Қарақалақпақ мәмлекетлик университети Қ. Пахратдинов ТҮркий филологияғА



Download 71,43 Kb.
bet9/22
Sana21.03.2022
Hajmi71,43 Kb.
#505233
TuriСабақ
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   22
Bog'liq
ТУРК ФИЛОЛОГИЯГА КИРИСПЕ 2019

Қадағалаў ушын тапсырмалар
1. Шығыс филологларының мийнетлерине шолыў ислең.
2. «Кодекс куманикус» естелигиниң қыпшақ тиллери арасындағы орнын айтып бериң.
3. Алишер Наўайының «Мухакамат ул-луғатайн» атлы трактатының әҳмийетин көрсетиң.
4. Түркий тиллердиң XVIII–XIX әсирлерде изертлениў тарийхы ҳаққында мағлыўмат бериң.
5. Түркий тиллердиң ХХ әсирдеги изертлениў дәрежесин баянлаң.
II БӨЛИМ. ТҮРКИЙ ТИЛЛЕРДИҢ КЛАССИФИКАЦИЯСЫ
Жоба

  1. Маҳмуд Қашғарийдиң классификациясы.

  2. И.Н.Березинниң классификациясы.

  3. В.В.Радловтың классификациясы.

  4. Ф.Е.Корштың классификациясы.

  5. А.Н.Самойловичтиң классификациясы.

  6. В.А.Богородицкийдиң классификациясы.

  7. С.Е.Маловтың классификациясы.

  8. Н.А.Баскаковтың классификациясы.

М а ҳ м у д Қ а ш ғ а р и й д и ң классификациясы. Түркий тиллерди ең дәслеп классификациялаған Махмуд Қашғарий болды. Ол биринши гезекте тилдиң тазалығына (дурыслығына) қарай, сондай-ақ, фонетикалық ҳәм грамматикалық белгилерин салыстырып изертлеп, түркий тиллерди биринши классификациялаған.


Тилдиң тазалығы бойынша түркий тиллерди таза ҳәм аралас тил деп еки топарға бөлген. Тилиниң тазалығы (басқа тиллердиң тәсири жоқ) бойынша ҳақыйқый түркий қәўимлерге тек түркийше сөйлеген йағма, тухси, чығыл, оғуз, уйғур, қыпшақ, йемек, башғырт, булгар, печенег, ығрақ, чаруқ қәўимлерин киргизген.
Аралас тиллерди үш топарға бөлген: а) соғдалар, қанжақлар, арғулар, Баласағун, Тыраз, Мадинатулбайз қалалары халқының тили; ә) хотанлар, тибетлер ҳәм тангутлардың тили; б) кай, йабаку, татар, басмыл қәўимлериниң тили.
И. Н. Б е р е з и н н и ң классификациясы. Түркий тиллердиң биринши илимий классификациясы И.Н.Березин тәрепинен усынылды. Ол түркий тиллердиң ҳақыйқый тиллик белгилерине сүйене отырып, оларды үш топарға бөлген:
1. Шағатай, шығыс ямаса Түркстан топары: Казань татарларының жазба тили, коман, түркмен, өзбек, уйғур, шағатай тиллери.
2. Татар, арқа ямаса қыпшақ топары: башқурт, қарашай, қырғыз, қумық, мещер, ноғай, Сибирь тиллери.
3. Түрк ямаса батыс топары: Азербайжан, Анатолия, Дағыстан, Қырым, Румелия тиллери.
В. В. Р а д л о в т ы ң классификациясы. Түркий тиллердиң фонетикалық белгилерине сүйенип, В.В.Радлов түркий тиллерди төрт топарға бөлген:
1. Шығыс топары: алтай, карагас, сары уйғур, тува, хакас, чулым тиллери.
2. Батыс топары: башқурт, қазақ, қарақалпақ, қырғыз, ноғай, татар тиллери.
3. Орта Азия топары: өзбек, уйғур тиллери.
4. Қубла топары: азербайжан, түрк, түркмен тиллери, қырым татар тилиниң қубла диалекти.
Бул классификацияда тиллердиң жайласыў орны тийкар етип алынса да, олардың фонетикалық белгилерине сүйенген.
В.В.Радловтың классификациясында чуваш ҳәм якут тиллери тилге алынбаған. Оның пикиринше, бул тиллерде сөйлеўшилер түркий қәўимлер емес, ал түркийлескен қәўимлер.
Ф. Е. К о р ш т ы ң классификациясы. Ф.Е.Корш түркий тиллерди фонетикалық ҳәм морфологиялық белгилерине қарай классификациялаған ҳәм оларды төрт топарға бөлген:
1. Арқа топары: алтай, қырғыз, татар тиллери.
2. Шығыс топары: Орхон-енисей, ески уйғур, половец, шағатай, салар, тофалар, хакас тиллери.
3. Батыс топары: азербайжан, түрк, түркмен тиллери.
4. Аралас топар: алтай тилиниң арқа диалекти, өзбек, уйғур, чуваш, якут тиллери.
Ф.Е.Корш классификация ушын тийкарғы белги етип таў, қалған, сары, келер сөзлерин алған ҳәм усы сөзлерге қарай тиллерди ажыратқан.
В.В.Радлов ҳәм Ф.Е.Корштың классификациялары өзлеринен кейинги илимпазлардың классификациялары ушын тийгизген жәрдеми көп болды, бирақ онда кемшиликлер де ушырасады. Мәселен, илимпазлардың пикири бойынша, В.В.Радловтың классификациясында көпшилик түркий тиллердиң фонетикалық өзгешеликлери толық көрсетилмеген. Ф.Е.Корштың принциплери де түркий тиллердиң өзгешеликлерин толығы менен қамтый алмаған.
А. Н. С а м о й л о в и ч т и ң классификациясы. А.Н.Самойлович В.В.Радлов ҳәм Ф.Е.Корштың классификацияларын қоллай отырып, оларға өзгерислер киргизген. Тюркологлардың пикири бойынша, А.Н.Самойлович түркий тиллердеги тоғыз, аяқ, бол, таў, сары, қалған сөзлериниң фонетикалық белгилерине қарап, түркий тиллерди алты топарға бөлген.
1. Булгар топары: ески чуваш ҳәм ҳәзирги чуваш тиллери.
2. Уйғур ямаса арқа-шығыс топары: Орхон-енисей ҳәм ески уйғур жазыўларының тили, карагас, тува, салар, сары уйғур, шор, хакас, якут тиллери.
3. Қыпшақ ямаса арқа – батыс топары: алтай, балкар, қарашай, бараба, башқурт, қазақ, караим, қырғыз, қырым татар тилиниң арқа говоры, куманды, қумық, мешер, ноғай, телеут, тобол татарларының тили.
4. Шағатай ямаса қубла-шығыс топары: шағатай, өзбек, уйғур, чулым, черневые татарлары тили.
5. Қыпшақ-түркмен топары: Хорезм өзбеклериниң тили.
6. Түркмен ямаса қубла-батыс топары: азербайжан, гагауз, түрк, түркмен, қырым татар тилиниң қубла диалекти.
А.Н.Самойловичтиң классификациясында қарақалпақ тили көрсетилмеген. Оның өзи болса 1908-жылы Гөне Үргениш ҳәм Хожели әтирапларында текстлер жазып алған, қарақалпақлардың қосықлары ҳәм намасы менен танысқан.
В. А. Б о г о р о д и ц к и й д и ң классификациясы. В.А.Богородицкийдиң классификациясында, тийкарынан, түркий тиллердиң географиялық орны есапқа алынған. Ол түркий тиллерди жети топарға бөлген:
1. Арқа-шығыс топары: якут, карагас, тува тиллери.
2. Хакас топары: хакас тили ҳәм оның диалектлери.
3. Алтай топары: алтай тили ҳәм оның диалектлери.
4. Батыс Сибирь топары: Чулым, Бараба, Тюмень, Тобол, Ишим татарларының тили.
5. Волга ҳәм Урал топары: башқурт ҳәм татар тиллери.
6. Орта Азия топары: қазақ, қарақалпақ, қырғыз, өзбек, уйғур тиллери.
7. Қубла-батыс топары: азербайжан, гагауз, қумық, түрк, түркмен, чуваш тиллери.
В.А.Богородицкий (1857–1941) өзиниң бул классификациясында түркий тиллерди толық қамтый алмаған. Сонлықтан, көп ғана тиллер дыққаттан тысқары қалып қойған. Мәселен, балкар, караим, қарашай, ноғай ҳәм т.б.
С. Е. М а л о в т ы ң классификациясы. С.Е.Малов түркий тиллердиң тарийхын есапқа ала отырып, төмендегише классификациялаған:
1. Ең ески тиллер: булгар, уйғур (сары уйғур), чуваш, якут тиллери.
2. Ески тиллер: оғуз (ески түркий руникалық жазба естеликлериниң тили), тофалар, тува, уйғур (ески уйғур жазба естеликлериниң тили), хакас, шор тиллери.
3. Жаңа түркий тиллер: азербайжан, гагауз, қуман, қыпшақ, печенег, половец, салар, түрк, түркмен, уйғур (Қытай уйғурларының тили), өзбек, шағатай, чулым тиллери.
4. Ең жаңа түркий тиллер: башқурт, қарақалпақ, қазақ, қырғыз, қумық, ноғай, ойрот, татар, чуваш, якут тиллери.
Бул классификация бойынша барлық түркий тиллер өзлериндеги ески тил фактлериниң (фонетикалық өзгешеликлердиң) сақланып қалыўына қарай бөлинген. Ески белгилер сыпатында автор түбир ҳәм аффикслердиң қурамында ушырасатуғын рт, лт, нт бирикпелерин алған.
Н. А. Б а с к а к о в т ы ң классификациясы. Н.А.Баскаковтың классификациялық системасында тил фактлери менен бир қатарда түркий тиллердиң тарийхый раўажланыў ҳәм қәлиплесиў жоллары да еске алынған.
Н.А.Баскаков түркий тиллерди классификация жасағанда ең дәслеп ерте дәўирлердеги түркий халықлардың ш ы ғ ы с ҳәм б а т ы с түркий қәўимлери (батыс хунн ҳәм шығыс хунн) болып бөлиниўин шешиўши белги етип алған.
I. Батыс хунн тиллери
А. Булгар топары: ески булгар, хазар ҳәм чуваш тиллери
Б. Оғуз топары: оғуз-булгар бөлимшеси: гагауз ҳәм Балкан түрклериниң тили; оғуз-селжук бөлимшеси: азербайжан, түрк, Қырым татар тилиниң қубла диалекти, урум тили: оғуз-түркмен бөлимшеси: түркмен ҳәм трухмен тиллери.
В. Қыпшақ топары: қыпшақ-булгар бөлимшеси: татар ҳәм башқурт тиллери; қыпшақ-половец бөлимшеси: караим, қарашай-балкар, қумық, Қырым татар тилиниң арқа диалекти, қырымчақлардың тили; қыпшақ-ноғай бөлимшеси: ноғай, қарақалпақ ҳәм қазақ тиллери.
Г. Карлук топары: өзбек ҳәм уйғур тиллери.
II. Шығыс хунн тиллери
А.Уйғур-оғуз топары: уйғур-тукюй бөлимшеси: тува, тофалар (қарагас) тиллери; якут бөлимшеси: якут тили; хакас бөлимшеси: хақас, камаcин, шор, чулым, алтай тилиниң арқа диалекти, сары уйғур тили.
Б. Қырғыз-қыпшақ топары: қырғыз тили ҳәм алтай тилиниң қубла диалекти.



Download 71,43 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   22




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish