Қарақалақпақ мәмлекетлик университети Қ. Пахратдинов ТҮркий филологияғА


Жамал ад-Дин ат-Түркийдиң «Китабу булгат ал-муштак фи-л-луғат ат-турк вал-кыфчак» мийнети



Download 71,43 Kb.
bet5/22
Sana21.03.2022
Hajmi71,43 Kb.
#505233
TuriСабақ
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   22
Bog'liq
ТУРК ФИЛОЛОГИЯГА КИРИСПЕ 2019

Жамал ад-Дин ат-Түркийдиң «Китабу булгат ал-муштак фи-л-луғат ат-турк вал-кыфчак» мийнети
Жамал ад-Дин ат-Туркий өз заманының белгили алымы болған. Ол араб ҳәм түркий тиллерин жетик билген. Оның бизге тек бир ғана мийнети – «Китабу булгат ал-муштак фи-л-луғат ат-турк ва-л-қыфчақ» (Түркий ҳәм қыпшақ тиллерин билиў тилегин қанаатландырыў ушын китап) деген мийнети келип жеткен. Бул китап түркий тиллерди үйрениўши араблар ушын жазылған. Айырым изертлеўлерге қарағанда, «Китаб» XIV әсирдиң биринши ярымында Сирияда жазылған. Оның түп нусқасы ҳәзирги ўақытта Париждеги Миллий китапханада сақланады.
Жамал ад-Дин ат-Түркийди илим дүньясына танытқан польшалы тюрколог Ананиаш Зайончковский (1903–1970) болды: Zajaczkowski A. Bulghat al-Muštaq fi-Lugat at-Turk wal-Qifčaq. Warszawa, 1958.
«Китаб» еки бөлимнен турады: «Атаўышлар» ҳәм «Фейил ҳаққында».
«Ал-каванин ул-куллийа ли дабт ил-луғат ат-туркийа»
Бул қолланбаның авторы, жазылған жылы ҳәм орны белгисиз. Илимпазлардың шамалаўы бойынша, қолланба XIV әсирдиң аяғы ҳәм XV әсирдиң басларында Мамлюк мәмлекетиниң территориясында жазылған. Онда Русь далаларынан Египетке көшип келген түркий қәўимлердиң аралас қыпшақ-түркмен тилиниң материаллары берилген.
Қолланбаның жалғыз түп нусқасы ҳәзир Стамбулдағы Сулайманийа китапханасында сақланады. Оның түркше текстин Килисли Ахмед Рифат толық түринде баспадан шығарды: Kilisli Rifat. Al Qavanin al-kulliyah lidabt al-lügat al-türkiyah. Istanbul, 1928. Усы басылым бойынша венгр илимпазы С.Телегди немец тилине аўдарды ҳәм оған комментарийлер берип, 1938-жылы көлемли мақала жәриялады.
«Ал-каванин ул-кулийа ли дабт ил-луғат ат-туркийа» (Түркий тилин ийелеў ушын толық қолланба) еки бөлимнен турады: грамматика ҳәм сөзлик.
«Китаб ат-тухфа аз-закийа фи-л-луғат ат-туркийа»
Авторы белгисиз бул қолланба XIV әсирде Египетте жазылған. Қолланбаның бизге тек бир ғана нусқасы келип жеткен. Ол ҳәзирги ўақытта Стамбулдағы Вали ад-Дин эфенди китапханасында сақланады. Бул қолланба ҳаққында биринши рет 1922-жылы профессор Мехмет Фуад Кёпрюлюзаде (1890–1966) Венгрия журналларының биринде хабарлады.
«Китаб» төрт мәртебе баспадан шықты. 1942-жылы Будапештте (Венгрия) проф. Т.Халаши - Кун тәрепинен факсимиле түринде басылды. Түрк илимпазы Бесим Аталай «Китабты» түрк тилине аўдарып, оны баспадан шығарды: Ettühfar –üz-Zekije fil-lügat-it-Turkije. Geviren Besim Atalay, Istanbul, 1945. Оның өзбек тилине аўдармасы да басылды: Аттуҳфатуз закияту филлуғатит туркия (Туркий тил (қипчоқ тили) ҳақида ноёб туҳфа). Таржимон ва нашрга тайёрловчи С.Муталлибов. Тошкент, «Фан», 1968. Бул қолланба 1978-жылы Ташкентте «Изысканный дар тюркскому языку» деген атама менен рус тилинде басылып шықты.
«Китаб ат-тухфа аз-закийа фи-л-луғат ат-туркийа» (Түркий тил туўралы жазылған айрықша сыйлық) – Мамлюк қыпшақларының тили жөнинде араб тили грамматикасының үлгиси менен араб тилинде жазылған қолланба. Онда 3 мыңға жақын сөзден туратуғын арабша-түркийше сөзлик, қыпшақ, түркмен ҳәм татар тиллериниң өзгешеликлери изертленген.

Download 71,43 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   22




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish