«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»


БЕРДАҚ ШАЙЫР ҚОСЫҚЛАРЫНЫҢ ТӘРБИЯЛЫҚ ӘҲМИЙЕТИ



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet59/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   55   56   57   58   59   60   61   62   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

БЕРДАҚ ШАЙЫР ҚОСЫҚЛАРЫНЫҢ ТӘРБИЯЛЫҚ ӘҲМИЙЕТИ 


168 
Б.Гулимова ҚМУ студенти 
Биз бүгинги күнимизде тарийхымызға нәзер аўдарсақ ҳәр бир 
халықтың, миллеттиң тарийхында өшпес из қалдырып, халқына пана, 
сүйениш, қол-қанат бола алған батырлары ҳәм данышпанлары менен 
белгили болғанлығын көриўимизге болады. Олар өзлериниң батырлығы, 
шешенлиги, инсаныйлық пазыйлети, даналығы, халқының алдындағы 
уллы хызмети менен ат қалдыра алған тулғалар есапланады. Халық 
арасында олар ҳаққында ҳәр түрли дәстанлар, әпсаналар дөретилген 
болып, бизиң мәдений турмысымыздың раўажланыўына да, бизге шекем 
жетип келиўине де түртки бола алды. Соның менен өз халқы қасында 
болып, оларға жаўдырылған қысыўметлерди бирге көрип, биле турып 
дөретиўшилик ислери менен халқына сүйениш бола алатуғынлығын 
билемиз. Усындай инсанлардың бири қарақалпақ халқының миллий 
мақтанышлы туўына айланған Бердақ Ғарғабай улын атап өтсек болады.
Бердақ пүткил өмири даўамында дөретиўшилик хызметлерин 
карақалпақ халқының бахты ушын арнады десек қәтелеспеген боламыз. 
Соның ушын да, Бердақ Ғарғабай улын халқы шын жүректен сүйеди ҳәм 
ҳүрмет етеди. Бердақ Ғарғабай улының шығармаларын оқый отырып, тек 
өз дәўириниң ўақыяларын сәўлелендирип қалмастан, оның дидактикалық 
шығармалары бүгинги дәўир ушын да тәлим-тәрбия қуралы болып хызмет 
етип атырғанлығын көремиз.
Бердақ Ғарғабай улы қарақалпақ халқының руўхый байлығы, 
мийраслары болған тарийхый тулғаларының батырлық хызметлерин 
сәўлелендиретуғын Амангелди, Айдос бий, Ерназар алакөз ҳәм тағы басқа 
да тарийхый шығармалары менен қарақалпақ халқының жүрегинен терең 
орын ийеледи. Оның усындай мазмундағы шығармаларын оқый отырып, 
Бердақ Ғарғабай улы тек ғана шайыр емес, халық тарийхын дөреткен уллы
тарыйхшы екенлигин көриўимиз мүмкин. Бердақ Ғарғабай улының «Айдос 
баба» шығармасында мынадай қосық қатарлары келтирилген: 
Айдос деген уллы киси, 
Акыры кетти қолдан күши, 
«Ханның иси-шәйтан иси»- 
Деген екен Айдос баба. 
Ханға болмады пухара, 
Қарсы болды бара-бара, 
Жоқдур өлимге ҳеш шара, 
Шейит өлди Айдос баба. 
Қарақалпақ халқының батыр, мәрт перзенти болған Айдос бабаның 
қаҳарманлығын, оның ақ көкирек, садалығын ҳәм де ханның бир 
ҳийлесине алданып қурбан болғанлығын, сонша ўақыт халық пенен бирге 
болып, халқына аянбай хызмет еткенлигин усы шығармасында келтирип 


169 
өтеди. Буннан басқа Бердақ Ғарғабай улының «Ерназар бий» дөретпеси де 
халық аўзында дәстан болып үлгерген шығармаларының бири. Онда: 
Әўел Айдос баба өлип, 
Орнын тутты Ерназар бий. 
Қарақалпаққа аға болып, 
Ҳүким етти Ерназар бий – деп жырлайды. 
Қарақалпақ халқының Айдос бабадан кейинги халықтың арын 
арлаўшы уллы бийлердиң бири Ерназар бийдиң ерлик ислерин көрсетеди. 
Бердақ Ғарғабай улының тарийхый шығармаларын оқый отырып, сол 
дәўирдиң қысымлы күнлерин әпиўайы, қарапайым халық тилинен 
баянлағанын көремиз. Бул Бердақ Ғарғабай улының сөз зергери екенлигин 
және бир мәрте мойынлатады десек қәтелеспеген боламыз. 
Бердақтың және бир уллы тарийхый дөретпелериниң бири болған 
«Шежире»си бүгинги күнде халықтың тарийхын үйрениў, соның менен 
бирге қарақалпақ халқы өзин-өзи тереңирек билиўине жәрдем етеди. 
Бердақ усы шығармасы арқалы қарақалпақ халқының барлық 
урыўларының тарийхын көрсетип өтеди. Мысалы: 
Мүйтен, Қоңырат, Қытай, Қыпшақ, 
Кенегес, Манғыт, жиптидәк, 
Бәри алты урыў қарақалпақ, 
Өзбектен айрылған екен. 
Бердақ Ғарғабай улының «Шешире»си қарақалпақлардың туңғыш 
тарийхый шығармасы болып қалады.
Оның «Болған емес», «Жаз келер ме», «Заманда», Көринди», 
«Билмедим» ҳәм тағы басқа да қосықларында ХIХ әсирдеги қарақалпақ 
халқының аўыр күнлери, хан ҳәм бийлердиң қысыўметлери, халықтың 
ашлықтан қырылғанлығы ҳәм өз басына түскен аўыр күнлери ҳаққында 
сөз етиледи. Мысалы, оның бир ғана «Заманда» қосығы: 
Залым қысым етер халқыма сансыз, 
Жүзинде нуры жоқ гилең иймансыз, 
Мөҳмин қуллар отыр телмирип нансыз, 
Жоқшылық жәбири өтти заманда. 
Бул катарлар жоқарыда айтылған пикирлеримиздиң дәлийли бола 
алады. 
Бердақ Ғарғабай улының бизге шекем жетип келген дидактикалық 
«Балам» қосығы ел арасында яд болып кеткен ҳәм үлги сыпатында 
үйренилетуғын қосықларының бири. Бул қосық қатарлары арадан қанша 
ўақыт өткен болса да, бүгинги күнге келип биз жаслар ушын да айтылған 
нәсият сөзлер бола алады. «Балам» қосығын оқый отырып ондағы мына 
қатарлар үлкен қызығыўшылық оятады: 
Қасыңа ерсе бир жаман, 
Зыяны тийер саған, 
Сондайлардан болғыл аман, 


170 
Аңластырып қара балам. 
Атаңнан пәнди нәсият, 
Ҳәммеден де усы зыят, 
Орынлы ет етпе уят, 
Кейнинди ойлап жүргил балам. 
Буннан басқа Бердақ Ғарғабай улының “Қашан рәҳәтланадурсаң”, 
“Билгейсиз”, “Ойланба”, “Надан болма” қосықлары оның дидактикалық
дөретпелери қатарына киреди. Бул қосығында шайыр: 
Пейлиң кетип, нәпсиңди ашпа, 
Малым бар деп толып таспа, 
Жарлыны аяққа баспа, 
Сен де жарлы боладурсаң. 
– деп сол дәўирдеги байлардың жарлы, пақыр-пуқараларға ислеген ерси 
ҳәрекетлерин ашкара етип, образлы түрде сүўретлейди. 
“Ойланба” қосығын оқып отырып, сол дәўирдеги қарақалпақ 
қызларының өз сүйгенине турмысқа шыға алмағанлығы, жарлылықтың 
қысымы менен өзиниң теңи болмаса да байларға, жасы үлкен кисилерге өз 
қәлеўисиз бир қапшық бийдай ушын сатылып кеткенлиги ҳаққында 
ашынып жазады. Оларға ақыл-нәсият сыпатында өзиңниң бахтың ушын
гүрес “ойланба” деп айтып өтеди: 
Малы көп деп кетпе оған,
Азап берер ақмақ саған, 
Қостарым деп ерме соған,
Сүйгениңе кет, ойланба. 
Қарама берген малына, 
Қарамас ол ҳал-жайыңа,
Ылайық ба бул бойыңа, 
Сүйгениңе кет, ойланба. 
Шайырдың “Билгейсиз” қосығы арқалы да сол дәўирдеги жасларға 
үгит-нәсиятлық мәнисинде айтылған мынадай қосық қатарларын көремиз: 
Биреў менен жолдас болсаң,
Ҳаслы затыны билгейсиз. 
Сапар шығып, ҳәмдам болсан, 
Сыры-ҳалыны билгейсиз. 
Ҳаял алсаң, жақсыны ал, 
Көп тыңлап сөзге қулақ сал, 
Көркин алма, минезин ал,
Әўелден сынап көргейсиз. 


171 
Әлбетте, бул дидактикалық қосықлар биз жаслар ушын да, бизден 
кейинги аўләдлар ушын да яд болып қалатуғын әсирлик қосықлар бола 
алады.
Улыўма алғанда, шайырдың тәрбиялық темадағы қосықлары тек өзи 
жасаған дәўири ушын емес, ал бизиң ҳәм бизден кейинги әўладлар ушын 
да әҳмийетин жоғалтпайды. Оларды үйрениў ҳәм келешек әўладқа 
жеткерип бериў бүгинги ҳәм ертеңги әўладлар ушын да инсанийлық 
ўазыйпаларымыздың бири есапланады. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   55   56   57   58   59   60   61   62   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish