«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet55/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   51   52   53   54   55   56   57   58   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

 
ӘДЕБИЯТЛАР 
1. Бердақтың таңламалы шығармалары. «Қарақалпақстан» Нөкис, 
1987-ж. 
2. «Жеткиншек» газетасы. 2016-жыл 28-июль, № 30 
3. «Жеткиншек» газетасы. 2014-жыл 11-декабрь, № 48 
4. «Жеткиншек» газетасы. 2016-жыл 1-декабрь, № 47 
5. И.Қурбанбаев. Қарақалпақ балалар әдебияты. «Билим» Нөкис, 1992-
ж. 
БЕРДАҚ ДӨРЕТИЎШИЛИГИНДЕ ҚАРАҚАЛПАҚ
ХАЛҚЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТШИЛИГИНИҢ СӨЗ ЕТИЛИЎИ 
МӘСЕЛЕЛЕРИ 
 Г.Әлеўова ҚМУ оқытыўшысы 
 
Тарийхтан мәлим, ХIX әсирде Хийўа ханының «қарақалпақлар 
бойынша ўәзири» [2:197] Ерназар бий басшылығында Арал бойында
жасаўшы: қарақалпақ, өзбек, қазақ ҳәм түркмен халықларының Хийўа 
ханы алып барған үзликсиз езиўинен қутылыў мақсетинде ҳәм өз алдына 
ғәрезсиз ел болып жасаўы ушын үлкен көтерилис келип шықты.
Бирликли түрде шөлкемлестирилген көтерилистиң нәтийжесинде түслик 


154 
Арал бойы халықлары өз азатлығына ийе (1855-жыл ноябрь,1856-жыл 
июнь аралығында) болды. Ғәрезсизликке ерискен түслик Арал бойы 
халықлары үлкен салтанат пенен Шыңғыс ханның узақ әўладларының 
бири, төре туқымынан Зарлықты өзлерине хан етип, тахтқа көтериўге 
миясар болды. Бердақ ҳәр бир хан сайланып қойылыўы керек деген 
пикирин Зарлық төрениң тахтқа отырғызылыўы ўақыясын баянлаўы 
арқалы және де толықтырып береди. 
Алтын Орда дәўиринде Шыңғыс хан енгизген тәртип бойынша ел 
ағалары менен бийлердиң ҳәм халықтың уйғарыўы тийкарында елге 
Шыңғысхан әўладына тийисли төре туқымынан ғана хан көтериў талап
етилген. Үрп-әдет ҳуқықы сыпатында күш пенен енгизилген бул дәстүрди 
шайыр жақсы билетуғын еди. Шыңғысхан заманында енгизилген, усы 
сыяқлы трайболистлик тәртип-пухаралардың тең ҳуқықлығы принципин 
бузып, хан қойыўда ҳәм мәмлекетлик аппаратқа ҳәмелдарларды таңлаў 
исинде төре туўысқан адамларға айрықша мүмкиншилик жаратып, басқа 
этник топар адамларын хан көтериўге рухсат етилмейтуғын тәртип еди. 
Бул қағыйдалар қарақалпақ халқында ҳуқықый үрп-әдет сыпатында Х1Х 
әсирде де даўам еткени мәлим. Усыған байланыслы Бердақ уллы ойшыл 
сыпатында төре туқымынан хан етип көтериўге наразылық билдирмеди. 
Бирақ, бунда болажақ тахт ийесиниң ақыл-парасаты, ел басқарыў уқыбы, 
халыққа пидайы болыўшылығы есапқа алыныўын баслы ўазыйпа етип 
қойды. Қанша дәрежеде трайболистлик тәртип орынатылған болса да 
Бердақ, халық арасында абыройы күшли, шөлкемлестириў уқыбы бар, 
кәтқудашылығы басым адамлардың ғана ханлыққа көтерилиўин нәзерде 
тутты. Бул жағдай сайланған ҳүкимдардың халық алдындағы миннетин, 
ўазыйпасын түсинип, өзин сол халық ҳәм сол халықтың бас көтеретуғын 
ўәкиллери сайлап атырғанлығын сезиўи, ең дәслеп оны ел мәпин ойлаўға 
умтылдырған, халық алдындағы жуўапкершиликти билиўине еристирген. 
Хан сайлағанда белгили бир сиясий күшлер менен топарлар, әсиресе, 
елдиң бийлери менен батырлары, байлары, диний уламалары шешиўши 
тәсирге ийе болған. Атақлы бий Ерназардың Зарлық төрени хан етип 
көтериўге усыныс етиўи бул пикиримиздиң дәлийли бола алады. Елдиң 
аўызбиршилигин, татыўлығын сақлап турған бийлер менен ел 
ақсақалларының мақуллаўысыз, әллекимниң тахтқа көтерилип кетиўи 
қыйын. Егер хан мийрасхорлар арасынан қойылыўы шәрт болған 
жағдайда да ел бийлери ҳәм ақсакаллары тәрепинен мийрасхорлардың 
қолынан дипломатиялық ис алып барыў келетуғынлары таңлап алыныўы 
дыққат орайында турған.
Шайыр сөз етип отырған дәстанында Ерназар бийдиң аймақтағы бас 
көтеретуғын бийлер менен ақсақалларға хабар берип, Арал әтрапында 
жасаў-шы: қарақалпақ, өзбек, қазақ ҳәм түркмен халықларының өз алдына 
ғәрезсиз мәмлекет болыўы ушын хан сайлаў салтанатын шөлкемлестириў 
ҳәрекетин баслағанын жазады. Усы ўақыяларды:


155 
«Көп кемеде кеңес қылды
Қарақалпақты жыйнап алды.
Арыслан туўған Ерназар бий» [2:197]
деп баянлап, Хийўа ханының елди ҳәдден тыс зулымлық пенен 
басқарыўынан қутылып, түслик Арал аймағын өз алдына мәмлекет етиў 
мақсетинде хан сайлаў ушын бийлер Кеңесин -қуралтай өткериўге 
кирискенлигин түсиндиреди.
Қарақалпақ халқының Сасық бий басқарған Түркистан дәўири 
турмысында кең орын алған ҳәм Бердақ заманында да дәстүр сыпатында
сақланып турған бийлер кеңеси яки бийлер қуралтайында көрип шығыла-
туғын тийкарғы мәселелер: 1.Пүткил аймақ халқына тийисли машқала-
ларды талқылап, бир қарарға келиў. 2. Урыс, жаўгершилик мәселелерин 
шешиў. 3. Пүткил халыққа тийисли бий, батыр, яки басқада лаўазымдағы 
адамлардың ел ушын зиян келтириўши, жөнсиз ислерин талқылаў. 4. 
Елдиң журт ағасын, бас бийди, халықтың бирлигин уйымластырыўшы 
муфтыларды сайлаў т.б. ибарат болған [5].
Бийлер кеңесинде қабылланған шешим халықтың қаўли-қарары 
тақилетте ендиги кеңес шақырылғанға шекем бузылмаған. Улыўма 
халықлық қарарларды қабыл етиўде бийлер қуралтайының әҳмийетин
дурыс түсинген Бердақ, Ерназардың өз алдына ханлық қурыў ушын бийлер 
кеңесин өткериўин мақуллап, бул ҳәрекетлерди шәрият нызамы ҳәм үрп- 
әдет ҳуқықына сүйенген ҳалда ис алып барыў деп баҳалады. 
Ерназар батыр түслик Арал аймағындағы халықлардың атақлы 
алпыс бийин, сондай-ақ, ел үстинде ағалық етип жүрген барлық басшы 
ақсақалларды топлап, үлкен кеңес өткереди. Ол бул қуралтайда түслик 
Арал бойы халықларының өз алдына ханлық болыўы зәрүрлигин машқала 
етип усынып, бул аймақ халықларына Хийўа ханының артықмаш 
зулымлық ислер алып барғанлығын түсиндирип, сөз сөйлейди. Ерназардың 
бул усынысларын қоллап, сол ўақыттағы қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен 
халықларының атақлы алпыс бийи өз антларын берискен ҳәм Хийўа 
ханы қурамынан шығып, өз алдына мәмлекет болыў жөнинде шәрт 
жасасып, келисилген ўәдениң беккем болыўының белгиси сыпатында 
қуралтайға қатнасқан бийлер бир алманы алпысқа бөлип жеп, не аўҳал 
болса да мақсеттен тайынбаўға ўәделеседи. Нәтийжеде Зарлық төре алпыс 
бийдиң ҳәм журт ағалары менен қазы-калан, муфтыларының, ел 
батырлары менен халықтың ашық түрде қоллап-қуўатлаўы нәтийже-синде 
ханлық тахтқа отырады. 
Бердақ «Ерназар бий» дәстанында Зарлық төрени хан етип тахтқа
отырғызыў ўақыясын арнаўлы түрде сөз еткен. Хан сайлаў қуралтайын 
Ерназар батырдың алдын ала белгиленген орын-Хожели дәрья жағысына 
жақын жерде, жәрия жағдайда өткериўге шешим жасағанлығын жазады.
Зарлықты тақтқа көтериў салтанаты дәстүрге сай жума күни өткерилген. 
Пүткил түслик Арал бойы халқының атақлы адамлары ҳәм халық 


156 
Әмиўдәрья бойындағы «Қалли жағыс»қа кими атлы, кими пияда келип
ортаға төсеклер төсеп, жасына дәрежесине қарап қур дүзип, «бәрше жәм 
болып отырады». [2:198] Бердақтың мағлыўмат бериўине қарағанда 
шөлкемлестирилип атырған хан сайлаў салтанатына Хийўа ханлығынан 
жәбир көрген түслик араллы: өзбек, қарақалпақ, қазақ ҳәм туркмен 
халықларының барлығының ел ағаларының белсендилик пенен қатнасыў 
жағдайлары төмендегише көриниске ийе болған:
Ҳәмме хызметке шақ болды 
Белинде ақ пышақ болды, 
Беглер беги, инақ болды 
Бәрин жыйды Ерназар бий [2:198]
Жыйналған журт ҳәм хан сайлаўға қатнасыўы тийисли болған 
лаўазымдағы адамлар, қазы-калан, муфтылар орынлы-орнына отырып, 
жайғасқаннан кейин, ел ағасы Ерназар бий Хийўа ханлығының түслик 
Арал бойы халықларына адам төзбейтуғын дәрежеде әдалатсызлық 
мүнәсибетте болғанлығын түсиндирип, мәмлекет ушын ғәзийнеге алтын 
топлап, әскерий күш жыйнап, беллерине ақ пышақ байлап, түслик Арал 
үлкеси халық ўәкиллерине ҳәм аламан журтқа өз алдына мәмлекет 
орнатылғанлығын жәриялайды. Бийлер Кеңесиниң уйғарыўы менен қубла 
Арал халықларына Зарлық төрени хан етип сайлаўға келисим
жасалғанлығын, ҳәм сол күннен баслап Зарлықтың түслик Аралда
жасаўшы: қарақалпақ өзбек, қазақ ҳәм түркмен халықларының ханы 
болғанлығын дағазалаған.
Ғәзийнеге зер толтырды
Зарлық төрени келтирди, 
Хан көтерди Ерназар бий [2:198].
Соң дәстүр бойынша, Зарлықты абыройы бәлент еки бий еки 
жағынан қолтықлап, хан ушын алдын ала таярланған ақ кийизге малдас 
қурындырып отырғызған. Буннан кейин Ерназар бий ханлық тахтқа 
көтерилип атырған Зарлық төрениң Шыңғыс ханнан басланатуғын ата-теги 
тарийхын, олардың ҳасыл әўладлар туқымына тийислилигин, елди
әдалатлы басқарыў уқыбына ийе екенлигин т.б. баянлап, халыққа жақын-
нан таныстырған. Бийлер қуралтайына қатнасыўшы жасы үлкенлер, ел 
ақсақаллары менен уламалары Зарлық ханға тилек, пикирлерин билдирген. 
Булардан кейин елдиң ең үлкен диний уламасы-шайхул ислам (муфты)
пәтия берип, Қураны кәримнен дуўа оқып, халықты бир аўқамға шақырып, 
өз алдына ханлық болғанлығы менен қутлықлап, Зарлық төре ханлығын 
Қудайдан қоллап-қуўатлаўды тилеп, Қарақум ийшан ҳәзиретлери оған ел
атынан пәтия берген. 
Бердақ елдеги хан сайлаў дәстүри Ерназар бий тәрепинен халық 
ишинде бурыннан қәлиплескен үрп-әдет ҳуқықы хәм шәрият нызамы 
тийкарында әмелге асырылғанлығын, қуралтайға елдиң барлық қатлам-
ларынан ўәкиллер қатнасқанын, әсиресе, салтанаттың рәсмий түр ийелеп, 


157 
буған шайхул-ислам (муфты), елдиң қазы-каланлары (ҳуқық органлары) 
шақырылғанлығын, нәтийжеда Зарлықты хан деп рәсмий тән алыў нызам 
тийкарында шөлкемлестирилгенлигин, жумла халық ханды алғыслап, оны 
ҳүрмет тутып, бас ийип, тәзим еткенлигин:
Казы-калан, шайхул-ислам, 
Ҳәм нәхип иззети икрам
Бәрше турып қылды сәлем
Ҳуким етти Ерназар бий [2:198]
- деп жазған еди. 
Зарлықты хан деп дағазалаў орын алғаннан соң, ертедеги түрк 
халықлары тарийхынан [3:34], Шыңғысхан дәўиринен [4:276] берли 
киятырған, сондай-ақ, қарақалпақлардың Сасық бийи тәрийплеген [5:78]
дәстүри бойынша ақ кийизде малдас қурынып отырған Зарлық ханды,
елдиң атақлы төрт бийи кийиздиң төрт мүйешинен услап, басларынан 
асырып үш мәртебе: «Зарлық хан болды!»- деп жоқарыға көтерген. Бул 
дәстүрлер Зарлық хан сыпатында ҳүкимдарлыққа ийе болды, тақтқа
минди деген шешимди рәсмий тән алыў еди. Изин ала сайлаўға қатнасып 
отырған ҳәр елдиң ақсақаллары, руў басшылары топ-тобы менен келип ақ 
кийизде отырған ханды кийизи менен жоқарыға көтерген. Усы 
ҳәрекетлери арқалы өз қәўимлериниң оны хан сыпатында мойынлап
ҳүрмет ететуғынлығын түсиндирмеген. Бийлер менен жасы үлкен ел 
ақсақалларының ҳаяллары Зарлық ханның үстине шашыў шашқан. Бул 
дәстүрлер орынланып болғаннан кейин Зарлық төреге хан кийетуғын 
арнаўлы липаслар: қымбат баҳа тон, белбеў, бас кийим (қалпақ), етик т.б. 
кийгизип, хан ҳасасын ҳәм елдиң қырмызы туўын тапсырған. Еки адам 
қолтықлап әкелип, ер турманы ҳасыл жиҳазланған ақ атқа мингизген. 
Буннан кейин жасы үлкен еки адам хан минген аттың еки жақ жылаўынан 
жетеклеп, биразы аттың оң ҳәм шеп тәрептеги зәңгисинен услап, аламан
топланған қурды айландарып, халық пенен таныстырған. Соң хан 
сайлаўға бағышланып той берилген.
Бердақ сөз етип отырған усы дәстанында Ерназар бийдиң өз алдына 
Арал әтирапы халыкларының ханлығын дүзиў менен бирге, мәмлекеттиң 
туўының қандай болыўын таңлаў исине үлкен әҳмийет бергенлигин де 
түсиндирип өтеди. Бул ушын Ерназардың қырмызы реңди (қызыл) мақул 
санағанлығын ескертеди. Усы жағдайларды шайыр: «Алып қырмызы
иреңди» [2:142] ел байрағын жасады деп жазады. Халықтың өзине тәнли-
гин танытыўшы мәмлекетлик белги оның туўына орналастырылыўы 
ертедеги түрк қағанатлығы дәўирлеринен сақланып келинген дәстүр еди 
[3:34]. Ерназар бий Зарлық ханның қусбегиси-бас ўәзийри сыпатында 
мәмлекеттиң қызыл туўына халықтың руўхый-мәдений мийрасларға бай 
ҳәм жаўынгер халық екенлигиниң көринисин сәўлелендириўши гүмбезди 
ҳәм оның үстинде аттың туяғының изине уқсаған ярым айдың қыяланып 
орналасыўын символ етип таңлаған. Усы мәселеге байланыслы проф. Ә. 


158 
Пахратдинов шығысты изертлеўши алым, академик В. В. Бартольдтың: 
ярым ай орта әсирлерден бери киятырған белги. Ол тийкарынан аттың 
туяғының изин аңлатып, халықтың жаўынгер екенлигине түсиниклер 
береди- деген болжамларына тийкарланып, Ерназар алакөз де усы белгини 
ханлық байрағына символ етип қабыллаған. Арал бойы халықларының 
байрағындағы гүмбез үстинде турған айшық, батырлар минген аттың 
туяғының изин, халықтың атлы жаўынгер екенлигин көрсетиўши белги 
деген пикирди билдиреди [6:204-205]. Усы жағдайларды нәзерде тутқан 
Бердақ сөз етип отырған «Ерназар бий» дәстанында қарақалпақ халқының 
туўы ушын: «Жаратты гүмбезли Айды, Яд етиңиз бир қудайды»[1:225] деп 
баянлаған еди. Шайыр түслик Арал халықларының мәмлекетлик байрағын 
белгилеп, ханын сайлап, ғәрезсиз ел болып, дәрханшылыққа ерискенли-
гин:
Бул бир Қуда иси дәўлет қус қонған,
Буны көрмек сизге,бизге дус болған.
Ханлықты орнаттық халқым аңсаған, 
Енди буннан артық дәўран болмайды [8:57]
-деп жазған еди.
Усылай етип, Бердақ Ерназар батыр басшылығында түслик Арал 
халықларының еркинлиги қолға киргизилгенлигин, өзин-өзи бийғәрез 
басқарыўы орын алғанлығын, халық ушын буннан уллы бахыт жоқ 
екенлигин түсиндирди.
Түслик Арал бойы халықларының өз алдына мәмлекет дүзип, 
ғәрезсизлигин ийелеў жағдайлары, бул аймақ халықларына ҳәдден тыс 
зулымлық көрсетип келген Хийўа ханлығына мақул түспеди. Ҳийлекерлик 
пенен аймақ халықлары арасында алаўызлық туўғызды. Ел бийлерин өзине 
қаратыў ушын хан бар мүмкиншилигин аямады. «Хийўалы төкти 
қызылды» [2:199]. Айырым бийлер Хийўа ханы берген усындай параға 
сатылып, лебизлеринен тайды. «Бийлер баслап журт бузылды, ғапыл 
қалды Ерназар бий» [2:199]. Нәтийжеде Ерназар бий басшылығында 
орнатылған бул ғәрезсиз мәмлекет ел бийлериниң ала-аўызлығы, айырым-
ларының Хийўа ханы тәрепине өтип кеткен сатқынлық ислери 
нәтийжесинде қолдан кетти. Баслы сатқынлық қылған Ерназар кенегес 
(Бала Ерназар) Зарлықты ханымыз сыпатында кенегес урыўы халқы менен
жақыннан таныстыраман деп алдаў жолы менен елине алып барып, Хийўа 
ханы Сейд Мухаммедтиң әскерлерине тутқын етип берип жибереди. 
Нәтийжеде Зарлықты қолға түсирген Хийўа ханы халық алдында оны 
масқаралап, соң дарға асып өлтиреди. Ақыбетинде Арал бойы 
халықларының бир жылға шамалас өмир сүрген мәмлекети қулатылды, 
«хансыз қалды Ерназар бий». [2:199] Ўәделескен алпыс бий елдиң ғәрез-
сизлигин сақлап қалыў ушын умтылмады. «Бийлер басын бағып қашты», 
[2:199] өз-ара қабыл етилген антларын бузды.
Батырлықта тақлығынан 


159 
Аўзы бирлик жоқлығынан, 
Бийлердиң корқақлығынан 
Ғапыл болды Ерназар бий [2:201]
Он төрт урыўдың айырым бийлери кенегес Ерназар бий, маңғыт 
Сайыпназар бий, қолдаўлы Мамыт бийлердиң сатқынлығы нәтийжесинде 
1856-жылы 12-июнь күни түнде Излим жолдағы қорғанын түнде аралап 
жүрген Ерназар бий, өзиниң Шоңқы деген ханға сатылған руўлас ағайини 
тәрепинен атылады. Батыр мылтықтан тийген оқ зардабынан аўыр жарадар 
болып, дүньядан өтеди. Бердақ аўызбиршиликтиң әззилиги себепли 
жеңилиске ушырағанлығын, үлкен сәтсизлик жүз бергенлигин, бийлердиң 
өз ўәдесин бузып, халықлық уллы иске опасызлық қылғанларын таллаў 
жасай отырып:
Ситемкерлик етсе мийримсиз залым, 
Бириксең жетерлер бәлентке қолың, 
Шашаў жүрсең кимге болар обалың 
Бул қайғылы аласатлы заманда [2:55]
деп жазып, беккем аўқамласыў ғана қолға кирип турған азатлықты
турақлы сақлап қалатуғынын, халықтың алдына қойған мақсетлерине 
ерисиўин тәмийн-лейтуғынын ескертти. Усылай етип Бердақ халықтың 
бирлесиўи үлкен мақсетке жетиўдиң тийкарғы жолы екенлигин, елдиң 
аўызбиршилиги зулымлық алып барыўшы күшлер үстинен жеңиске 
еристиретуғын қудретли ҳәрекет пайда ететуғынлығын түсиндирди.
Халықтың азат, ғәрезсиз мәмлекет болып жасаў ушын гүресиўи ҳәм 
буған ерисиўи керек деген идея Бердақтың сиясий-ҳуқықый көз-қарас-
ларында баслы орында турды. Ол Хийўа ханлығынан үлке халықларына 
қатнастағы теңсизлик ҳәм әдилсизликти жоқ қылыўды табанлы түрде 
талап етпей, бул бойынша гүрес алып бармай турып жеңиске ерисиў 
мүмкин емеслигин дәлиллеп берди. Әсиресе халық күшиниң бирлесиўи 
ҳәр қандай жаўызлықты сапластыра алады. Халықтың қудретли күшин 
дурыс шөлкемлестирип, оны пуқталық пенен басқарыў зәрүр. Беккем 
аўызбир-шиликтиң, аўқамласыўдың болмағанлығынан түслик Арал бойы 
халықларының сайлап қойған ханы, орнатқан мәмлекети қулатылып, 
жеңилис жүз бергенлигине жаны ашыған Бердақ [2:199], халықтың дүзген
мәмлекетиниң, оның басында турған Зарлық төре менен Ерназар бийдиң 
айырым ел басшыларының сатқынлығы себепли айырылып, халықтың 
үлкен қайғыға дуўшакерлескен жағдайларын:
Гөр уғлы бектей ер еди, 
Қатарда қоса нар еди,
Толы журтқа дәркар еди,
Шейит өлди Ерназар бий [2:201]- деп тәрийплеген еди. 
Усылай етип, Бердақ ертедеги хан сайлаў дәстүрлерин, бундағы 
орынланатуғын салтанатлы үрп-әдетлерди сөз етиў арқалы, мәмлекет 
басшысы-хан қай ўақытта болса да халыққа мақул түскен, елди басқарыў 


160 
уқыбына ийе, унамлы пәзийлетлери мол адамлардан сайлап қойылыўын, 
өзлери таңлап қойған ханды халықтың қоллап–қуўатлаўы зәрүрлигин, бул 
ушын ел бийлери аўызбиршиликли түрде өз мәмлекетине, ханына инақ 
болыўын, егерде ел ишиндеги басшылар тәрепинен сатқынлық жүз берсе, 
өзлери таңлап отырғызған ханына, мәмлекетине ийе болып, ғәрезсиз өмир 
сүре алмайтуғынын тарийхый дереклер менен түсиндирип берди. 
Бердақ қарақалпақ халқының хан сайлаў дәстүрлерине таллаў жасап, 
елдиң бас ҳүкимдары монархиялық жол менен емес, ал, елди басқарыў 
уқыбына ийе ылайықлы адамлардан ойласықлы түрде қойылыўын 
ескертти. Халық тәрепинен сайлап қойылған ҳүкимдарлар ғана елдиң 
мәпин ойлап, мәмлекет тәғдирине пидайылық көрсетеди. Хан көтериў 
исинде адам таныў уқыбы, жәмәәтти шөлкемлестирип, услап-тутыў 
тәжирийбеси мол, көпти көрген данушпанлардың усынысларын инабатқа 
алыў лазым деген көзқарасларды баянлады.

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   51   52   53   54   55   56   57   58   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish