АВТОМАТЛАСТЫРЫЛҒАН ЭЛЕКТРЖҮРИТПЕНИҢ ЭНЕРГИЯ ҮНЕМЛИ РЕЖИМЛЕРИНИҢ ТЕОРИЯЛЫҚ ТИЙКАРЛАРЫ ҲӘМ ЕСАПЛАЎ УСЫЛЛАРЫ
Жоба: 7.1. Электр жүритпелерде энергия үнемлеўге ерисиўдиң тийкарғы жоллары 7.2. Өзгермели ҳәм қозғатыў қуўат ысырапларының теңлигин тәмийнлеўши турақлы ток электр жүритпесиниң схемасы
Бизге белгили, Путкил дүньяда ислеп шығылатуғын электр энергияның дерлик 60 – 70 % ин түрли механизм ҳәм үскенелердиң электр жүритпелери жумсайды. Дүньяда ислеп шығылған электр энергияның дерлик 50 % ин өзгермели ҳәм турақлы ток электр жүритпелери жумсайды.
Соның ушын да автоматластырылған электр жүритпелер қурылмаларында энергия үнемлеўди тәминлеў ҳәм усы тараўда басекелес маман кадрларды таярлаў шешиўши әҳмиетке ийе.
Ҳәзирги ўақытта автоматластырылған электр жүритпе қурылмасында энергия үнемлеўдиң төмендеги тийкарғы жоллары бар:
1. Ислеп шығарыў механизми жүклемесиниң реал өзгериўине қарап мотор таңлаў усылын жетилистириў жолы менен электр жүритпениң моторы қуўатлылығын дурыс таңлаў, себеби мотордың қуўатлылығы жүклеме қуўатлылығынан кишкене болса, мотор энергияны эффективсиз өзгертиреди. Ислеген жағдайда ҳәм электр узатыў линиясында ысырап болатуғын қуўат анағурлым артады.
2. Ислеп шығарыў механизмлери автоматластырылған электр жүритпеси мотортларын актив массасы (мыс ҳәм темир) ын үлкейтиў есабына ПЖК ҳәм қуўат коэффициенти шамалары көбейтилген энергия үнемли электр моторлары менен алмастырыў;
3. Тезлиги ретленбейтуғын электр жүритпелерден тезлиги ретленетуғын электр жүритпелерге өтиў, бунда тек автоматластырылған электр жүритпе системасында емес, ал ислеп шығарыў механизминде де ресурслар (суў, ыссылық ҳ.т.б.) ды үнемлеўге мүмкиншилик береди.
4. Тезлиги ретленбейдуғын электр жүритпелерде жүклеме өзгермели болғанда, сондай-ақ басқарылатуғын автоматластырылған электр жүритпелерде технология процесси талабына қарай электржүритпе координаталарының өзгериўинен жүзеге келетуғын жағдайларда ең кем энергия талап етилиўин тәмийнлейтуғын арнаўлы техникалық шешимлерди ислеп шығыў ҳәм жаратыў.
Энергия үнемледиң жоқарыда келтирилген жолларынан бирин таңлаў ҳәм әмелге асырыў технологиялық механизм тәрепинен жүзеге келтирилетуғын конкрет шәраятларға байланыслыболып, олардың ҳәр бири өзиниң белгили абзаллықларына ҳәм кемшиликлерине ийе.
Энергетикалық кризис ҳәм энергия тасыўшылар баҳаларының өсип барыўын итибарға алып, электр жүритпени басқарыў усылларын жетилистириў есабына талап етилетуғын энергияның көпғана бөлегин үнемлеўди тәмийнлейтуғын жол көп әҳмиетке ийе. Келешеги бар жол бул төртинши жол есапланады, бунда автоматластырылған электр жүритпени басқарыў алгоритмин жетилистириўесабына 30 – 40 % ға энергияны үнемлеў мүмкиншилигин береди.
Сол себеплитийкарғы итибар басқарыў алгоритмин түптен жетилистириў есабына ҳәм ең қолай (оптимал) басқарыў есабына ең аз энергия талап етилиўин тәмийнлейтуғын автоматластырылған электр жүритпениң жаңа системаларын жаратыў есабына энергия үнемлейтуғын автоматластырылған электр жүритпениң теориялық мәселелерине ҳәм есаплаў усулларына қаратылыўы зәрүр. Белгили, барлық мәмлекетлерде электр энергияның ең ири тутыныўшысы тийкарынан өзгермели ток электр жүритпелер, айнықса асинхрон моторлы электр жүритпелер есапланады, олар пүткил дүньяда ислеп шығарылатуғын электр энергияның дерлик ярымын механикалық энергияға өзгертеди. Бул моторлар тийкарғы бөлиминиң аз жүклеме менен ямаса номиналдан анағурлым киши мәнислерде ислеўи электр жүритпелердиң ПЖК ҳәм сос лериниң сезилерли азайыўына алып келеди. Бул жағдай болса дүньяда электр ҳәм ыссылық энергиясын артықша жумсалыўына анағурлым тәсир етеди. Соның ушын анализ объекти сыпатында тийкрынан асинхрон моторлы автоматластырылған электр жүритпеси алынған.
Бирақ турақлы ток электр жүритпелерин оптимал басқарыў усылларын да көрип шығыў пайдадан тысқары болмайды.