Иқтисодиётни модернизациялаш шароитида туғри солиқларни ундиришни такомиллаштириш масалалари


Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў



Download 443 Kb.
bet3/11
Sana25.04.2022
Hajmi443 Kb.
#580371
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Киши бизнес(1)

1.2 Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў
Өзбекстан Республикасында ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап киши бизнести раўажландырыўға берилип атырған итибар ҳәм оның қәлиплесип, раўажланыўға тән болған улыўма белгилер ҳаққында сөз жүритетуғын болсақ, ол ҳаққында төмендегилерди айрықша ажыратып көрсетиў мақсетке муўапық деп есаплаймыз:
1.Экономиканы раўажландырыў нормалары өзгерди. Яғный муғдарлық көрсеткшилерден сыпат көрсеткишлерине үстемлик берилди. Товар ҳәм хызметлердиң сыпаты үлкен әҳмийетке ийе болды.
2. Илимий – техника раўажланыўының жеделлесиўи нәтийжесинде киши бизнес кәрханалары искерлиги ушын зәрүр болған техникалар, мәселен, мини үскенелер, микропроцессорлар, мини технологиялар пайда болды.
3. Тутыныўшылардың қәлеўлериниң өзгериўи нәтийжесинде оларда стандарт товарлар сатып алыўға болған қызығыўшылығы кескин сөнди. Бир сөз бенен айтқанда талаптың қатламласыўы ҳәм тутыныўдың индивидуалласыўы жүз берди.
Қабыл етилип атырған мәмлекетимиз Президентиниң Пәрманлары ҳәм Қарарлары исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, олардың экономикадағы орны ҳәм әҳмийетин түптен асырыўға қаратылған. Себеби исбилерменлик, әсиресе оның киши бизнес формасы экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли факторы сыпатында тек ғана жәмийеттиң миллий ҳәм руўхый дәрежесин асырып ғана қоймастан, бәлки ҳәр бир инсанның билими ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыў ушын қолай имканият жаратады.
Ҳақыйқатында да, Өзбекстан өз ғарезсизлигин қолға кириткен дәслепки күнлеринен баслап-ақ, жәмийетте исбилерменлик руўхыятын пайда етиў, экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли факторларынан бири сыпатында оның раўажланыўын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға ҳәм сол тийкарда адамларда мүлкдарлық сезимин оятыўға үлкен итибар қаратылмақта.
Мәмлекетимизде салыстырмалы қысқа ўақыт ишинде исбилерменлик искерлигин пайда етиў, оны жүритиў ушын тийкар болған ҳуқықый-нрматив тийкар жаратылды.
«Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында», «Жеке кәрхана ҳаққында»ғы ҳәм сол сыяқлы басқа Өзбекстан Республикасы Нызамлары исбилерменлик искерлигин шөлкемлестириўде қатар имтияз ҳәм имканиятлар жаратып, оны қоллап-қуўатлаўға ҳәм қорғаўға кепиллип береди.
Жәмийет раўажланыўының әҳмийетли факторы сыпатында исбилерменлик, әсиресе, киши ҳәм жеке бизнес формаларының ис жүритиўи ушын қолай шәрт-шараят жаратыў, жаңа пайда болған исбилерменлик субъектлерин дизимге алыўды жеңиллестириў, жоқары ликвидли өнимлер, шийки зат ҳәм материалларды ашық биржа саўдаларында сатыўды шөлкемлестириўге қаратылған ис-иләжлар, исбилермен тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди сертификатлаўға тийисли қарарлар усы бағдарда кең имканиятлар ашып берди.
Мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жолы менен заманагөй, диверсификацияланған ҳәм күшли бәсекиге шыдам беретуғын экономиканы қәлиплестириў бойынша исленип атырған ис-иләжлар экономикалық өсиўдиң турақлы жоқары тезлигиниң сақланыўын тәмийинлемекте.
Дүнья жүзлик финанслық-экономикалық кризистиң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў, экономикалық өсиўдиң макроэкономикалық теңсалмақлығы ҳәм турақлы темплерин, экономика тармақларының турақлы ислеўин тәмийинлеў, халықтың бәнтлигине көмеклесиў, экспорт қылыўшылар, санааттың жетекши тармақлары кәрханалары ҳәм де киши бизнести қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2008 жыл 28 ноябрьдеги “Экономиканың реал сектор кәрханаларын қоллап-қуўатлаў, олардың турақлы ислеўин тәмийинлеў ҳәм экспорт потенциалын асырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПП-4058-санлы Парманы қабыл қылынды.
Дәстүрде көрсетелиўинше, киши бизнестиң раўажланыўын қоллап-қуўатлаўды күшейтиў, халықтың бәнтлигине ҳәм жаңа ис орынларын шөлкемлестириўге көмеклесиў мақсетинде:
1. Киши бизнес кәрханаларының банк кредит ресурсларынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў:

  • айланба қаржыларын толтырыў бойынша кредит бериўдиң максимал мүддетии 12 айдан 18 айға шекем узайтыў;

  • жаңа дүзилген киши бизнес ҳәм жеке кәрханаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген нормалар шеңберинде Имтиязлы кредитлеў фонды ресурс базасын кеңейтиўге бағдарланған суммаларды 2 есе асырыў;

  • Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2000 жыл 21 марттағы 2564-санлы Пәрманы тийкарында Имтиязлы кредитлестириў фондынан берилген кредитлар бойынша имтиязлардың әмел қылыў мүддетин узайттырыў;

  • Микрокредитбанкке 72 млрд.сум көлеминде берилетуғын қосымша ресурсларды киши бизнести қоллап-қуўатлаўға бағдарлаў.

2. Тиклениў ҳәм раўажланыў жамғармасы тәрепинен Миллий банк, Асака-банк, Ўзсанаатқурылыс банк ҳәм Агробанк ушын экспортқа бағдарланған ҳәм импорт орнын басыўшы ислеп шығарыўларға шет елден заманагөй технологиялар ҳәм үскенелер сатып алыў бойынша инвестицион проектлерди финансластырыў мақсетинде жыллық 5 проценттен аспайтуғын ставка бойынша ҳәм ҳәр бир кредит суммасы 3 млн. доллардан артық болмаған муғдарда кредит линияларын ашыў.
3. Коммерциялық банклер тәрепинен киши бизнес проектлерин финансластырыў ушын сырт ел инвесторлар ҳәм басқа дереклер есабынан кредит линияларын енгизиў.

  1. 2012 жыл 1 январьдан киши бизнес субъектлери ушын бирден-бир салық төлеми ставкасының 6 проценттен 5 процентке қысқартыў.

  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2006 жыл 17 апрелдеги ПҚ-325 - санлы қарарына көре белгиленген дизим тийкарында финанслық, тутыныў ҳәм басқа хызметлер көрсетиўши микрофирмалар ҳәм киши кәрханаларды 3 жыл мүддетке (2009-2011 жыллар) бирден-бир салық төлемин төлеўден азат етиў.

  3. Төмендеги кәрхана дивидентлерин 5 жыл мүддетке салыққа тартыўдан азат етиў: мәмлекетлик емес хожалық жүритиўши субъектлердиң капитализация, инвестицияларға бағдарланған қаржылары, алдын алынған кредитлер бойынша есап-китаплар бөлеги; микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар (физикалық шахслар тәрепинен алынатуғын дивидендлар бөлеги).

  4. Республиканың барлық қалалары ҳәм районларынан коммуникация жолларына ийе турақ жай емес фондының пайдаланылмай атырған объектлериниң инвентаризациясын өткериў ҳәм де оларды Финанс министрлиги ҳәм Экономика Министрлиги тәрепинен белгиленетуғын минимал ставкалар бойынша Ким зыят саўдасы арқалы киши бизнес кәрханаларына ижараға бериў;

  5. Хожалық жүритиўши субъектлерин тексириўди кеминде 30 процентке қысқартыў.

Бул иләжлар экономикалық турақсыз кәрханаларды саламатластырыў, модернизациялаў, техник ҳәм технологик жаңалаў, коммерциялық банклердиң қаржыларын кеңирек пайдаланыўды жолға қойыў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери искерлигин нәтийжели шөлкемлестириў ушын тийкар болмақта.
Өз нәўбетинде, банк системасы бүгинги күнде экономиканың реал секторы кәрханаларының турақлы ис жүритиўин тәмийинлеў ҳәм экспорт потенциалын асырыў бойынша сезилерли финанслық көмек көрсетип келмекте. Атап айтқанда, бүгинги күнде 78 банкрот кәрхана финанслық саламатластырыў мақсетинде коммерциялық банклер балансына берилген. Соннан, 30 кәрхана техник ҳәм технологик тәрептен қайта үскенеленип, ислеп шығарыў қуўатлылығы тиклениўи тәмийинленип, банклер тәрепинен жаңа инвесторларға сатылды.
Раўажланған мәмлекетлерде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти финанслық қоллап-қуўатлаў бойынша үлкен тәжирийбе топланған. Бунда төмендегилерге таянады:

  • киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаўға қаратылған арнаўлы нызамларға;

  • киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўдың Мәмлекетлик дәстүрлерине;

  • финанслық жәрдем бағдарларына (мәселен, Италия киши фирмаларының илимий – изертлеў ҳәм конструкторлық ислери ушын белгили муғдарда финанслық дәрдем көрсетиледи);

  • киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти кепилликли ҳәм имтиязлы кредитлеўши фирмаларға (мәселен, Англияда исбилерменликти финансластырыўшы арнаўлы фирмалар бар болып, буна олар мәмлекет қарызының 70 процентин кепиллейди);

  • киши бизнес субъектлери искерлигин имтиязлы кредитлестириўге (мәселен, Францияда ҳәр жылы 100 мың кәрхана салықтан толық ҳәм қысман азат қылынады).

Мәмлекетимизде де бул тараўды ҳәр тәреплеме раўажландырыў мақсетинде түрли имтиязлар берилип атырғанлығын атап өтиў керек. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2008 жыл 19 ноябрдеги П-4010–санлы “Экономикалық турақсыз кәрханаларды коммерциялық банклерге сатыў ҳаққындағы тәртипти тастыйықлаў ҳаққында”ғы Пармайышы менен экономикалық турақсыз кәрханалардың финанслық қәбилетин тиклеў бойынша банкрот кәрханалар негизинде жаңа пайда етилген хожалық жүритиўши субъектлерди қосымша қун салығынан, үш жыл даўамында пайда салығынан, бирден бир салық төлеми, мүлк салығы ҳәм жер салықлары төлеўден еки жыл даўамында азат етилди.
Исбилерменлик искерлигинде жүзеге келип атырған көплеп қыйыншылықлар ҳәм кемшиликлер киши бизнести пайда етиў ҳәм раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин тастыйықлайды. Бул ең дәслеп, исбилерменликтиң өзи менен байланыслы болған, киши бизнести шөлкемлестириўдиң мазмунынан келип шығатуғын қыйыншылықлар. Көп ғана киши кәрханаларда исбилерменлердиң өзлери тәмийнат, саўда, ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, экономика. бухгалтерия ҳәм сол сыяқлы барлық басқарыў функциялары менен жеке тәртипте шуғылланады. Тәбийий, бир кисиге бул қурамалы функциялардың барлығын профессионал дәрежеде орынлаў қыйын болады. Соның ушын хожалық процесслеринде қабыл қылынатуғын қарарлар ҳәр дайым нәтийжели бола бермейди, бул болса киши кәрханалардың банкрот болыўына алып келетуғын тийкарғы себеплерден бири болып табылады.
Исбилерменлик искерлигиниң өзине тән қәсийети себепли тынымсыз түрде машақатлы мийнет, үлкен жуўапкершилик, қәтерлердиң үлкенлиги ҳәм дәраматлардың турақлы емеслиги сыяқлы жеке машқалалар жүзеге келип турады.
Белгиленген тәртипте көре фирма шийки-зат материаллар сатып алыў ушын айланыстағы нақ пуллардың тек ғана 5 процентинан пайдаланыўы мүмкин. Бул қаржылар жүзеге келетуғын хожалық мәселелерин шешиў ушын жетерли емес.
Булардың барлығы киши кәрханаларды шөлкемлестирилген ўақыттан турақлы ис жүритиў басқышына шекем қоллап-қуўатлаў барыў зәрүрлигин және бир мәрте тастыйықлайды.
Өзбекстан Республикасы Президенти қасындағы Экономикалық реформалар, исбилерменлик ҳәм сырт ел инвестициялар бойынша Мекемелераралық кеңес ислеп турыпты. Усы кеңес исбилерменлик секторын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў менен шуғылланады, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўдың базар экономикасы принциплеринен келип шығатуғын тийкарғы бағдарлары, форма ҳәм усылларын белгилейди, киши бизнестиң улыўма идеологиясын қәлиплестиреди.
Министрлер Кабинети қасындағы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша республика муўапықластырыўшы кеңеси ис жүргизбекте. Оның негизинде бес исши топары шөлемлестирилген.
Мәмлекет тәрепинен берилип атырған жәрдемнен тысқары, Өзбекстанда исбилерменликтиң пайда етилиўи ҳәм раўажланыўы даўамында исбилерменлердиң мәмлекетлик емес ҳәм коммерциялық шөлкемлерге бирлесиўи жолы менен өз-өзин қоллап-қуўатлаў формалары кең тарқалмақта. Усы кеңес республиканың түрли аймақларында киши бизнести раўажланырыў бойынша белгили ис-иләжларды ислеп шығыў менен шуғылланады ҳәм сол машқалаларды шешиў бойынша усы тараў органларының искекрлигин муўапықластырады.
Киши бизнес жеке исбилерменликтиң мәмлекет тәрепинен қоллақ-қуўатлаў көлеми ҳәр бир мәмлекеттиң социал-экономикалық ҳәм сиясый жағдайынан келип шығады.Соның ушын бул бойынша анық жол ҳәм көрсетпелер болмаса да, арттырылған тәжирийбелерге таянып төмендеги бағдарларды усыныс етиўимиз мүмкин:
- Мәмлекет бюджети қаржылары арқалы қоллап-қуўатлаў;
- ҳәр түрли фондлар ҳәм шөллкемлер қаржылары есабынан;
- ахборотлар менен турақлы түрде тәмийинлеп барыў ҳ.т.б.
Бул бойынша мәмлекетимизде де бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, киши бизнес жеке исбилерменликтиң раўажланыўына көмек бериўши, оны қоллап-қуўатлаўшы арнаўлы комитет ҳәм кеңеслер:
- Өзбекстан Республикасы Президенти қасындағы реформалар ҳәм инвестициялар бойынша мекемелераралық муўапықластырыўшы кеңес;
-Өзбекстан Республикасы Монополиядан шығарыў, бәсеки ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик комитети усаған арнаўлы органлар шөлкемлестирилген;
Мәмлекет көлеминде киши бизнес жеке исбилерменликти мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў дәстүрин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бул органлардың тийкарғы ўазыйпасы есапланады. Жергиликли органлар, ҳәкимликлер аймақлық белгилеринен келип шыққан ҳалда, киши бизнес жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў бойынша өз дәстүрлерин ислеп шығады ҳәм әмелге асырады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәр жылы келеси жылдың мәмлекетлик мәмлекетлик бюджети проектлерин Олий Мажлисте көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў ушын усыныс етеди. Додалаў процессинде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўды хошаметлеў дәстүрин киритеди ҳәм ҳәр жылы мәмлекет бюджетинен усы мақсетлер ушын қаржылар ажыратыў көзде тутылады.

Өзбекстанда киши бизнести қоллап-қуўатлаў формалары (1-сызылма).


Бүгинги күндеги тийкарғы ўазыйпа киши бизнес ҳәм исбилерменликтиң бәсекилеслигин раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў ушын экономикалық ҳәм ҳуқықый шәраятларды жаратыў болса, басқа тәрептен оған материаллық ҳәм финанслық ресурслар киритиў нәзерде тутылады. Мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бағдарланған дотациялар, салық салыў, кредитлеў, қамсызландырыў ҳәм финансластырыўдағы имтиязлы тәртиплер ҳәм басқаша формаларда сәўлелениўи керек. Заманагөй шәраятларда мәмлекет көмегиниң тийкарғы принципи бизнести административ- директив басқарыўды әстелик пенен қысқартыў ҳәм базар экономикасын нормал жүритиў ушын экономикалық ҳәм ҳуқықый шәраятлар жаратыў болыўы керек. Мәмлекет көмеги тармақлы, географик, миллий, тарийхый белгилер, сондай-ақ, сырт ел тәжирийбелерин есапқа алған ҳалда исбилерменликтиң бәсекилеслигин раўажландырыў ушын материяллық ҳәм ҳуқықый шәраятлар, факторлар жаратыў сыпатында сәўлелениўи керек.





Download 443 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish