Ҳәзирги күнде энергетика ресурсларынан өнимли пайдаланыўға дүняның барлық мәмлекетлеринде үлкен әҳмиет берилмекте



Download 1,48 Mb.
bet15/59
Sana25.02.2022
Hajmi1,48 Mb.
#274989
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   59
Bog'liq
энергия унемлеу (3Дарслик)

Мысал. Электр ранда механизми электр жүритпеси моторы 40% жүклениў менен ислейди (Кю = 0,4), салт жүриў ўақты 50% (КТ = 0,5), КН = 0,8 ҳәм КТ = 0,9 жағдайлары ушын ҳәр саатта электр энергиядан алынатуғын эконом қанша болады?
Шешими. 2.3 – сүўреттеги графиктен Кю = 0,4 ҳәм КТ = 0,5 мәнислер ушын ҳәм Кю = 0,8 ҳәм КТ = 0,9 мәнислер ушын екенлигин анықлаймыз. Эо = (1+0,8(1 – 0,85): 0,85 = 1,32 кВт.саат. Солай етип, ҳәр саатта үнемленип атырған электр энергия э = (1,61 – 1,07)х1,32 = 0,71 кВт.саат.
3. Ислеп шығарыў технологиясын жетилистириў, салт жүриўди шегаралаўшы қурылмалар ҳәм басқарыў пултларын ислеп шығарыў орынларына жақынластырыў есабына асинхрон мотор ҳәм кепсер трансформаторлардың салт жүриўин минумумға келтириў ҳәм улыўма жоқ етиў мүмкин.
Салт ислеўди шегаралаўда үнемленетуғын электр энергиядан мақсетке муўапықлығы 2.4 – сүўретте келтирилген диаграмма
жәрдеминде анықланады. Буның ушын есап көрсеткишлери:
а = Р0 / РН ва в = л/4 х тх,
бул жерде Р0 – салт ислеўдиң орташа қуўаты, кВт; РН – моторының
номинал қуўаты, кВт; тх – цикллар орасидаги салт юришлар ўақты, с.
Диаграммадағы а ҳәм б көрсеткишлер бойынша эффективлик көрсеткиши табылады. Төмендеги формула жәрдеминде ҳәр саатта
үнемленген электр энергия есапланады:

бул жерде з – механизмниң ислеп шығарыў даўамындағы цикллар саны.



2.4 – сүўретте. Электр жүритпе салт ислеўин шегаралаўдың эффективлигин анықлаўға хызмет етиўши диаграмма


Мысал. Суйық материалды транспортировка етиўде ислетилетуғун насос электр жүритпеси моторының қуўаты ПН = 7,5кВт, П0 =1,12 кВт, то=25с, з = 20 цикл/с.
Шешими. а = 1,12/7,5 = 0,15 ҳәм б = 1/4 х 25 = 0,01. 2.4 – сүўреттеги диаграммадан = 0,125 екенлигин табамыз.
Сонда ҳәр саатта үнемленип атырған электр энергия
, демек бул қурылмада салт ислеўин шегаралаў мақсетке муўапық екен.
4. Қуўат бойынша толық жүкленбеген моторларды киши қуўатлы
моторлар менен алмастырыў; егер жүкленгенлик дәрежеси 45% дан аз болса, ол жағдайда сөзсиз киши қуўатлысы менен алмастырыў зәрүр. Егер жүкленгенлик дәрежеси 70% дан жоқары болса, ол жағдайда алмастырыў керек емес. Жүкленгенлик 45% – 70% аралықта болса, ол жағдайда актив қуўат ысырабын есаплап шығыў зәрүр. Бул қуўат ысырабы төмендеги формула жәрдеминде есапланады:

бул жерде мотордың салт ислеўиндеги жумсап атырған реактив қуўаты, квар: Кю = Р/РН – мотордың жүклениў коэффисиенти, мотордың номинал жүклениўиндеги
жумсалып атырған реактив қуўаты, квар: КЕ = 0,1 ямаса 0,15 -
ысыраплар коэффициенти, мотордың салт жүриўидеги актив қуўат ысырабы, кВт;

мотордағы жүклениўдиң номинал мәниске өзгериўинде актив қуўат ысырабының өзгериўи, кВт;

мотордың конструкциясына байланыслы болған есапланған коэффициент,%; аралиықта өзгереди. Салт жүриў токиниң орташа мәниси Iо мотордың РН ҳәм IН мәнислери тийкарында анықланады:
Мысал. Бетон араластырыўшы қурылма электр жүритпеси моторының номинал көрсеткишлери – РН = 30кВт, IН = 55А, , ИО=23,1А, . Мотор П = 14,7 кВт жүклениў менен ислейди. Бул мотордың қуўаты ПН = 15 кВт болған мотор менен алмастырыў керек ямаса керек емеслигин тексерип көремиз. Бул мотордың тийкарғы көрсеткишлери IН = 29.9А, , ИО = 12,8А, .
Есаплар cоны көрсетеди
Солай етип, моторды киширек қуўатлысы менен алмастырыў мотордағы актив қуўат ысырабын азайтыўға алып келеди. Демек, бул жағдайда киши қуўатлы мотор менен алмастырыў мақсетине муўапық келеди.
Егер мотор статор фазалары үшмүйеш усылында жалғанған болса, мотордың жүкленгенлиги 40% дан артпаса, ол жағдайда статор орамын жулдыз усылында жалғаў керек болады (2.5 – сүўрет). Буның нәтийжесинде ҳәр бир фазадағы кернеў мәртеге азаяды, нәтийжеде қуўат коэффициенти артады.
Егер мотор ислеў даўамында жүкленгенлиги аз болыўы менен
бирге белгили ўақыттан соң тағы номинал қуўатқа жақын мәниске көтарилип ислеўи, бул цикл периодлы қайталанып туратуғын болса, ол жағдайда автоматикалық қайта жалғаныў қурылма жәрдеминде статор фазаларын бирде үш мүйеш, бирде жулдыз усылында жалғанып турыўы мотор қуўат коэффициентин автоматикалық ретлеў мүмкиншилигин береди ҳәм бул өз-өзинен электр энергияныни тежеўге алып келеды.



2.5 – сүўрет. Асинхрон мотор статор орамы фазаларының жалғаныў схемасы


5. Максимал ток ҳам жыллылық релелерниң саз турыўы мотор статоры орамындағы токтың рухсат етилген мәнисинен артып кетиўинен сақлайды. Егер А класслы изолясиялы мотордың ислеў мүддети 15 – 20 жыл болса, токтың номинал мәнисинен 25% ға артыўы мотордың ислеў мүддетин 1,5 жылға шекем қысқартырады.
6. Электр мотор ремонтының сапалы болыўын қадағалаў керек.
7. Тезлиги электр жолы менен ретленбейтуғын үш фазалы асинхрон моторларды тап сондай жүдә қозғатылған режимде ислейтуғын синхрон моторлар менен алмастырыў тармақтан алынып атырған реактив қуўатты компенсация етиў мүмкиншилигин береди.
8. Тезлиги ретленбейтуғын асинхрон электр жүритпелердеги асинхрон моторларды сәйкес қуўатлы синхрон моторлар менен алмастырыў.
Синхрон моторлардың тийкарғы артықмашлықлары:
ислеў даўамында қозғатыў орамы токын ретлеў менен диң мәниси өзгертириледи;
тармақ кернеўи өзгериўине сезгирлиги асинхрон мотордикине салыстырғанда аз;
айланыс моменти тармақ кернеўине туўры пропорционал, асинхрон моторда бул байланыс кернеўдиң квадратына туўры пропорционал;
Синхрон мотордың ПЖК асинхрон мотмордикине қарағанда жоқары болады.

2.6 – сүўрет. Синхрон электр мотордың вектор диаграммасы (а) ҳәм U көринистеги характеристикасы (б)


2.6,а – сүўретте синхрон мотордың әпиўайыластырылған бир фазасы ушын қөзғатыў токының үш түр мәниси ушын қурылған вектор диаграммасы келтирилген.
Сондай-ақ, қозғатыў орамы токының түрли мәнислеринде айландырыў моментиниң М = 0 ҳәм М > 0 мәнислери ушын статор токының өзгериў характеристикалары, яғный U көринистеги характеристикалары 2.5, б – сүўретте келтирилген. Тармақтан фаза орамына берилип атырған кернеў

бул жерде ротордың тийкарғы майданы пайда еткен ЭҚК
векторы, Х – мотор бир фазасының индуктив қарсылығы, I1 – фаза токы векторы. Егер қозғатыў орамы пайда еткен ротор майданы берилген тармақ кернеўи пайда еткен нәтийжелик магнит майданынан киши болса, ол жағдайда статор токының векторы I1 кернеў U дан мүйешине артта қалады. Сонда мотор тармақ ушын актив-индуктивли жүклениўли қурылма ўазыйпасын орынлайды. Қозғатыў орамы токын сондай мәнисине шекем арттырыў мүмкин, бунда Е02 сондай мәниске ийе болады, тармақ кернеўи U ға перпендикуляр болады ҳәм I2 фаза бойынша U мнен сәйкес келеди, яғный U2 = 0 болып, синхрон мотор тармақ ушын актив жүкленбе болып қолады ( ).
Қозғатыў орамы токының жәнеде артыўы синхрон моторды актив-сыйымлы режимге өткизеди, бунда I3 мүйешке тармақ кернеў U дан алдынға өтип кетеди. Солай етип, синхрон мотор реактив қуўат генераторына айланады.
200 кВт ҳәм оннан үлкен қуўатлы асинхрон моторларды синхрон моторлар менен алмастырыў ҳәмме ўақыт электр энергияны үнемлеўге алып келеди.



Download 1,48 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   59




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish