Иқтисодиётни модернизациялаш шароитида туғри солиқларни ундиришни такомиллаштириш масалалари


I-БАП. КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИК МАЗМУНЫ ҲӘМ ОНЫҢ ТЕОРИЯЛЫҚ ТИЙКАРЛАРЫ



Download 443 Kb.
bet2/11
Sana25.04.2022
Hajmi443 Kb.
#580371
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Киши бизнес(1)

I-БАП. КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИК МАЗМУНЫ ҲӘМ ОНЫҢ ТЕОРИЯЛЫҚ ТИЙКАРЛАРЫ
1.1 Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик түсиниги ҳәм оның мазмуны
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик базар экономикасына сай экономикалық искерлик болып табылады. Басқаша айтқанда, ол белгили бир социал-экономикалық нәтийжеге ерисиў мақсетинде товарлар ҳәм хызметлерди ислеп шығарыў ҳәм алмаслаўды шөлкемлестириў бойынша мүлкдарлардың яки олардың ўәкиллериниң аңлы ҳәм мақсетли экономикалық искерлиги. Өзбекстан Республикасы “Исбилерменлик ҳаққында” ғы Нызамында исбилерменликке төмендегише тәрийп берилген: “Исбилерменлик-мүлкшилик субъектлериниң пайда алыў мақсетинде тәўекел қылып ҳәм мүлкий жуўапкершилик тийкарында әмелдеги нызамлар шеңберинде экономикалық искерлик жүритиўи болып табылады”.
Исбилерменликтиң мазмуны төмендегилер арқалы еле де айдынласады:
Бириншиден, исбилерменлик субъекти ким болыўы мүмкин?
Өзбекстан Республикасыны Конституциясы ҳәм Өзбекстан Республикасы «Исбилерменлик ҳаққында”ғы Нызамына муўапық ҳәр бир пухара өз мүлки тийкарында яки мүлк ийесиниң ўәкиллиги тийкарында өзи ихтияр еткен нызамға қайшы болмаған искерлик түри менен шуғылланыўы мүмкин.
Киши бизнес ҳәм исбилерменлик искерлигин таңлаў, оны шөлкемлестириў мазмуны бойынша мәмлекетлик, жәмийетлик әҳмийетке ийе болып қалмастан, еркин таңланатуғын искерлик болып табылады.
Исбилерменлик искерлигиниң үш түри ҳәм усыған сай түрде исбилерменликтиң 3 топарын ажыратып көрсетиў мүмкин:

  • жаңа товар яки хызмет проектин пайда етиў. Исбилерменликтиң бул түри менен интеллектуал мүлк ийелери, инновацион идеялар авторлары шуғылланады.

  • товар ислеп шығарыўды шөлкемлестириў менен шуғылланыўшы исбилерменлер.

  • товарды сатыў, қайта сатыў ҳәм коммерция ислерин шөлкемлестириў менен шуғылланыўшы исбилерменлер.

Үшиншиден, мақсети бойынша исбилерменликтиң еки түрин:
а) пайда алыўды, экономикалық нәтийжеге ерисиўди мақсет қылған;
б) жәмийетлик нәтийжеге (мәселен, тәбиятты қорғаў, жас әўладты тәрбиялаў, ден-саўлықты сақлаў) ерисиўди мақсет қылған түрлерин ажыратыў мүмкин.
Исбилерменликти раўажландырыў ушын төмендеги шәрт-шараятлар талап етиледи:
- Мүлкий қатнасықлардың қәлиплесиўи. Базар экономикасы шәраятында мүлкий қатнасықлар үш белгиси менен ажыралып турады: -ийелик қылыў, яғный мүлк ийеси сыпатында мүлкке толық ҳүкимранлық қылыў: сатыў, ижараға бериў, саўға қылыў;
а) пайдаланып турыў, яғный мүлк ийесиниң бақлаўы тийкарында белгили шәрт-шараятлар ҳәм төлем есесине мүлктен ўақытша пайдаланыў;
б) оператив тез басқарыўды, яғный мүлк ийесиниң бақлаўы астында ресурсларды бөлистириў ҳәм ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша мүлкти басқарыў ҳуқықын енгизиў.
- Исбилерменлерге өз қәбилетин толық көрсетиў ушын төмендеги экономикалық еркинликлердиң берилиўи.
а) өним ассортименти, түрлерин ҳәм ислеп шығарыў усылын таңлаў еркинлиги;
б) партнерларын таңлаў еркинлиги;
в) қаржыларын нызамға қайшы болмаған тараўларға ғәрезсиз жумсаў еркинлиги.
- Базардың ашықлығы, яғный товарлар, инвестициялар, мағлыўматлар, исши күши, шийки зат ушын жасалма тосықлардың жоқ екенлиги.
- Базар инфраструктурасының бар екенлиги.
Бизиң мәмлекетимизде сырт ел тәжирийбесине сүйенген ҳалда, киши бизнес ҳәм жеке исбиерменликтиң раўажланыўына мәмлекет тәрепинен үлкен итибар қаратылмақта. Буған 1995 жыл 21 декабрьде Олий Мажлис тәрепинен кабыл қылынған “Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў ҳаққында” ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын мысал қылып көрсетиўге болады. Еркин бәсекиге еле де кең имканият жаратыў, түрли мүлкшилик формасындағы базар субъектлери ортасында болатуғын экономикалық- ҳуқықый қатнасықларды дүнья стандартлары дәрежесинде шөлкемлестириў бойынша бул нызам үлкен әҳмийетке ийе.
Усы Нызамның 2-статьясында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң көлеми анық белгилеп берилген. Атап айтқанда, санаат ҳәм курылыста- 50 хызметкерге шекем, аўыл-хожалығы ҳәм ислеп шығарыўдың басқа тараўларында- 25 хызметкерге шекем, пән ҳәм илимий хызмет көрсетиў тараўларында- 10 хызметкерге шекем, усақлап сатыў саўда тараўында-5 хызметкерге шекем болған кәрханалар киши бизнес субъектлери болып табылады.
Өзбекстан Республикасының мүлкшилик ҳаққындағы, кәрханалар ҳаққындағы, меншиклестириў ҳәм мәмлекет ийелигинен шығарыў ҳаққындағы ҳәм басқа да бир қатар норматив ҳүжжетлерде көп укладлылық тийкарлары белгиленип, олар мүлкшиликтиң барлық формаларының тең ҳуқықлылығын қарар таптырыў, мүлкдарлардың ҳуқықларын қатаң қорғалыўы, жеке мүлкти еле де қорғаў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм шет ел инвестицияларын тартыўға қаратылған болып есапланады.
Товар-пул мүнасибетлери раўажланып баратырған ҳәм басқарылатуғын базар шәраятында мүлкшиликтиң барлық формасына тийисли кәрханаларды қурыў, олардың искерлигиниң, оларды қайта шөлкемлестириў ҳәм тамамлаўдың улыўма ҳуқықый, экономикалық ҳәм социаллық тийкарлары усы норматив ҳүжжетлерде толық баян етилген.
“Өзбекстан Республикасында мүлкшилик ҳаққында” ғы (1990 жыл 31 октябрь) Нызамында белгилеп қойылған мүлк формаларына муўапық төмендеги түрдеги кәрханаларға бөлинеди:
- Өзбекстан Республикасы пуқараларының, сондай-ақ шет ел пуқараларының индивидуал (жеке ҳәм шахсий) мүлкине тийкарланған кәрханалар;
- жәмийет (ширкет) мүлкине тийкарланған жәмийет, шаңарақ, мәҳәлле кәрханалары, ислеп шығарыў кооперативлары; кооперативларға қараслы кәрханалар, акциянер жәмийетлерге, жуўапкершилиги шекленген жәмиетлерге, өзге хожалық жәмийетлери яки ширкетлерине қараслы кәрханалар; жәмиейт шөлкемлериниң кәрханалары, диний шөлкемлердиң кәрханалары ҳәм жәмийет мүлкшилигиниң басқа формаларына тийкарланған кәрханалар;
- мәмлекет мүлкине тийкарланған мәмлекетлик кәрханалар, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлараралық, ўәлаят, район ҳәм қалаларға тийисли болған кәрханалар;
- толық яки үлеслик тийкарында дүзилген кәрханалар (қоспа кәрханалар) республика мүлки, сырт ел юридикалық шахслары, фирмалар ҳәм мәмлекетлер мүлки болған кәрханалар;
- мүлкшиликтиң аралас формасына тийкарланған кәрханалар.
Мүлкшилик формасына қарамастан, кәрханаларда ислеўшилер санына қарап киши кәрханалар қатарына киритилген бундай кәрханаларды шөлкемлестириў ҳәм олардың искерлигиниң өзине сай қәсийетлери, оларды дизимге алыў шәртлери, сондай-ақ кәрханаларды бул түрге киритиў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тәртипке салынады.
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик искерлигин шөлкемлестириў, оны раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарлары, сондай-ақ қоллап-қуўатлаў жоллары “Өзбекстан Республикасы исбилерменлик ҳаққында” (1991 жыл 15 февраль) ҳәм “Киши бизнести раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў ҳаққында”ғы (1995 жыл 21 декабрь) Нызамларында өз көринисин тапты.
Бул Нызамлар Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң экономикалық ҳәм ҳуқықый еркинлигине кепиллик береди, олардың ҳуқық ҳәм жуўапкершилигин анықлайды, исбилерменлердиң басқа кәрханалар ҳәм шөлкемлер, мәмлекетлик басқарыў оганлары менен қатнасықларын тәртипке салады.
Барлық жаңа ғәресзисликке ерискен мәмлекетлерде экономикалық реформалардан алдынғы дәўирде мүлкшиликтиң мәмлекетлик формасы үстинлик қылған. Хожалықтың мәмлекет секторында исшилердиң улыўма санының 4/5 бөлеги, кооперативлерде 14-15% (булардан ярымынан көби колхозларда), жеке секторда 3%ке жақыны бәнт болған. Сексенинши жыллардың екинши ярымында хожалықтың кооператив секторын жаратыў, ижараны раўажландырыўға ҳәрекет қылынған. Бул ҳәрекет базар инфраструктурасының раўажланбағанлығы, мәмлекет мүлкшилигиниң ҳүкимранлығы, хожалық жүритиўдиң жаңа формаларының мәмлекет секторына қарамлығы, хожалыt нызамларының анықсызлығы ҳәм бир қатар себеплерге көре нәтийжесиз болған.
Кәрханаларды мәмлекет қарамағынан шығарыў ҳәм меншиклестириў экономикалық реформалардың жетекши буўыны болып табылады. Меншиклестириў нәтийжесинде демократик жәмийеттиң тийкарын қураўшы жеке мүлкшилик қатламы қәлиплесип барды.
Сырт ел әдебиятларында исбилерменликтиң көп тәрийпи бар. Инсаният жәмийетиниң пүткил раўажланыў тарийхы ол яки бул тәрептен бәрҳулла исбилерменлик пенен байланыслы болған.
Дәслепки басқышларда исбилерменликтиң ең әҳмийетли белгиси сол искерликтиң пайдалы яки пайдасызлығын анықлаўшы белгисизлик факторы есапланған. Исбилерменликтиң социал-экономикалық ўазыйпасы түрли базарларда талап пенен усыныс ортасындағы теңсалмақлылық орнатыўға тийисли жетискенлик искерлигинен ибарат деп тән алынған.
Кейин ала “инвестиция ийеси” ҳәм “Исбилермен” түсиниклери бир-биринен парықлана баслады. Исбилермен инвестицияны айланысқа қойыўды, көбейип барыўын тәмийинлейди ҳәм бул бойынша ол венчур инвестор, яғный қойылған финанслық қаржыларды шеберлик пенен басқарыўшы шахс сыпатында исти жүритип жибериўге өз идеялары, билими ҳәм тәжирийбесинен пайдаланып, көп пайда алыў мақсетинде усы қаржыларды тәўекелшиликли ислерге сарыплайды.
Өзбекстанда ҳәм ҒМДА да бизнес ҳаққында мақалалар, әдебиятлар 60-жыллардың орталарында пайда болды. Жеке мүлкшилик болса ол дәўирде бизиң идеологиямызға пүткиллей жат нәрсе еди. Лекин бизде бизнести пән сыпатында үйрениў тек ғана 90-жыллардың басларында, базар қатнасықларына әсте-секин өтиў менен басланды.
“Бизнес” - сөзи инглизше сөз болып, исбилерменлик искерлиги яки басқаша айқанда адамлардың пайда алыўға қаратылған искерлиги болып табылады.
Бизнесмен (исбилермен) сөзи биринши мәртебе Англия экономикасында XVIII әсирде пайда болып, ол “Мүлк ийеси” деген мәнисти билдиреди. Атап айтқанда, Адам Смит исбилерменди мүлк ийеси сыпатында тәрийплеп, оны пайда алыў ушын қандайда коммерциялық идеяны әмелге асырыў мақсетинде экономикалық тәўекелшиликке баратуғын адам,- деп тәрийплейди. Исбилерменниң өзи өз исин режелестиреди, ислеп шығарыўды шөлкемлестиреди, өнимди сатады ҳәм алған дәраматына өзи хожейинлик қылады.
Бизнес – бул дәслеп ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, экономикалық искерлик ҳәм қатнасықлар, ең ақырында пул табыў дегенди аңлатады. Жоқарыда айтып өткенимиздей, Бизнес- бул инглизше сөз болып, ол пүткил дүнья бойлап таралған, оннан барлық мәмлекетлерде пайдаланылады. Өзбек тилинде бизнес сөзи исбилерменлик, бизнесмен сөзи исбилермен сөзине туўры келеди ҳәм соның менен бирге қосымша мәни береди. Бул сөзлердиң артында “ис” яғный ис пенен шуғылланыў яки кәрхана шөлкемлестириў мәниси жатады. Сондай қылып, бизнес - бул кәрхана шөлкемлестириў болып табылады (санаат кәрханасы, саўда дүканы, хызмет көрсетиў кәрханасы, аудиторлық конторасы, адвокатлық бюросы, банк ҳ.т.б.).
Демек бизнес бул жоқ нәрседен пул ислеп табыў емес, бәлки қурамалы ислеп шығарыўды яки хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў болып табылады. Исбилермен- бул бәрҳулла өз исиниң пидайысы, билимданы.
Исбилермен нелерди билиўи керек? Ол ең дәслеп, исбилерменлик искерлигин қандай әмелге асырыўды, қандай шәраятта ҳәрекет қылыўды, исбилермен алдында ушырайтуғын тосықларды шешиў жолларын ҳәм алдына қойған мақсетке ерисиў жолларын билиўи керек. Исбилермен ислеп шығарыўды шөлкемлестириўди ҳәмде өнимди сатып билиўи керек. Ол базар қатнасықлары шәраятында жүзеге келетуғын анық жағдайларды баҳалаўды ҳәм туўры жол таңлаўды билиўи керек.
Исбилерменлик искерлигин акциянерлик мүлк формасында да, жәмийетлик мүлк формасында да, жеке мүлк формасында да әмелге асырыў мүмкин. Бирақ акциянерлик мүлк формасы ҳәм жәмийетлик мүлк формасы шеңберинде идея жаратыў, қарарлар қабыл қылыў ҳәм өз искерлиги ушын жуўапкершилик мәселелеринде исшилер ҳәм менеджерлерге мүлк ийелери тәрепинен қаншелли дәрежед имканият берилиўине байланыслы ҳалда әмелге асырылыўы мүмкин.
Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында саўда, тутыныў, жергиликли санаат, жәмийетлик тараўлар кәрханаларын мәмлекеттен меншикке айландырыў процессии бир қанша қыйың өтти. Бул жерде меншиклестириў дәслеп ири ислеп шығарыў бөлимлери бойынша орынланды, олардың орнында ашық түрдеги акционерлик жәмийетлери дүзилди. Нәтийжеде «Узбексавдо», «Узмаишийиттифоқ», «Узбекбирлашув» сыяқлы тармаклар бойынша 13 мыңға жақын жеке кәрханалар дүзилди.
Ғәрезсизлик жылларында киши ҳәм жеке кәрханалар шөлкемлестириўге айрықша итибар берилди. Социаллық бағдарланған базар экономикасы шәраятында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик экономиканың тиреги болып табылады. Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти И.А.Каримов, “...аўыллық жерлерде киши ислеп шығарыў кәрханаларын пайда етиў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў есабынан халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў сиясатын әмелге асырмақшымыз”- деп атап өткен еди. Мәмлекетимизде бул сиясатты әмелге асырыўда тийкарынан исбилерменликти раўажландырыўды талап етеди.



Download 443 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish