Кецесбай каримов



Download 0,61 Mb.
bet11/14
Sana28.05.2022
Hajmi0,61 Mb.
#614398
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14
Bog'liq
Kenesbay Karimov. Agabiy. 1-2-kitaplar (2017)

25


Ережеп елге келип, отаўында бир-еки түнеген соц, хабаршы жиберип, бас көтерген бийлерди шакы
1ртты. Биразын билдирмей сынады, әцгимелести, елдиц, қәўимниц, руўдьщ жағдайын билип отырды.

  • Жерлеримиз, бағларымыз бенен үйлеримиз суў астында қалды, өзимиз зорға қутылдық, — деди Қусханадағы қытайлар бийи Жәнибек. Қазған арналарымыз-ғой, жер менен тец болып кетти. Енди Қарабайлы бойы бизге мәкан болмас. Тасқыннан ханныц хабары бардур?

  • Сизлерден басқа қайсы қәўимлер бүлинди? — деди Ережеп Жәнибек бийге.

  • Қыпшақлар да жерсиз қалды. Мүлки менен Қусхананыц басына шыққанлар ғана жан сақлады.

«Тасқыннан жәбир көрген руўларды көширип қонысландырмақ дәркар», деп ойлады Ережеп.
Шымбай шәҳәри кецейип, үлкен саўда ҳәм өнерментшилик орайына айланған, бирақ бул шәҳәр ақсақалына бийлер мойынсынбас, өз гезегинде ақсақал да олар менен есапласпас, нәтийжеде еки ортада пайда болған даўлы ислер ханға шекем барып ғана шешимин табар еди.

  • Сырым бий шәҳәр жерине аўыз салып атыр, — деди шәҳәр ақсақалы Юсуптен соц орнынан отырып, байып ҳәм пацсып кеткен Бийназар. Орта бойына ҳәдден тыс семизлиги жараспай, мисли ғарбыздай доп-домалақ болып қалған бул адамныц мурнын тарта беретуғын әдети болып, ҳәзир де соны тәкирарлады. Оны адамлар сыртынан «Бийназар пысылдақ», десер еди.

Сырым да усында еди.

  • Шәҳәрдиц сыртындағы жерлер бизики, — деди Сырым. Онда атацныц ҳақы жоқ.

  • Малымыз қайда жайылады?

  • Булардыки әне сол аўҳал, — деди кимдур.

Ережеп олардыц даўын шешпек ушын келмеген еди.
Көп өтпей қайтып атланды. Жанында бир неше бийлер де бар еди.
Хан жарлығын күтип жатқан бийлер ҳәмел алып, кеўиллери көтерилди. Қабыл бий қоцырат пенен Сайыпназар мацғыт уллы ҳәмелдар — беглербеги болды.
Қоцыратлардан Оразмуҳаммед бий, қыпшақлардан Сырым бий, қытайлардан Арзы бий, кенегеслерден Ерназар кенегес— аталық лаўазым ийеледи.


452




Қытай руўынан Шермуҳаммед пенен Бекмуҳаммед беглербеги- лердин найыбы еди.

Ўақытлар өтип, ҳәмелдегилер алмасып турды. Бирақ қарақалпақ- лардын Хийўа ханлығы тусындағы дәслепки аталықлары — Оразмуҳаммед аталық, Сырым аталық, Арзы аталық ҳәм Ерназар кенегес аталық болып, тарийхқа кирди. Дәслепки еки беглербеги Қабыл менен Сайыпназар еди.
Хан ҳүзиринен ҳәмел алып шыққан қарақалпақлар өзлерин баслап келген Ережеп бийге көз астыларынан урланып бағар, ишлеринен: «бизден көре ол киси ҳәмелге ылайық еди-ғой» деп ойласар еди. «Растан да ҳәмелсиз қалғаны ма?»
Ҳәмелдиц пуўы мәс қылады, деседи, кеўиллери ҳалласлап, ханнан руқсат алып, елди нәзерлеп жолға түсип, атларына қамшы басқан қарақалпақ бийлери Қыпшақ жағысқа келгенде излеринен шабарман жетти, хан хүзирине қайтсын, депти.
Бийлер ҳайран болысты, енди олар бийлер емес, беглербегилер менен аталықлар, найыплар еди.
Кимдур Ережеп бийдин бурынғы ҳәм соцғы хызметлерин, аталықлар менен беглербегилерди тандағанын, енди болса ҳәмелсиз, тысқарыда қалып баратырғанын ханнын ядына салса керек,

  • Ҳәй, қарақалпақ ҳәмелдарлары, — деди хан тахттан пәсте, басларын төмен салып, дизерлеп отырған бийлерге көз тигип, пәрманды уғып алынлар ҳәм булжытпай орынланлар. Ендигиден былай бийлер өз руўынын аталығына, аталық беглербегиге жүгинеди. Биз беглербегилер үстинен тағы бир ҳәмел қойыўды шештик, — деп зәрре егленди.

Бийлердин қыялында бир саўал айланар еди.
«Ким ол? Ким ол?»

  • Беглербегилер сол ағабийге жүгинеди.

Араға тағы үнсизлик шөкти. Мисли куяштан: «қамастырады», деп көзди паналаған киби, ханға тик нәзер салыўдан айбынып, едендеги қырмызы ренли гилемге тигилген бийлердин геллесинде бир саўал айлана берди.

  • Ал, Ережеп бий — қарақалпақлардын ағабийи! — деди хан сөзин салмақлап.

Бул сөзлер ҳәмменин кеўлинен шығып, сарымайдай жағып кетсе керек, қозы тери телпек кийген баслар екшелип, тенселисип кетти.
Ережеп бий қол қаўсырып орнынан турды.

  • Қуллық, қуллық ҳәзирети ханымыз.

  • Мүбәрек болсын, бий баба! Сарпай келтирицлер!

Хызметкерлер шапан алып келип, ийнине жапты.

  • Дәўлетиниз зияда болғай, ҳәзирети ханымыз. Аллаҳу акбар— деп Ережеп бий пәтияға қол ашты.


453


  • Аллаху акбар!

Ережеп бас болған қарақалпақ ҳәмелдарлары елге қайтты.
Бул жерде оларды Қусханадан көшкен елди арналарға жақын жерлерге орналастырыў машқаласы күтип турар еди.
Бул пайытларда Көкөзек ҳәм Есим аяғын қоцыратлар, өрге қарай қыпшақлар менен қытай руўлары, Кегейлиниц батыс жағын кенегеслер менен мацғытлар мәканлап отырды. Кегейлиниц шығысы менен аяғы қытайлар менен қыпшақлардики еди.
Қусхана әтирапындағы елдиц Қарабайлыдан саға алған арналарын тасқынлар жуўып кеткен, оньщ үстине үлкен дәрьяньщ бир тармағы болған Қарабайлыныц ацғары да жер менен тец болған. Шортанбай бойы менен Қырантаў әтирапында ел бар, бирақ жыс тоғайлар шарўаларға қолай болса да, дийқаншылыққа жарамсыз, арналар қазып суў шығарыў қыйын, сол ушын тасқыннан жәбир шеккенлердиц үмитли нәзерлери Кегейли менен Лар аяғына тигилер еди, оған себеп бириншиден, дөгеректе отырғанлар өз руўласлары болса, екиншиден жаўгершилик себепли көп көшиспени басынан кеширгенлердиц әўладлары Шымбай шәҳәрин ес билип, қалаға арқа сүйегенинен болса керек.
Кегейлиниц шығысындағы руўлар «арналарды өзимиз қаздық, енди өзгелерге суў берейик пе?», деп Қусханадан келгенлерге жер бермеди. Жер көп еди, бирақ арналар менен үлкен жапларға жақын болмаған соц не пайда?
Бири кенегес, бири мацғыт болған Ерназар аталық пенен Сайыпназар беглербеги Ережепке суў бармайтуғын жерлерди көрсетип, қурғақ ўәде берип, «бийлер көнбеди» деп изге тарта берди, аўызбиршиликти қашырыўды қәлемеген ағабий соцғы илажды қолланды, бәҳәр жақын, Қусханадан көшкенлер жерге туқым салмаса, есиклерин ашлық сығалайды, олар болса мыц хожалықтан зыят.
Мәселени шешпек ушын Арзы аталық пенен Сырым аталықты Қаракөл бойына, өз отаўына шақыртты. Мал сойып, қонақ қылды. Соцынан гәпти ортаға қойды.

  • Алланыц беремен десе, ғәзийнеси көп, жери кец, деп сөз баслады ағабий. Бир танап жери бар адам, оны он танапқа жеткизсем, — дейди бирақ қанша жыйсақ та бир күн келип бәри артымызда қалады.

Аталықлар гәптиц изи қай жерге барып тақалатуғынын сезсе де, ағабийдиц сөзин бөлмеди, Сырым бир ўақытлары Ережепке жаманлық қылғанын, сыртынан өсек гәп өршитпекши болғанын көпшилик биледи, бирақ хан алдында абырайы бәлент Ережептиц Сырымды аталыққа көрсеткенин де биледи, сол ушын Сарымсақтыц өжет улы 454




Сырымбий бүгин өләмата жаман болмаса өз руўласынын сөзинен шықпаслығы керек, посқанлар да өз руўласлары, себеп пенен қарамағында ел көбейсе дарамат пенен абырайы да өседи. Буны Арзы аталық та биледи, әлбетте.


  • Әне солай, — деди ағабий отырғанларға аўыр қабақлары астынан сынлы нәзер таслап. — Қусханадан көшкен ағайинлерге өз сорамларьщыздан жер бересиз.

  • Ақыр кенегес пенен манғыт...

  • Қусханалылар олардан көре сизлерге жақын, — деп гәпти бөлди ағабий. Ертеннен жер бөлип берип, көшириўди басланлар. Лар бойы менен Кегейлинин аяғынан арналарға жақын жерлерден беринлер, жаплар қазып суў апарыўға бас-қас болын. Ен болмаса арпа менен тары ексе де, аш қалмас.

  • Мақул, мақул дести,— аталықлар. Бүгиннен иске кирисемиз.

«Кенегеслер менен манғытларда да жерлер бар емес пе?», деп
айтпақшы болған сөзлери айтылмады. Хошласып, атланды.
Шымбай ақсақалы Бийназар қарнын қушақлап, ғарбыздай домалап келип турар еди. Бүгин де руқсат сорап ағабийдин отаўынын есигин ашты да:

  • Пинҳамы гәпим бар, ағабаба, — деп сыбырлады.

  • Кел, төсекке өт, — деди ағабий жақтырыцқырамаған кейип пенен.

Бийназар төрдеги гилем үстине дизерледи. Семизликтен жумылып кеткен көзлерин кенирек ашып, қысқа мойнын бурып дөгеректи пинҳамы барлады.
Бир сапары бул отырған Бийназарды отаўдан қалай қуўып шығарғаны көз алдына келди.
Онда да аса бир зәрүр ис пенен келген янлы, әтирапына аланлап қарап алып сөз баслағаны ядында.

  • Ағабаба, — деп аянышлы даўысын созып гәп баслаған Бийназардын қысық көзлери бир орында турмай, ойнар еди. Бийлерден көресини көрсем де шыдап киятыр едим. Ерназар кенегес аталықтын жәбири өтип баратыр, айтсам тилим, айтпасам ишим күйеди. Кегейлинин өрирегинде, суўға тийик төрт-бес танап жерим бар еди, «манғытлардын жери», деп тартып алды, беглербегиге барсам екеўинин аўзы бир болса меннен көрмен, тынламады. Яқшы, қудайдан көрдим, дедим, өткен жыл салыққа өткеремен, деп отыз тилла алды, үндемедим, қудайдан көрдим, быйыл жүз тилла қарыз-несийе алып еди, «аталық, тилхат берин, мөринизди басып берин», десем, «менин сөзиме исенбейтуғын болдын ба», деп бәләәтледи, енди қайтып сорасам «салыққа өткиздим», дейди. Кеше адам жиберипти: «еки жүз


455




алтын берип турсын», деп... Мен бир кәмбағал адам болсам, қайдан аламан сонша алтынды.

Ақсақал «кәмбағал адам» емеслигинен, онын жуўазшылар аўылын- да бир неше жуўазы, Кегейлинин бойында жүзлеген танап жери, шәҳәрде бир неше дүканлары бар екенлигинен ағабий хабардар еди.

  • Өзинди әптада қылып көрсетемен, дей берме, Бийназар деген еди сонда ағабий.

  • Енди Ҳәбий саўдагердин балларындай бай емеспиз, ҳәр қалай, сонда да ағабий аға, мынаны алып, өзиниз ара түспесениз кенегес мени жеп қуртады, — деп Ережептин алдына бир ҳәмиян таслаған сонда.

  • Бул не, пара ма?

  • Жақ-жақ, бий баба, келим-кетим қонағынызға...

  • Ҳәмиянынды ал, Бийназар, және екинши бундай ете көрме. Ҳәзир үйимнен шық, көзиме көринбе, деп қуўып салған еди. Сонынан Ерназар аталық пенен ашшыласты. Енди тонын терис кийип, сырт орай берип жүрипти. Оньщ берсе қолынан, бермесе жолынан алатуғын әдети де халық арасына тарқап кеткен көринеди.

Бул сапары да бир нәрсе бериўге умтыла ма, деген ой менен суўық күтип алған ағабий Бийназардын дәслепки сөзинен кейин-ақ сергекленди.

  • Кеше Ерназар аталықтын адамлары бир адамды услап алып келди. Ханға қарсы жынаят қылған дейди, аты Алыўшы батыр.

  • Алыўшы батыр? Ағабий онын атын еситсе де өзин көрмеген еди.

  • Аўа, Алыўшы батыр, Ерназар Алакөздин жанында ақырына шекем турған қусайды. Аталық пенен беглербеги оны пинҳамы түрде Хийўаға жөнетпекши.

Ағабий ойланып қалды. Жигитти ол жаққа жиберсе, әлбетте хан дарға тартады. Қонырат қозғаланында жигитлери менен қатнасқан қытай бийи Қазыбектин асып өлтирилгени ядына түсти. Алыўшы батырды қутқармақ керек.
Өзин қолға алған ағабий ақсақалға жүзленди.

  • Дәрҳал алдыма келтирин. Хийўаға хабар кетпеди ме?

  • Менинше кеткен жоқ. Бирақ, Алыўшыны бул жерге келтире алмайман, ағабий. Жигит қамалған өжиренин гилти менде емес, сақшылар аталықтын адамлары.

  • Бийназар ақсақал, деди Ағабий кескин даўыс пенен. Бүгин сақшылардын жумсақ жерде қатты уйқылаўын тәмийинлейсен. Өжиренин қапысынын гилти кимде?

  • Сақшыларда.


456




  • Әжеп болыпты. Түн жарпында барған адамларға сақшыларға сездирмей жол көрсетесец. Қалғанын өзлери биледи. «Ақ түйени көрдиц бе?»

Бийназар жабық қабақлар астынан өзине тик бағып турған көзлерге қарай алмай, төмен тигилди.


  • Яқ, ағабаба, «ақ түйени көргеним жоқ».

  • Сөйтип азаматлық қыл, изинде жақсы ат қалсын. Бир Алыўшы өлген менен, жер толмас...

  • Айтқаньщыздай қыламан, ағабаба.

Бийназар кеткен сон Ережеп егеде тартқан Жуманазарды шақырып, тайсалмай барып Алыўшыны қутқарып, егленбей алдына әкелиўди, ал атбағарларға ен мықлы атты таярлап қойыўды тапсырды.
Шәҳәр таманнан шаўқым көтерилмеди, соған қарағанда ҳәммеси қамырдан қыл суўырғандай болған болса керек, қораздын екинши шақырымында уйқылап атырған шәҳәр көшелеринде төрт-бес адам урланып, беллериндеги қылышларынын қыны сес бермеслиги ушын сапларды сығымлап, жедел қәдем таслап келер, ортада киятырған, қолы кисенлеўли ири жигит қамақтан қутқарылған Алыўшы батыр еди.
Олар Қаракөл бойындағы ағабий аўылына жеткенде аўыл қоразлары үшинши шақырымды ада етиўге киристи. Оннан ары, ағабийдин отаўына қарай еки киси кетти, қалғанлар қаранғылыққа синип көзден ғайып болды.
Жуманазар отаўдын босағасында иркилип, тамағын қырынып, сес берди, ишкериден ақырын жөтелген даўыс еситилди. Бул шәртли белги болып, ағабий буларды күтпекте еди.
Келгенлер сәлемлеспей кирди, өзгелерди оятып жибериўден гүманланып, солай иследи. Сыбырласып сөйлести.

  • Ўақыт тығыз, көп өтпей тан атады, — деди ағабий. Атлар таяр. Кисенди сол жерде шешеди, әспаблар ҳәзирленген, Кәрўан жолдан жүрмей, Қызылқум иши менен кет. Еле суўық түспеген, шөлдин аны аш емес, аннан емес, адамнан сақлан. Бухар сорамына кирген сон Ақсуўат аўылын излеп таўып, Бектемир деген ғаррыны, онын баласын сорастыр. Болмаса Балсары табынды изле. Орналасып болып, хабар жибер. Хожалығынды, ҳаял, бала-шағанды жеткеремиз. Бәри тыншып кеткенше бул таманларда төбе көрсетпе. Ал, бара ғой, сапарынды алла қолласын, әўмийин...

Тан ағарып, көкте Шолпан жулдызы жарқырап турған пайытта аўылдан шыққан салт атлы еле қаймақласа қоймаса да, салқынлығы етти түршиктиретуғын Лардыц суўынан кешип өтип, күншығыс таманға қарай ат желдирип барар, ол қамақтан босанып, хан дарынан қашып баратырған Алыўшы батыр еди.


457



Download 0,61 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish