Ҳәзирги күнде энергетика ресурсларынан өнимли пайдаланыўға дүняның барлық мәмлекетлеринде үлкен әҳмиет берилмекте



Download 1,48 Mb.
bet7/59
Sana25.02.2022
Hajmi1,48 Mb.
#274989
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   59
Bog'liq
энергия унемлеу (3Дарслик)

Биринши бағдар – ислеп шығарылып атырған таяр өнимге туўры келетуғын энергия муғдары шамасын азайтыў, яғный органикалық ҳәм ядро жанылғы, электр ҳәм жыллылық энергияларын тежеўден ибарат болып табылады. Буның ушын төмендегилерди әмелге асырыў мақсетке муўапық болады:
– технологиялық ҳәм ислеп шығарыў интизамын жоқары дәрежеге көтериў ҳәм энергия ресурсларынан үнемли пайдаланыў;
– жыллылық ҳәм электр энергияны ислеп шығарыў, узатыў, өзгертиў, сақлаў ҳәм пайдаланыўшыларға тарқатыўдағы ушырасатуғын ысырапгершиликлерди азайтыў;
– тийкарғы энергетикалық ҳәм технологиялық қурылма ҳәм комплекслерди жаңалаў, қайта қурыў ҳәм заманагөй энергия үнемлейтуғын қурылма ҳәм комплекслер менен алмастырыў;
– санааттың аз энергия жумсалатуғын тармақларын раўажландырыў, машинасазлық өнимлери сапасын ҳәмде ислеў мүддетлерин асырыў, материаллар жумсалыўын азайтыў, энергия үнемлениўине қаратылған ислеп шығарыўдың ишки басқарыў системаларын жетилистириў.
Екинши бағдар – энергетика тараўы ислеп шығарыў системаларының өзин ҳәм энергетика балансын жетилистириў, жумыс өнимдарлығын асырыў, сондай-ақ қымбат ҳәм сийрек материаллардың орнын басатуғын, салыстырмалы арзан ҳәм сийрек болмаған материаллар менен алмастырыў нәтийжесинде энергетика хожалықларында экономикалық өнимдарлыққа ерисиў. Қосымша энергоресурслардан пайдаланыў нәтийжесинде ислеп шығарылып атырған өнимниң сапасы, муқыятлылық ҳәм ислеў мүддетиниң асыўы ямаса пайдаланыўшылардың талапларына жуўап беретуғын жаңа өнимлерди ислеп шығарыўын жолға қойыў, мийнетти қорғаў ҳәм жумыс шәраятларын жақсылаў, инсанлардың турмысын жақсылаў ҳәм экологиялық дөгерекке болатуғын кери тәсирлерди азайтыў сыяқлы нәтийжелерге ынтылып, экономикалық нәтийжеликке ерисиў ушын зәрүр болған ҳәрекетлер де усы бағдарға киреди. Экономикалық өнимдарлық жумсалатуғын қәрежетлерден жоқары болған жағдайда бундай исленген ҳәрекетлер энергия үнемлеў ямаса ресурс тежемлеў характерине ийе болады.
Пайдаланылған өнимлер орнына қосымша энергия жумсап орнына – орнын басатуғын материаллар ислеп шығарып, бул жаңа материалларды ислеп шығарыўда қоллаў энергия ресурс тежеўге ҳәм ислеп шығарылатуғын қәрежетлерди азайтыў нәтийжесинде экономикалық өнимдарлықтың артыўы, жумсалған қосымша энергия баҳасынан жоқары болса, бул қарежет энергия тежемлеўге киреди.
Энергия үнемлеў сиясаты ислеп шығарыўдың улыўма өнимдарлығын асырыў қуралы есабында энергия ислеп шығарыў ҳәм пайдаланыўшылардың буннан өнимли пайдаланыўларына шекем болған барлық кең көлемдеги ҳәрекетлерди өз ишине алады.
Жәмиеттиң жыллылық ҳәм электр энергияға болған ҳақыйқый талабы, оның жасаў тәризи, ықлым шәраяты ҳәм техникалық раўажланыў дәрежеси менен белгиленеди. Энергоресурлардың ең ақырғы буўынындағы өзгертилген соңғы энергияның тиккелей технологиялық қурылма ҳәм комплекслерде, турмыста ҳәм транспортта қолланыўы менен болса жәмиеттиң раўажланғанлық дәрежеси белгиленеди.
Ислеп шығарыўдың энергияға болған талабын өзгертиў ушын жамиеттиң энергетикалық ислеп шығарыў күшлерине тәсир етпек керек. Пайдаланыўшылардың энергияны тежеўи тик мәнисте энергия үнемлеўди билдиреди, яғный халық хожалығының ҳақыйқый энергия жумсаў муғдарын азайтыў демек болып табылады.
Ислеп шығарыўдың барлық тараўларында энергия үнемлилигине ерисиўде пән ҳәм техниканың роли үлкен. Яғный энергия үнемлегиш технология ҳәм процесслерди ислеп шығарыўда қолланылыўы, әлбетте илимий излениўлердиң нәтийжеси болыўы керек. Соның ишинде, электр энергиядан өнимли пайдаланыў бириншиден электржүритпелерде энергия үнемлегиш моторларды қоллаў, жүклемелерди ретлеў, жүклениў дәрежесине қарап жумсалып атырған актив ҳәм реактив қуўатларды ретлеў, қуўат ысырабын азайтыў, оптимал басқарыў ҳәм усы сыяқлы онлап актуал мәселелердиң шешимин табыў тек илимий излениўлер ҳәм конструкторлық ҳәрекетлер менен байланыслы.



Download 1,48 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   59




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish