ТЕМА. ҚУЎАТ КОЭФФИЦИЕНТИН АСЫРЫП ЭЛЕКТР ЭНЕРГИЯ ΥНЕМЛЕНИЎИНЕ ЕРИСИЎ
5.1.Электр кепсерлеў қурылмаларында электр энергияны үнемлеў Металл конструкцияларды бир бирине кепсерлеўде электр кепсерлеў усылы кең қолланылады. Электр кепсерлеў өзгермели ҳәм турақлы ток кепсерлеў қурылмаларында әмелге асырылады. электр кепсерлеў киши кернеў ҳәм үлкен ток мәнислеринде әмелге асырылады.
Кепсерлеў жумысларын алып барыўда электр энергиядан эффектив пайдаланыў ушын төмендегилерге әмел қылыў керек:
1. Кепсерлеўди турақлы ток кепсерлеў қурылмаларынан
өзгермели ток кепсерлеў қурылмаларына өткизиў керек. Турақлы ток кепсерлеў қурылмалары кепсерлеў бирикпелерине қойылатуғын талаплар жоқары болғанда ҳәм кепсерлеў процессин автоматластырыў зәрүр болған жағдайларда ғана қолланылады. Дәстекли дуга кепсерлеўде 1 кг металлды еритиў ушын 2,9 кВт.саат электр энергия жумсалады, автоматикалық ямаса ярым автоматикалық кепсерлеў қурылмаларында болса 2,0 кВт.саат электр энергия жумсалады. Өзгермели ток кепсерлеў қурылмаларында ПЖК жоқары, оларды ислетиў аңсат ҳәм үскенелери анағурлым арзан.
2. Дәстекли кепсерлеўди мүмкин болған жағдайларда автоматластырыў керек. Автоматикалық кепсерлеў қурылмаларында электр энергия жумсалыўы 30 – 40% ға азаяды. Дәстекли кепсерлеўди ноқаталы (контактлы) кепсерлеўге өзгертириў барлық технологияны өзгертириўге алып келсе де электр энергия жумсалыўы 2 – 2,5 мәрте азаяды, контаклы жикли усылға өтилгенде электр энергия жумсалыўы
15% ға азаяды. Турақлы токта ислеўши ярым автомат ҳәм автомат кепсерлеў қурылмаларының қолланылыўы электр энергия жумсалыўын 40% ға шекем азайтады.
3. Кепсерлеў трансформаторлары ҳәм өзгерткишлердиң салт жүриўин шегаралаўшы үскенелерди қоллаў, бир жылда ҳәр бир қурылмада 6 – 20 мың кВт.саат электр энергия үнемлеўге алып келеди.
4. Кепсерлеўши деталларда қолланылып атырған материал түрине ҳәм кепсерленип атырған беттиң геометриялық өлшемлерине қарап электродларды туўры таңлаў керек. Мысал ушын темир порошоги содасы менен қапланған электрод кепсерлеў процессинде жумсалатуғын электр энергияның салыстырма шамасын 8% ға азайтады, рутилли электродлар болса 10% ға азайтады, электрод сым толық темир порошогинен ибарат электрод ислетилсе ол жағдайда 8 – 12% ға азаяды.
5. Электродтың материалы ҳәм диаметрине қарап кепсерлеў токын таңлаў ҳәм кепсерлеў режимин амперметр жәрдеминде бақлап барыў кепсерлеў процессинде электр қуўаты жумсалыўын қадағалап барыў мүмкиншилигин береди.
6. Кепсерлеўден алдын кепсерлениўши детал бетлерин патаслықтан, тат басыўдан ҳ.т. басқалардан тазалаў кепсерлеў процессинде электр энергия жумсалыўын азайтыўға алып келеди.
7. Турақлы түрде контактларды тексерип турыў ҳәм кепсерлеў үскенелерин сапалы ремонтлаў керек.
8. Кепсерлеўши сымлардың диаметрлерин жүклениў шамасына қарап таңлаў зәрүр.