Өзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги
Қарақалақпақ мәмлекетлик университети
Қ. Пахратдинов
ТҮРКИЙ ФИЛОЛОГИЯҒА
КИРИСПЕ
5120100 – Филология ҳәм тиллерди оқытыў (қарақалпақ филологиясы) бағдары студентлери ушын сабақлық
Нөкис - 2019
ЎOК: 415.32 . 943.11
КБК: 81.2 (Қорақалпоқ)
А – 13. Пахратдинов Қ. Түркий филологияға кириспе. 5120100 – Филология ҳәм тиллерди оқытыў (қарақалпақ филологиясы) бағдары студентлери ушын сабақлық. Нөкис, 2017-жыл, 70 бет.
Introduction into Turkish pilology
Annotation. The subject " Introduction into Turkish pilology" is one of major subjects which studied at the departments of karakalpak language and literature at Karakalpak State University. The subject was done according to of State Educational standards of Higher Educational Establishments.
Введение в тюркскую филологию
Аннотация. “Введение в тюркскую филологию" является одним из основных предметов по специальности каракалпакского языка и литературы, обучаемый в Каракалпакском государственном университете. Учебник разработан в соответствии с государственными образовательными стандартами высших образовательных учреждений и типовыми учебными планами.
Туркий филологияга кириш
Аннотация. «Туркий филологияга кириш» фани Қорақалпоқ давлат университетида қорақалпоқ тили ва адабиёти мутахассислиги бўйича ўқитиладиган энг асосий фанлардан биридир.
Дарслик олий ўқув юртлари давлат таълим стандартлари ва намунавий режаларига мувофиқ ҳолда тайёрланган.
Алғы сөз
Тюркология – түркий тилинде сөйлейтуғын халықлардың тилин, этнографиясын, фольклорын, мәдениятын изертлеў нәтийжесинде пайда болған шығыстаныў илиминиң бир тараўы.
Тюркология өз алдына бөлек илим сыпатында XIX әсирде Россияда пайда болды. Ол әсиресе XX әсирде тез пәт пенен раўажланды. Тюркологияның раўажланыўына соңғы әсирде Россияның көплеген илимпазлары ҳәм шет ел илимпазлары, сондай-ақ ҳәзирги дәўирде түркий тиллес республикалардың ўәкиллери де өзлериниң салмақлы үлеслерин қосты.
Түркий халықлар Орайлық Азия далаларында қәлиплескен, бирақ өзлериниң көшпели турмыс кешириўине байланыслы олар бизиң эрамызға дейин I әсирдиң биринши ярымында-ақ Евразияның далалық зоналарына тез тарап кеткен.
Түркий халықлардың тарийхы, тиллери ҳәм мәденияты көплеген әсирлер даўамында Азия ҳәм Европаның көплеген халықларының тарийхы, тиллери ҳәм мәдениятлары менен өз ара тығыз байланыста ҳәм бири бирине тәсир етип раўажланды.
Жайласыў орнына қарай ҳәзирги түркий тиллер төмендеги аймақларға бөлинеди: Орта Азия ҳәм Қазақстанда – өзбек, қазақ, түркмен, қырғыз, қарақалпақ, уйғур тиллери; Россияда – татар, башқурт, чуваш, якут, тува, алтай, хакас, шор, чулым, тофалар, қумық, қарашай-балкар, ноғай, қырым татарлары тиллери; Украина ҳәм Литвада – караим тили; Молдавияда – гагауз тили; Азербайжанда – азербайжан тили; Туркияда – түрк тили; Қытайда – уйғур, сары уйғур, салар тиллери.
Түрк сөзи дәслеп с и я с и й термин болып, ол барлық түркий ҳәм монғол тиллеринде белгили түркин сөзинен келип шыққан ҳәм «ҳаялдың ата-анасы ҳәм туўысқанлары» (қарақалпақша - төркин), «қаналас туўысқанлардың үйи ҳәм шаңарағы» деген мәни аңлатқан. Бул термин дәслеп дала аристократиясының жоқары дәрежели шаңарақ ағзаларын билдирген.
Монғол – татар басып алыўшылығы дәўиринде (1240 – 1480) ҳәм оннан кейинги жыллары Рус мәмлекети менен шегаралас Алтын Орданың ҳүким сүрген жыллары татар этноними пайда болды. Татар термини менен Рус мәмлекети менен шегаралас болған көплеген түркий тиллес ҳәм басқа да халықлар аталған. Татар этноними кең пайдаланыла баслағанлықтан, бурынғы түрк термини кем-кем қолланыўдан шығып қалған.
Татар ҳәм түрклердиң тили бойынша жақынлығы кем-кемнен сезилгеннен соң, түрк ҳәм татар сөзлери де бири-бири менен жақынластырылды., ҳәттеки тең мәниге ийе болды. Еки этноним де кем-кемнен бирликте қолланыла баслады.
1935-жылы академик А.Н.Самойлович биринши рет улыўмаластырыўшы термин сыпатында тюркские языки (түркий тиллер) терминин қолланды. Усы ўақыттан баслап түрк, түрк тили сөзлери Түркия Республикасының пуқараларына ҳәм олардың тилине байланыслы айтылатуғын болды.
Солай етип, тюркология – ҳәзирги ўақытта түркий халықлардың өткендеги тарийхы ҳәм руўхый турмысын билгиси келетуғын адамларға керекли мағлыўмат бере алатуғын ҳақыйқый жәмийетлик илим дәрежесине көтерилген өзиниң қәлиплесиў тарийхы, раўажланыў жоллары, мақсети, ўазыйпалары ҳәм бағдарларына ийе илим.
Бул оқыў қуралы республикамыздағы жоқары оқыў орынларының филология факультетлеринде 1970-жыллардан баслап оқытыла баслаған «Түркий филологияға кириспе» деп аталатуғын арнаўлы курстың бағдарламасына сәйкес биринши рет жазылып отыр. Сонлықтан да, бул тараўдағы тәжирийбемиздиң азлығынан биз бул оқыў қуралын жазыўда тюркологияның бүгинги табысларына сүйене отырып, белгили илимпазлардың арнаўлы изертлеўлерин, атап айтқанда, Н.А.Баскаковтың «Введение в изучение тюркских языков» (М., 1969), А.Н.Кононовтың «История изучения тюркских языков в России. Дооктябрьский период» (Л., 1982), И.Қучқортоев ҳәм Б.Исабековтың «Туркий филологияга кириш» (Тошкент, 1984), Ә.Қайдаров ҳәм М.Оразовтың «Түркологияға кiрiспе» (Алматы, 1985) мийнетлерин басшылыққа алдық.
«Түркий филологияға кириспе» оқыў қуралының тийкарғы мақсети – студентлерге түркий тиллердиң изертлениў тарийхы, түркий тиллердиң классификациясы мәселелери, түркий тиллердиң жазба естеликлери жөнинде мағлыўматлар бериў.
Pánniń wazıypası – qaraqalpaq tiliniń túrkiy tilleri júyesindegi ornın, basqa tiller menen qarım-qatnası turalı, házirgi túrkiy tilleriniń sıpatı turalı keń túrde túsinik beriw bul pánniń wazıypasına kiredi.
Do'stlaringiz bilan baham: |