4-ЛЕКЦИЯ
ТЕМА. КОМПРЕССОР ҲӘМ ВЕНТИЛЯТОРЛАР, МЕТАЛ ЖОНЫЎШЫ СТАНОКЛАРДА ЭЛЕКТР ЭНЕРГИЯ ҮНЕМЛЕЎ
Жоба:
4.1. Компрессор ҳәм вентиляторлардың электр энергия үнемлеў ис режимлери
4.2. Металл жоныўшы станокларында электр энергия үнемлеўге ерисиў жоллары
Қысылған ҳаўа ислеп шығарыўдың барлық тараўларында жүдә кең қолланылады. Мәселен, санаат ҳәм пуқаралық биналарды қурыўда қолланылатуғын бетон бузыўшы, күш балға, шлиповкалаўшы машина ҳәм вибратор, бояў пульт ҳәм бояў бүркиўши қурылмаларда қысылған ҳаўа күшининен пайдаланылады. Қысылған ҳаўа компрессорларда пайда етиледи. Компрессорлардағы моторлардың қуўаты бир неше жүз ваттан бир неше миң киловаттқа шекем болыўы мүмкин. Үлкен көлемдеги газлды транспортировка етиўде қуўаты мыңлап киловаттқа болған синхрон моторлы компрессорлар ислетиледи.
Компрессор электржүритпелеринде электр энергия жумсалыўын азайтыў ушын төмендеги илажларды әмелге асырыў мақсетке муўапық келеди:
1. Қысылатуғын ҳаўаны қыздырыў ҳәм ҳаўа өткизгиштеги жыллылық изоляциясын қоллаў ҳаўа ысырабын азайтады, бул болса
өз – өзинен электр энергия жумсалыўын азайтады. Бул жағдайда электр
энергияны тежеў төмендеги формула менен есапланады:
бул жерде қысылған ҳаўа муғдары, м3/мин, ҳаўа өткизгишке орнатылған жыллылық изоляциясы қурылмасына шекем ҳәм қурылмадан кейинги өткизгиштеги температураның айырмасы (жыл даўамындағы орташа мәниси), 0C, 1 м3 қысылған ҳаўа алыў ушын жумсалған электр энергия, кВт*с/ м3, t – жыл даўамында компрессордың ислеген ўақты, саат.
Мысал: Пайдаланыўшыға жиберилип атырған қысылған ҳаўаның
темперптурасы 200C дан 400C ға көтергенимизде компрессор электржүритпеси қанша электр энергияны үнемлейди?
Шешими: Қ = 10 м3/мин, т = 3000 саат, = 0.08 кВт*с/ м3.
Бир жылда үнемленген электр энергия
2. Қысылған ҳаўа басым астында шыгыўын азайтыў керек.
Ҳаўаның шығыўы ўақтындағы электр энергия ысырабы төмендеги
формула менен есапланады:
бул жерде арматура ҳәм қысқышларда ҳаўа ысырабы, м3/мин, n–қысылған ҳаўа шығып атырған орынлар саны, t – ҳаўа өткизгиштиң басым астында болып турған ўақты, саат.
3. Компрессордың номинал басымына қарап исши
механизмлерин таңлаў керек. Егер компрессордың басымы исши
механизм басымынан жоқары болғанда электр энергия ысырабы
төмендеги формула жәрдеминде есапланады:
бул жерде А1,А2 – басымның азайыўынан алдын ҳәм кейин 1 м3 ҳаўаны қысыў ушын жумсалған ис муғдары, кгм/м3; Q – компрессордан шығып атырған қысылған ҳаўаның муғдары, м3/мин; t – компрессордың бир жыл даўамында ислеген ўақты, саат; электр тармағы, мотор, узатыў қурылмасы, компрессордың механикалық ҳәм нндикатордың ПЖК лери; Д – компрессордың ислеўи даўамында желиниўы нәтийжесинде
қосымша электр энергия ысырабының артыўын есапқа алыўшы
коэффициент (Д = 1,1).
Компрессор басымының 15% азайыўы электр энергия
ысырабын дерлик 8 % ке азайтыўға алып келеди.
4. Пневматикалық әсбапларды электр әсбаплары менен алмастырыў электр энергиядан 7 – 10% тежеў мүмкиншилигин береди.
5. Сорып алынып атырған ҳаўа температурасының 3% артыўы
компрессордан шығып атырған қысылған ҳаўа муғдары 1% ке
азайтады, бул болса электр энергия жумсалыўын арттырады. Соның ушын
әдетте ҳаўа сорыўшы трубалар ақ реңге боялып, қуяш нуры түсиўинен сақлаў зәрүр.
6. Компрессордың ислеп шығарыў өнимдарлығын қысылған
ҳаўа муғдарының өзгериўине қарап ретлеў керек.
7. Смена өзгериўи ҳәм түслик ўақытларында компрессорларды
өширип қойыў керек.
8. Тезликлери ретленбейтуғын компрессорлардағы асинхрон моторлардың тармақтан алып атырған реактив қуўатының жүкленгенлик дәрежесине қарап ретлеў электр энергиядан эффектив пайдаланыўдың тийкарғы илажларынан бири есапланады.
Металл конструкcиялар ҳәм олар тийкарындағы иншаатларды
қурытыў мақсетинде, сондай-ақ қаналарды ысытыў ушын түрли
қыздырғышлар менен комплектте вентиляторлар да кең қолланылады.
Оларда қолланылатуғын моторлар тийкарынан асинхрон моторлар болып
қуўаты бир неше жүз ваттан миңлап киловаттқа шекем болады.
Вентиляциялық қурылмаларда жумсалып атырған электр энергияны
тежеў ушын төмендеги әмелий шаралар көриў лазым:
1. Экономикалық жақтан мақул болмаған вентиляторды экономикалық жақтан мақул болғаны менен алмастырыў нәтийжесинде:
бул жерде t – вентилятордың ислеў ўақты, саат; h – вентилятор пайда еткен басым. Па; Q – вентилятордан шығып атырған ҳаўаның муғдары; м3/с; орнатылып атырған ҳәм алмастырылып атырған вентиляторлардың, электр мотордың, электр тармақтың ПЖК лери.
2. Түслик ҳәм сменалар алмасыўы ўақтында вентиляторларды
өширип қойыў керек (сонда электр энергиядан қылынатуғын тежеў 20% ти қурайды).
3. Вентилятор конструксыясын жетилистириў (исши
дегершиктеги пәриклерниң ийилиў мүйешлерин өзгертириў,
бағытлаўшы аппарат пәриклерин коррексиялаў ҳ.т.б.).
Усы илажлар нәтийжесинде тежелетуғын электр энергия
төмендеги формула менен анықланады:
бул жерде Q1,Q2 – ислеп шығарыў режимин өзгерткенге шекем ҳәм
оннан соң вентилятордан шығып атырған ҳаўаның муғдары, м3/с; h1, h2 - ислеп шығарыў режими өзгергенге шекем ҳәм ундан соң вентилятор пайда
еткен басым, Па; ислеп шығарыў режими өзгергенге шекем ҳәм
оннан соң вентилятордың ПЖК лери.
4. Вентилятордан шығып атырған ҳаўаның муғдарын ретлеў
ушын шиперлер орнына үлкен тезликли моторларды қоллаў электр энергиядан 30% ин тежеў имканын береди. Сондай-ақ частота
бойынша тезлиги басқарылатуғын асинхрон электр жүритпелерди қоллаў да көп эффект береди.
5. Вентиляторды монтаж етиўде ҳәм ремонтлаўда
кемшиликлерди сапластырыў керек.
Сыртқы ҳаўаның температурасы бойынша кери байланыслы
вентиляциялық қурылмалардың автоматикалық басқарыў системасы схемаларын әмелде қоллаў электр энергиядан 10 – 15% тежеўге алып
келеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |