1.Түсиник ойдың өзгеше формасы сыпатында. Түсиниклердиң логикалық формасы
2. Түсиниклердиң мазмуны ҳәм көлеми
3. Түсиниклердиң түрлери
4. Түсиниклер арасындағы қатнаслар
5. Түсиниклер менен логикалық операциялар жүргизиў:
а) түсиниклерди улыўмаластырыў ҳәм шеклеў
б) түсиниклерди анықлаў
в) түсиниклерди бөлиў
Абстрактлик ойлаў процессинде реаллықты сәўлелендириўши ойдың ең әҳмийетли түри ретинде түсиникти алып қараўға болады. Сол себепли абстрактлик ойлаўды түсиникли ойлаў (понятийное мышление) деп те атайды.
Логика пәнинде түсиник ойдың өзгеше түри сыпатында изертлениледи (түсиниклердиң логикалық формасын анықлаў, олар арасындағы қатнасықларды белгилеў ҳәм т.б. усыллары).
Түсиниклерде тек ғана ең әҳмийетли белгилерге тийкарланған ҳалда предметлер класы көрсетиледи. Белги (признак) дегенимиздиң өзи предметлердиң бир бири менен уқсаслыққа ямаса айырмашылыққа ийе болыўын көрсетиўши тийкар. Белгиде предметлердеги қәсийетлердиң барлығы ямаса жоқлығы, предметлер арасындағы қатнаслардың барлығы ямаса жоқлығы көрсетиледи. Түсиниклерде предметлер белгилер системасы тийкарында улыўмаластырылады. Сол себепли ҳәр қандай предмет көп түрли белгилерге ийе болыўы мүмкин. Олардың тийкарғы түрлерине жеке, улыўма, әҳмийетли, әҳмийетли емес, әпиўайы, қурамалы, мақул, терис белгилер жатады. Белгилер тек ғана бир предметке тән болса - жеке белги, ал предметлердиң группасына тән болса - улыўма белги, егерде предметке тән зәрүрли белгилер сол предметтиң ишки тәбиятын анықласа, онда олар әҳмийетли белги, ал олардың тийкарын сәўлелендирмесе, онда олар әҳмийетли емес белги болып, ал логикалық формалардың типлерине қарай әпиўайы ҳәм қурамалы, терис ҳәм мақул белги болып бөлиниўи мүмкин.
Әпиўайы белги деп предикатлар логикасы тилинде логикалық терминлерге (яғный, бир бийкарлаў белгисинен ҳәм логикалық квантордан басқа) ийе емес белгиге, ал қурамалы белги деп жоқарыдағы талапқа жуўап бермейтуғын белгиге айтылады. Мысалы, әпиўайы белги ретинде қандайда бир мәмлекеттиң пайтахты болыў белгисин, Өзбекстанның пайтахты болыў белгисин; қурамалы белгиниң мысалы ретинде "еки ҳәм үшке бөлиниўди" алып қарасақ болады.
Ал мақул ҳәм терис белгилерге тек ғана әпиўайы белгилер бөлинеди. Мақул белгиде белгилер бийкарлаў формасына ийе емес түринде бериледи, ал терис белгилерде белгилер бийкарлаў түрине ийе болады.
Солай етип, түсиник бир теклес предметлердиң көплигиниң ең әҳмийетли белгилерин улыўмаластырыў нәтийжесинде пайда болып, реаллықты (ҳақыйқатлықты) илимий билиўдиң ең тийкарғы формаларының бирин береди.
Түсиниклердиң пайда болыўының логикалық усыллары
Түсиниклерди пайда етиў ушын предметтиң ең әҳмийетли қәсийетлерин бөлип көрсетиўимиз шәрт. Оның ушын предметлерди бир бири менен салыстырыў нәтийжесинде, оларға тән улыўма белгини ажыратыўымыз тийис. Буған салыстырыў, анализ, синтез, абстракциялаў, улыўмаластырыў сыяқлы логикалық усылларды қолланыўдың жәрдеминде ерисемиз.
Салыстырыў деп предметлердиң уқсаслығын ямаса айырмашылығын анықлаўшы логикалық усылға айтылады. Бул усылдың жәрдеминде белгили бир предметлер группасына тән улыўма белгилер анықланады.
Предметтиң белгилерин бөлип көрсетиў ушын, ойлаў дәрежесинде предметти состав бөлеклерге бөлиўимиз тийис. Бундай логикалық усыл анализ деп аталады. Оның жәрдеминде қандай да бир белгилерди бөлиў тийкарында, биз олардың ҳәр қайсысын өз алдына изертлеў мүмкиншилигине ийе боламыз.
Ҳәр бир бөлекти өз алдына үйренип, ойлаў дәрежесинде предметтиң бир пүтинлигин қайта тиклеўимиз тийис. Анализ жәрдеминде бөлеклерге бөлинген предметтиң состав бөлеклерин ойлаў дәрежесинде жәмлейтуғын логикалық усыл синтез деп аталады. Синтез анализге қарама қарсы логикалық усыл болғаны менен олар ҳәмме ўақытта бири бирин толықтырып отырады.
Предметлердиң ең әҳмийетли белгилерин әҳмийетли емес белгилерден бөлип алып қараў, ойлаў дәрежесинде предметтиң тек дара белгилерине дыққат аўдарып, басқа белгилерин есапқа алмаў абстракциялаў логикалық усылы жәрдеминде иске асырылады. Сол себепли абстракциялаўде предметлердиң әҳмийетли емес белгилерин дыққатқа алмаў нәзерде тутылады.
Изертленилип атырылған предметлердиң белгилерин сол предметлерге уқсас предметлердиң ҳәммесине қолланыўға болады. Ямаса дара предметлерди оларға тән бир қыйлы белгилердиң жәрдеминде бир теклес предметлердиң группасына жәмлеўге болады. Бундай операция жуўмақластырыў (улыўмаластырыў) логикалық усылы жәрдеминде иске асырылады.
Солай етип, предметлер арасында уқсаслық ямаса айырмашылықты анықлап (салыстырыў), уқсас предметлерди элементлерге бөлеклеп (анализ), олардың ең әҳмийетли белгилерин ажыратып (абстракциялаў), бул ең әҳмийетли белгилерди жәмлеп (синтез) ҳәм оларды бир теклес предметлерге қолланыўдың жәрдеминде (жуўмақластырыў) - абстарктлик ойлаўдың ең тийкарғы формасының бири - түсиникти пайда етемиз.
Солай етип, түсиник деп предметлердиң ең әҳмийетли белгилерин сәўлелендириўши ойдың формасына айтамыз.
Түсиниклердиң мазмуны ҳәм көлеми
Ҳәр қандай түсиник мазмун ҳәм көлемге ийе. Түсиниктиң мазмуны деп берилген түсиникти аңлататуғын предметтиң ең әҳмийетли белгилериниң жыйнағына айтамыз. Мысалы, "2 ямаса 3ке бөлинетуғын санның" мазмунын "2 ямаса 3 бөлиниў" береди.
Түсиниктиң көлеми деп түсиникте өз сәўлесин тапқан предметлердиң көплигине, жыйнағына айтамыз. Мысалы, "жынаят" түсинигиниң көлемине барлық жынаятлар киреди, себеби олардың ҳәммесине улыўмалық характерге ийе болған ең әҳмийетли белгилер тийисли.
Түсиниклердиң мазмуны ҳәм көлеми бир бири менен тығыз байланыслы. Бул байланыс түсиниклердиң мазмуны ҳәм көлеми арасындағы кери қатнас нызамы менен белгиленеди. Бул нызам бойынша түсиниктиң мазмунының улыўмаластырылыўы (кеңейиўи) түсиниктиң көлеминиң шеклениўине (тарайыўына), ал көлемниң улыўмаластырылыўы (кеңейиўи) мазмунның шеклениўине (тарайыўына) алып келеди. Мысалы, "жынаят" түсинигиниң мазмунын жаңа белгини қосыў тийкарында кеңейтиў арқалы биз "хожалық жынаяты" түсинигин аламыз, биринши түсиниктиң көлеми кең, ал мазмуны тар, екинши түсиникте мазмунды кеңейтиў арқалы тар көлемге ийе жаңа түсиникти пайда етемиз.
Түсиниклердиң түрлери
Түсиниклер төмендеги өлшемлерге (критерийлерге) тийкарланған ҳалда бөлинеди: бириншиден, түсиниклер предметлерди улыўмаластырыў санына қарай бослық көлемге ийе ҳәм бослық емес көлемге ийе түсиниклерге бөлинеди. Бослық түсиник деп көлеминде әлемдеги бир де предмет сәўлеленбеген түсиникке айтамыз. Бундай түсиниклердиң мазмуны әлемдеги бирде предметке тийисли емес белгилер системасына ийе болады. Мысалы, мәңгилик двигатель. Ал бослық емес көлемге ийе түсиниклер жеке ҳәм улыўма түсиниклер болып бөлинеди. Жеке түсиниктиң көлеми бир элементтен турады (мысалы, Нөкис, Франция), ал улыўма түсиниктиң көлеми бир элементтен артық көп элементке ийе болады. Мысалы, пайтахт, суд, тарийх. Улыўма түсиниклер өз гезегинде санға алынатуғын ҳәм санға алынбайтуғын болып екиге бөлинеди. Санға алынатуғын түсиниклердиң көлеми шекленген, ал санға алынбайтуғын түсиниклердиң көлеми предметлердиң шекленбеген санына тийисли болады. Мысалы, "Уллы ўатандарлық урыс қатнасыўшысы" - көлеми шекленген, себеби адамлардың белгили бир бөлегиниң (яғный белгили сандағы адамлардың) фашизмге қарсы гүрескенлиги есапқа алынған. Адам деген түсиник санға алынбайды, себеби бул түсиникте барлық адамлар (өмир сүрип кеткен, сүрип атырған, келешекте өмир сүретуғын адамлардың барлығы) дыққатқа алынады. Бул түсиниктиң көлеми шекленбеген.
Екиншиден, предметлерди улыўмаластырыў типине қарай түсиниклер жыйнақлаўшы, жыйнақлаўшы емес (бөлистириўши), конкрет ҳәм абстракт түсиниклер болып бөлинеди. Жыйнақлаўшы түсиниктиң элементлери ретинде бир пүтинлик түринде түсинилетуғын бир теклес предметлердиң жыйнағы алып қаралады. Мысалы, студентлер группасы, халық, библиотека. Жыйнақлаўшы емес түсиниклердиң элементлери ретинде дара предметлер түсиниледи. Мысалы, Қарақалпақ мәмлекетлик университети.
Конкрет түсиник деп өз бетинше өмир сүретуғын предмет ямаса предметлер жыйнағын сәўлелендириўши түсиникке айтамыз. Мысалы, студент.
Абстрактлик түсиник деп предметлердиң қәсийетлерин, олар арасындағы қатнасты сәўлелендириўши түсиникке айтамыз. Мысалы, жуўапкершилик, батырлық, сақыйлық.
Үшиншиден, предметлерди улыўмаластырыўшы белгилердиң характерине қарай түсиниклер мақул ҳәм терис, қатнаслы ҳәм қатнассыз түсиниклерге бөлинеди.
Мақул түсиник деп мазмунында предметлерге тийисли болған белгилерди сәўлелендириўши түсиникке айтамыз. Терис түсиник деп предметтиң мазмунына белгилердиң тийисли емес екенлигин сәўлелендириўши түсиникке айтамыз. Мақул түсиниктиң мазмунын - мақуллаўшы белги, терис түсиниктиң мазмунын - бийкарлаўшы белги көрсетеди. Мысалы, саўатлы - мақуллаўшы түсиник, саўатсыз - терис түсиник, англичан тилинде сөйлеўши - мақул түсиник, англичан тилинде сөйлемейтуғын - терис түсиник.
Қатнаслы түсиник деп көрсетилген предметлердиң басқа предметлерге қатнаста өмир сүретуғынын сәўлелендиретуғын түсиникке айтамыз, ал қатнассыз түсиник деп өз бетинше, басқа предмтелер менен байланыссыз өмир сүретуғын түсиниклерге айтамыз.
Анаў ямаса мынаў түсиниктиң түрин анықлаў түсиниклерге логикалық сыпатлама бериў деп аталады. Мысалы, "юрист" түсинигине толық логикалық сыпатламаны төмендегише бериўге болады: "юрист" - улыўма түсиник (санға алынбайтуғын), конкрет, мақул, қатнассыз. Түсиниклерге логикалық сыпатлама бериў жәрдеминде түсиниклерди белгилейтуғын сөзлерди дурыс қолланыўға, олардың мазмунын ҳәм көлемин дурыс анықлаўға болады.
Түсиниклер арасындағы қатнаслар
Оқыў процессинде, қандайда бир концепцияны түсиндиргенде биз тек ғана түсиниклердиң түрине итибар берип қоймай, олардың басқа түсиниклерге қатнасында анализлеўимиз үлкен әҳмийетке ийе.
Түсиниклер арасындағы қатнасларды еки үлкен группаға бөлиўге болады. 1) Салыстырылатуғын түсиниклер - бул түсиниклер улыўма белгилерге ийе ҳәм оларды бир бири менен байланыста алып қараўға болады.
2) Салыстырылмайтуғын түсиниклер - бул түсиниклер улыўма белгилерге ийе емес түсиниклер, сол себепли оларды бир бири менен салыстырыўға болмайды. Яғный олар бизди қоршаған орталықтың ҳәр қыйлы тараўларына тийисли болғанлығы себепли бир бири менен салыстырыўға болатуғын улыўма белгилерге ийе емес.
Бул түсиниклердиң ишинде логикалық қатнас жағдайында тек ғана салыстырылатуғын түсиниклер болыўы мүмкин. Көлеми жағынан салыстырылатуғын түсиниклерди үйлесетуғын ҳәм үйлеспейтуғын түсиниклер деп бөлип алып қараўға болады.
Үйлесетуғын түсиниклер деп көлемлери толық ямаса дара жағдайда бетлесетуғын түсиниклерге айтамыз. Үйлесетуғын түсиниклер үш түрли қатнаста болыўы мүмкин: 1) тең мәнилес түсиниклер. Бул түсиниклердиң көлемлери толығы менен бир бири менен бетлеседи. Мысалы, Аристотель ҳәм логиканың тийкарын салған әййемги грек ойшылы.
Түсиниклер арасындағы қатнасларды Эйлер шеңберлеринде сүўретлеў логикада қабыл етилген. Бул шеңберлерде шеңберлер - түсиниклердиң көлемин, ал точка - предметлердиң көлемине кириўши предметтиң өзин аңлатады. Жоқарыда келтирилген тең мәнилес түсиниклер бир бири менен толық бетлесетуғын шеңберлерде бериледи.
Кесилисетуғын түсиниклер. Биринши түсиниктиң көлеми екинши түсиниктиң көлемине дара жағдайда кирсе, ондай түсиниклерди кесилисиў қатнасындағы түсиниклер деп айтамыз. Мысалы, адвокат ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң депутаты, студент ҳәм логика кружогиниң ағзасы.
3) Бағыныў қатнасындағы түсиниклер. Бағыныў қатнасығында бир түсиниктиң көлеми екинши түсиниктиң көлемине толығы менен киретуғын түсиниклер болады.
Егерде бағыныў қатнасында еки улыўма түсиник болса, онда бағыныўшы түсиник - түр деп, ал бағындырыўшы түсиник - тек деп аталады. Мысалы, юрист, прокурор ("юрист" прокурор түсиниги ушын теклик түсиник болса, ал "прокурор" түсиниги юрист түсиниги ушын түрлик түсиник болады).
Бунда А - юрист (теклик түсиник), В - прокурор (түрлик түсиник).
Егерде бағыныў қатнасында улыўма ҳәм жеке түсиниклер болатуғын болса, онда улыўма түсиник - түр, ал жеке түсиник - индивид болады. Мысалы, прокурор, прокурор Петров. Бундай "тек-түр-индивидлик" қатнаслар түсиниклер менен операциялар жүргизгенде кеңнен қолланылады.
Түсиниклердиң көлемлери толығы менен де, дара жағдайда да бетлеспейтуғын түсиниклер үйлеспейтуғын түсиниклер деп аталады (ямаса көлемлери улыўма элементлерге ийе болмаған түсиниклер үйлеспейтуғын түсиниклер деп аталады). Үйлеспейтуғын түсиниклер бирге бағыныў (координация), қарама-қарсылық (контрарлық) ҳәм қарсылық (контрадикторлық) қатнасларында болады.
Бирге бағыныў қатнасындағы түсиниклер деп бири бири менен кесилиспейтуғын, бирақ еки түсиник ушын улыўмалыққа ийе үшинши түсиникке бағыныўшы үйлеспейтуғын еки ямаса оннанда көп түсиниклерге айтамыз. Мысалы, А - баспа, В - телевидение, С - ғалаба хабар қураллары. Буны төмендегише түрде Эйлер шеңберинде сүўретлеўге болады.
Қарама-қарсылық қатнасында болатуғын түсиниклер деп түсиниклердиң биреўи қандайда бир белгилерге ийе болса, екиншиси сол белгилерди толығы менен бийкарлаўшы ҳәм оларды басқа белгилер менен (толығы менен бийкарлаўшы) алмастырыўшы түсиниклерге айтамыз. Қарама-қарсылық қатнасындағы еки түсиниктиң көлемлериниң қосындысы олар ушын ортақ болған түсиниктиң көлеминиң бир бөлегин ғана анықлайды. Олар ушын ортақ түсиник теклик түсиник болып (С), ал қарама-қарсылық қатнасындағы түсиниклер түрлик түсиниклер болып (А, В), олар теклик түсиникке бағынады.
Мысалы, А - қызыл, В - сары.
Бунда С - теклик түсиник болып, ал А ҳәм В түрлик түсиниклерди аңлатады.
Қарсылық (контрадикторлық) қатнасында болатуғын түсиниклер деп түсиниклердиң биреўи қандай белгилерге ийе болса, екиншиси сол белгилерди басқа белгилерге алмастырмай, ал тек ғана оларды бийкарлаўшы түсиниклерге айтамыз. Бул түсиниклердиң көлеми толық түрде теклик түсиниктиң көлеми менен бетлеседи. Мысалы, А - қара рең, А ның бийкарланыўы - қара емес рең.
Түсиниклер менен логикалық операциялар жүргизиў
Түсиниклер менен логикалық операцияларға бириншиден, түсиниклерди ўлыўмаластырыў ҳәм шеклеў, екиншиден, түсиниклерди анықлаў, үшиншиден, түсиниклерди бөлиў киреди.
Түсиниклерди улыўмаластырыў ҳәм шеклеў түсиниклердиң көлеми ҳәм мазмуны арасындағы кери қатнас нызамына тийкарланған ҳалда иске асырылады. Түсиниклерди улыўмаластырыў деп қандайда бир тар көлемли, бирақ кең мазмунлы түсиниктен кең көлемли, бирақ тар мазмунлы түсиникке өтиўди белигилеўши логикалық операцияға айтылады. Мысалы, "қурғақлықта жасаўшы сүт емизиўши ҳайўанлар" деген түсиникти аламыз ҳәм бул түсиникти улыўмаластыратуғын болсақ, оның мазмунын тарайтыў жәрдеминде, яғный әҳмийетли белгилерди шеклеў арқасында "ҳайўан" деген түсиникке ийе боламыз. Ҳәр бир түсиникти улыўмаластырыўдың шеги бар. Улыўмаластырыў шеги ретинде илимниң шегерасындағы ямаса илимге қатнассыз универсал түсиниклер, философиялық категориялар алып қаралады. Улыўмаластырыў нәтийжесинде алынған ҳәр бир түсиник улыўмаластырылып атырылған түсиниктиң теги болады.
Солай етип, улыўмаластырыў нәтийжесинде қандайда бир түсиникти алыўымыз ушын, сол түсиниктиң мазмунын, яғный түсиниктиң түрлик, индивидуаллық белгилерин алып таслаўымыз тийис.
Түсиниклерди шеклеў деп кең көлемли, тар мазмунлы түсиниктен, тар көлемли, кең мазмунлы түсиникке өтиў процессин айтамыз. Яғный, түсиниклерди шеклеў түсиниклерди улыўмаластырыўға кери операция болып табылады. Түсиниклерди шеклеўдиң шеги ретинде жеке түсиник алып қаралады. Басқаша айтқанда, түсиниклерди шеклеў ушын тектен түрге өтиўимиз керек. Оның ушын түсиниктиң мазмунын жаңа түрлик белгилерди ашыў нәтийжесинде кеңейтип барыўымыз шәрт. Мысалы, А - периодлық баспа, В - газета
Түсиниклерди улыўмаластырыў ҳәм шеклеўди Эйлер шеңберлери арқалы сүўретлеўге болады.
Түсиниклерди анықлаў
Илимде анықлама деп аталатуғын логикалық операция кең түрде қолланылады. Анықлама жәрдеминде тил баянламаларының мәниси белгиленеди, жаңа түсиниклер, терминлер киргизиледи.
Анықлама деп түсиниктиң мазмунын ашыўшы логикалық операцияға, яғный тил баянламаларының мазмунлық мәнисин дәл белгилеўди аңлататуғын логикалық операцияға айтамыз.
Мазмунын ашыўды талап ететуғын түсиникти дефиниендум (Dfd), ямаса анықланыўшы түсиник деп, ал берилген түсиниктиң мазмунын ашатуғын түсиникти дефиниенс (Dfn), ямаса анықлаўшы түсиник деп атаймыз.
Анықламаларда предметлер ҳаққындағы түсиниклердиң барлық мазмуны берилмей, тек ғана ең тийкарғы мазмун ашылады. Көпшилик жағдайларда билиў процессинде түсиниклерди анықлаўға уқсас усылларда қолланылады. Оларға Остенсив анықлама, сүўретлеў, минезлеме бериў, салыстырыў усыллары жатады.
Остенсив сөзи латын (ostensio) тилинен алынып, көрсетиў дегенди аңлатады. Бул усыл сөз ямаса сөз дизбегиниң мәнисин сол сөзди аңлататуғын предметлерди, ҳәрекетти тиккелей көрсетиў жолы менен түсиндириўге бағдарланған. Көпшилик жағдайларда бул усылды тиккелей қабыл етиўге болатуғын предметлерге сыпатлама бериў ушын қолланады. Мысалы, басқа тиллерди үйренгенде, криминалистлик техника менен танысыў ўақтында, нәрселердиң ең әпиўайы қәсийетлерин (рең, дәм, ийис ҳ.т.б.) сыпатлағанда бул усылды кеңнен қолланады. Бирақ бул усылды анықлама деп алып қараўға болмайды, себеби бул усыл тил баянламаларының мәнисин ашпайды.
Анықлама менен уқсаслыққа ийе усылдың тағы бир түри бул сүўретлеў усылы болып табылады. Бул усыл билиўдиң эмпирикалық дәрежесинде илим тәрепинен изертленип атырылған предметлердиң қәсийетлерин анықлаўда кеңнен қолланылады. Сүўретлеўде предметке тийисли қәсийетлердиң әҳмийетлиси ямаса әҳмийетке ийе емеси қайсы деген сораўға жуўап берилмейди. Бул усылдың ўазыйпасы предметке тийисли қәсийетлердиң барлығын (көпшилик жағдайларда сыртқы белгилерди) анықлаў болып табылады. Бирақта сүўретлеў усылының тил баянламаларын түсиндириў ушын қолланылыўына қарамастан, оның жәрдеминде предметтиң ең тийкарғы белгилерин, терминди аңлататуғын предметлер класын бөлип көрсете алмаймыз.
Анықлама менен уқсаслыққа ийе усыл ретинде алып қаралатуғын минезлеме усылы - сүўретлеўге салыстырғанда анықламаға жақын усыл болып, онда предметке тән өзгеше белгилерди анықлаўға дыққат аўдарылады.
Ал салыстырыў усылы жәрдеминде бир предмет екинши бир предмет менен байланыста алып қаралып, олардың улыўмалық белгилерине дыққат аўдарылады. Бул усыл предметке образлы сыпатлама бериў ушын қолланылады.
Жоқарыда көрсетилген анықлама менен уқсаслыққа ийе усыллар анықламаны алмастыра алмайды.
Түсиниклерди анықлаў теориялық ҳәм практикалық искерликте үлкен әҳмийетке ийе. Себеби анықлама предмет ҳаққында оның ең тийкарғы, әҳмийетли зәрүрли белгилерин белгилеў арқалы қысқаша түрде мағлыўмат береди.
Анықламаның түрлери
Илимий билиўде анықламаның ҳәр қыйлы түрлери қолланылады. Биз олардың ең кең таралған түрлерине қысқаша тоқтап өтемиз. Анықламаларды атқаратуғын функцияларына қарай билиў процессинде номинал ҳәм реал анықламаларға бөлиўге болады.
Номинал деген термин латын тилинен (n9m3n) алынып, атама дегенди аңлатады ҳәм ол жаңа киргизилген терминлердиң мазмунын, оның келип шығыўын, әҳмийетин түсиндириў ушын қолланылатуғын анықлама ретинде алып қаралады, яғный жаңа киргизилген тил баянламаларының мазмунын түсиндириў ҳаққындағы келисимди аңлатады. Мысалы, ""Юридикалық" термини ҳуқықтаныўға тийисли болыў дегенди аңлатады". "Берилген организмниң өмир сүриўин, жасаўын тәмийинлеўши сыртқы жағдайлардың жыйнағын гомеостазис деп белгилеймиз".
Реал анықлама деп предметтиң ең әҳмийетли белгилерин сәўлелендириўши анықламаға айтылады. Мысалы, "Философия "адам-дүнья" системасының раўажланыўының ең улыўмалық нызамлары ҳаққындағы илим".
Формасына қарай анықламалар анық ҳәм анық емес анықламалар болып екиге бөлинеди. Анық анықлама деп предметке тийисли ең әҳмийетли белгилерди тиккелей ашатуғын ҳәм А=В (А В болады) структурасына ийе анықламаға айтамыз (А дегенимиз анықланатуғын, ал В дегенимиз анықлайтуғын тәреп).
Анық емес анықлама анықлаўды талап ететуғын түсиниктиң мазмунын тиккелей емес түрде (қандайда бир контексте) белгилейди ҳәм ол анық анықлама формасына ийе болмайды.
Анық анықламалардың ең көп қолланылатуғын түри тек ҳәм түр өзгешелиги бойынша анықлама болып (ол төмендеги берилген формула жәрдеминде белгиленеди: А=Вс, бунда: А - анықланатуғын түсиник, В - анықлайтуғын теклик тәреп, с - түрлик өзгешелик), ол тийкарынан атрибутивлик, реляцион, генетикалық ҳәм операционаллық түрлерге бөлинеди.
Тек ҳәм түр өзгешелиги бойынша анықлаў еки этаптан турады.
Биринши этапта анықлаўды талап ететуғын түсиниктиң теклик көлеми жағынан кең түсинигин белгилеўимиз тийис.
Екинши этапта анықлаўды талап ететуғын предметтиң сол текке тийисли басқа предметлерден парқын көрсетиўши белгилерин анықлаўымыз шәрт. Анықланыўшы предметтиң сол текке тийисли басқа предметлерден айырмашылығын көрсетиўши белгилер системасы түрлик өзгешелик деп аталады. Мысалы, логика түсиниги ушын теклик белги - философиялық илим, ал түрлик белги - сол пәнниң предмети, яғный ойлаўдың тийкарғы формалары ҳәм нызамлары болып табылады.
Солай етип қандайда бир түсиникти анықлаўымыз ушын, бириншиден, сол түсиниктиң тегин белгилеўимиз шәрт (ямаса түсиниклерди улыўмаластырыў операциясын алып барамыз), екиншиден, берилген түсиниктиң сол түсиник менен бирге бир текке кириўши басқа түсиниктен парқын көрсетиўши түрлик белгисин анықлаўымыз тийис. Тек ҳәм түр өзгешелиги бойынша анықлама А=Вс формуласында бериледи. Бунда А дегенимиз - анықланыўшы түсиник, Вс - анықлаўшы түсиник (В-тек, с-түрлик өзгешелик болып табылады).
Тек ҳәм түр өзгешелиги бойынша анықламаның тийкарғы түрлерине қысқаша тоқтап өтемиз.
Атрибутивлик реляцион анықламаларда түр өзгешелиги ретинде қәсийет ҳәм сапа алып қаралады. Сапа дегенимиз, Войшвиллоның пикири бойынша, предметтиң өзине тән болған тийкар, ал қәсийет болса басқа предметлер менен өз-ара тәсирде сол сапаның көриниўи болып табылады. Металларда еркин электронлардың бар болыўы - бул оның сапасы, ал электрликти өткизгишлиги - бул берилген сапаның электр майданы менен өз-ара тәсиринде көринетуғын қәсийети. Бул анықламада түрлик өзгешелик ретинде предметтиң өзине тийисли тийкары (атрибут), ҳәм де предметтиң басқа предметлерге қатнасы (реляцион) алып қаралады.
Генетикалық анықлама әпиўайы объектлерди анықлаўда кеңнен қолланылады. Қурамалы социаллық қубылысларды анықлағанда биз олардың теклик келип шығыўын, қалай пайда болғанлығын есапқа алып қоймай, олардың сапасына да дыққат аўдарыўымыз тийис. Сол себепли генетикалық анықламаны атрибутивлик анықлама менен толықтырып барыўымыз шәрт.
Операционал анықлама деп предметлердиң өзгешелигин тек сол предметке тән операцияларды көрсетиў жәрдеминде анықлыўға айтамыз. Мысалы, "Кислота деп лакмус қағазын қызыл реңге бояйтуғын суйықлыққа айтылады". Бул анықламада түр өзгешелиги ретинде предметке тән операция алып қаралады.
Анық емес анықламалардың тийкарғы түрлери ретинде қарама-қарсылыққа қатнасы бойынша анықламаны ҳәм контекстуаллық анықламаны алып қараўға болады.
Қарама-қарсылыққа қатнасы бойынша анықлама философия илиминде кеңнен қолланылады. Бул анықламада еки термин бирден анықланады, яғный биринши термин менен белгиленген предметтиң екинши термин менен белгиленген предметке қатнасын көрсетиў арқалы еки термин бирден анықланады. Мысалы, "Еркинлик деп түсинилген зәрүрликке айтамыз".
Контекстуаллық анықламада анықланыўшы термин контексттиң мазмунын ашыў арқалы белгиленеди. Мысалы, "Адамның еркинлиги оның экономикалық жағдайынан ғәрезли. Еркинликтиң ең баслы факторы - әдил мийнет ҳақысына ийе болып жақсы жумыс ислеў мүмкиншилиги болып табылады". Бундай анықламаны контекстуаллық анықлама деп айтамыз. Анықлама ретинде бир неше баянламалардан ибарат контекст алынып тур, ҳәм сол контексттиң ишинде анықланыўшы термин берилген.
Анықламаларға талап етилетуғын логикалық-методологиялық қәделер
Бул қәделерди еки үлкен түрге бөлиўге болады:
1. Методологиялық қәделер
2. Формал-логикалық қәделер
Методологиялық қәделер ретинде предметлерге берилетуғын анықламалар ҳәр тәреплемелиги, сол предметтиң тарийхы, социаллық практикасы, шынлықтың конкретлилиги сыяқлы анықламаның мазмунын ашатуғын диалектикалық логикалық принциплерге бойсыныўы шәрт.
Анықлама тек ғана мазмуны бойынша шынлыққа ийе болып қоймай, өзиниң формасы бойынша да дурыс дүзилиске ийе болыўы тийис. Егерде анықламаның шынлығы, онда көрсетилген белгилердиң анықланыўы предметтиң реал қәсийетлерине сәйкеслиги менен белгиленсе, ал оның дурыслығы сол анықламаның структурасынан ғәрезли болады. Бул процесс формал логикалық қәделер менен ретлестириледи.
Анықламаның формал-логикалық қәделери:
1 Қәде. Анықлама сәйкесликке (соразмерность) ийе болыўы шәрт. Бул қәде бойынша анықланатуғын ҳәм анықлаўшы түсиниклердиң (баянламалардың) көлемлери теңликке ийе болыўы (сәйкесликке) тийис. КDfd = KDfn.
Бул қәдениң бузылыўы төмендеги қәтеликлерге алып келеди.
1. Аса түрде кең анықламаның берилиўи. Бул жерде анықлаўшы тәрептиң көлеминиң анықланатуғын тәрептиң көлеминен кең болыўы нәзерде тутылады. Мысалы, "Адам дегенимиз еки аяққа ийе пәрсиз ҳайўан". Бул берилген мысалда дефиниенс дефиниендумнан көлеми жағынан кең (А<Вс).
2. Аса кеткен тар анықлама бериў. Бул қәте дефиниенстиң көлеми дефиниендумның көлеминен тар болыўында көринеди. Мысалы, "Ар-намыс деп адамның өзиниң алдында өзиниң ис-ҳәрекети ушын жуўапкершилигин түсиниўине айтамыз". (Бул жерде жәмийет алдындағы жуўапкершилик есапқа алынбаған). Бул анықламада анықлаўшы түсиниктиң көлеми (дефиниенстиң көлеми) анықлаўды талап ететуғын түсиниктиң (дефининендумның) көлеминен тар (А>Вс).
3. Кесилисетуғын анықлама. Бул жерде дефиниенс ҳәм дефиниендумның көлемлери кесилисиўи нәтийжесинде пайда болатуғын қәте нәзерде тутылады. Мысалы, "Философ - бул илимий методологияны дөретиўши адам".
4. Қалай болса, солай анықлаў. Мысалы, "Шаян дегенимиз арттан алдыға қарай жүретуғын үлкен емес қызыл балық".
2 Қәде. Анықлама өзинде айланбалыққа ийе болмаўы тийис. Бул қәдениң бузылыўы анықламаның айланбалыққа ийе болыўына алып келеди. Қандайда бир түсиникке анықламаның берилиўи берилген түсиник арқалы белгиленетуғын басқа түсиникти қолланыў жәрдеминде иске асырылса анықламаның айланбалыққа ийе болыўы тәмийинленеди. Мысалы, "Логика - дурыс ойлаў ҳаққындағы илим. Дурыс ойлаў - бул логикалық ойлаў". Солай етип, қандайда бир түсиникке анықлама бериў ушын биз басқа түсиникти қолланамыз, бирақ бул басқа түсиниктиң өз гезегинде анықлаўды талап ететуғын түсиник арқалы белгилениўи анықламаның айланбалыққа ийе болыўынан дерек береди. Dfd dfn арқалы анықланады, ал dfn өз гезегинде dfdниң тиккелей өзи арқалы анықланады.
Айланбалыққа ийе анықламаның бир түри сыпатында тавтология ямаса анықлаўшы түсиниктиң анықланатуғын түсиник менен белгилениўи алып қаралады.
3 Қәде. Анықлама анықлыққа ийе болыўы шәрт, яғный дефиниенстиң мазмунын ашатуғын терминлердиң мәниси белгили, анық болыўы тийис. Дефиниенс өз гезегинде анықлаўды талап ететуғын түсиниклерден турмаўы тийис.
Бул қәдениң бузылыўы анық емес анықламаның пайда болыўына, белгисизликти белгисизлик арқалы түсинидириўге алып келеди. Буған мысал ретинде метафораларды алып қараўға болады. Мысалы, "Арыслан -ҳайўанлардың патшасы".
4 Қәде. Анықлама толығы менен бийкарланыў формасында берилмеўи тийис. Мысалы, "Ат - бул түйе емес". Бирақ бул қәде ҳәмме жағдайлар ушын орынланады деп алып қараўға болмайды.
Түсиниклерди бөлиў
Қандай да бир түсиникти изертлегенде сол түсиниктиң көлеминиң мәнисин ашыў ямаса сол түсиникте сәўлеленетуғын предметлердиң көлемин бир биринен бөлек группаларға бөлиў мәселеси турады.
Түсиниклердиң көлемин ашып бериўши логикалық операция оларды бөлиў деп аталады.
Бөлиўдиң еки типи бар: таксономиялық ҳәм мереологиялық.
Таксономиялық бөлиў деп түсиниктиң көлемин бөлиў өлшемине тийкарланған ҳалда жаңа түсиниклердиң көлеминен туратуғын подклассларға бөлип көрсетиў процессине айтылады. Бул бөлиўде "тек-түр" байланысы нызамласқан тәртипте жайласады.
Бөлиў операциясы бөлинетуғын түсиниктен, яғный көлемин ашыўды талап ететуғын түсиниктен - А (ямаса көлеми подклассларға ийе түсиник); бөлиў ағзаларынан, яғный бөлиў нәтийжесинде пайда болатуғын түсиниклерден - В, С, Д ҳәм бөлиў тийкарынан, яғный бөлиўди иске асыратуғын белгиден турады. Бөлиў логикалық операциясын берилген сызылмада көрсетиўге болады:
Таксономиялық бөлиўдиң еки түри бар: белгисиниң түрин өзгертиў арқалы бөлиў ҳәм дихотомиялық бөлиў.
Бөлиў процессинде бөлинетуғын түсиник теклик түсиник ретинде белгили бир группаларға бөлинеди ҳәм оның көлеми оған бағынатуғын түрлерге бөлинеди.
Белгисиниң түрин өзгертиў арқалы бөлиўде бөлиў тийкары ретинде бир белги алып қаралады, оның өзгериўи менен бөлиўди талап ететуғын түсиниктиң көлемине кириўши түрлик түсиник пайда болады. Мысалы, "Адамларды мағлыўматына қарай бөлиў". Бөлиў ағзалары ретинде толық емес орта мағлыўматқа, орта мағлыўматқа, жоқары мағлыўматқа ийе адамлар алып қаралады.
Бөлиў нәтийжесинде алынған түрлик түсиниклер өз гезегинде тағыда бөлиў объектлери бола алады. Бундай жағдайда бөлиў көп басқышлы бөлиў деп аталады.
Бөлиў тийкары ретинде бөлиўди талап етип атырған түсиниктиң ҳәр қыйлы белгилери алып қаралыўы мүмкин. Мысалы, мәмлекетти оның тарийхый типлериниң басқарыў формаларына, мәмлекетлик дүзилис формаларына қарай бөлиўге болады. Усыған байланыслы белгини таңлаў бөлиўдиң мақсетиниң практикалық мәселесинен ғәрезли болады. Бөлиў өлшеми тийкардың объективликке ийе болыўын талап етеди.
Дихотомиялық бөлиў. Дихотомия грек тилинен алынып, тиккелей аўдармасы еки бөлекке бөлиў, кесиў дегенди аңлатып, түсиниктиң көлемин қарсылық қатнасындағы түсиниклерге бөлиўди аңлатады. Егер А - бөлинетуғын түсиник болса, онда бөлиў ағзалары ретинде еки түсиник В ҳәм Вның бийкарланыўы алып қаралады. Мысалы, "Затлар органикалық ҳәм органикалық емес затларға бөлинеди". Дихотомиялық бөлиў көп басқышлы болыўы мүмкин. Көп басқышлы бөлиўде бийкарлаўшы түсиник тағыда өз гезегинде еки түсиникке бөлинеди.
Дихотомиялық бөлиў белгисиниң түрин өзгертиў арқалы бөлиўге салыстырғанда артықмашылыққа ийе. Себеби дихотомияда бөлиниўди талап ететуғын теклик түсиниктиң барлық түрлерин көрсетиўдиң қәжети жоқ. Онда тек бир түрди бөлип көрсетип, кейин оны бийкарлаўшы түсиникти пайда етемиз. Бийкарлаўшы түсиниктиң мазмунына басқа түрлердиң ҳәммеси киргизиледи. Дихотомияның бөлиў ағзалары еки қарсы түсиниктен ибарат болып, олар бөлиўди талап ететуғын түсиниктиң барлық көлемин өз ишине қамтыйды. Бөлиў тийкары ретинде бир белги алып қаралады - олда болса белгиниң предметке тийисли болыўы ямаса тийисли болмаўы.
Солай етип, таксономиялық бөлиўде бөлиниўши түсиник ҳәм бөлиў ағзалары арасында "тек-түрлик" қатнасы орын алады. Усы қатнас бул көрсетилген бөлиўдиң таксономия деген атын ҳәм белгилейди. Усы терминологияға сәйкес түрлик түсиниклердиң көлемлери таксономлар деп аталады.
Бөлиўдиң екинши түри мереологиялық деп аталады.
Мереологиялық бөлиў деп анализ нәтийжеси ҳәм берилген объект арасындағы қатнастың "пүтинлик-бөлек" түринде сәўлелениўин айтамыз. Бул бөлиў нәтийжесинде бөлиўди талап ететуғын түсиниктен сол түсиниктиң бөлеклеринен туратуғын түсиниклерге өтиў процесси нәзерде тутылады, яғный предметтиң дара бөлеклери көрсетиледи. Мысалы, "Китап кирисиў, тийкарғы бөлим, жуўмақлаўдан турады".
Бөлиў қәделери
Түсиникти бөлиў бөлиў процессинде бөлиўдиң толықлығын тәмийинлейтуғын төмендеги қәделерге бойсыныўы шәрт:
1 Қәде. Бөлиў сәйкесликке ийе болыўы тийис, яғный бөлиў ағзалары, бөлиў бөлеклериниң биригиўи бөлиўди талап ететуғын түсиниктиң көлемине сәйкес келиўи тийис. Бул қәдениң бузылыўы төмендеги қәтешиликлерге алып келиўи мүмкин.
а) Толық емес бөлиў. Бул қәтешилик егерде бөлиў ағзаларының биригиўи бөлинетуғын түсиниктиң көлеминиң бир бөлегине сәйкес келсе жүз береди. Мысалы, "Цивилизациялық раўажланыўдың тийкарғы басқышлары ретинде индустриаллық ҳәм постиндустриаллық цивилизациялар алып қаралады". Бул жерде индустрияға шекемги басқыш көрсетилмеген, сол себепли бундай бөлиў толық емес бөлиў деп аталады.
б) Артықша ағзалар менен бөлиў. Бул қәтешилик бөлиў ағзалары ретинде бөлинетуғын түсиниктиң көлемине кирмейтуғын артықша түсиниклер алып қаралса жүз береди. Мысалы, "Химиялық элементлер металларға, металл емеслерге ҳәм еритиндилерге (сплав) бөлинеди". (Бул жерде еритиндилер химиялық элементке жатпайды).
2 Қәде. Бөлиў тек бир тийкарға бағдарланған ҳалда иске асырылыўы шәрт, яғный бөлиў тийкары бөлиў барысында басқа тийкар менен алмастырылмаўы тийис.
Бул қәдениң бузылыўы "үзилиске ийе бөлиўге" алып келеди. Мысалы, "Жынаятларды ашылған, ашылмаған ҳәм алдын ала белгиленген жынаятларға бөлиўге болады". Бул жерде бөлиў ағзаларының биринши еки түри бир тийкарға бағдарланып, ал үшинши түри басқа тийкарға бағдарланған. Өзбекстан халқын миллетине ҳәм социаллық ҳалына қарай бөлиўге болады. Бирақ бул еки тийкарды былғастырып, Өзбекстан халқын өзбек, қарақалпақ, қазақ ҳәм исшилерге бөлип алып қараўға болмайды. Себеби бундай жағдайда бириншиден, бөлиў толық емес характерге ийе болады, екиншиден, бөлиў ағзалары дара жағдайда бир-бири менен бетлесиўи мүмкин, себеби ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң арасында исшилер ушырасыўы мүмкин. Усыған байланыслы, көрсетилген қәдениң бузылыўы үзилиске ийе бөлиўге алып келеди.
3 Қәде. Бөлиў ағзалары бири бирин бийкарлаўы шәрт, яғный олардың көлемлери улыўма элементлерге ийе болмаўы тийис. Бул қәде жоқарыда көрсетилген қәдеден келип шығады. Мысал ретинде барлық студентлерди сырттан оқыйтуғын студентлерге ҳәм спортсменлерге бөлип алып қараўды алсақ болады.
4 Қәде. Бөлиў үзликсиз болыўы шәрт, яғный теклик түсиниктен бирдей дәрежеде жайласқан түрлик түсиниклерге, бир пүтинликтен бөлеклерге өтиўимиз тийис. Бул қәдениң бузылыўы бөлиўдеги секириўге алып келеди. Мысалы, "Тири мақлуқатлар өсимликлерге, омыртқалы ҳәм омыртқасыз ҳайўанларға бөлинеди". Дурыс бөлиўде тири мақлуқатлар - өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар болып, ал өз гезегинде ҳайўанатлар омыртқалы ҳәм омыртқасыз ҳайўанатлар болып, өсимликлер болса - бир жыллық ҳәм көп жыллық өсимликлер болып бөлиниўи тийис.
Тәкирарлаў ушын берилген сораўлар
Түсиник дегенимиз не? Ҳәр қандай улыўма ат түсиникти береди ме? Атлардың предметлик ҳәм мазмунлық мәниси дегенимиз не? Белгилердиң (признак) қандай тийкарғы түрлери бар? Түсиниклердиң мазмуны ҳәм көлеми арасындағы кери қатнас нызамы дегенимиз не? Түсиниклерди қандай белгилерине қарай түрлерге бөлиўге болады? Т Пикир
1.Пикир ҳәм оның тийкарғы түрлери
2.Пикирлер арасындағы логикалық қатнаслар
3. Пикирдиң модаллылығы ҳәм оның тийкарғы түрлери
Пикир деп предмет ҳәм оның белгилери арасындағы байланысты, предметлер арасындағы қатнасты мақуллаў ямаса бийкарлаў түринде сәўлелендиретуғын ойдың формасына айтамыз.
Ҳәр қандай пикир, бириншиден, предмет ҳәм оның белгилери арасындағы байланысты, қатнасты мақуллаў ямаса бийкарлаў түринде сәўлелендиреди, екиншиден, ҳәр қандай пикирдиң логикалық мәнисин дурыс (шын) ямаса надурыс (жалған) сәўлелендириў мүмкин (реаллықа оның сәйкес келиўи ямаса сәйкес келмеўи бул жерде нәзерде тутылады).
Үшиншиден, пикирлердиң тиллик грамматикалық баянланыў формасы ретинде гәплер алып қаралады (Пикир нәрселер ҳаққында мағлыўмат беретуғын хабар гәплер арқалы белгиленеди).
Ҳәр қандай пикир субъект ҳәм предикат деп аталатуғын еки терминнен ҳәм олар арасындағы байланысты көрсетиўши элементтен турады. Субъект (S деп белгиленеди) латын сөзинен алынып, предмет ҳаққындағы ойды сәўлелендиреди, ал предикат (P деп белигиленеди) болса, латын сөзинен алынып, предметтиң белгисин, қәсийетин сәўлелендиреди. Ал пикирдиң үшинши элементи ретинде алып қаралатуғын логикалық байланыс предметтиң қандайда бир белгиге ийе екенлигинен ямаса ийе емеслигинен дерек береди. Логикалық байланыс, көпшилик жағдайда "болып табылады", "есапланады", "есапланбайды" деген сөзлер менен бериледи. Пикирлерде квантор сөзлери де ушырасыўы мүмкин.
Пикирлер әпиўайы ҳәм қурамалы пикирлер болып еки түрге бөлинеди.
Әпиўайы пикир деп дүзилиси жағынан басқа пикирлерди өз ишине қамтымайтуғын ҳәм тек ғана еки түсиниктиң байланысын сәўлелендиретуғын, "S - P" структурасына ийе пикирге айтамыз. Әпиўайы пикирлердиң дүзилиси субъект, предикат ҳәм олар арасындағы байланыстан ибарат. Ал қурамалы пикирлер деп бир неше әпиўайы пикирлерден дүзилген пикирлерге айтамыз.
Әпиўайы пикирлер өз гезегинде предикаттың характерине қарай атрибутивлик, реляцион (қатнасық) ҳәм экзистенционал (жасаў) пикирлер болып үшке бөлинеди.
Атрибутивлик пикирлерде предметлерге қандай да бир белгилердиң, қәсийетлердиң тийисли екенлиги ямаса тийисли емес екенлиги сәўлелендириледи ҳәм ол "S-P" байланысы түринде бериледи. Атрибутивлик пикирлерде дара ямаса толық түрде бир предметтиң көплигиниң екинши көпликке кириўи ямаса кирилмеўи ҳаққында, предметтиң берилген предметтиң класына тийисли ямаса тийисли емес екенлиги ҳаққындағы пикирлер алып қаралады. Ҳәр қандай атрибутивлик пикир өзиниң структурасына ийе. Бул структура субъекттен (логикалық баслаўыш), предикаттан (логикалық баянлаўыш) ҳәм байланыстан, айрым жағдайларда кванторлық сөзлерден ибарат болады.
Атрибутивлик пикир өз гезегинде "саны" ҳәм "сапасы" бойынша түрлерге бөлинеди.
Атрибутивлик пикир S ҳәм P арасындағы байланыс характерине, яғный сапасына қарай мақул ҳәм бийкарлаўшы пикирлер болып екиге бөлинеди.
Мақуллаўшы пикир деп предметке қандайда бир белгиниң тийисли екенлигин сәўлелендириўши пикирге айтамыз. Ал бийкарлаўшы пикир деп предметке қандай да бир белгиниң тийисли емес екенлигин сәўлелендириўши пикирге айтамыз. Мысалы, "Өзбекстан Республикасы ғәрезсиз мәмлекет" - мақуллаўшы пикир, ал "Платон - материалист емес" - бийкарлаўшы пикир. Мақуллаўшы пикир - "Субъект предикат болады" ямаса "S - P" ("S P болады"), ал бийкарлаўшы пикир "Субъект предикат болмайды" ямаса "S P болмайды" деген символикалық формулалар менен белгиленеди. Бул жерде еки пикир бири биринен байланыс характери, сапасы бойынша ажыралады. Субъект ҳәм предикатты пикирдиң терминлери деп те атаўға болады.
Атрибутивлик пикирлерди S ҳәм P арасындағы байланыстың санлы характерине, белгисине қарай жеке, улыўма ҳәм дара (частное) пикирлер түринде үшке бөлиўге болады. Жеке пикирде субъект жеке түсиникти береди (предметтиң предметлер класына тийисли ямаса тийисли емес екенлиги белгиленеди) ҳәм ол "Бул S P болады" ямаса "Бул S P болмайды" деген формулада бериледи. Мысалы, "Франция - европалық мәмлекет".
Улыўма (көплик) пикирде S улыўма түсиник болып (берилген предметлердиң класының предметлер класына тийисли ямаса тийисли емес екенлиги сәўлелендириледи), "Барлық S P болады", "Ҳеш қандай S P болмайды" деген формулада бериледи. Мысалы, "Барлық гуўалар көрсетпелер берди".
Дара пикир деп берилген предметлер класының предметлер класына дара жағдайда тийисли болыўы ямаса тийисли болмаўы дыққатқа алынады. Пикирдиң субъекти ретинде қандайда бир предметлер класын бөлип алып қараўға болады. Символикалық формуласы - "Айрым S P болады", "Айрым S P болмайды". Мысалы, "Айрым жынаятлар хожалық жынаятлары болып табылады". "Айрым философлар - ораторлар". Улыўма (көплик) пикир дара пикирди де береди ("Айрым S P болады", "Айрым S P болмайды"). Мысалы, "Айрым илимлер гуманитар илимлер емес". Бунда: субъект - илимлер, предикат - гуманитар, байланыс - емес, ал айрым - квантор сөзи болып табылады.
Пикрилердиң дурыс ямаса надурыслығын анықлаў ушын атрибутивлик пикирлерди санлық ҳәм сапалық көрсеткишин бирлестирген ҳалда классификациялаў қолланылады. Бундай классификацияға тийкарланған ҳалда атрибутивлик пикирлер төмендеги пикирлерге бөлинеди:
Улыўмамақуллаўшы пикирлер - оларға бирдей ўақытта ҳәм улыўма ҳәм мақуллаўшы пикирлер киреди. Олардың дүзилиси - "Барлық S P болады" түринде бериледи ҳәм олар латын ҳәрипи А менен белгиленеди.
Улыўмабийкарлаўшы пикирлер - оларға бирдей ўақытта улыўма ҳәм бийкарлаўшы пикирлер жатады. Олардың дүзилиси - "Барлық S P болмайды" түринде бериледи. Олар латын ҳәрипи 3 менен белгиленеди.
Дарамақуллаўшы пикирлер - оларға бирдей ўақытта ҳәм дара ҳәм мақуллаўшы пикирлер жатады. Олардың дүзилиси - "Айрым S P болады" түринде бериледи ҳәм олар латын ҳәрипи 8 менен белгиленеди.
Дарабийкарлаўшы пикирлер - оларға бирдей ўақытта ҳәм дара ҳәм бийкарлаўшы пикирлер жатады. Олар "Айрым S P болмайды" деген структураға ийе ҳәм латын ҳәрипи 9 менен белгиленеди. Бул пикирлердиң субъект ҳәм предикатлары (яғный, терминлери) бөлистирилген де ҳәм бөлистирилмеген де болыўы мүмкин.
Егерде биринши терминниң көлеми екинши терминниң көлемине толығы менен кирсе ямаса оның көлеминен толығы менен шығарылып тасланса, онда ондай термин (субъект ямаса предикат) бөлиситирилген болады.
Егерде терминниң көлеми дара жағдайда басқа терминниң көлемине кирсе ямаса дара жағдайда оның көлеминен шығарылып тасланса, онда бундай термин (субъект ямаса предикат) бөлистирилмеген болып саналады.
Егерде улыўма түсиниклерде субъектлер бөлистирилген болса, онда бийкарлаўшы пикирлерде предикатлар бөлистирилген болады. Егерде субъектлер ҳәм предикатлардың көлемлерин шеңберлерде белгилесек, онда оларда терминлердиң бөлистирилиўи төмендеги көриниске ийе болады.
Мысалы, "Барлық S P болады" деген улыўма мақуллаўшы пикирде S класы толығы менен Pға киреди, ҳәм ол төмендегише S ҳәм P арасындағы көлемлик қатнаста дурыс болады.
Екинши Эйлер шеңберлериниң жәрдеминде берилетуғын пикирде субъект (S) бөлистирилген, ал предикат(P) бөлистирилмеген түринде берилген. Бирақта бул қағыйда айрым жағдайларда өзгешеликке ийе болады. Бул өзгешелик улыўмамақуллаўшы пикирлердеги субъект ҳәм предикат бирдей көлемге ийе болса ғана жүз береди ҳәм олардың екеўиниң де бөлистиргенлигин көрсетеди. Бундай жағдай жоқарыда субъект ҳәм предикаттың қара реңде боялғанын көрсетиўши биринши Эйлер шеңберлериниң жәрдеминде берилген.
"Айрым S P болады" деген дарамақуллаўшы пикирде S класының бөлеги Pға киреди, сол себепли ол төмендегише жағдайда дурыс болады.
"Бирде S P болмайды" деген улыўма бийкарлаўшы пикирде субъект класы толығы менен предикат класына кирмейди, сол себепли оның дурыслығы төмендегише түрге ийе болады.
"Айрым S P болмайды" дарабийкарлаўшы пикирде S класының бөлеги P класына кирмейтуғынлығын аңлатады ҳәм бундай пикир төмендегише белгиленеди.
Егер биз бөлистирилген терминди "+" белгиси менен, ал бөлистирилмеген терминди "-" белгиси менен шәртли түрде белгилесек, терминлердиң бөлистирилиўи ҳәм бөлистирилмеўи ҳаққында төмендегише мазмунға ийе боламыз:
А. Барлық S + P - болады.
Е. Бирде S+ P+ болмайды.
8. Айрым S- P- болады.
О. Айрым S- P+ болмайды.
Бул пикирлердеги терминлердиң бөлистирилиўин берилген таблицада анық көрсетиўге болады:
Терминлер
|
Пик.т.
|
A
|
E
|
I
|
O
|
S
|
+
|
+
|
-
|
-
|
P
|
-
|
+
|
-
|
+
|
Әпиўайы пикирдиң екинши кең таралған түри ретинде реляцион (қатнаслы) пикирди алып қараўға болады.
Реляцион (қатнаслы) пикирлер деп предметлер арасында белгили бир қатнаслардың барлығын ямаса жоқлығын сәўлелендириўши пикирлерге айтамыз. Пикирлерде қатнаслардың орнына қарай (жуп, үш предмет арасындағы, n предмет арасындағы) жуп ҳәм оннан да көп предметлер ҳаққында пикир мақулланыўы ямаса бийкарланыўы мүмкин. Мысалы, "Нөкис Халқабадқа салыстырғанда үлкен".
Қатнаслар менен пикирлер сапасына қарай мақуллаўшы ҳәм бийкарлаўшы пикирлер болып бөлинеди. Мақуллаўшы пикирлерде предметлердиң белгили бир қатнаста болатуғынлығы мақулланады, ал бийкарлаўшы пикирлерде бул қәсийеттиң барлығы бийкарланады. Формуласы: А 4 В.
Қатнаслар менен пикирлер санлық көрсеткишине байланыслы да типлерге бөлинеди. Мысалы, еки орынлық қатнас менен пикирлер "жеке-жеке", "улыўма-улыўма", "дара-дара", "жеке-улыўма", "жеке-дара", "улыўма-жеке", "дара-жеке", "улыўма-дара", "дара-улыўма" болып бөлинеди. "Жеке-жеке" пикирге мысал ретинде "Гүлбәҳәр Айзададан узын" деген пикирди алып қараўға болады. "Улыўма-улыўма" пикирге мысал ретинде "Бизиң группаның ҳәр бир студенти бизиң факультеттиң ҳәр бир оқытыўшысын биледи" деген пикирди алып қараўға болады.
Әпиўайы пикирлердиң тағы бир түри ретинде экзистенционал пикирлер алып қаралады. Бул пикирлерде предметлердиң жасаў (өмир сүриў) ямаса жасамаў фактине дыққат аўдарылады. Мысалы, "Материя жасайды".
Көпшилик жағдайларда әпиўайы пикирлердиң бул түрин атрибутивлик пикир менен байланыста алып қараўға болады.
Қурамалы пикирлер
Қурамалы пикирлер деп "ҳәм", "ямаса", "егер.., онда.. " байланыслары жәрдеминде өз-ара байланысқан бир неше әпиўайы пикирлерден қуралған пикирлерге айтамыз. Яғный қурамалы пикирлерде пикирлер деп аталатуғын дурыс бөлеклерди айырып көрсетиўге болады. Қурамалы пикирлерде логикалық байланыс үлкен әҳмийетке ийе, себеби олар қурамалы пикирлердиң дүзилисин ҳәм логикалық сыпатламасын анықлайды.
Қурамалы пикирлердиң тийкарғы түрлерине байланыстырыўшы, бөлистириўши, шәртли, эквивалентлик пикирлер жатады.
Байланыстырыўшы пикирлер деп бирдей еки жағдайдың барлығын мақуллаўшы пикирге айтамыз. Бул пикир еки ямаса оннан да көп әпиўайы пикирлерден "ҳәм" логикалық байланысы жәрдеминде пайда болған пикирди аңлатады. Мысалы, "Ташкент, Ашгабад, Душанбе ҳәм Бишкек Орта Азия республикаларының пайтахтлары". Бул қурамалы пикир бир бири менен "ҳәм" логикалық дәнекери арқалы байланысқан. Логикада бул дәнекер "Ч", "Щ" белгиси менен белгиленип, оны конъюкция белгиси деп атайды. Сол себепли көрсетилген дәнекер менен байланысқан пикирди конъюнктивлик пикир деп те белгилеўге болады. Конъюнктивлик пикирдиң формуласы (p . 1) түринде бериледи. p ҳәм 1 дурыс (шын) ямаса надурыс (жалған) мәнисине де ийе болыўы мүмкин. Байланыстырыўшы пикир дурыс мәнисине ийе болыўы ушын, оны қурайтуғын әпиўайы пикирлер, яғный конъюнкция ағзалары шын (дурыс) болыўы шәрт. Егерде олардың биреўи жалған болса, онда улыўма пикир жалған болады. Бул мәнисти төмендеги таблица жәрдеминде көрсетиўге болады:
P
|
1
|
P.1
|
Ш
|
Ш
|
Ш
|
Ш
|
Ж
|
Ж
|
Ж
|
Ш
|
Ж
|
Ж
|
Ж
|
Ж
|
Бул таблицада p, 1 - әпиўайы пикирлерди, ш- шынлық пикирди, ж- жалған пикирди аңлатады.
Бөлистириўши пикирлер деп еки жағдайдың биреўиниң барлығын мойынлайтуғын пикирлерге айтамыз. Яғный бундай пикирде әпиўайы пикирлер "ямаса" логикалық байланысы жәрдеминде байланысқан болады. Егер еки жағдайдың кеминде биреўиниң барлығы мақулланса, онда бундай пикир бөлистириўши пикир ямаса қатаң болмаған дизъюнктивлик пикир деп аталады. Егерде еки жағдайдың тек ғана биреўиниң барлығы мойынланса, онда бундай пикир қатаң дизъюнктивлик пикир деп аталады. Көпшилик жағдайда қатаң болмаған дизъюнктивлик пикир "ямаса" деген логикалық дәнекер жәрдеминде, ал қатаң дизъюнктивлик пикир - "ямаса.., ямаса.." деген логикалық дәнекердиң жәрдеминде бериледи. Қатаң емес дизъюнкция "ямаса" логикалық дәнекери V" - белги (символ) менен, ал "ямаса.., ямаса..", яғный қатаң дизъюнктивлик пикир V" - белгиси менен шәртли түрде белгиленеди.
Қатаң емес дизъюнктивлик пикирге мысал ретинде "Балтабаев - юрист ямаса Балтабаев - спортсмен" деген пикирди алып қараўға болады ҳәм төмендеги таблицада қатаң емес дизъюнктивлик пикирдиң шынлық шәртлерин сүўретлеўге болады.
р
|
1
|
р.1
|
Ш
|
Ш
|
Ш
|
Ш
|
Ж
|
Ш
|
Ж
|
Ш
|
Ш
|
Ж
|
Ж
|
Ж
|
Қатаң емес дизъюнкция шын (дурыс) болыўы ушын, оның ағзаларының кеминде биреўи шын (дурыс) болыўы шәрт. Егерде дизъюнкция ағзаларының екеўиде жалған (надурыс) болса, онда дизъюнкция жалған (надурыс) мәниге ийе болады. Қатаң дизъюнктивлик пикирлерде "ямаса" логикалық дәнекери тек ғана бөлистириўши мәниде қолланылады. Сол себепли дизъюнкция ағзалары бирдей ўақытта шын болыўы мүмкин емес. Егерде дизъюнкция ағзаларының биреўи жалған болса ғана, онда бундай пикир шын (дурыс) пикир деп табылады. Ал дизъюнкция ағзаларының ҳәр бири бирдей ўақытта шын ямаса жалған болса, онда дизъюнкция жалған болады. Мысалы, "Балтабаев бул жынаятты иске асырды ямаса Балтабаев бул жынаятты иске асырған жоқ".
Қатаң дизъюнкцияның шын болыў шәртлерин төмендеги таблицада көрсетиўге болады:
Р
|
1
|
Р.1
|
Ш
|
Ш
|
Ш
|
Ш
|
Ж
|
Ш
|
Ж
|
Ш
|
Ш
|
Ж
|
Ж
|
Ж
|
Шәртли пикирлер деп қандайда бир жағдайдың барлығы екинши жағдайдың барлығын анықлаўшы пикирлерге айтамыз. Шәртли пикирлер әпиўайы пикирлерден логикалық дәнекер "егер.., онда .." жәрдеминде пайда болатуғын қурамалы пикирди аңлатады.
Шәртли пикирлерде тийкар - антецедент ҳәм нәтийже - консеквент бөлип көрсетиледи. Тийкар деп "егер" ҳәм "онда" сөзлериниң арасында жайласқан шәртли пикирдиң бөлегине айтамыз. "Онда" сөзинен кейин жайласқан шәртли пикирдиң бөлегине нәтийже деп айтылады.
Тийкар ҳәм нәтийже арасындағы байланыс әҳмийетке ийе болған еки логикалық қәсийет менен анықланады. Бириншиден, тийкардың шын болыўы нәтийжениң шын болыўын мойынлаў ушын жеткиликли. Екиншиден, нәтийжениң жалғанлығы зәрүрли түрде тийкардың жалған екенлигинен дерек береди. Бунда тийкар ҳәм нәтийже арасындағы байланыс p-> 1 формасында шәртли бериледи. Бунда p антецедент, 1 - консеквент, ал - антецедент ҳәм консеквент арасындағы логикалық байланысты көрсетиўши белги "->" импликация белгиси болып табылады. Сол себепли шәртли пикир импликациялық пикир деп те аталады. Оқылыўы: егер р, онда 1.
Импликативлик пикирдиң шын болыў шәртин төмендеги таблицада көрсетиўге болады:
Р
|
1
|
Р->1
|
Ш
|
Ш
|
Ш
|
Ш
|
Ж
|
Ж
|
Ж
|
Ш
|
Ш
|
Ж
|
Ж
|
Ж
|
Импликативлик пикир жалған болады, егерде оны қураўшы антецедент шын болып, ал консеквент жалған болса, себеби тийкар шын болса, онда ол ҳеш қашан жалған нәтийжени бермейди.
Қурамалы пикирлердиң тағы бир түри ретинде эквивалентлик пикирлер алып қаралады. Эквивалентли пикирлер деп еки жағдайдың бирден (тийкарланыўы) бар болыўы ямаса жоқ болыўы мойынланатуғын пикирге айтылады. Эквивалентли пикирлер "егерде ҳәм тек егерде.., онда.." логикалық дәнекер менен берилген гәплерди аңлатады ҳәм бул дәнекер көрсетилген "«" белги менен бериледи (двойная импликация).
Эквивалентли пикирлерде тийкар менен нәтийжени бөлип көрсетиўге болады. Тийкар нәтийже ушын зәрүрли ҳәм жеткиликли жағдайды сәўлелендиреди. Мысалы, "Егерде ҳәм тек егерде қуяш тас төбеде болса, онда оның саялары ең қысқа болып табылады".
Эквивалентли пикирлердиң дурыс болыў шәртин төмендеги таблицада көрсетиўге болады:
Р
|
1
|
Р<->1
|
Ш
|
Ш
|
Ш
|
Ш
|
Ж
|
Ж
|
Ж
|
Ш
|
Ш
|
Ж
|
Ж
|
Ж
|
Пикирлер арасындағы логикалық қатнаслар
Ҳәр қыйлы көз қарасларды салыстырғанда пикирлер арасындағы қатнаслардың типин белгилеў үлкен әҳмийетке ийе.
Әпиўайы пикирлер арасындағы қатнаслар
Логикалық формасына байланыслы пикирлер салыстырылатуғын ҳәм салыстырылмайтуғын болыўы мүмкин.
Салыстырылмайтуғын пикирлер деп пикирлердеги субъектлер ҳәм предикатлар ҳәр қыйлы болған пикирлерге айтамыз.
Салыстырылатуғын пикирлер деп бирдей терминлерге, яғный субъект ҳәм предикатқа ийе ҳәм сапасы ямаса саны бойынша парықланатуғын пикирлерге айтамыз.
Логикада пикирлерди салыстырғанда олардың билиўлик функциясы үлкен әҳмийетке ийе, сол себепли пикирлер арасындағы қатнаслардың тийкары ретинде пикирлердиң логикалық мәниси, олардың шынлықты сәўлелендириў уқыплылығы алып қаралады.
Салыстырылатуғын түсиниклерди үйлесетуғын ҳәм үйлеспейтуғын пикирлерге бөлиўге болады. Үйлесетуғын пикирлер өз гезегинде эквивалентли (толық сәйкеслик), дара сәйкеслик (субконтрарлық), логикалық бағыныў түриндеги пикирлер болып үшке бөлинеди. Өз гезегинде үйлеспейтуғын пикирлер де контрарлық (қарама қарсылық) ҳәм контрадикторлық (қарсылық) жағдайындағы пикирлер болып екиге бөлинеди.
Әпиўайы пикирлер арасындағы қатнас логикалық квадрат деп аталатуғын схема жәрдеминде сәўлелендириледи.
Толық сәйкеслик бирдей субъект ҳәм предикатларға ийе, бир типли байланысқан (мақуллаўшы ямаса бийкарлаўшы), бирдей санлы сыпатламаға ийе, бирақ сөзлик формасы бойынша бир биринен парықланатуғын пикирлер арасында бақланады.
Бағыныў қатнасы бирдей сапаға ийе, бирақ санлы сыпатламасы менен бир биринен парықланатуғын пикирлер арасында орын алады. Бағындырыўшы пикирлер ролин улыўма бийкарлаўшы (Е) ҳәм улыўма мақуллаўшы (А) пикирлер атқарады, ал бағыныўшы ролин оларға сәйкес келетуғын дара мақуллаўшы (8) ҳәм дара бийкарлаўшы (О) пикирлер атқарады.
Бағыныў қатнасы еки талапқа жуўап бериўи шәрт:
1) Улыўма пикир шын болса, дара пикирде ҳәмме ўақытта шын болады.
2) Дара пикир жалған болса, онда оған сәйкес келиўши улыўма пикирде жалған болады.
Дара сәйкеслик қатнастағы пикир сапасы жағынан бир биринен парықланатуғын дара пикирлер арасында бақланады. Бул пикирлердиң екеўи теңнен шынлығы бойынша үйлеседи, бирақ екеўи теңнен жалған бола алмайды. Сол себепли пикирдиң биреўиниң шын болыўы екиншисиниң шын болыўын белгилейди.
Үйлеспейтуғын қатнасларға бирдей ўақытта шын бола алмайтуғын (дурыс бола алмайтуғын) пикирлер жатады. Бундай пикирлердиң арасындағы айырмашылық жалған байланыс характеринде көринеди.
Контрарлық ямаса қарама-қарсылық қатнасы ҳәр қыйлы сападағы улыўма пикирлер ушын характерли, яғный А ҳәм Е пикирлери контрарлық қатнаста болады.
Қарама қарсылық қатнасындағы пикирлер бирдей ўақытта екеўи теңнен шын бола алмайды, бирақ олардың екеўи теңнен жалған болыўы мүмкин. Еки пикирдиң биреўиниң шын болыўы, екиншисиниң жалған болыўын анықлайды (А - Е ниң бийкарланыўы, Е - Аның бийкарланыўы). (Бул жерде жалғанлығы бойынша үйлесетуғын, ал шынлығы бойынша үйлеспейтуғын пикирлер дыққатқа алынады).
Қарсылық қатнасында (контрадикторлық) бир биринен сапасы ҳәм саны бойынша парықланатуғын пикирлер болады (яғный А ҳәм О, Е ҳәм 8).
Бул пикирлердиң биреўиниң шын болыўы екиншисиниң ҳәмме ўақытта жалған болатуғынын, ал бириншисиниң жалған болыўы басқасының шын болыўын тәмийинлейди (яғный бул пикирлер шынлығы бойыншада, жалғанлығы бойынша да үйлеспейтуғын пикирлер болып табылады).
Солай етип, әпиўайы салыстырылатуғын пикирлер арасындағы қатнасты төмендеги сызылма түринде бериўге болады.
Қурамалы пикирлер арасындағы қатнаслар
Қурамалы пикирлер арасындағы қатнасларды анализлегенде қурамалы пикирлерди қураўшы әпиўайы пикирлердиң арасындағы логикалық байланысқа дыққат аўдарылады. Сол себепли қурамалы пикирлердиң салыстырылыўы ямаса салыстырылмаўы олардың қурамындағы улыўма пикирлер менен байланыслы.
Салыстырылатуғын қурамалы пикирлер деп қурамалы пикирлердиң екеўинде де кеминде бир әпиўайы пикир болатуғын әпиўайы пикирлерге айтамыз.
Салыстырылатуғын үйлеспейтуғын қурамалы пикирлер оларды қурайтуғын ағзалардың кеминде бир мәнисиниң шын болыўы менен анықланады.
Үйлесетуғын қурамалы пикирлердиң үш түри бар. Оларға эквивалентли, бағыныў ҳәм дара сәйкеслик қатнасында болатуғын пикирлер жатады.
Эквивалентли үйлесетуғын қурамалы пикирлер деп бирдей мәниге ийе болатуғын қурамалы пикирлерге айтамыз.
Бағыныў қатнасы бағындырыўшы пикирдиң шын мәниске ийе болыўы (Р) бағыныўшы пикирдиң (1) барқулла шынлығын тәмийинлейтуғын пикирлер арасында бақланады.
Эквивалентли қурамалы пикирлерди төмендеги таблицада көрсетиўге болады:
Егерде Рє1 ге тең болса, онда шын ҳәм жалған, жалған ҳәм шын қатнасы болыўы мүмкин емес (эквивалентлиликтиң белгиси-є).
Бағыныў қатнасындағы қурамалы пикирлердиң таблицада сәўлелениўи төмендегише болады:
Пикирлер бағыныў қатнасында болса, онда биринши пикирдиң шынлығы ҳәмме ўақытта екинши пикирдиң шынлығын анықлайды. Биринши пикир шынлыққа ийе болса, онда екинши пикирдиң шынлыққа ийе болмаўы мүмкин емес.
Дара кесилсиў қатнасында болатуғын пикирлерде биринши ҳәм екинши пикирлердиң бирдей ўақытта екеўиниң теңнен жалған болыўы мүмкин емес.
Солай етип, үйлесетуғын қурамалы пикирлердиң ең әҳмийетли белгиси - олардағы биринши қатардың ҳәмме ўақытта шын болыўын талап етеди.
Үйлеспейтуғын қурамалы пикирлер деп қурамалы пикирлердиң бирдей ўақытта шын мәниге ийе болыўы мүмкин емес екенлигин белгилеўши пикирлерге айтамыз. Олардың еки түри бар: А) қарама-қарсылық ҳәм Б) қарсылық.
Қарама қарсылық қатнасында қурамалы пикирлердиң бирдей ўақытта шын мәниге ийе болмаўын, бирақ олардың жалған мәниге ийе болыў мүмкиншилигин сәўлелендириўши пикирлер болады.
Қарсылық қатнасында болатуғын пикирлерде пикирлердиң екеўиниңде шын ҳәм жалған мәнилерге ийе бола алмаўы белгиленеди. Бундай қатнастағы пикирлердиң биришисиниң шын болыўы екиншисиниң жалғанлығын, бириншисиниң жалғанлығы екиншисиниң шынлығын анықлайды.
Пикирлердиң модаллылығы
Пикирлердиң ойлаўдың формасы сыпатындағы тийкарғы функциясы ретинде предметлер ҳәм олардың белгилери арасындағы байланысты мақуллаў ямаса бийкарлаў формасында сәўлелендириўи алып қаралады (әпиўайы мақуллаў ямаса бийкарлаў түринде берилген пикирлерди ассерториялық пикирлер деп те атайды).
Пикирлер жоқарыда көрсетилген тийкарғы функциясынан басқа қосымша функцияға да ийе. Бул қосымша функция пикирлердеги предикат ҳәм субъект арасындағы байланыс характери менен белгиленеди.
Байланыс характери ҳаққындағы қосымша информация (мағлыўмат) логикалық байланыстың объективлик статусына тийисли, яғный ол, биришиден, байланыстың зәрүрлигин ямаса тосынанлығын, екиншиден, мүмкин ямаса мүмкин емес байланыс екенлигин анықлайды. Екиншиден, бизиң билимимиздиң дәрежеси менен белгиленеди. Солай етип, мақуллаў ҳәм бийкарлаўдың қатаң ямаса қатаң емеслиги пикирлердиң модаллылығын аңлатады.
Пикирлердиң модаллылығы деп пикирлердеги субъект ҳәм предикат арасындағы ғәрезлиликтиң типи ҳаққындағы қосымша мағлыўматты анық ямаса анық емес түрде пикирлерде сәўлелендириўге айтамыз.
Модаллылықтың улыўма формасын "М" -модаллық операторы жәрдеминде белгилеймиз. Бул көрсетилген белгиге тийкарланған ҳалда пикирлердиң модаллылығын төмендегише символикада көрсетиўге болады. Мр ямаса М (S P болады ямаса болмайды).
Пикирлердиң модаллылығының тийкарғы түрлерине алетикалық, эпистемиялық, деонтикалық модаллық жатады.
Пикирлердиң алетикалық (алетикалық грек тилинен алынып, зәрүрлик дегенди аңлатады) модаллылығы деп пикирлердеги субъект ҳәм предикат арасындағы логикалық байланысты барқулла "зәрүрли" ҳәм "мүмкин" терминлери жәрдеминде анықлаўшы қосымша информацияға айтамыз. "Зәрүр" (символикалық белгиси: „р, „Шр), "мүмкин" (символикалық белгиси: ар, аШр), "тосыннан" (символикалық белгиси: Ш„р, Ш„ Шр) түсиниклери алетикалық модаллық түсиниклери деп аталады.
Эпистемиялық модаллылық пикирлердеги сәўлеленген билимлердиң жеткиликли тийкарланыў дәрежесиниң характерин аңлатады. Эпистемиялық модаллылығы бойынша пикирлер жеткиликли ҳәм итималлылық пикирлерге бөлинеди. Жеткиликли пикирлер төмендеги операторлар жәрдеминде белгиленеди: "дәлилленген" -"V" ҳәм "бийкарланған" (опровергнуто) -"@ " (Vp- p екенлиги дәлилленген, @р- р екенлиги бийкарланған). Проблемалық ямаса итималлылы пикирлер итималлылы операторы -"Р" жәрдеминде белгиленеди (символикалық белгиси: Рр- р болыў итималлылығы бар, РШр - р болмаў итималлылығы бар).
Деонтикалық модаллылық пикирдеги сәўлеленген буйрықтың типин көрсетиўши қосымша информацияны аңлатады. Тийкарғы деонтикалық түсиниклер ретинде "миннетли түрде" (сөзсиз), "қадаған етиў", "рухсат етиў" алып қаралады. Олар төмендегише операторлар менен белгиленеди- "миннетли түрде" -"О", "қадаған етиледи" -"@", "рухсат етиледи" -"Р". Орынланыў керек болған ис ҳәрекет "d" белгиси менен, ал ҳуқықый қатнастың қатнасыўшылары -x, у, z ҳәм т.б. белгилери менен белгиленеди. Мысалы, О (d)- d ис-ҳәрекетиниң сөзсиз орынланыўын аңлатады.
Тәкирарлаў ушын берилген сораўлар
Пикир дегенимиз не? Пикирлердиң қандай түрлери бар? Пикирлер арасындағы қатнаслардың қандай түрлери бар? Қандай пикирлер арасындағы қатнаслар логикалық квадрат жәрдеминде бериледи? Пикирлердиң модаллылығы дегенимиз нени аңлатады? "Сөзсиз", "руҳсат етилген", "қадаған етилген" түсиниклериниң өз-ара байланысын түсиндириң.
үсиниклер менен қандай логикалық операциялар жүргизиўге болады? Түсиниклер арасындағы қатнасларды Эйлер шеңберлери жәрдеминде түсиндириң.
Do'stlaringiz bilan baham: |