Иқтисодиётни модернизациялаш шароитида туғри солиқларни ундиришни такомиллаштириш масалалари



Download 443 Kb.
bet5/11
Sana25.04.2022
Hajmi443 Kb.
#580371
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Киши бизнес(1)

ЖИӨ

55,8

56,1

56,5

56,9

Санаат

28,1

31,7

40,6

45,0

Аўыл хожалығы

98,0

98,0

98,4

98,6

Инвестиция

32,7

35,4

35,8

36,1

Қурылыс

71,5

69,5

66,7

67,0

Саўда

86,6

86,3

87,1

87,5

Пуллық хызметлер

46,2

48,6

50,5

52,5

Жәми хызметлер

48,9

51,5

55,6

58,5

Жүк тасыў

47,3

50,9

53,7

55,2

Жүк айланысы

82,8

83,4

83,7

83,9

Жолаўшы тасыў

84,5

85,5

87,3

89,1

Жолаўшы айланысы

87,7

88,6

89,2

90,4

Экспорт

26,2

27,0

27,8

28,6

Импорт

42,4

45,4

44,5

43,3

Бәнтлик

76,7

77,6

77,9

78,0

* Дерек: Интернет мағлыўматлары тийкарында автор тәрепинен таярланды.
Кесте мағлыўматларынан көринип турғанындай киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўы халық хожалығының ҳәр бир тармағында салмақлы үлеске ийе ҳәм бул көрсеткиш жыл сайын артып бармақта. Бир ғана санаат тармағында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўының үлеси 2013-жылда 28,1 процентти қураған болса, 2016-жылға келип бул көрсеткиш 45,0 процентке жеткен, яғный дерлик 1,6 есеге артқан.
Сондай-ақ, халықтың киши бизнес пенен бәнт болған қатламы күннен-күнге көбейип, 2016-жылы 78,0 процентке жеткен. Бул өз нәўбетинде елимизде усы тараў менен шуғыланыў ушын қолайлы шәрт-шәраятлар жаратылғанының нәтийжеси болып есапланады.
Нәўбеттеги мағлыўматларда биз киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўының Қарақалпақстан Республикасы экономикасында ҳәмде тийкарғы тармақларындағы үлесин көрип шығамыз: (2-кесте)
2-кесте

Қарақалпақстан Республикасында киши исбилерменлик (бизнес)тиң экономикада ҳәм оның тийкарғы тармақларындағы үлеси

пайыз есабында




2013 ж.

2014 ж.

2015 ж.

2016 ж.

ЖАӨ

64,0

64,5

64,6

57,0

Санаат

30,6

34,2

42,1

27,5

Аўыл хожалығы

97,3

98,1

97,9

98,0

Инвестиция

17,9

12,3

10,7

9,8

Қурылыс

76,9

73,8

75,5

82,0

Саўда 2)

88,7

88,4

89,2

93,0

Төлемли хызметлер

37,2

39,5

41,3

42,1

Жәми хызметлер

46,8

49,2

53,4

61,1

Экспорт

17,0

28,4

34,7

53,4

Импорт

85,4

26

24,5

30,5

Бәнтлик

73,7

74,8

74,9

74,5



* Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Финанс Министрлиги мағлыўматлары тийкарында автор тәрепинен таярланды.
Мағлыўматлардан соны көриўимиз мүмкин, Қарақалпақстан Республикасы экономикасында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўы жүдә гиреўли орын ийелейди. Буны бир ғана жалпы аймақлық өним қурамында киши бизнес субьектлериниң үлеси 57,0 процент яғный ярымынан да көп болыўында көриўимиз мүмкин. Халықтын дерлик ¾ бөлеги киши бизнес тараўында ис жүритип келмекте. Буның барлығы әлбетте, мәмлекетте бул тараў ушын қолайлы орталық жаратылғанлығы ҳәмде ҳәр тәреплеме жеңилликлердиң көзде тутылыўы нәтийжеси болып табылады.


II-БАП. КИШИ БИЗНЕС СУБЪЕКТЛЕРИН САЛЫҚҚА ТАРТЫЎДЫҢ ӨЗИНЕ ТӘН ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ
2.1 Киши бизнес субъектлерин салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған формасы – бирден-бир салық төлеми
Экономикалық реформаларды еле де еркинлестириў ҳәм тереңлестириў процессинде киши бизнести раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, базар экономикасына өтиў шараятында жеке исбилерменлик, киши бизнести раўажландырыў, мүлкдарлар классын қәлиплестириў, базарларды товарлар менен толдырыў, бәсекини жүзеге келтириў, жумыссызлыққа шек қойыў мәмлекет алдында турған ўазыйпалардан есапланады.
Салыққа тартыў системасында алып барылып атырған реформалардың әҳмийетли бағдарларынан бири болып, киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў механизмин жетилистириў болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1998 жыл 15-апрельдеги 159-санлы «Киши кәрханалара ушын әпиўайыластырылған салыққа тартыў системасына өтиўди қоллаў ҳаққында» ғы қарарына муўапық, микрофирма ҳәм киши кәрханалар салыққа тартыўдың улыўма белгиленген тәртибинен әпиўайыластырылған, салық режимине өткерилди. Бунда киши кәрханалар ушын бирден-бир салық төлеў яки улыўма белгиленген тәртипте салық мәжбүриятларын орынлаў ихтиярый екенлиги белгиленди. Киши кәрханалар ушын бирден-бир салықтың орнатылыўы салық есап-китабын дүзиўди жеңиллестиреди ҳәм де олар бир неше салық түри орнына тек ғана бирден-бир салық бойынша салық инспекцияларына салық есап-китабын тапсырыў имканиятына ийе болды. Нәтийжеде кәрхана есапшыларының жумысы әдеўир жеңиллести.
Өзбекстан Республикасы алдында турған қатар социал-экономикалық мәселелерин шешиўде, соның ишинде, базарларды товарлар ҳәм хызметлер менен тәмийинлеўде, халықты жумыс пенен бәнтлигин шөлкемлестириўде базар экономикасы жағдайында хожалық системасының айрықша қурамы бөлеги болған киши бизнестиң әҳмийети жүдә күшли. Ҳәзирге келип, киши карханалар бирден-бир ишки өнимлердиң төртден бир бөлеги бермекте.
Өзбекстанда киши бизнести раўажландырыўда мәмлекеттиң кепиллиги ҳәм жәрдеми тәрепинен экономикада үлкен мүмкиншиликлерди жүзеге келтириўимиз мүмкин. Оларға мәмлекет тарепинен жәрдем бериў, кепилликлерден тысқары әпиўайыластырылған салық дизимине өтиўге рухсат бериў оларды шөлкемлестириўди ҳәм финанс хожалық хызметин басқарыўда әҳмийетге ийе болады.
Әпиўайыластырылған салық дизиминиң әҳмийети жүдә үлкен. Булар бириншиден, базарды тез-арада товарлар ҳәм хызметлер менен байытыў имканын береди, екиншиден, жумыссызлықты кемейтиў, жаңа жумыс орынларын ашыўға жәрдем береди, Үшиншиден, олар әҳмийетин шөлкемлестириўди ықшамластырады, төртиншиден, салық есаплары ҳәм есабатлар санын кемейтиў, салық есаплаў хызметкерлери жумысларын аңсатластырады, себеби алдынғы көп салық есаплары ҳәм актлери орнына бирден-бир салық (акциз маркалы товарлары болса акциз) салық төлейди. Көп мәртели аванс төлеўлер улыўма болмайды. Демек қарыздарлық ҳәм болмаўы мүмкин.
Егер киши кәрханалар акциз маркалы товарлары ислеп шығарса, онда акциз салығын ҳәм төлейди. Салық есабы әпиўайы болып, тек ғана 6 көрсеткиштен ибарат.
Киши кәрханалар ушын бирден бир салық төлемине өтиў ихтыярлы түрде әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Киши кәрханалар ушын ықшамластырылған салыққа тартыў системасына өтиўди қоллаў» ҳаққында қарарынан келип шығылады. (1998 жыл 15 апрель 159 саны). Ықшамластырылған салық төлеўге өткен киши кәрханалар ушын төмендеги төлеўлерди төлеў тәртиби сақланып қалған:
Акциз салығы;
Бажыхана төлеўлери;
Мәмлекет бажы;
Биржа шәртнамалары жыйымы;
Арнаўлы товарларды сатыў ҳуқықын алыў лицензия жыйымы;
Саўда қылыў ҳуқықын алыў жыйымы;
Киши бизнес кәрханалары қатарына өтиўдиң бирден бир критериясы бар. Ол да болса, олардағы ислеўшилер ҳәм ислеўшилер санына қосылатуғын болды.
Киши бизнес статусын алыўдың төмендеги нормативлери белгиленген:
Микрофирмаларда:
- Өндирис тараўлары ушын –10 адамға шекем;
- Сатып алыў, тәмийинлеў сатыў кәрханалары, хызмет көрсетиў ҳәм өндирислик емес тараўлары ушын 5 адамға шекем;
Киши кәрханаларда:
Санаатда –40 адамға шекем;
- Қурылыс, аўыл хожалығы ҳәм басқа ислеп шығарыў тараўлары –20 адамға шекем;
- пән, илимий хызмет қылыў, усақлап сатыў ҳәм басқа өндирислик емес тараўларында-10 адамға шекем ислеўшиси болыўы шәрт.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2003 жыл 30 августтағы Пәрманына тийкарланып, 2004 жылдың 1 январынан киши исбилерменлик (бизнес) субъектлери классына төмендегилер кириўи белгиленди:
Жеке тәртиптеги исбилерменлик:
Ислеп шығарыў тармақларынан бәнд болған хызметкерлердиң орташа жыллық саны 20 адамнан, хызмет көрсетиў тараўы ҳәм басқа ислеп шығарыўға байланыслы болмаған тармақларда 10 адамнан, көтере, усақлап сатыў ҳәм улыўма аўқатланыў тараўында 5 адамнан аспаған микрофирмалар;
Төмендеги тармақлардың орташа жыллық хызметкерлер саны:
Жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, металлға хызметкерлерди бериў ҳәм әспабсазлық, ағашты қайта ислеў, мебел санааты ҳәм қурлыс материаллары санааты –100 адамнан;
Машинасазлық, металлургия, жанылғы-энергетика ҳәм химия санааты, аўыл хожалығы өнимлери жетистириў ҳәм қайта ислеў, қурылыс ҳәмде басқа санаат-ислеп шығарыў тараўлары-50 адамна;
Пән, илимий хызмет көрсетиў, транспорт, байланыс, хызмет көрсетиў тараўы, (қамсызландырыў компанияларынан тысқары), саўда ҳәм улыўма аўқатланыў ҳәмде басқа ислеп шығарыўға байланыслы болмаған тараўлар –25 адамнан.
Әпиўайыластырылған салық, Өзбекстан Республикасының Салық кодексине муўапық ислеп шығылған ҳәм исбилерменлик хызметин әмелге асырып атырған микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар (кейинги орынларда-микрофирмалар ҳәм кәрханалар деп аталады) ушын салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған системасын қоллаў тәртибин белгилейди. Әпиўайыластырылған салықтың әмел қылыў дәстүрий қураллар ислеп шығарыўға, компьютер техникасы ҳәм дәстүри қуралларға сервис хызмет көрсетиўге, компьютер техникасында ҳәм ахборот технологиялары менен ислеўге оқытыўға экономикаластырылған шөлкемлерге (хызметкерлер санынан қарамастан) ҳәм жумсалады.
Микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар ушын салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған система Өзбекстан Республикасының Салық кодексинде нәзерде тутылған әмелдеги салыққа тартыў системасы менен бир қатарда қолланылады.
Салыққа тартыўдың әпиўайластырылған системасы улыўма мәмлекетлик салықлары жыйындысы, соныңдай жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органлары енгизилген, төменде көрсетилген жыйымлардан тысқары, жергиликли салықлар ҳәм жыйымлар орнына бирден-бир салықтың төлениўи нәзерде тутылады:
Саўда-сатық қылыў ҳуқықын бергенлиги ушын жыйым, соның ишинде товарлардың айрықша түрлери менен саўда-сатық қылыў ҳуқықын бергенлик ушын лицензия жыйымлары;
Юридик шахсларды дизимнен өткизгенлиги ушын жыйым;
Бирден-бир салықты төлеўши болған кәрханалар сатып алынған товар қунында төленген қосымша қун салығы суммасын ислеп шығарыў қәрежетлери (операция шығынлары)на есаптан шыгарады.
Салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған системасын қоллайтуғын микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар ушын бажыхана бажылар, қосымша қун салығы ҳәм импорт қылынатуғын товарлар (жумыс, хызметлер) ушын акциз салығы, мәмлекет бажылары, лицензия жыйымлары төлеўдиң әмелдеги тәртиби сақлап қалынды.
Салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған системасына өтген кәрхана улыўма белгиленген тәртипте ямаса әпиўайыластырылған форма бойынша есап жүритиў ҳуқуқына ийе. Бухгалтерия есабатларының басланғыш ҳүжжетлери ҳәм дәраматлар ҳәмде қәрежетлерди есапқа алыў дәптери жүритилиўиниң әпиўайыластырылған форма Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги тәрепинен белгиленеди ҳәм Өзбекстан Республикасының барлық аймағнда бирден-бир есапланады.
Кәрханалары салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған системасына өтиўи ушын олар дизимнен өткен жайдағы мәмлекет салық хызмети органларына жыл шереги басланғанға шекем бир ай қалыўдан кешиктирместен жазба арза бериўи зәрүр. Бундан жоқарыда нәзерде тутылған шәртлерге әмел қылыўы лазым.
Салыққа тартыўдың әпиўайластырылған системасына өтиўде кәрханаларының буннан алдынғы дәўир ушын усы дәўирге әмел қылып турған салыққа тартыў система тийкарында салықлардың төлеў мәжбүриятларын сақлап қалынады.
Кәрхананың салыққа тартыў әпиўайластырылған системасына өтиў ҳаққындағы қарар ямаса дәлилленген канаатландырмаў қарары мәмлекетлик салық органы тәрепинен кәрхананың арза берген күнинен баслап он күн даўманыда шығарылады.
Есапты әпиўайластырылған формасы бойынша жүритиўге өтиўге қарар қылған кәрхана арзасы қандырылғаныдан соң мәмлекетлик салық органына белгиленген формаға көре хожалық операцияларын есапқа алыў дәптерин дизимнен өткизиў ушын көрсетиледи.
Мәмлекетлик салық органы хожалық операцияларын есапқа алыў дәптериниң биринши тараўында арза имзаланған сәнени көрсетеди.
Хожалық операцияларын есапқа алыў дәптерине Өзбекстан Республикасының әмелдеги норматив ҳүжжетлери бойынша белгиленген есабат пенен операция қылыў тәртиплери тийисли болады.
Салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған системасын қолланыўынан бас тартыў ҳәм салыққа тартыўдың белгиленбеген системасына қайтыў нәўбеттеги жыл басынан баслап мәмлекет салық хызмети органына тийисли арзаны жыл тамамланыўына 15 күн қалыўынан кешиктирместен берилген ҳалда әмелге асырылыўы мүмкин.
Мәмлекет салық хызмети органының салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған системасына өтиўди бас тартыў ҳаққындағы қарары үстинен белгиленген тәртипте шикаят қылыныўы мүмкин.
Бирден-бир салықты төлеўден салыққа тартыўдың буннан алдынғы системасына өтиў жыл даўамында әмелге асырылылмайды.
Салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған системасы нызамларда белгиленген критериялар бойынша микрофирмалар ҳәм киши кәрханаларға киретуғын юридик шахсларға тийисли болады.
Салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған системасы ушын хызмет түри Макроэкономика ҳәм статистикалықа министрлиги белгиленген код бойынша анықланады.
Микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар хызметкерлери санын белгилеўде, соныңдай, кесип алып ислеўшилер шәртнамасы ҳәм пуқаралық ҳуқықый түстеги басқа шәртнамалар бойынша ислеўшилер ҳәм есапқа алынады. Салық салыўдың әпиўайыластырылған системасын қоллаўшы ҳәм нәгиранлардың жәмаат бирлеспелери. «Нураний» жамғармасы ҳәм Өзбекстан Чернобелчилери бирлеспесиниң мүлки болған, ислеўшилери улыўма санының кеминде елиў процентин нагиранлар, 1941-1945 жыллардағы урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшылары пайда еткен микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар бирден бир салық төлеўден азат етиледи.
Усы жеңиллик саўда, қуралшылық, тәмийинлеў-сатыў ҳәм таярлаў хызмети менен шуғулланыўшы кәрханаларға енгизилмейди.
Бир неше хызмет түрлерин әмелге асыратуғын бирден-бир салықты төлеўшилер хызметиниң ҳәр бир түри бойынша салыққа тартыў объектиниң бөлек есабын жүритиў ҳәм тийисли хызмет түриниң салық салынатуғын объекти ҳәм оған муўапық келетуғын бирден-бир салық ставкасы тийкарында бирден-бир салықтың есап-китабын әмелге асырыў керек.
Акциз төленетуғын өним ислеп шығарып атырған микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар акциз салығын Өзбекстан Республикасының Салық кодексине белгиленген тәртипте төлегенлери әпиўайыластырылған салық салыў системасына өтиўлери мүмкин.
Төмендегилер бирден-бир салыққа тартыў объектлери (салық салынатуғын оборот) есапланады:
Саўда (сатып алыў, қуралшылық, көтере-сатыў, тәмийинлеў) кәрханалары ушын –жалпы дәрамат;
Сатып алыўшы, тәмийлеў-сатыў кәрханалары ушын-жалпы түсим. Бунда, қурылыс, қурылыс-монтаж, дүзетиў-қурылыс, ишине түсириў сазлаў, проект-қыдырыў ҳәм илимий-изертлеў шолкемлери ушын өз күшлери менен орынлаған жумыслар көлеминен келип шығып есаплап шығарылған жалпы түсим салық салыў объекти есапланады.
Жалпы түсим қурамына төмендегилер киреди:
-товар (жумыс, хызмет) лерди, мал-мүлкти сатыўдан алынған түсим суммасы;
- сатылған мал-мүлк қуны ҳәм басқа активлер.
Өзи ислеп шығарған өним (жумыслар, хызметлер)ди еркин алмастыратуғын валюта экспорт қылыўдан алынған түсим суммалары жалпы түсим қурамына киритилмейди. Усы тәртип саўда-қураллары хызмети менен шуғулланып атырған шийки зат товарларды пахта таласы, пахта калавасы, линт, нефть, нефть өнимлери, реңли ҳәм қара металларды еркин алмастуратуғын валюта экспорт қылып атырған микрофирмалар ҳәм киши кәрханаларға енгизилмейди.
Жалпы дәрамат қурамына төмендегилер киреди:
-товардың сатып алыў қуны менен сатыў қуны ортасындағы парық;
-финанслық хызметтен дәраматлар ҳәм Өзбекстан Республикасының Салық кодексине муўапық белгиленетуғын басқа дәраматлар.
Бирден-бир салық төлеўшилери тәрепинен ғәрезсиз рәўиште салық салынатуғын оборот ҳәм бөлистирилген ставкалар тийкарында есаплап шығылды. Бирден-бир салық бойынша есап-китаплар мәмлекет салық хызмети органларына жыл шереклик ҳәм жыллық есабатларды тапсырыў ушын белгиленген мүддетлерде көрсетиледи. Бирден-бир салық бюджетине жылдың ҳәр шерегинде өсип барыўшы жуўмақ бойынша есап-китапты көрсетиў мүддетинен кешиктирместен төленеди. Бирден-бир салық суммасы жергиликли бюджетге өткизиледи.
Бирден-бир салық төлеўшилери болып, кәрханада ислеўшилер саны шекленген нормадан аспаған юридик тәреплер есапланады. Буған ҳәмме тараўларда хызмет көрсетиўши ҳәр түрли мүлк формасындағы кәрханалар киреди. Демек, киши кәрхана нормасы тек ғана ислеўшилер санына шекем қаралып, ислеп шығарылған өним муғдары ҳәм дәрамат алыў дәрежеси итибарға алынбаған. Усы жерден көринип турыпты, мәмлекет көп өним ислеп шығарыўшы, жумыслар, хызметлер орынлаўшы киши кәрханаларды ҳәр тәреплеме хошаметлеўшини мөлжеллейди. Хызмет түри ҳәр түрли болса да бирден-бир салық төлейди. Бирден-бир салық төлеўши кәрханалар сатып алынған товарлар ҳәм шийки затлар қурамында төленген ҚҚС суммасын усы товарлар ҳәм шийки зат қурамына киритиледи (консигнацион товарлар бойынша дәўир қарежетине алып барады). Өним жеткизип бериўшилерге жумысы ҳәм хызмети менен бирге төленген ҚҚС суммасы усы жумыслар, хызметлер қунына киритиледи.
Бирден-бир салық төлеўшилер, тийкарғы қураллар ҳәм материаллық емес активлерди ижараға берсе, оннан усы активлер қунынан мал-мүлк салығын улыўма тәртипте төлейди. Кәрханада ислеўшилер санына шәртнама бойынша ислеўшилер, пуқара-ҳуқуқый шәртнамалар бойынша ислеўшилер, ҳәмде юридик шахс статусын алмаған филиал ҳәм елшиханаларында ислеўшилер саны ҳәм қосылады.
Дизимнен өткен күннен баслап, ыхшамластырылған салыққа тартыў системасына өтиўди қарар қылған жаңа кәрханалар дизимнен өткен жайдағы салық инспекциясына жазба арзасы бериледи. Бул жерден ыхшамластырылған салыққа өтиўге рухсат алыў керек болмайды.
Кәрханада ислеўшилер санынан 50 процентин 1941-1945 жыллардағы урыс ҳәм мийнет фронти қатнасыўшылары, инвалидлер бирлеспеси «нураний» ҳәм Өзбекстан Чернобелчилер ассоциациясы мүлкинде болған ногиранлар пайда етсе, бирден-бир салық төлеўден азат етиледи.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2002 жыл 13 ноябрдеги 390-саны қарарына тийкарынан микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар түсими:
-тутыныў товарлары ислеп шығарыўдан алынса, салық ставкасы жигирма бес процент кемейттириледи,
-тутыныў товарлары ислеп шығарыў физик көлеми өсиў есабына алынса, бирден-бир салықдан азат етиледи.
Микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын хызметтиң айырым түрлерин әмелге асырған жағдайда, салықтың қатий белгиленген суммасын алдынан төлеп барады.
Бирден-бир салық төлеўге өтиўди қәлеген кәрханалар шерек басланыўынан бир ай алдын дизимнен өткен салық мекемелерине жазба рәўиште арза бериўлери керек.
Кәрханаларды бирден бир салыққа өткизиў ҳаққында ямаса тийкарланған тәризде оннан бас тартыў ҳаққындағы қарар салық мекемелери тәрепинен арза берилген күннен баслап, 15 күн ишинде әмелге асырылады. Жаңа дүзилген кәрханалар ушын рухсат алыў талап етилмейди.
Салық төлеўшилер бирден бир салықты туўры, толық есаплаў ҳәм бюджетге өткизиў жуўапкерлигин салық нызамшылығы бойынша алады. Жалпы дәраматдан ямаса түсимди кемейттириў салық объектин жасырыў (кемейттириў) деп қаралады ҳәм тийисли финанслық жазаларға тартылады.
Микрофирмалар ҳәм киши кәрханаларды жедел раўажландырыўды еле де қоллап-қуўатлаў ҳәм де оның мәмлекет экономикасындағы әҳмийети ҳәм үлесин туптен асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2005 жыл 20 июньдеги ПП-3620-санлы «Микрофирмалар ҳәм киши кәрханаларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық 2005 жыл 1 июльден баслап Өзбекстан салық системасында киши бизнес субъектлериниң айырым түрлери ушын бирден-бир салық төлеми енгизилди.
Ол бирдейлестирилген болып, төмендеги мәжбүрий төлемлерди төлеў орнына енгизилген:
- бирден-бир салық;
- бюджеттен тысқары Пенсия фонды;
- Республика жол фонды;
- Мектеп тәлимин раўажландырыў фондына мәжбүрий ажыратпалар.
Бирден-бир салық төлемин төлеўшилер оның суммасын салық салынатуғын база ҳәм тастыйықланған ставкалардан келип шыққан ҳалда есап-китап қылады. Бунда салық органларына мәмлекетлик мақсетли фондларға мәжбүрий ажыратпалар бойынша есап-китаплар бөлек усынылмайды, сондай-ақ пенсия, жол ҳәм мектеп тәлимин раўажландырырыў фондларына мәжбүрий ажыратпалар суммалары бөлек төленбейди.
Бирден-бир салық төлеми тек ғана киши бизнес субъектлери- микрофирмалар ҳәм киши кәрханаларға қолланылады.
Бирден-бир салық төлемин төлеўшилер дизими 2007-жылы 1-январьдан баслап кеңейди. Атап айтқанда, олар қурамына салық салыўдың басқа системасын таңлаў ҳуқықысыз саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханалары (Көтере саўда кәрханалары шөлкеми қурамына кириўши республика қәнийгелестирилген көтере база – конторалары ҳәм олардың аймақлық базаларынан тысқары. Олар ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2006-жылы 8-июньдеги «Қәнийгелестирилген көтере база – контораларын салыққа тартыў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы ПҚ-374-сан қарары менен нәзерде тутылған салық салыў тәртиби сақлап қалынды); микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар түрине тийисли болған таярлаў ҳәм тәмийнат- сатыў шөлкемлери, брокерлик фирмалары, комиссия шәртнамасы (тапсырмасы) бойынша хызметлер көрсетиўши кәрханаларҳәм шөлкемлер; салық салыўдың басқа системасын таңлаў ҳуқықысыз лотереялар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа ойынларды шөлкемлестириў бойынша искерликти әмелге асырыўшы юридикалық тәреплер киритилди.
2007-жылы 1-январьдан баслап бирден-бир салық төлеўшилери есапланған алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшы микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар бирден-бир салық төлемин төлеў ҳуқықысыз, салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлерди улыўма белгиленген тәртипте төлеўге өткерилди. Жер қазылмаларынан пайдаланғанлық ушын салық салынатуғын пайдалы қазылмаларды қазып алыўды әмелге асырыўшы микрофирма ҳәм киши кәрханаларға бирден-бир салық төлеми қолланылмайды. Буннан тысқары салық кодексиниң 350-статьясына муўапық бирден-бир жер салығын төлеўшилерге, қатаң белгиленген салықты төлеў нәзерде тутылған микрофирма ҳәм киши кәрханаларға ҳәм де өним бөлистирилиўине тийисли болған шәртнамалар қатнасшысы болған микрофирма ҳәм киши кәрханаларға да бирден-бир салық төлеми қолланылмайды.
Салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлерди улыўма белгиленген тәртипте төлеўшилер есапланған жеке әмелият пенен шуғылланатуғын нотариуслар болса салық салыўдың басқа тәртибин таңлаў ҳуқықысыз бирден-бир салық төлемин төлеўге өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2003 жыл 30 августтағы «1998-жылы 9-апрельдеги «Жеке исбилерменлик,киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўды еле де қоллап-қуўатлаў ис-иләжлары ҳаққында»ғы пәрманына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ПП-3305 санлы пәрманына муўапық 2004-жылы 1-январьдан баслап киши бизнес субъектлери қурамына төмендегилер киритилген:
- жеке тәртиптеги исбилерменлер;
- Ислеп шығарыў тармақларындағы, бәнт болған хызметкерлердиң орташа жыллық саны көби менен жигирма адам, хызмет көрсетиў тараўындағы ҳәм басқа ислеп шығарыў менен байланыслы болмаған тараўлардағы, бәнт болған хызметкерлердиң орташа жыллық саны көби менен он адам, көтере ҳәм усақлап сатыў ҳәм де улыўма аўқатланыў тармақларындағы бәнт болған хызметкерлердиң орташа жыллық саны көби менен бес адам болған микрофирмалар;
Төмендеги тараўлардағы:
- жеңил ҳәм азық-аўқат санаатындағы, металға ислеў бериў ҳәм әсбапсазлық, ағашсазлық, мебель санааты ҳәм де қурылыс материаллары санаатындағы, бәнт болған хызметкерлердиң орташа жыллық саны көби менен жүз адам;
- машинасазлық, метоллургия, жанылғы-энергетика ҳәм химия санааты, аўыл-хожалық өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў, қурылыс ҳәм де басқа санаат ислеп шығарыў тараўларындағы, бәнт болған хызметкерлердиң орташа жыллық саны көби менен елиў адам;
- пән, илимий хызмет көрсетиў, транспорт, байланыс, хызмет көрсетиў тараўлары (қамсызландырыў компанияларынан тысқары), саўда ҳәм улыўма аўқатланыў ҳәм де басқа ислеп шығарыў менен байланыслы болмаған тараўлардағы, бәнт болған хызметкерлердиң орташа жыллық саны көби менен жигирма бес адам болған киши кәрханалар.
Киши бизнес субъектлерине әмелдеги салық нызамшылығына муўапық салық жеңилликлер ҳәм преференциялар тек ғана жоқарыдағы санап өтилген субъектлерге қолланылады.
Ол яки бул кәрхананың жоқарыда айтылған субъектлер түриниң қәлеген биреўине киритилиў мийзаны болып хызметкерлердиң жыллық орташа саны, соның ишинде унитар кәрханаларда, филиалларда ҳәм ўәкилханаларында ислейтуғынлар саны есапланады.
Бирден-бир салық төлеми объекти (салық салынатуғын оборот) болып, жалпы түсим есапланады.
Төмендегилер жалпы түсим қурамына киритиледи:
1) товарларды (ислерди, хызметлерди), қосылған қун салығын алып таслаған ҳалда, (қосылған қун салығын төлеўге өткен микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын) сатыўдан түскен түсим суммасы.
Товарларды (ислерди, хызметлерди) сатыўдан түскен түсим дегенде төмендегилер түсиниледи :
- қурылыс, қурылыс-монтаж, оңлаў-қурылыс, иске түсириў-сазлаў, проектлеў-излеў ҳәм илимий-изертлеў кәрханалары ушын өним (ислер, хызметлер) сатылыўынан түскен түсим суммасы дегенде өз күшлери менен орынланатуғын ислер көлеминен келип шығып есапланған жалпы түсим түсиниледи ;
- лизинг компаниялары ушын өним (ислер, хызметлер) сатылыўынан түсим суммасы дегенде лизинг бойынша процентлы дәраматлар түсиниледи;
- дәлдәлшылық ҳәм тапсырма шәртнамалары ҳәм де дәлдәлшылық хызметлери көрсетиўге тийисли басқа шәртнамалар бойынша дәлдәлшылық хызметлери көрсететуғын юридикалық тәреплер ушын – көрсетилген хызметлер ушын пул сыйлығы суммасы;
- таярлаў ҳәм тәмийнат- сатыў шөлкемлери ушын – реализация қылынған товарлардың сатып алыў баҳасы менен сатыў баҳасы ортасындағы айырмашылық сыпатында есаплап шығарылған жалпы дәрамат;
- лотерея ойынларын шөлкемлестириў бойынша искерликти әмелге асырыў шеңберинде юридикалық тәреплер ушын – ойын билетлерин оларда көрсетилген баҳа бойынша тарқатыўдан түскен түсим.
2) Тийкарғы искерликтен басқа дәраматлар.
Төмендегилер тийкарғы искерликтен басқа дәраматларға киритиледи:
а) өндирилген яки қарыздар төлеген жәриймалар, пенялар ҳәм де хожалық шәртнамаларының шәртлерин бузғаны ушын басқа жаза түрлери, сондай-ақ жеткерилген зыянда қаплаў бойынша дәраматлар;
б) есабат жылында анықланған, өткен жыллардағы дәраматлар;
в) микрофирма ҳәм киши кәрханалар қасындағы асханалардан түсимлер, жәрдемши хызметлерден дәраматлар сыяқлы туўрыдан-туўры өним (ислер, хызметлер) ислеп шығарыў ҳәм сатыў менен байланыслы болмаған операциялардан дәраматлар;
г) микрофирма ҳәм киши кәрхананың тийкарғы фондлары ҳәм басқа мал-мүлкин сатыўдан дәраматлар;
д) кредиторлық ҳәм дебеторлық қарзын нызам менен белгиленген тәртипте есаптан шығарыўдан алынған дәраматлар;
е) товар-материаллық байлықларды қосымша баҳалаў. Товар- материаллық байлықларды қосымша баҳалаў суммасы өним (ислер, хызметлер) сатылыўына қарап салық салынатуғын жалпы түсимге киритиледи;
ж) бийғәрез финанслық жәрдем, сондай-ақ бийғәрез алынған мал-мүлк;
з) басқа операцион дәраматлар.
3) финанслық искерликтен алынған дәраматлар.
Финанслық искерликтен алынған дәраматлар қурамына төмендеги дәраматлар киритиледи:
а) алынған роялти;
б) Өзбекстан Республикасы аймағы ҳәм оннан тысқарыда басқа хожалық жүритиўши субъектлер искерлигинде үлесли қатнасыўдан алынған дәраматлар, акциялар бойынша дивидендлер ҳәм де микрофирма ҳәм киши кәрханаға тийисли болған облигациялар ҳәм басқа қымбатлы қағазлар бойынша дәраматлар;
в) мал-мүлкти узақ мүддетли ижара (лизинг)ке бериўден дәраматлар (маржа);
г) шет ел валютасындағы операциялар бойынша курсдағы айырмашылықтан дәраматлар;
д) қымбатлы қағазлар, унитар кәрханалар ҳәм басқаларға қойылған қаржыларды қайта баҳалаў өткериўден дәраматлар ;
е) Финанслық искерликтен алынатуғын басқа дәраматлар.
4) Айрықша дәраматлар.
Товарлар (хызметлер көрсетиў, ислер орынлаў) бийпул берилгенде салық салыў объектине олардың баҳасы да киритиледи, бул баҳа оларды илеп шығарыўға кеткен қәрежетлерден, мал-мүлк бийпул берилгенде баланста көрсетилген қалдық баҳадан келип шығып белгиленеди.
Салық кодексине муўапық салық салынатуғын жалпы түсим есаплап шығылғанда төмендегилер жалпы түсим сыпатында қаралмайды:
1) устав фондына (устав капиталына) алынған үлеслер, соның ишинде акцияларды (үлеслерди) жайластырыў баҳасының олардың номинал баҳасынан (дәслепки муғдарынан) артық суммасы, әпиўайы ширкет шартамасы бойынша биргеликтеги искерликти әмелге асырыў ушын бирлестирилген қаржылар ;
2) акционерлер (қатнасшылар) қурамынан шыққанда, сондай-ақ юридикалық тәрептиң мал-мүлки оның акционерлери ортасында бөлистирилгеде устав фондына үлеслер шеңберинде алынған қаржылар (мал-мүлк яки мүлкий ҳуқықлар);
3) шәртнама дүзиўшилери (қатнасшылары) улыўма мүлктеги үлеси қайтарып берилген яки бундай мал-мүлк бөлинген тәғдирде, әпиўайы ширкет шартнамасы шериги (қатнасшысы) тәрепинен үлеси муғдарында алынған қаржылар (мал-мүлк яки мүлкий ҳуқықлар);
4) реализация қылынатуғын товарлар (ислер, хызметлер) ушын алдыннан ҳақ төлеў (бунак) формасында басқа шахслардан алынған қаржылар (мал-мүлк яки мүлкий ҳуқықлар);
5) мүлк ҳуқықы оларға өткен ўақытқа шекем мәжбүриятларды нызам ҳүжжетлерине муўапық тәмийинлеў сыпатында гиреў яки закалат формасында алынған қаржылар (мал-мүлк яки мүлкий ҳуқықлар);
6) бюджеттен берилген субсидиялар;
7) егер қаржыларды (мал-мүлк яки мүлкий ҳуқықларды) өткериў, ислер орынлаў, хызметлер көрсетиў Өзбекстан Республикасы Президенти яки Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында әмелге асырылса, бийпул алынған қаржылар (мал-мүлк яки мүлкий ҳуқықлар), ислер ҳәм хызметлер;
8) алынған грантлар;
9) акциянерлик – юридикалық тәрептиң өткен жыллардың бөлистирилген пайдасы устав фондын (устав капиталын) көбейтиўге бағдарланғанда қосымша акциялардың баҳасы яки акциялардың номинал баҳасын көбейтиў формасында алынған дәраматлары;
10) қамсызландырыў шартнамалары бойынша қамсызландырыў төлеми (қамсызландырыў суммасы) формасында алынған қаржылар;
11) дәлдәлшыға яки басқа исенимли ўәкилге дәлдәлшылық ҳәм тапсырма шартнамалары яки дәлдәлшылық хызметлер көрсетиўге тийисли басқа шартнамалар бойынша мәжбүриятларды орынлаў бойынша, сондай-ақ дәлдәлшы яки басқа исенимли ўәкил тәрепинен комитент ямаса өзге исенимли шахс ушын әмелге асырылған қәрежетлерди қаплаў есабынан түскен мал-мүлк (пул сыйлығынан тысқары);
12) объект баҳасының ижараға бериўши (лизинг бериўши) тәрепинен алынған ижара (лизинг) төлеминиң бир бөлеги формасында қапланыўы;
13) телекоммуникациялар тармақларында оператив-қыдырыў иләжлары системасының бийпул алынған техник қураллары, сондай-ақ усы қураллардан пайдаланыўға ҳәм оларға хызмет көрсетиўге тийисли хызметлер;
14) ихтиярый сапластырылған исбилерменлик субъектиниң акционерлеринен (қатнасшыларынан) олардың мәжбүриятларын орынлаў ушын алынған қаржылар. Ихтиярый сапластырыў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мүддетлерде сапластырылмаған яки сапластырыў тәртип-қағыйдалары тоқтатылған ҳәм искерлик қайта тикленген тәғдирде усы қаржылар салық салыў объектине киритиледи ҳәм оларға салық салыныўы лазым;
15) инвестор менен мәмлекет мүлкин басқарыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик орган ортасында дүзилген шартнамаға муўапық инвестиция мәжбүриятлары сыпатында киритилген мал-мүлк.
Баланстың валюта бөлимин қайта баҳалаў ўақтында курстағы унамлы ҳәм унамсыз айырмашылықлар ортасындағы сальдо салыққа тартыў объекти есапланады. Унамсыз курс айырмашылығы суммасы унамлы курс айырмашылығы суммасынан артық болғанда асып кеткен сумма бирден-бир салық төлемин есаплап шығарыўда салық салынатуғын базаны кемейтеди.
Төмендеги микрофирма ҳәм киши кәрханалар бирден-бир салық төлемин төлеўден толық азат етиледи:
- нәгиранлардың жәмаат бирлеспелери, «Нуроний» фонды ҳәм «Өзбекстан чернобильшылары» бирлеспусиниң мүлки болған, ислеўшилердиң улыўма санының кеминде елиў процентин нәгиранлар, 1941-1945 жыллардағы урыс ҳәм мийнет фронты ветеранлары дүзген кәрханалар (саўда, дәлдәлшылық, тәмийнат-саўда ҳәм таярлаў искерлиги менен шуғылланыўшы кәрханалардан басқа);
2005-жылы 1-июльден баслап бирден-бир салық төлемин төлеўшилер микрофирмалар ҳәм киши кәрханаларға төмендеги преференциялар нәзерде тутылады:
1) илгери киши бизнес субъектлерине бирден-бир салық бойынша берилген жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықы. Бул оны төлеўден толық азат етиўге қарата да, салық ставкасын пәсейтириўге қарата да белгилиенеди ;
2) бирден-бир салық төлемин төлеў мүддетин бир жылға кешиктириў, кешиктирилген сумманы имтиязлы дәўир тамам болғаннан кейин тең үлеслерде 12 ай даўамында төлеў ҳуқықы. Усы тәртип тек ғана жаңа шөлкемлестирилген (2005-жылдың 1-июлинде ҳәм оннан кейин дизимге алынған) микрофирмалар ҳәм киши кәрханаларға қолланылады;
3) нызам ҳүжжетлерине муўапық ижараға алынған жер майданлары ушын бюджетке ижара ҳақын төлемеслик ҳуқықы.
Салық системасына бирден-бир салық төлеминиң киритилиўи киши бизнес субъектлерин ҳәм микрофирмаларды салыққа тартыў әмелиятын еле де әпиўайыластырды.
Президентимиз Ислам Каримовтың 2010-жылда мәмлекетимизди социал-экономикалық раўажландырыў жуўмақлары ҳәм 2011-жылға мөлжелленген ең зәрүр бас бағдарларына бағышланған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң мәжилисиндеги баянатында жалпы ишки өним қурамында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң үлеси жылдан жылға көбейип баратырғанлығы айтып өтилди. Бул киши бизнестиң күнделикли турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып баратырғанлығының дереги болып табылады.



Download 443 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish