КОМНАТА № 501
Б.—ға.
МГУ-динг жатақханасында
Лап болмайды мынг жай бар десе.
Жасырмайман, Брақ-та, онда
Бес жузь бринши жай озгеше.
56
Бир, еки, ушь....
жети койқанынг
Тусына жети глемше керген.
"Жети сулу" поэмасынынг
Геройлары жасар бул жерде.
Гоззал Нина алыс тайгада
Қарағайды аралап оскен.
Тажик қзы Чеҳраизада
Мсалы Пэнж алмасы пискен.
Тираналы Хаджире тентек
"Мен Пушкинге ашықпан" дейди,
Ян—Гуй—фей, "Как дело?" десек,
"Карашо!" деп кулимсирейди.
Эстон қзы Лидиа бағана
Сойлеп берди "Калевипоэгти"
3
Осетинли мулайым Сона
Бос уақтында кестеге епли.
Жетинши кыз—Аму жулдызы,
Блайынша айтсам, маған ауллас.
Аҳ, қой козли қарақалпақ қзы,
Атынгды атап сыр берсем болмас...
Жыл-да келемен, сағынышым мушкил,
Аз жазасанг, ол-да бир азап.
Оқисанг-ау жане-де ушь жыл,
Оқуынг сенинг не деген узақ!
Оқынг қызлар, ким блим алса,
3
"Калевипоэг" – эстон халқыкынг дасьтаны. И.Ю.
57
Пайдасы коп халқ иси ушын.
Алыста қалған адамынгыз болса,
Маған усап қаттырақ сағынсын...
Талай журттынг қосқан ул-кзын
Москвада жай коп ғой бундай.
Дегенменен, еле сол созим:
Дым озгеше-ау, досларым, бул жай!
Ҳай, ысық жай, кутип қара сен
Жети сулу семьясына.
Қосыламан "Жақсы жай!" деген
Сдудкомнынг жарнамасына.
Жети гули жети турли жердинг,
Гуллену, дослық тлеймен сизге.
Барингизди суйдим, жақсы кордим,
Ашықпан тек бреуингизге...
1953-ж. Москва.
МАРТЛЕРГЕ
4
(Алимпаща Салауатовтан, қумық шаиры)
Дуньямалын пинҳан етип тауларға,
Комешине кул тартар коп намартлер,
Биз тусейик ел бахыты ушын дауларға.
Муҳаббетли, ержурекли, ҳай, мартлер!
Бул таулардынг бары-жоғын талаушы,
"Озь басым" деп, безип туған жеринен,
Жат бреудинг босағасын жалаушы,
Қандай пайда озин ойлаған ерден?
4
Бул қосық Дағстанда советлик дузимнинг орнауына арсыласушы
контрреволюция ҳарекетине қарсы жазылған. И.Ю.
58
Ким разы екен, жан деп суймей тауларды,
Коп душпанға коксин ози ашпаға!
Туған жерге дарытқанша жауларды,
Биз қайылмыз ана сутин қуспаға.
Марть журегин тербендирер уранлар,
Ҳазирленглер сауаш бабы затларды.
Тауда оскен, ҳай, қаҳарман қранлар,
Тезликпенен келтиринглер атларды!
1921-жыл, Яхсай.
КЕТЕР
(Мақтымқулыдан)
Адамизат, фалек саған,
Бир кун тонын пшер кетер.
Жальлад кби урып қанжар,
Қанларынгды шашар кетер.
Гезбе жаҳанды меил етип,
Биҳуда жерде сеил етип,
Алдын қонған, наубет жетип,
Коз ашқанша кошер кетер.
Олгенсонг сени ким ядлар.
Себил қалар бедеу атлар,
Оны минген азаматлар,
Қара топырақ қушар кетер.
Дунья деген сонгы ақыбет,
Избети паянсыз даулет.
Ажел деген ащы шербет,
Харь ким оннан ишер кетер...
59
Мақтымқулы, бул не жайдур,
Ажеп бир каруан сарайдур.
Дауран бир долы ҳаялдур,
Бир кун сени қушар кетер.
САҒЫНУ
Саҳарь уақта минсем Машук тауына,
Кулди куншығыстан тангнынг жулдызы.
Гумис булақлардынг шоқ қайнауы-да,
Сени еске салды, амудинг қзы.
Таудан ақ бултларды айдаса самал.
Былғап турғандайсанг маған орамал.
Су ишуге келген бир ару марал
Саған мегзеп қалды, амудинг қзы.
Аскар тау Эльбрус аспанға тийген,
Сымбатлы ақ тосин кокше булт суйген.
Баҳарь байрамында ақ койлек кийген
Турқынгды яд еттим, амудинг қзы.
Самал сылдырлатса жапырағын талдынг,
Сени келди-ме деп талай алдандым.
Каклик дурлеп ушса астынан жардынг,
Жамалынг елеслер, амудинг қзы.
Корсем сынгқ-сынгқ кулген суларын сайдынг,
Тынглап шопан шерткен сестин сырнайдынг,
Сонда бир сен болып шадлығым, қайғым.
Турдынг коз алдымда, амудинг қзы.
Нарзан булақлары қандай азада,
60
Сенинг кеулинг янглы тнық ҳамь таза.
Таулар оянады, кеулим бимаза,
Ингкарым озингсенг, амудинг қзы.
Сағынышларынг бийлеп бар тақатымды,
Тас устинде турдым оқып хатынгды,
Жазсам жас еменге ойып атынгды,
Таулар ядлап алды, амудинг қзы.
Бештау мунарланып турар қасымда,
Кокше булт желбирер ушабасында.
Ҳарь ким яр ышқында куйсе жасында,
Мендей болып куйсин, амудинг қзы.
1953-ж. Пятигорск.
Do'stlaringiz bilan baham: |