Этиканың предмети ҳәм оның жәмийеттеги әҳмийети


Әдеп-икрамлылық қатнасық мәденияты



Download 1,03 Mb.
bet4/11
Sana22.02.2022
Hajmi1,03 Mb.
#114204
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Eтиka - Eстетикa-логика

Әдеп-икрамлылық қатнасық мәденияты

Жобасы:


1. Қатнасық мәденияты,оның инсан әдепикрамлылығының қәлиплесиўиндеги ҳәм раўажланыўындағы роли.
2. Әдеп-икрамлылық қатнас ҳәм қатнасық стили.
3. Этикет.

Әдебиятлар:


1. Каримов И.А. Баркамол авлод орзуси. Т. Ўзбекистон. Миллий энциклопедияси. 2000.
2. Гусейнов А.А., Апресян Р.Г., Этика М. 1999.
3. Базарбаев Ж., Даўлетова Қ. Әдептаныў. Нөкис. Билим. 1992.
4. Гусейнов А.А. Золотое правило нравственности. М. Мол. Гвардия. 1982.
5. Аҳлоқ-одоб сабоқлари. Т. ФАН. 1994.
6. Мутафаккирлар аҳлоқ ва адолат ҳақида. Т. Адолат. 1995.
7. Аҳлоқшунослик. Маъруза матни. Т. 2001.

Қатнасық - адамның социаллық активлигиниң бир формасы сыпатында, адамзат мәдениятының тийкарында қәлиплескен болып, оның саналы өмир сүриў усылы болып есапланады. Адам өмириндеги болатуғын қубылыслардың барлығы оның өзин қоршаған социаллық орталық пенен өз-ара қатнаста жүзеге келеди. Сонлықтан да жеке адамның мәденияты, басқа адамлар менен қатнасық мәдениятының ажыралмас бөлеги есапланады. Жәмийетлик турмыс адамлар мүмкиншилиги болғанынша қатнасық мәдениятын ийелеўге ҳәрекет етеди.
Адамлар мәденият үлгилери ҳәм усылларын қаншелли тереңирек ийелесе олардың өз-ара қатнасы соншелли дәрежеде бай ҳәм мазмунлы болады. Өз-ара қатнасық ҳәм оның формалары өзиниң келип шығыўы ҳәм раўажланыўы бойынша узақ тарийхқа ийе. Ҳәр бир дәўирге сәйкес түрде өзиниң қатнасық нормалары ҳәм принциплери қәлиплесип барған. Мәселен: Орта әсирлерде адамлар арасындағы қатнасық көпшилик жағдайда иерархиялық, туйық (жабық) характерге ийе болған болса, XVIII әсирлерге келе ол демократиялық түске ийе бола баслады.
Қатнасық этикасы адамды гуманизм, әдалатлық принциплери тийкарында қатнас жасаўға, адамлар арасындағы өз-ара тартыслар ҳәм конфликтли жағдайларды болдырмаўға уйретеди.
Әдеп-икрамлылық минез-қулық үлгилери адамда балалықтан қәлиплесип кем-кемнен адам минез-қулықы ҳәм санасының ажыралмас бөлегине айланды.
Адам тек жәмийетте ҳәм тек жәмийет жәрдеминде ғана жеке адамға айланады. Жаңа туўылған жас нәресте ҳеш қандай социаллық тәжирийбеге ийе болмайды, ол тек жеке адамның потенциасы болып табылады. Адамлар менен тиккелей ҳәм жанапай қатнасықлар процессинде ол тилине, мийнет қуралына және мийнет усылларына, билиў ҳәм творчество менен шуғылланыў усылларына ийе болады. Адам дүньяға келген пайытынан баслап-ақ адамлар менен белгили қатнасықта болады (дәслеп сезбестен, ал буннан кейин биле тура) ҳәм соның менен бирге турмыс тәжирийбесине араласады, топланған мәденият, пайда болған дәстүрлерди ийелей баслайды. Адамда туўылыў менен-ақ басқа адамлар менен байланыста болыўдың қудирети мүтәжлиги пайда болады. Басқа адамлар менен болған қатнасықта биз сол адамның белгили сыпатларын оның кең пейиллиги ямаса сабырсызлығы, сезгирлиги ямаса турпайылығы сыяқлы сыпатларын билип аламыз, оның усы сыпатларын өзимиздикине салыстырып көремиз, өзимиздиң ис-ҳәрекетимиз, қылмысларымызды ойлаймыз, өәткени әтираптағылар бизден усыны күтеди, олардың талапларын түсиниўге, басынан кеширип атырғанларын ой-пикирлерин ҳәм кейиплерин түсинип алыўға умтыламыз.
Басқа адамлар менен болған эмоционал қатнасықларында адамда жеке адамгершилик белгилери, қорғаныў сезимлери қәлиплеседи, жеке адамлардың жәмийетсиз өмир сүриўи де мүмкин емес.
Барлық ўақытта ҳәм барлық жерлерде адамлар қандай да бир группада жасайды (семья, мектеп, спорт секциясы, дослар топары, өндирис, оқыў орны ҳ.т.б.), атап айтқанда, усындай топарларда қатнасыў адам сыпатларын раўажландырыў мүмкиншиликлерин береди. Даўам еткен ҳәм күнделик қатнасықларда адамлар бирин-бири қәдирлеўди, ҳәр бириниң жеке өзгешеликлери менен санасыўды үйренеди.
Жеке адамның қәлиплесиўи, атап айтқанда қатнасық процессинде көзге тасланады, себеби адам бул процессте ис ҳәрекет ҳәм қатнасықты баҳалаўды үйренеди, мораль нормаларын өзлестиреди, бул нормаларды практикада сынап көреди ҳәм қолланады, соның менен бирге өзи жасап атырған ҳәм ҳәрекет етип атырған минез-қулқының мораллық принциплерин ислеп шығады. Жеке адамның жуўапкершилиги, миннети, принципиаллық, кишипейиллик, ҳақ ниетлилик, жақсылық сыяқлы әҳмийетли сыпатлары тек пайда болып қалмайды, ал олар қатнасық процессинде қәлиплеседи де. Бунысыз олар абстрактлы символларға айланып қалады.
Әдеп-икрамлылық жағынан өз-ара түсинисиў ҳәр қыйлы қураллар жәрдеминде де әмелге асырылады ҳәм оның үстине ҳәр қыйлы адамларда бул қураллардың диапазоны да ҳәр қыйлы болыўы мүмкин. Биреўлер көбирек эмоционал-интуитив баҳаларға сүйенеди. (Себебин билмеймен, бирақ бул адамның ис ҳәрекети маған унамайды), ал басқалары рационал түсиндириўлерден пайдаланады. ("Бул минез-қулық, ҳәрекет, былайша сырттан қарағанда толық, әдеп-икрамлы болып көрингени менен, мен мынадай деп есаплайман, өйткени..."). Ал базы биреўлерде әдеп-икрамлылық жағынан өзин-өзи баҳлаўға уқыбы раўажланған болады, бул оларға әтираптағыларды баҳалаў ушын тийкар болып хызмет етеди. Басқалар адамларды тиккелей оның ис-ҳәрекетиниң анаў ямаса мынаў нормасы ҳәм қадаған етилиўи менен салыстырып баҳалайды. Үшинши адамда басқа адамлардың минез қулықын баҳлаў улыўма босаң раўажланған болыўы мүмкин.
Түрли адамларда байланыстағы сәтсизликке көз-қараста бир қыйлы болмайды: биреў ҳәмме нәрсе ушын өзин, басқалар болса биреўлерди, үшиншиси - шараятты айыплаўға бейимли болады.
Бул нәрсе адамдағы болатуғын жуўапкершилик сезими менен де байланыслы болады. Кейинги жылларда Батыста кең тарқалған бир теорияға қарағанда адамлар жуўапкершилик көз-қарасынан екиге бөлинеди. Биринши топардағылар өзлериниң жеке өмиринде, турмысында болып атырған ўақыялар ҳәм ҳәдийселердиң себепшиси, жуўапкери деп тек өзлерин сезинеди. («Мен өзим барлық нәрселерге жуўапкермен. Мениң турмысым ҳәм жетискенликлерим тек ғана өзиме байланыслы, сонлықтан да өзим ушын да, шаңарағым ушын да өзим жуўап беремен»). Екинши топар болса барлық ўақыя ҳәм ҳәдийселердиң себепшиси сырттағы кәсиплеслер, басшылар, таныслар, қоңсы-қобалар ҳ.т.б. деп есаплайды.
Изертлеўлер нәтийжелериниң көрсетиўинше, екинши топардағы жуўапкершилик жас өспиримлерге тән екен, олардың дерлик 84 проценти жуўапкершиликти басқаларға жүклейди. Америкалық алым Дж. Роттер мине усы тийкарда «қадағалаў локуси» деген түсиникти илимий тийкарлап береди. Яғный оның пикиринше, жуўапкршиликти өз мойнына алыўға үйренген балаларда қәўетерлениў, нейротизм, ашыўланыў, конфликтке барыў, жаўызлық сыяқлы унамсыз ҳәрекетлер аз ушырасады екен. Әлбетте жасларда әдеп-икрамлылық айтылғанларды да белгили дәрежеде есапқа алыў зәрүр.
Адамлардың қатнасық мәденияты оларда қатнасық тәжирийбесиниң, көнликпесиниң айырым өзине тән өзгешеликлериниң қаншелли қәлиплескенлиги менен тығыз байланыста болады. Буныңдай тәжирийбелерге төмендегилерди киргизиўимиз мүмкин. Бәринен бурын, бул адамның басқалар ҳаққындағы биринши тәсирин оның менен танысқанда өзгерте алыў уқыбы көплеген жағдайларда усы дәслепки тәсирлениўшилик бир қанша шекленген хабарлар тийкарында пайда болады - жаңа танысымыздың "ҳақыйқатында қандай адам екенлигин" биз билмеймиз, - тек ғана оның сыртқы көринисиниң қандай екенлигин көремиз. Сонлықтан да адамның сыртқы көриниси - физикалық келбети, минез-қулық манерасы, кийиминиң сәйкеслиги, шашын тараўы, сөйлеген сөзлериниң өзине тәнлиги - бизиң оған болған биринши көз-қарасымыздың характерине айтарлықтай тәсир жасайды. "Кийген кийимине қарай күтип алады, ақылына қаратып узатып салады" деген нақыл бар. Бирақ адамның "кийиминен", "ақылына" дейин баҳа берип шығыў ҳәммениң де қолынан келе бермейди.
Басқа адамларға жақынласпай қатнас жасай билиў - қатнасық мәдениятының әҳмийетли тәрепи адамларға, әсиресе таныс емес адамларға биз қандай қатнасықта болсақ, социаллық стереотип үлкен тәсир көрсетеди. Бул белги орталықта қабыл етилген белгили социаллық, профессионаллық, миллий ҳәм басқа да топарлар ўйкили сыпатындағы адамның схемаға салынған, стандарт образы.
Қатнасық мәденияты адамлардың өз сезимлерин, әдетлерин, өзи мақул көрген нәрселерин биреўге зорлап таңбаўды нәзерде тутады. Бизиң ҳәр биримизде адамның қандай болыў керек екенлиги, бизиң қандай ис-ҳәрекетлерди, қандай сыпатларды ең әҳмийетли деп есаплаўымыз туўралы кем-кемнен өз исенимимиз қәлиплеседи. Әне усы көз-қарастан биз саналы ҳәм санасыз түрде тек өзимизди ғана емес, ал басқа адамларды да баҳлаймыз.
Айрым илимпазлар, жеке адамлар арасындағы қатнасықлар өзгешеликлерин характерлеп берип, "қатнасық ритми" сыяқлы түсиникти де енгизип атыр. Мәселен: А.М.Титоренко төмендегише есаплайды, байланыс талабы өзиниң ритмине, өз интенцивлигиниң өзгешеликлерине ийе. "Жеке адамның көплеген әдеп-икрамлылық сыпатлары усы ритмди, қатнасық болып атырған өз адамларына ҳәм басқа адамларға дурыс түсиндирип бере алыўға байланыслы. Изине қалмаўшылық ҳәм туйықлық адамға қосылмаўшылық - психологиялық характеристикасы сыпатында көп жағынан олар болып атырған қатнасық ритмине байланыслы болады".
Адам жасаған, мийнет екткен, басқа адамлар менен байланыста болған барлық жерде күтә ҳәр қыйлы күтилмеген, әҳмийетсиз байланыслардан басқа узаққа созылған, турақлы байланысларға дейин, таза рәсмийликтен баслап дослық, интимли байланысларға дейин болған қатнасықлар пайда болыўы мүмкин: рәсмий ҳәм жеке қатнасықлар.
Рәсмий қатнасықлар бул жумыс бабындағы өндирис, оқыў, жәмийетлик жумыс қатнасықлардың ҳәм оның социаллық көлемлери болып табылады: муғаллим-оқытыўшы, баслық-хызметкер, врач-пациент (наўқас) ҳ.т.б.
Жеке өз-ара қатнасық жолдаслық, дослық, таныслық, тийкарында туўылған болып, қандай да бир конкрет тийкарында да пайда болыўы мүмкин.
Биринши топардағы қатнасықлар ҳуқық ҳәм мораллық нормалары жәрдеминде тәртиплестириледи. Мораллық нормалар арасында бәринен бурын хызмет мийнети талапларынан келип шығатуғын қатнаслар норма үлкен роль атқарады. Жеке қатнасықлар тийкарынан мораллық нормалар менен тәртиплестириледи және қәде ретинде мәплер бирлиги, өз-ара симпатия, ҳүрметлеў сезими менен байланыслы.
Қатнасық процессиниң мақсети, баҳалары ҳәм нормалары адамның физиологиялық, психологиялық, социаллық сыпатлары ҳәм талаплары менен тығыз байланыста болады. Себеби бул элементлердиң жыйындығын субъектлер қатнасығының биосоциаллық характеристикасын антропологиялық (антропология адам ҳаққындағы илим) фактор деп атаймыз.
Субъектлер қатнасығының биосоциаллық сыпатынан тек ғана баҳа, мақсетти емес, ал соның менен бирге қатнасық стилин, турлерин ҳәм нормаларын танлаўда киреди. Бундай индивидуаллық, тәбийғый характеристикаларынан жынысы, жасы, темпераменти, ден-саўлығы, түр-түси ҳ.т.б. характериниң қәлиплесиўин, минез-қулқын, пикир жуўыртыўына үлкен тәсир жасайды.
Қатнасық стили ҳәм адамлардың кәсиплик шеберлиги менен де байланыслы. Антропологиялық факторлар қатнасығы системасында ҳәр бир кәсиптиң де спецификасы үлкен роль атқарады. Сол себепли адамлардың таңлаған кәсибине берилиўи қандай да бир кәсипти менгерип алыўы оны қоршаған орталықта, адамлардың бир-бири менен қатнасығында ис бабында болмаса да мәлим дәрежеде сезиледи. Мысалы: Муғаллимлердиң ҳәм оқытыўшылардың кәсибиниң тийкары оқыўшыларды, студентлерди үйретиў ҳәмме ўақыттада қайталаў менен нәсият бериў ҳәм түсиндириўлер менен байланыслы болғанлығы себепли, ол күнделикли турмыста да басқа адамлар менен болған қатнасықларда да профессионаллық сыпатлары алдынғы, планға шығыўы мүмкин, ол қайта-қайта мыжып түсиндириўи ҳәм қайталаўлары мүмкин, ал врачларда болса басқа адамлардың қыйыншылықларына қандай да бир салқынлық болыўы, сениң қыйналғанларыңды түсинбеўи мүмкин. Себеби, ол күнделикли кәсиплик ис ҳәрекетинде буныңдай қыйыншылықлар менен тез-тез ушырасып турады. Соның менен бирге ҳуқық органлары хызметкерлеринде талапшаңлық, ал техникалық кәсип қәнийгелери гәпти бурмаламай дәл тийкарын айтқанды жақсы көретуғынлығын анықлаймыз.
Қатнасық стили оның әдеп-икрамлылық климаты сол адамның ийелеген ҳәмелине де байланыслы болыўы мүмкин. Себеби базы бир басшы хызметинде ислеўши адамлардың әпиўайы қатнасықларда да, семьяда ҳәм басқа да адамлар жыйналған орталықларда ҳүкимдарлық позицияларын, басшылық амбицияларын, талапшаңлығын көриўимизге болады.
Адамлар арасындағы қатнасық миллий характерге де байланыслы болады. Ҳәр қандай миллеттиң мәдениятында путкиллей өзине тән айрмашылықлары бар. Мысалы: Орта Азия халықларының миймандослығы, японлылардың сыйласықлылығы, сыпайылығы, ҳ.т.б. Өткен әсирдиң тарийхшылары ҳәм жазыўшылары жазып кеткениндей XIX әсирдеги Россиядағы саўдагерлер ҳәм мещанлар бир-бирине мийман болып барғанында тек ғана тортинши рет стол атирапына мирәт етилгенде ғана столға отырады екен, ол биринши мирәттен-ақ столға ол әдепсизлик деп саналған. Сондай-ақ Шығыс халықларында да мынандай дәстүр бар, егерде қандай бахытсызлық жүз берсе де адамлар менен болған қатнасықларында жыллы жүзли, күле шырай берип турыўың шәрт.
Сондай-ақ антропологиялық факторлар қатнасық этикасының формаллық ҳәм мазмунлы тәреплерин де анықлайды. Америкалы психолог Матвуд Атватер мынадай деп жазады: "Егер адамлар басқа адамлар менен сөйлеўи пайтында сол гәптиң мазмунына көбирек итибар берсе, ол ҳаяллар болса сол қатнасық процессине көбирек кеўил беретуғын екен. Сондай-ақ ер адамлар көбинесе 10-15 секунд сол гәпти кеўил бөлип тыңлайды да, ал соңынан бул гәплерге өзинше не қоссам екен деген ойларға берилип кетеди екен. Ал ҳаяллар болса сөйлеўшини итибар менен тыңлап оның сезимине кеўил бөледи екен".
Буннан да басқа көп психологлардың изертлеўлерине қарағанда, ҳаяллар ер адамларға қарағанда көбинше визуальный (көриў) контактине көбирек итибар береди екен, олар сол сөйлесиўшиниң көзине қараўға, сол көз-қарасларының даўам етиўине көбирек кеўил бөледи.
Психологиялық характеристикалар, социаллық статус, миллий дәстүрлер де адамлар қатнасығының бир-бири менен сөйлескен пайытындағы бири-биринен қашықлығында анықлайды. Матвуд Атватердиң пикиринше балалар ҳәм ғарры жастағы адамлар басқа жастағы адамларға қарағанда сөйлесип турған пайытында бир-бирине жақын турады екен, ҳәм соныңдай басшы ҳәм бағыныўшыларға қарағанда бирдей статустағы партнерлер де бир-бирине жақын турады екен. Жер Орта теңизи ҳәм Латын Америкасындағы жасаўшылар да Арқа Европа халықларының бир-бирине жақын турып сөйлесетуғыны байқалған, сондай-ақ Уллы Британияда жасаўшы халықлар арасындағы әпиўайы қашықлық 1,5-2 метр болса, ал Греция турғынларына болса 1 метр қашықлық жетеди екен.
Әдеп-икрамлылық қатнасық мәденияты өз қағыйдалары ҳәм нормаларына ийе. Қатнасық қағыйдаларын ҳәм нормаларын еки түрге бөлип алып қарасақ болады, олар этикетли (стеротипли) ҳәм этикетсиз ямаса творчестволы. Этикет дегенимиз не? Философ-алым К.Стошкустың пикиринше - Ғэтник - бул минез-қулықтың тек ғана стандарты емес, ал соның менен бирге мазмунлы қатнасықтың ритуаллы формасыҒ.
Этикет әййемги дәўирлерде-ақ пайда болған, ҳәм ол ритуаллық дәстүрлер менен тығыз байланыслы.
Этикет тез-тез қайталанып туратуғын қатнасық, ситуацияларында (сәлемлесиў, танысыў, мийманды күтиў, мийманда болыў, жәмийетлик орынларында өзиңди тута билиў ҳ.т.б.) өз орыныңды табыўға басқалар менен қандай қатнаста болыўды, өзиңди тута билиўге үлкен жәрдем береди. Этикет нормалары улыўма қатнасық нормаларының тийкарғы нормалары болып есапланады, бирақ усының менен бир қатарда этикет нормаларын билиў турмыс, өмир машқалаларында жәрдем бере алмайда қалады. Турмыс машқалаларында сондай мәселелер, машқалалар ушырасып қалыўы мүмкин, ол жерде этикет нормаларын жақсы билгениң менен сол ҳәрекетке сәйкес деп табылған минез-қулық формаларын таңлаўда қыйн болып қалады.
Соның менен бирге этикет нормаларын қандай да бир қатып қалған нормалар, догма сыпатында да есаплаўға болмайды, себеби этикет нормалары мыңлаған жыллар даўамында қәлиплесип келген болса да, ол жәмийет пенен бирге раўажланады ҳәм социаллық, әдеп-икрамлылық прогрессиниң қарама-қарсылықларына тийкарланып келип шығады. Улыўма адамзатлық нормалар жәмийетлик қатнасықлар тийкарында сәўлеленеди.
Этикет тек ғана тарийхый формаларға ийе болып қалмастан соның менен бирге географиялық ҳәм этнографиялық айырмашылықларына да ийе. Мысалы: Турцияда мийманды моншада күтиў әдетленген, ал Японияда болса стол үстинде ҳәмме түрдеги аўқатлар, ишимликлер толып турса да мийманнан сизди ҳеш күте алмадым, аўқат бере алмадым деп кеширим сорайды. Латын Америкада болса, ыссылық ҳаққында гәп қозғаў әдепсизлик болып есапланады. Шығыс халықларында аўқаттан кейин сорпасын бериўге әдетленген, ал Англияда XVI әсирде Генрих VII дәўиринде мийман болып келген адам хожейинди, сол үйдиң бийкесин балаларын ҳәм үй ҳайўанларын сүйиўи керек болған. Соныңдай бизиң халқымыздың да этикет нормалары бар. Мәселен: Қыз бала ҳеш ўақытта ер адамның алдынан кесип өтиўине болмайды, қыз бала есик аўзында отырмайды, ал келинди болса ҳеш ўақытта да төрге отырғызбайды.
Қатнасық мәденияты сәлемлесиўден басланады. Сөйлесиў тәртиби бир биреўге болған мийрибаншылықты көрсететуғын, дослықты беккемлеўде жүдә үлкен әҳмийетке ийе пәзийлет болып табылады. Соның менен бирге бул бир-бириниң ден-саўлығын сорасыў өзлериниң аман есан ушырасып турғанлығына қуўаныш билдириў, ниетлериниң ҳақ, ҳадал екенлигин сездириў болып табылады. Дүньяжүзинде халықлар арасында бир нешше түрли сәлемлесиўлер ушырасады. Мәселен: "Масаи қәўиминде бир-бири менен сәлемлеспестен алдын олар қолларына түпирип алады екен, тибетте жасаўшылар бир-бири менен сәлемлесиўди бас кийимин шешип, сол қолын тың-тыңлап турғандай қулағының артына услап тиллерин шығарыў арқалы әмелге асырады, мари қәўиминде жасаўшылар мурынларын суйкейди", - дейди К.Смолка. Ал Англияда болса, көшеде кетип баратырған ҳаял адам биринши болып ер адам менен сәлемлеседи, себеби оған соныңдай ҳуқық берилген, ол сол ер адам менен ҳәмме көпшилик алдында таныслығын билдиргиси келеди ме ямаса билдиргиси келмейди ме оны өзи таңлап биринши болып сәлемлеседи.
Сәлемлесиўден кейинги ҳал-аўҳал сорасыўда айырмашылықлар ушырасады. Мысалы: руслар "ден-саўлығың қалай?", Ертедеги Египетлилер ден-саўлығын сорап отырмастан "қалайсыз терлейсиз бе?" деп, ал греклер "қуўаныңыз" деп сәлемлессе, қытайда "бүгин аўқатландыңыз ба? Қарныңыз тоқ па?" деп сорайды екен. Хиндлер еки алақанды бириктирип маңлайын тийгизип бас ийеди, ал Монголлар "қалай көшип атырсыз ба, малың қалай, жақсы қыслап отырсызба" деп сорайды. Буның ҳәммеси халықлардың жасаў жағдайларына, турмыслық өзгешеликлерине байланыслы сәлемлесиўдиң түрлериниң келип шығыўын көрсетеди.
Жаңа танысларды арттырыўда да этикеттиң қағыйдалары бар. Этикет бойынша таныс емес адамларды еки жақты да таныйтуғын адам таныстырыўы тийис. Ең биринши болып өзиниң ини-туўысқанына таныс емес адамды таныстырыў шәрт, бирақ өзиңниң досларыңды жора-жолдасларыңды ата-анаңа бирим-бирим таныстырыў керек, ал керисинше ата-анаңды жолдасларыңа таныстырыў этикаға жатпайды. Сондай ер адамларды бирдей жаста болса да ҳаял-қызларға таныстырыў керек. Таныстырыў қағыйдалары этикеттиң басқа да нормалары сыяқлы абсолют характерге ийе емес, олар тарийхый өзгермели, ҳәм бул олардың социаллық, миллий ҳәм социал-психологиялық шәртлерине, дәстүрлерине байланыслы өзгерип отырады. Этикет нормаларына бойсыныў, әдеп-икрамлылық шәртлерин булжытпай орынлаў, сөздиң дурыслылығы, гөззаллығы адамлардың турмыс кешириўинде, жәмийет арасында өз орнын таба алыўында, адамлардың ҳүрмет-иззетке ерисиўинде үлкен роль ойнайды. Буныңдай жетискеншиликлерге ерисиў даўамында адамларға ҳүрметлеўшилик, киши пейиллилик, шыдамлылық сыяқлы белгилеринен тысқары тағы да әдеплилик, сыпайылылық, әлпайымлылық сыяқлы айырықша белгилери қатнасық мәдениятында үлкен әҳмийетке ийе. Әдеплилик - тийкарғы мазмуны адам қатнасықларының түрли жағдайларында минез-қулықтың белгили режелерин орынлаў, әдеп-икрамлылықты сақлаў әдетлеринен ибарат болған характерли белгиси болып табылады. Әдеплиликтиң ҳасыл қағыйдаларын көзге илмеген жәмийет өзин сөзсиз әжелге дкўшар етеди. Сондай-ақ әдеплилик тәрбиясы адамның интизамлылығын қәлиплестирип, адамгершилигин жетистирип, бахытлылығына еристирип жәмийетке меҳрибанлық нурын шашыў хызметин атқарады.
Әдеплилик нәсилден-нәсилге берилмейди, себеби адам ким болыўына қарамастан ол тәрбиядан, жағдайдан ғәрезли болады ҳәм жеке индивид өзи-өзинен әдепли киси болып жетиспейди. Әдеплилик адамның өсип жетилисиўинде өзи менен бирге өсип раўажланып, оған дөгерегиндеги адамлар, жәмийетлик институтлар, жәмәәт, семья, мектеп тәсир етеди.
Жоқарыда айтылғанлардан жуўмақ шығарып адамлар менен жақсы қатнасықта болыў ушын, жәмийетте өзин тута билиўдиң қандай да бир конкрет нормалары, қағыйдалары бар ма? Деген сораў туўылыўы мүмкин. Әлбетте ҳәмме шараятларға бейимлескен, барлық жерде қолайлы нормалар жоқ, бирақ Дейль Карнегидин адамларды қалай өзине тартыў, қолайлы қатнасық атмосферасын дүзиў ҳаққындағы китабынан бир неше қағыйдаларын атап өткен орынлы болады.

Биринши қағыйда:

Басқа адамларға ҳақыйқый қызығыўшылық туўдырың.

Екинши қағыйда:

Ҳәмме ўақытта күлип жүриң.

Үшинши қағыйда:

Ядыңызда сақлаң, адамды өз аты менен атаў ҳәмме адамларға да жағымталлы сес болып есапланады.

Төртинши қағыйда:

Жақсы тыңлаўшы болыўға әдетлениң. Өзиң ҳаққыңда басқалардың сөйлегенин, қоллап-қуўатлаң.

Бесинши қағыйда:

Сөйлесип отырған адамыңыздың қызығыўшылығы ҳаққында гәп қозғаўға әдетлениң.

Алтыншы қағыйда:

Адамларға олардың әҳмийетлилигин сездириң ҳәм оны шын кеўилден ислең.

Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish