«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet40/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

Пайдаланылған әдебиятлар 
1. Абдиназимов Ш. Бердақ шығармаларының тили. Тошкент, «Фан», 
2006. 
2. Каракалпакско-русский словарь. М., 1958. 
3. Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. IV том, Нөкис, 
«Қарақалпақстан», 1992. 
4. Насыров Д.С., Айымбетов М. Бердақ таңламалы шығармаларының 
алфавитли-жийилик сөзлиги. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1993. 
5. Насыров Д.С., Доспанов О., Бекбергенов А., Сайтов Д. Қарақалпақ 
әдебияты классиклери шығармаларының тили. Нөкис, «Билим», 1995. 
6. Неъматова Г. Ўзбек тилида ўсимлик номлари лексемалари: тизими 
ва бадийий қўлланилиши. Номзодлик диссертацияси автореферати. 
Тошкент, 1998. 
7. Ҳамидов Ҳ. Қарақалпақ тили тарийхының очерклери. Нөкис, 
«Қарақалпақстан», 1974. 
8. Шербаев Б.Ш. Русско-латино-каракалпакский словарь названий 
растений. Нукус, 1978. 
 


118 
БЕРДАҚ ШЫҒАРМАЛАРЫ ТИЛИНДЕ ЖУМСАЛҒАН СӨЗ 
ЖАСАЎШЫ ҚОСЫМТАЛАРДАҒЫ ВАРИАНТЛЫЛЫҚ 
А.Қазақбаева ҚМУ оқытыўшысы
 
Тил мудамы раўажланып отыратуғын қубылыс болғанлықтан, ондағы 
морфемалардың қурылысында да өзгерислер болып отырады. Еки ямаса 
оннан да көп морфемалар бир сөз қурамына бириккенде, яғный түбир 
морфемаларға 
қосымталар 
қосылғанда 
олардың 
фонологиялық 
дүзилисинде ҳәр түрли өзгерислер болады.
Тилдиң тарийхый раўажланыўы барысында бир уғымды еки ямаса 
оннан да көп усыллар менен билдириў жағдайы ушырасады. Тең 
қолланылатуғын морфологиялық формалар бириниң орнына бири 
ыңғайына қарай қолланыла береди. Түбир ҳәм қосымталар да фонетикалық 
жақтан өзгериске ушырап, вариантларға ийе болса да, олардың тарийхына 
үңилип қарасақ, өзгериске ушыраў себеплери анықланады. Бул 
сингармонизм нызамы менен де байланыслы болады. Түбир ҳәм 
қосымталардың 
өз 
ара 
қатнасы 
фонетикалық, 
морфологиялық, 
орфоэпиялық, орфографиялық вариантлар жасаўға себепши болады. 
Ҳәзирги қарақалпақ тилинде қосымталардың вариантлары кең 
қолланылады. 
Қосымталардағы 
вариантлылық 
дегенимизде 
биз 
грамматикалық бирликлердиң мәнилик бирдейлигин сақлай отырып, ҳәр 
түрли тиллик қубылыслардың тәсири менен өзиниң әдеттеги түринен 
өзгеше бирнеше сеслик вариантта айтылыўын түсинемиз. 
Қарақалпақ тилиндеги қосымталардың вариантлары сингармонизм 
нызамына байланыслы даўыслы ҳәм даўыссыз сеслердиң алмасыўы 
нәтийжесинде көп вариантларда жумсалады. Буған сөз жасаўшы 
қосымталардың жуўан-жиңишке, еринлик-езиўлик вариантлары, сондай-ақ 
түбирдиң соңғы сесиниң тәсири менен қосымтаның биринши сесиниң 
өзгериске ушырап айтылыўы нәтийжесинде пайда болған вариантларды 
көрсетиўге болады. Қосымталардың вариантлылығы сөздиң тийкарғы 
мәнисине тәсирин тийгизбейди, ал тек фонетикалық қурамын ғана 
өзгертеди.
Биз бул мақаламызда, тийкарынан, қарақалпақ классик шайыры 
Бердақтың 
шығармалары 
тилинде 
жумсалған 
сөз 
жасаўшы 
қосымталардағы вариантлылық мәселелерине, әсиресе шайырдың 
шығармалары тилиндеги өзгешеликке ийе болған тиллик қубылысларға 
тоқтап өтиўди мақул көрдик. Себеби, Бердақ Ғарғабай улының әдебий 
дөретпелери қарақалпақ жазба әдебияты менен әдебий тилимиздиң 
тарийхында айрықша орынды ийелейди.

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish