқанлар кийиз үстине жайласып, тонларын жамылып, уйқыға жатты.

Тац ағарғанда арбаға жегилген өгизлер Кегейли көпириниц алдында иркилген еди.

  • Ец болмаса арба өткендей көпир болғанда, дән базарға туўры кирип барған болар едик, — деп тоцқылдады қопа сақал. Ҳәй, Бердимурат, бери келицлер, ҳәр ким бир-бир қапшықтан арқалап базарға жетиц, дәнниц басында биреўщиз қалып, екиншициз тез қайтыц.

  • Бул дәнлерди қашан тасып болар екенбиз, — деп гүцк етти Бердимурат.

  • Гәпти қой, қәне ийнице салып жиберейин қапшықты, бол, бол! Талдырмашлаў өспирим жигит Бердимурат аўзы тигилген ала қапты ийнине қойғанда тецселип кетти.

Бек бол, дәрьяға жиберип алма, деп ескертти қопа сақал.
Ийинлерине дән мингизилген еки жигит жүктиц салмағынан ийилип, аяқларын ғаз-ғаз басып, Кегейлиниц аманат ғана көпирине қәдем қойды. Бир пайытлар көплеп-көмеклеп, көпир қурылып, оннан атлы да, пияда да, арба да өтетуғын еди. Жылдыц басында, қызыл суўдыц ўағында, сец тирелип көпирди алып кетти. Сецнен аман қалған өрелерге ағаш таслап, ҳәзирги аманат көпир тикленди, енди оннан «жығылып кетпеймен бе», деп пияданыц өзи зорға өтеди.
Қопа сақал дийқан жигитлердиц ийнине қапты салыўын салса да, алла-алла менен «жигитлер қапты түсирип алмаса болар елди», деген гүман ишин өртеп турар еди.
«Алла яр болғай»...
Усы сөзлерди бир неше мәртебе қайталаған Бердимурат жары ортаға барып қалды. Кеминде үш батпан, болмаса төрт батпан жүк ийнин басып, аяғын көтериўи қыйынласып кетти. Сәл қозғап қойса жециллесер ме, деген ой менен қапты бир силкип еди, көпир шайқалып, қап аўа баслады, дәнди жибермеймен, деп жабысқан Бердимуратты үш батпанлық салмақ жөнине қойсын ба, бирге алып кетти. Қопа сақалдыц көз алдында әдеўир бәлент көпирден дәслеп


345




бир қапшық дән, онын изинен қорқыныштан ба, ғәзептен бе «ҳәй» деп қышқырып жиберген Бердимурат төмен қарай ушып барар еди.


  • Бек бол, бек бол, — деп қопа сақал да танғы ҳаўаны жанғыртып қышқырды. Бул сөзди қапшықтын изинен Кегейлинин муздай суўына ерксиз шомылыў несип еткен Бердимуратқа қарата айтты ма, я шеригинин суўға жығылғанын көрип, не қыларын билмей иркилип қалған екинши жигитке қаратты ма, ол жағы намәлим еди.

Суўға бир сүнгип шыққан Бердимурат нәбада бийдай толы қапшық көринбей ме, деген қусап, дөгерегине алақлап қарады, салмақлы қапшықтын бул ўақытлары қай жерде екенлиги жалғыз аллаға ғана аян еди. Сон шекпенинин қара зил болып, аўырласып кеткенине қарамастан Қарабайлыньщ ағысына қарсы жүзип үйренген өспирим қулаш сермеп, жағаға қарай жүзе баслады.
Қопа сақал жағада турып, шыр-пыры шығып, Бердимуратқа бир нәрселерди айтар, ҳәм өзин, ҳәм ийниндеги шапанын қутқарыў тәўиши менен бәнт болған өспирим оны еситпес, еситсе де не айтып атырғанын түсинбес еди.
Көз ашып жумғанша қасындағы Бердимураттын суўда жүзип баратырғанын көрген екинши жигит дизеси қалтырап кетти ҳәм ийниндеги қапты аяқ астында тенселип турған көпирдин үстине таслап жиберди.

  • Бир қап бийдай суўға кетти, суўға кетти, ҳәй әттегене, ала қап та кетти, қапты Сейтимнен ат-түйе қылып сорап алғанымды қәйтерсен, ўах-ўах, деп дийқан қопа сақалын тутамлай берди. Суўға жығылған жигитти де ядтан шығарған, ҳәзир онын қыялын суўға кеткен ала қап пенен онын ишиндеги дән бийлеп алған еди.

  • Қапшық суўға кетти! Суў синген шекпенин қолына услап, дийқаннын жанына келген Бердимурат қопа сақалдын жарасына дуз сеўип еди. Услап қала алмадым.

  • Өзин аманбысан, әйтеўир, — деди дийқан ақырында. Не илаж, буйырмаған шығар. Әўелден дән базардан ҳаммалларды жаллағанда болар екен! Ҳәй әттен...

Тан сәҳәрде көпир үстинде болып өткен кеўилсиз ўақыядан көпшилик хабар тапты, дән базарында оны еситпеген ҳеш кимсе қалмады, десе лап болмас. Бираз дәннен айрылған қопа сақал Кегейлинин көпирин онламаған Юсуп ақсақалды бир неше мәртебе 346




тилге алды. Базарда өз тәрепи, Қусхана әтирапындағы қытай бийи Төремурат гезлесип еди, оған арзын айта баслады.


  • Төремурат бий аға, мынаў көпирди қашан келеге келтиресизлер. Бүгин бираз дән менен қаптан айрылдық.

  • Еситтим, еситтим Пиреке, деп мақуллады Төремурат. Бул исти ойласып шешпек дәркар, дәрья менен көпир орталық. Бирлесип ислесе, мойын тартып турмассан, өзин- де. Бий гәпинин изин еки ушлы етти.

  • Көпирден дән алып өтетуғын менин бир өзим емес екенин билесен. Сонда да қарап қалмаспыз, «қолдасып көтерген жүк женил», деседи.

  • Базар, тарқарға таман Юсуп ақсақалдын шарбағыньщ алдында гезлестик онда. Арызды өзин басла, биз хошлаймыз.

Күн аўа-күн аўа арызға келгенлердин саны бир нешеге жетти. Олардын ишинде Төремурат бий, Рысназар бий, Дәўлетназар бий, Кегейлинин аржақ-бер жағынан қурғын дийқанлар бар еди.

  • Дәрьяға көпир керек-ақ, деди Рысназар бий. Қулақ түрсенлер, тағы бир муқым гәп бар.

Жыйылғанлардын қулақлары еленлести.

  • Ол не гәп екен?

  • Гәпим сол, деп баслады Рысназар, Бухар менен Хийўада медресе бар, Қырантаў деген жерде Имам ийшан мешит ашып, бала оқытып атыр, деп еситемен. Шымбайды «шәҳәр» деп мардыямыздағы, бирақ бала оқытқандай мешитимиз, мектебимиз жоқ.

  • Дурыс, дурыс, деп ғаўқылдасты жыйылғанлар.

  • Дурыс болса мақул гәп. Бирақ мешит, мектеп ашыў өзинен- өзи бола берер дейсиз бе! Ылайықлы имарат керек, бала оқытатуғын жетик молла керек, оған қәрежет керек.

  • Салықты жыйып-терип ҳәр жылы ханға қос қоллап узата бергенше, мектеп пенен көпирге бир үлесин қаратса болмас па еди?

Бул гәп ҳәр жылы салық жыйғанда «жерин көп, табысын көп», деп салықты басыцқырап салып жүргенинен наразы Төремурат бийден шықты.

  • Оны Айдос бийге айтын, — деди кимдур.

Ол тынламайды-ғой. Жарлы-жақыбай төлей алмайды, — деп аўқатлы адамларға аўырманлық салады. Және бәрин ханға...


347




  • Енди ақсақалды көрейик,— әдеўир адам жыйылды-ғой, деди кимдур. Адам келгенинен хабардар болса керек, шарбаққа киргенлерди аўызда Юсуп ақсақал өзи қарсы алып, терис әйўанға баслады.

Ылайдан тикленген имараттын бир тәрепи дийўалға жабыстырып, бир таманы мықлы өрелерге тирелип қурылған терис әйўанньщ сыпасыньщ үстине Хийўа гилемлери төселип, ортаға дастурхан жайылған. Әтирапты гүз қуяшы әдеўир қыздырып турғанына қарамастан ҳәўли салқын, қол созым жерде мийўе дарақлары тенселип тур.


  • Марҳамат, хош келипсизлер, арқайын жайласып отырынлар, — деди ҳүрмет жүзесинен қол қаўсырып, тикке турған ақсақал.

Жайласып отырып атырғанлар әтирапқа бир, ақсақалға бир қарасты. Әсиресе, Юсуптин ҳәўлисине биринши мәрте келген қопасақал дийқан әтираптын пайызына, оннан да бетер ҳәўли ийесинин кишипейиллигине танланғанынан аўзы ашылды.
Дизе бүгип, пәтия қылып, жүзин сыйпаған қоллары менен сақалын тутамлаған Рысназар бий, келгенлердин ишиндеги жасы уллысы да өзи еди, шәҳәр ақсақалынын илтипатын бурын көре берип көзи үйренип қалды ма, Юсуптин «наннан алын, нан сындырын» дегенин оншелли елестирмей, қулағынын тусынан өткерип жиберип, тийкарғы гәпке көшти.

  • Нан болса жей беремиз, бизден алды бурын жол болсын сора, Юсупжан, — деп иркилди Рысназар.

  • Жасыуллылар, жол болсын, — деди Юсуп ақсақал сынын бузбай. Көпир мәселеси әлле қашан қулағына келип жеткен, онын үстине азы-кем бас қатырып та үлгерген еди.

  • Арзы дад айтпаққа келдик, Юсупжан. Иншалла, Шымбай шәҳәринин ақсақалысан, сол ушын арзымызды сизге айтпай, кимге айтар едик.

  • Хуп, хуп. Бас үстине яшуллы. Қулағым сизде.

  • Қулағыныз бизде болса, мынаў қопасақал киси, Қусхана әтирапынан келипти, сатыўға дән әкелипти. Көпирдин жағдайы өзинизге мәлим, бәҳәрдеги қызыл суў бузып кеткели дүзелмеген. Бул киси тан алагеўгимде көпирден өтемен деп бир неше қап бийдайын суўға жиберипти.

  • Тақсыр бир қап еди, — деп дүзетти қопасақал.


348




  • Бир қап болса бир қап, — деп сөзин бөлген дийқанға тигилген Рысназар даўам етти. Гәп кеткен бийдайдын неше қап екенлигинде емес, ал көпирдин бузықлығында, солай емес пе?

  • Солай, солай, дести отырғанлар.

  • Солай болса көпирди дүзетпектин ҳәмелин қылмақ керек. Гүзде суў тартылады, сол пайыттан пайдаланып тиклеп қоймасақ, өлмеген кисиге және бәҳәр бар, жаз бар...

  • Дийқанньщ бийдайы суўға кеткенин еситтим, Юсуп гәп баслап еди, қопасақал сөзди бөлди.

  • Бийдайдан бетер ала қап... Сейтимнен сорап алып едим...

  • Яқшы, илажын қылармыз, деди ақсақал сөзин қопасақал бөле бериўинен қәўипсинип. Қашъщ илажын қылармыз.

  • Бес батпан кеткендей, үлкен еди, — деди қопасақал өзин ирке алмай.

  • Қассапқа ет қайғы, қара ешкиге жан қайғы, деген усыдағы. Рысназар шыдамай дийқанға тәселле айтты. —Қоятур енди...

Дийқан өзинин артығырақ кеткенин енди түсинди ме, жабадай қоллары менен аўзын басты.


  • Көпирдин бузылғанынан да хабарым бар, қызыл суў алып кетти. Усталарды жыйып сол пайыт дүзетпекши болдық, бирақ өрелерди суў ағызып алып кеткен, өреге дүзиў ағаш таппадық, бары менен базар қылғанымыз еди. Көпирге ақтерек өрелер керек. Ондай ағашлар я Хийўадан, я болмаса Манғыт пенен Гүрленнен табылады. Ақыр аяғы келип ғәрежетке тиреледи.

  • Салықтын бир үлесин қаратқанда болмас па еди? — деди Төремурат.

  • Оны хан ҳәзиретлери шешеди. Көпир салып берин, деп ханға қалай айтамыз?

  • Онда не қылдық?

Ақсақал алдын ала «қысынғанда не айтаман?», деген ойдын басына барып, реже дүзип қойған болса керек.

  • Көпир ҳәммеге керек. Халықтан жылыў жыйнасақ қалай болар екен?

Көпшилик ойланып қалды, ҳеш ким «мақул» я «намақул» деген сөзди айтыўға жүрексинбей, жанындағылардын аўзына бағар еди.


349




  • «Көп түкирсе көл болады», деген ғарры сөз бийкар айтылмаған шығар деди ақырында жуўапкершиликти өз мойнына алмақлықты шешкен Рысназар. Жылыў жыйнаў болса, жылыў жыйнаў...

  • Онда ертен қысқа базарда жар шақыртамыз, — деди ийнинен бир аўыр жүк түскен сыяқлы бойы женилленген ақсакал. Ҳеш биримиз бул қайырлы истен шетте турмаспыз, иншалла. Бул отырғанларға қаратылған еди.

  • Көпир салынып питкенше базарды арғы жүзге көширгенде қәйтер еди? Күни менен «илла» деп аўыз ашпай отырған, Орынбай бий өлген сон әкесинин орнына бий болған Дәўлетназар.

Оған Рысназар бий қарсы шықты.


  • Берги жүздегилер не қылады, сонда?

Биринин аўылы Кегейлинин күншығарында, бириники болса күнбатарда еди.

  • Базарды көширгенше көпирди питирейик, — деди Юсуп. Көпир ҳәр күни керек. Ҳәбий саўдагерге өрелик арғыт әкеле бериўди ертен-ақ тапсыраман. Ҳәзирше несийеге. Астында қалмаспыз.

  • Тас ядымнан шығыпты, ядыма да салмайсыз-аў, — деди Рысназар қобалжып. Бағана мешит-мектептен гәп қозғап едик...

  • Рас-әй, деди орынсыз сөйлеп қояман ба, деп отырған қопасақал сөздин орны келгенине қуўанып. Мектеп керек... Үш улым бар, бәри де «әлипти таяқ» деп таныйды. Молла болмаса да... «хат танысын», деп айтпақшы еди, бузып аламан ба, деп қабарған алақаны менен аўзын көлегейледи.

  • Мешит болса оған жай тиклеймен, дегенше өзимнин шарбағымнан бир өжире беремен, ҳәзиринше... Молла табыў жағын ойластырып көре беринлер, деп Юсуп гәпти қысқа қылды.

Айтылажақ сөз айтылып болған еди. Ортадағы нанды сындырып, аўыз тийгеннен сон ақсақалдын мирәтине қарамай, келгенлер Рысназар бий турған сон орынларынан қозғалды. Қопасақал суўға кеткен ала қабы жөнинде тағы сөз қозғаўға оқталып еди, ҳәтте «ала қап» деген сөз аўзынан шығып та үлгерип еди, бирақ көпшиликтин ғаўырлысы басып кетти, көзи дөгерекке түсип, ишинен «паҳ, пайызлы ҳәўли екен, усындай ҳәўли салмақ, ишинде отырмақ несип етсе...» деген ҳәўес пенен изине қарай-қарай шарбақтан шықты.


350



Download 0,61 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish