4.2. Металл жоныўшы станокларында электр энергия үнемлеўге ерисиў жоллары
Санааттың дерлик барлық тараўларында ҳәр түрли металл жоныўшы станоклар кең қолланылады. Мәселен, санаат ҳәм пуқаралық иншаатларын қурыў процессинде арматураларды кесиўши ҳәм ийиўши, трубаларды кесиўши ҳәм басқа жүдә көп ўазыйпаларды орынлаўшы ҳәр түрли станоклар ислетиледи. Олардың жүритпелериндеги моторлардың қуўаты бир неше он киловаттларды қураўы мүмкин.
Станоклардың ислеў процессинде электр энергиядан эффектив
пайдаланыў ушын төмендеги әмелий ислерди орынлаў керек болады:
1. Электр моторлардың ислеўи ўақтында турақлы қадағалаўда болады ҳәм өз ўақтында профилактикалық бақлаў ҳәм ремонтлаўды жолға қойыў керек.
Сақлаў схемаларының кемшиликсиз ислеўин тәмийинлеп турыў лазым. Бир фазаның үзилиўи ямаса жүклениўдиң артып кетиўи электр энергияның керексиз жумсалыўына ҳәмде мотордың истен шығыўына алып келеди. Тәжирийбелер көрсетиўинше, авариялардың 70% тийкарынан моторлардың жүклениўи артып кетиўи ҳәм үш фаза орнына еки фазада ислеўи нәтийжесинде жүзеге келеди екен.
2. Смена алмасыўын ҳәм түслик ўақытларында моторларды өширип қойыў электр энергия ысырабын азайтады.
3. Станокта қайта исленип атырған ярым таяр деталдың иләжи
барынша таяр детал көринисине жақынластырыўға интилиў керек,
Мәселен, токарлық станогында орташа қаттылықтағы полаттан жасалған
деталдан 1кг қырынды шығарып қайта ислеў ушын 0,1 кВт.саат. Электр
энергия жумсалады, жоныўшы станокта тап сондай қырынды шығарып қайта ислеў ушын 0,15 кВт.саат. Электр энергия, фрезер станогында болса
сонша қырынды шығарып ислеў бериў ушын 0,3 кВт.саат. Электр энергия
ҳәм шлиповкалаўшы станокта тап сондай қырынды шығарып ислеў
бериў ушын болса 2,5 кВт.саат. Электр энергия жумсалады. Соның ушын механикалық қайта ислеў технологиясын анықлаўда электр энергия
менен тәмийинленгенлик дәрежесин есапқа алыў зәрүр.
4. Кесиў тезлигин асырыў керек. Кесиў тезлигин 50 м/мин тан 200м/мин қа өзгерттириў электр энергияның өним бирлигине туўры келетуғын бөлегин шама менен 17% азайтады. Жоныў, шлиповкалаў ҳәм тесиў әмеллериниң тезлигин асырған жағдайда орынлағанымызда ислеп шығарыў өнимдарлығы 25 – 30% ға артады ҳәм сондай-ақ электр энергия жумсалыўы дерлик сол шамаларға кемееди.
5. Рационал геометриялық өлшемдеги кескишлерде кесиў
әмеллерин орынлаў керек. Ҳәр бир кг қырындыға сәйкес келиўши электр энергия жумсалыўы әпиўайы кескишлерде ислеў берилгенге салыстырғанда шама менен 0,052 кВт.саат үнемлеўге алып келеди.
6. Станок электр жүритпелеринде әпиўайы электр моторлар орнына жаңа энергия үнемлегиш моторларды қоллаў, моторлардың жүкленгенлик дәрежеси номинал мәнисинен төмен болғанда да олардың энергетикалық көрсеткишлери номинал мәнислерге жақын болған жумыс режиминде ислеўине алып келеди.
7. Металл жоныўшы станокларда бир неше әмеллерди бир жола орынлайтығун әспабларды қоллаў улыўма электр энергия ысырабын азайтады.
8. Станок электр жүритпелерин басқарыўда дәстүрли ҳәм адаптивли автоматикалық басқарыў системаларын енгизиў деталлардың ислеў бериў сапасын арттырады ҳәм тезлестиреди, электр энергия ысырабын сезилерли кемейтеди ҳәм станоклар ислеўиниң исенимлилик дәрежесин асырады.