7.2. Өзгермели ва қозғатыў қуўат ысырапларининг тенглигини тәмийинлеўши турақлы ток электр жүритпесининг схемаси
Мотордың минимум қуўат ысырабы жумыс режиминде ислеўи шәртинен келип шыққан жағдайда төмендеги теңлемени жазамыз:
бул жерде төмендеги белгилеўлер қабыл етилген:
Теңлемениң шеп тәрепи өзгермели қуўат ысырапларын оң тәрепи болса механикалық қуўат ысырапларын есапқа алынбаған турақлы қуўат ысырапларын билдиреди. Теңлемениң оң тәрепиндеги қуўат ысыраплары полаттағы магнит ысыраплары ҳәм қозғатыў орамының электр ысырапларынан ибарат болғаны ушын қозғатыў қуўат ысыраплары деп те атаў мүмкин. Соның ушын да мотордың минимум қуўат ысырабы шәртин төмендеги көринисте жазыў мүмкин:
Қозғатыў ҳәмде турақлы қуўат ысыраплары теңлигин тәмийинлеўши электр жүритпениң схемасы 3.1 – сүўретте сүўретленген.
Электр жүритпе схемасының күш басқарылыўшы каналында якор орамы басқарылыўшы туўрылағыш (ЯОБТ) ҳәм қозғатыў орамы басқарылыўшы туўрылағышлар (ҚОБТ) бар. Мотордың якор ҳәм қозғатыў орамлары шынжырларында бөлек ток өлшеў өзгерткишлери (ТӨӨ) жалғанған. Бул ток өлшеў өзгерткишлер шынжырдағы токтың квадрат мәнисин өлшейди. Мотор полатындағы қуўат ысырбын анықлаў ушын функционал өзгерткиш (ФӨ1) ҳәм көбейтириў қурылмасынан пайдаланылған. ФӨ1 ге сигнал тезлик өлшегиши (ТӨ) дан алынады. Өзгериўши қуўат ысыраплары ҳәм қозғатыў қуўат ысыраплары олардың теңлигин тәмийнлеў ушын ретлегиштиң (Р) кириў бөлиминде өз-ара салыстырылады. Егер мотор магнитлениў характеристикасының сызықлы емеслигин есапқа алыў зәрүр болса, ол жағдайда электр жүритпе схемасына магнит ағымының қозғатыў токына байланыслығы сызықлы емеслигин аңлатыўшы қосымша функционал өзгерткиш (ФӨ2) киритиледи.
Электр жүритпениң оптимал қозғатыў токын есаплаўшы ретлеў системасы. Электр мотордың белгили тезлик ҳәм жүклениў бойынша ислеўиде магнит ағымының оптимал болыўы төмендеги теңлеме арқалы анықланады:
.
3.1 – сүўрет. Қурамында токлардың мәнисин квадратқа өгертириўши өлшеў өзгерткиши болған турақлы ток электр жүритпесиниң система схемасы
Мотор магнитлениў характеристикасының сызықлы бөлими ушын бул аңлатпа мотордың белгили жүклениў моменти ҳәм тезлиги ушын қозғатыў токының ретлениў нызамшылығын аңлатады. Бул нызамшылықты әмелге асырыўшы электр жүритпениң схемасы 3.2 – сүўретте сәўлеленген.
Электр жүритпениң якор шынжырында мотордың тезлиги тезлик ретлегиш (РТ) жәрдеминде әмелге асырылады. РТез диң кириў бөлимине тезликтиң берилген мәниси менен реал мәнислери айырмасы бериледи. Мотордың қозғатыў орамы шынжырында болса электр жүритпениң энергетикалық оптимизациясы әмелге асырылады. Қозғатыў орамындағы токтың оптимал мәниси ток ретлегиши (РТ) жәрдеминде әмелге асырылады. Есаплаў қурылмасы (ЕҚ), мәселен, микропросессор белгили коэффициентлер ҳәмде момент М ҳәм тезлик мәнислери берилген математикалық аңлатпалар тийкарында қайта ислеп қозғатыў токының оптимал мәнисин анықлайды. Мотордың моменти якор токи менен қозғатыў токларының пропорционал мәнислерин өз ара көбейтип анықланады.
3.2 – сүўрет. Қурамында қозғатыў токының оптимал мәнисин есаплаўшы қурылма болған турақлы ток электр жүритпесиниң система схемасы
Мотор моментиниң өзгериўинде турақлы ток электр жүритпесиниң минимум қуўат ысырабы режиминде ислейтуғын системасы. Егер электр жүритпе моменти тезликке байланыслы рәўиште өзгеретуғын болса, ол жағдайда 3.2 – сүўреттеги схема әпиўайыластырыў мүмкин болады. Мәселен, вентилятор электр жүритпеси ушын моменттиң формуласы төмендеги көринисте болады:
Ол жағдайда магнит ағымының оптимал мәниси төмендеги теңлеме менен анықланады:
,
яғный момент текғана тезликке байланыслы болып қалады.
Берилген тезликти өзгертирместен услап турылып, мотордың минимум қуўат ысырабы режиминде ислеўин әмелге асырыўшы электр жүритпе схемасы 3.3,а – сүўретте келтирилген. Берилген тезликти өзгертпестен услап турыў, якор шынжыры кернеўиниң тезлик ретлегиши (РТез) арқалы ретлеў есабына әмелге асырылады.
Функционал өзгерткиштиң (ФӨ) ўазыйпасы берилген тезликке сәйкес рәўиште қозғатыў токының оптимал мәнисин анықлаў болып табылады. Мотор магнитлениў характеристикасының туўры сызықлы бөлими ушын болады. Мотор магнитлениў характеристикасының сызықлы емес бөлеги ушын болса қозғатыў токының мәнисине функционал өзгерткиш тәрепинен дүзетиў киритиў керек болады. Вентиляторлы механикалық характеристикалы электржүритпе ушын мотор қозғатыў токи оптимал мәнисиниң өзгериўи характеристикасы 3.3, б – сүўретте келтирилген.
3.3 – сүўрет. Вентиляторлы жүклениўли механизмниң турақлы ток электр жүритпеси: а – система схемасы; б – оптимал қозғатыў токының тезликке байланыслы характеристикасы
Бул кемшиликлери жоқ болған электр жүритпениң излениўши автоматикалық басқарыў системасы схемасы 3.4,а – сүўретте сүўретленген. Мотордың якор ҳәм қозғатыў орамлары пайдаланып атырған толық актив қуўатты өлшейтуғын қуўат өлшеў өзгерткиши (ҚӨӨ) ҳәм оның мәниси төмендегиге тең:
Егер ҳәм болса, ол жағдайда диң мәниси тек магнит ағымына байланыслы болып қалады ҳәм оның минимум мәнисинде болыўы қуўат ысырабының минимум болыўы менен белгиленеди. П71 маркалы турақлы мотор пайдаланып атырған актив қуўаттың магнит ағымына байланыслы өзгериўи характеристикасы 3.4,б – сүўретте көрсетилген.
Белгили, ҳәр қандай үзликсиз функцияның дифференциалы экстремал мәнисте өз белгисин өзгертеди. Қозғатыў орамындағы ретлегиш, қуўаттың ўақыт бойынша дифференциалын нол дәрежеде услап турыўы есабына, пайдаланып атырған қуўат мәнисиниң минимум мәнисин излейди.
Бундай ретлеў системасының абзаллығы сонда, изленип атырған қуўат жумсалыўының минимал мәнисин орнатыў электр жүритпениң көрсеткишлери ҳәм ислеў шәраятларына байланыслы емеслигинде болып табылады, бирақ анықлық дәрежеси жоқары емес, себеби қуўат характеристикасының минимал мәниси жүдә анық көриниске ийе емес (3.4,б – сүўретке қараң). Буннан тысқары, ислеўи даўамында момент ямаса тезлигиниң бирдей өзгерип турыўы күзетилетуғын электр жүритпелер ушын бундай излениўши ретлеў системаларын қоллап болмайды.
3.4 – сүўрет. Турақлы ток электр жүритпесиниң минимум қуўат ысырабы режимин тәмийинлеўши излениўши системасы: а – система схемасы; б – пайдаланылып атырған қуўаттың магнит ағымына байланыслылық характеристикасы
Do'stlaringiz bilan baham: |