Қарақалақпақ мәмлекетлик университети Қ. Пахратдинов ТҮркий филологияғА



Download 71,43 Kb.
bet8/22
Sana21.03.2022
Hajmi71,43 Kb.
#505233
TuriСабақ
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   22
Bog'liq
ТУРК ФИЛОЛОГИЯГА КИРИСПЕ 2019

XX әсирдеги тюркология
XX әсирдеги тюркология алдынғы дәўирден жаңа илимий мазмуны, изертлеў предметине жаңаша қатнасы, жаңа методологиялық тийкары ҳәм идеялары менен айырылып турады.
XX әсирде көпшилик түркий халықлар өзиниң тарийхында биринши рет улыўма халықлық миллий жазыўына, миллий әдебий тилине ийе болды ҳәм буннан былайда раўажланыў мүмкиншилигин алды.
Бир қатар түркий тиллер бурын изертленилмеген ҳәм өзиниң улыўма халықлық жазыўына ийе болмаған тиллер болып келген болса, енди олар кең жәмийетлик функцияларға ийе ҳәм қурылысы ҳәр тәреплеме раўажланған миллий әдебий тиллерге айланды. Ҳәзир түркий тиллердиң лексикология ҳәм лексикография, фонетика ҳәм фонология, морфология ҳәм синтаксис, орфография ҳәм орфоэпия, тил тарийхы ҳәм диалектология, функционаллық стильлер ҳәм стилистика тараўындағы әҳмийетли мәселелери терең илимий теориялық тийкарда изертленилмекте.
Түркий тиллердиң мәселелерин изертлеўде ҳәм түркий тил билиминиң раўажланыўында Азербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Өзбекстан ҳәм Түркменстан республикаларында Илимлер академиясының, Татарстан, Башқуртстан ҳәм Якутияда Россия Илимлер академиясының филиалларының, олардың қурамында түркий халықлардың тилин, тарийхын ҳәм әдебиятын изертлейтуғын институтлардың ашылыўы түркий тил билиминиң ҳәр тәреплеме раўажланыўына кең жол ашып берди, түркий тиллердиң мәселелерин буннан былай да табыслы изертлеў ушын ҳәм түркий тил билиминиң жәмийетлик илимлердиң бири сыпатында өз алдына илим болып қәлиплесиўинде айрықша хызмет атқарды.
Ҳәзирги ўақытта түркий тиллер Ташкент, Самарқанд, Ашхабад, Бишкек, Алмата, Баку, Казань, Уфа, Якутск, Чебоксары, сондай-ақ Москва, Санкт-Петербург, Тбилиси университетлеринде ҳәм айырым басқа оқыў орынларында оқытылады.
Бул дәўирде ҳәзирги түркий тиллердиң фонетикасы ҳәм грамматикасы, лексикография ҳәм лексикологиясы, диалектография ҳәм диалектологиясы, түркий миллий тиллердиң қәлиплесиў тарийхы, түркий тиллердиң жазба естеликлерин изертлеў ҳәм баспадан шығарыў, ҳәр бир түркий тилдиң тарийхый фонетикасы ҳәм грамматикасы, түркий тиллер топарларының салыстырмалы-тарийхый фонетикасы ҳәм грамматикасы, алтай теориясы ҳәм түркий тил билими, түркий тил билиминиң тарийхы сыяқлы илимий бағдарлары табыслы раўажланды.
Тюркологияға XX әсирде көплеген рус тюркологлары, сондай-ақ түркий тиллес республикалардың ўәкиллери де өзлериниң салмақлы үлеслерин қосты. Бул илимниң раўажланыўына ат салысып, оның теориялық ҳәм әмелий мәселелерин шешиўде үлкен мийнет сиңирген, мийнетлери менен кеңнен танылған илимпазларды айтып өтиўди мақул деп есаплаймыз. Олар мыналар: С.Е.Малов, Е.Д.Поливанов, А.Н.Самойлович, Н.К.Дмитриев, Э.Н.Наджип, В.М.Насилов, Э.В.Севортян, К.К.Юдахин, А.Н.Кононов, Н.А.Баскаков, И.А.Батманов, А.К.Боровков, Б.А.Серебренников, Э.Р.Тенишев, А.М.Щербак, Н.З.Гаджиева, Л.А.Покровская, К.М.Мусаев ҳәм т.б. Рус тюркологлары менен қатар жекке миллий тиллерди изертлеўде мийнет еткен жергиликли миллий кадрларды да атап өтиўге болады: чуваш тили бойынша В.Г.Егоров, И.П.Павлов, И.А.Андреев, Л.П.Сергеев, Н.П.Петров ҳәм т.б.; татар тили бойынша М.З.Закиев, Ф.А.Ганиев, А.Ахунзянов ҳәм т.б.; башқурт тили бойынша А.А.Юлдашев, Н.Ишбулатов, З.Ураксин, Н.Х.Максютова ҳәм т.б.; өзбек тили бойынша Ф.Абдуллаев, А.Гулямов, Ш.Шаабдурахманов, Ғ.Абдурахманов, А.Ҳожиев, Э.Фазылов, А.Рустамов, С.Муталлибов, Ш.Рахматуллаев ҳәм т.б.; қазақ тили бойынша И.Кеңесбаев, Н.Т.Саўранбаев, Ғ.Мусабаев, М.Балақаев, С.Аманжолов, Р.Сыздықова, Ш.Сарыбаев, Ғ.Айдаров, Ә.Қайдаров ҳәм т.б.; қырғыз тили бойынша Б.Юнусалиев, Б.Орузбаева, С.Қудайбергенов ҳәм т.б.; азербайжан тили бойынша М.Ш.Ширалиев, А.Ахундов, Ф.Зейналов ҳәм т.б.; түркмен тили бойынша П.Азимов, Б.Чарыяров, З.Мухаммедова ҳәм т.б.; алтай тили бойынша А.Т.Тыбыкова, Т.М.Тощакова ҳәм т.б.; якут тили бойынша Л.Н.Харитонов, Е.И.Убрятова, Н.К.Антонов, Е.И.Коркина ҳәм т.б.; қарақалпақ тили бойынша К.Убайдуллаев, Д.С.Насыров, Е.Бердимуратов ҳәм т.б.; уйғур тили бойынша Ғ.Садвақасов, Т.Талипов, Ә.Қайдаров ҳәм т.б.; қумық тили бойынша Ю.Джанбавов, И.А.Каримов ҳәм т.б.; қарашай-балкар тили бойынша У.Алиев, И.Отаров, М.Хабичев ҳәм т.б.; тува тили бойынша З.Арагачи, Д.Монгуш ҳәм т.б.; хакас тили бойынша М.Боргояков, Ф.Г.Исхаков, Н.Доможаков ҳәм т.б.; шор тили бойынша Н.П.Дыренкова, Ш.Сат ҳәм т.б.; тофалар тили бойынша В.И.Рассадин, Л.Г.Шагдаров ҳәм т.б.



Download 71,43 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   22




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish