Уйғур-оғуз топары
1. Т о ф а л а р т и л и – Иркутск областының Төменги Удэ районында жасаўшы тофалардың тили. Тофалар тили бурын 1934-жылға шекем карагас тили деп аталған. Тофалар өзлерин тофа/топа, тыфа/тыпа деп атайды.
Карагас (тофалар) тилин ең дәслеп изертлеген XIX әсирдиң белгили илимпазы Матвей Христианович (Матвей Александр) Кастрен (1813–1852) болды. Ол 1845–1849-жыллары Урал, Алтай ҳәм Саян бойлап саяхатта болып, карагас тили бойынша материаллар жыйнаған. М.Х.Кастренниң жыйнаған барлық материалын акад. А.А.Шифнер баспадан шығарған.
Соңғы дәўирде тофалар тилин Надежда Петровна Дыренкова (1941-жылы қайтыс болды) изертлеген: Тофаларский язык. // Тюркологические исследования. М.-Л., 1963. Оннан кейин ҳәзирги тофалар тили бойынша үлкен қәниге В.И.Рассадин болып есапланады: 1) Фонетика и лексика тофаларского языка. Улан-Удэ, 1971; 2) Морфология тофаларского языка в сравнительном освещении. М., 1978; 3) История этнографического и лингвистического изучения тофаларов. //Тюркологический сборник. 1975. М., 1978.
Тофалардың 1989-жылы рус графикасы тийкарында жазыўы дүзилди. 1990-жылдан баслап басланғыш классларда тофалар тили оқытыла баслады. Усыннан кейин тофалар тилине, тофалар мәдениятына қызығыўшылық артып, адамлар ана тилинде көбирек өз-ара сөйлей баслады.
2. Т у в а т и л и – Тува Республикасында жасаўшы тувалардың тили; олар тарийхта бир неше атамалар менен белгили болған: сойотлар, сойонлар, урянхайлар, танну-тувалар.
Тува тилин илимий изертлеў менен арнаўлы шуғылланған Н.Ф.Катанов болды.
Тувалардың жазыўы 1930-жылы латын алфавити тийкарында пайда болған. Усы жылдан баслап тува әдебий тили қәлиплескен. 1941-жылы тува жазыўы рус тили графикасына өзгерген.
3. Х а к а с т и л и – Хакасия Республикасында (Россия) жасаўшы хакаслардың тили. Хакас халқы XIX–XX әсирлер аралығында пайда болған.
Хакас тили ҳәм оның диалектлери ҳаққында дәслепки мағлыўматлар М.А.Кастренниң, В.В.Радловтың, В.И.Вербицкийдиң, Н.Ф.Катановтың ҳәм т.б. мийнетлеринде келтирилген. Хакас тили диалектлериниң фонетикалық ҳәм грамматикалық қурылысын биринши изертлеген Матвей Христианович Кастрен (1813–1852) болды.
Хакаслар дәслеп рус графикасындағы алфавитти, соңынан латын жазыўын пайдаланған, 1939-жылдан бери қарай рус графикасының тийкарында дүзилген алфавитти пайдаланып келмекте.
4. Ш о р т и л и – Кемерово областында Томь дәрьясының Кондома ҳәм Мрассу тармақлары бойларында (Россия) жасаўшы шорлардың тили. Этнографиялық әдебиятларда шорлар ҳәр түрли атамаларда тилге алынады: шорлар, черневой татарлар, Мрассу ҳәм Кондома татарлары, кондомалылар, мрассулылар, кузнец татарлары ҳәм басқа. XX әсирдиң 20-жылларынан баслап шорлар термини Томь дәрьясы бойында жасайтуғын түркий халықларға байланыслы айтылатуғын болған.
Шор тилин биринши изертлеген В.В.Радлов болды. Ол шор тилиндеги текстлерди өзиниң «Образцы народной литературы тюркских илемен» деген мийнетиниң биринши томында басып шығарды. Шор тилиниң фонетикасы ҳәм грамматикасын Н.П.Дыренкова ҳәр тәреплеме изертлеген: Грамматика шорского языка. М.-Л., 1941.
1929-жылға дейин шорлардың жазыўы рус графикасына тийкарланған, 1929-жылдан 1938-жылға дейин латын алфавитин пайдаланған, ал 1939-жылдан соң қайтадан рус графикасын қабыллаған.
Ч у л ы м т ү р к л е р и н и ң т и л и – Обь дәрьясының оң тармағы Чулым дәрьясы бассейнинде (Россия) жасайтуғын түркий тиллес халықтың тили.
Чулымлылардың тили ҳаққында мағлыўматлар XVII әсирдеги рус тарийхый актлерде ушырасатуғын топонимлерде, этнонимлерде, патронимлерде көриўге болады. 1946-жылдан баслап чулым тили А.П.Дульзон тәрепинен системалы изертленип баслаған. Соңынан оның изертлеўлерин Р.М.Бирюкович даўам еткен.
Чулым тили – жазыўы жоқ тил. Чулымлар рус сөйлеў ҳәм әдебий тилинен пайдаланады. Мектепте оқытылмайды.
Я к у т т и л и – Якутия республикасында жасайтуғын якутлардың тили. Якутлар өзлерин саха деп атайды.
Якут тили ески түркий тиллердиң тийкарында қәлиплессе де, ол монғол, эвенки тиллериниң тәсиринде көп болғанлықтан, басқа түркий тиллерден ажыралып турады. Якут улыўма халықлық жазыўы XX әсирдиң 20-жылларында пайда болған. Якутлар 1929-жылдан 1939-жылға дейин латын жазыўын, 1939-жылдан баслап рус графикасына тийкарланған алфавитке өткен.
Do'stlaringiz bilan baham: |