IV БӨЛИМ. ТҮРКИЙ ТИЛЛЕРДИҢ ЖАЗБА ЕСТЕЛИКЛЕРИ Жоба: Руникалық жазыўдағы естеликлер.
Уйғур жазыўындағы естеликлер.
Араб жазыўындағы естеликлер.
Руникалық жазыўдағы естеликлер Түркий тиллердиң биринши естеликлери VII–IX әсирлердеги Орхон-Енисей руникалық жазыўлары есапланады. Руникалық жазыўдағы ең ески естеликлер – түркий жазба әдебий тилиниң дәслепки үлгилери.
Ески түркий халықлардың руникалық алфавити VII әсирде пайда болған. Бул алфавит арамей ҳәриплик жазыўына жақын. Түркий қәўимлер руникалық алфавитине дейин соғда алфавитинен кең пайдаланған. Соғда алфавити Түркий қағанатының биринши рәсмий жазыўы есапланған. Соғда тили тарийхый Соғда территориясында ҳәм Шығыс Түркстанда соғда колонияларында, сондай-ақ ол қатнас тили сыпатында Орта Азияның басқа регионларында да тарқалған.
Руникалық жазыўдың пайда болған жери ҳәм ўақты еле белгисиз.
Ески руникалық алфавити VII–IX әсирдиң биринши ярымында өмир сүрди. X әсирде Монғолия территориясында ол тек ескиниң қалдығы сыпатында сақланған. X әсирдиң ақырларына келип руникалық алфавит уйғур курсив жазыўы тәрепинен шығарып тасланған.
Түркий руникалық естеликлердиң жазба әдебий тили үлкен қәўимлик бирлеспелердиң аўызеки-эпикалық дәстүри тийкарында пайда болған ҳәм раўажланған.
Руникалық жазыўлар ҳаққында дәслепки мағлыўматлар XVII әсирдиң ақырларында пайда болды. Голландиялы юрист, соңынан Амстердам қаласының бургомистри Николас-Корнелиссон Витсен (1641–1717) өзиниң «Noard and Oаst Tartarye» (Северная и Восточная Тартария, Амстердам, 1692; 2-басылымы – 1705; 3-басылымы –1785) деген китабында биринши рет түркий руникалық жазыўлары ҳаққында мағлыўматлар келтирилген.
Руникалық жазыўдағы биринши естеликлер Сибирьден табылған. Филипп-Иоганн Страленберг (1676–1747) өзиниң «Das Nord und Östliche Theil von Europa und Asia»(Stockholm, 1730) атлы мийнетинде биринши рет бир қанша руникалық жазыўларды келтирген.
Сибирь бойлап (1720–1727) саяхат еткен белгили саяхатшы Даниил Готлиб Мессершмидттиң (1685–1735) күнделиклеринде руникалық жазыўлар түсирилген сүўретлер сақланған.
Руникалық естеликлер ҳаққында мағлыўматларды жыйнаў тарийхында жаңа әҳмийетли дәўир тарийхшы ҳәм археолог Григорий Иванович Спасскийдиң (1783–1864) исми менен байланыслы. Тюркология тарийхына Г.И.Спасский түркий руникалық жазыўларды жыйнаўда ҳәм системаластырыўда әҳмийетли роль ойнаған өзиниң «Древности Сибири» (1819) деген мақаласы менен кирди. Бул мақалада руникалық жазыўлардың кестеси берилген.
XIX әсирдиң ақырларында руникалық естеликлерди изертлеў мақсетинде бир қанша экспедициялар шөлкемлестирилген. 1889-жылдың жазында Николай Михайлович Ядринцев (1842–1894) Монғолияда (Улан-Батордан 400 км батыста, Кокшин-Орхон дәрьясы жағасында, Кошо-Цайдамда) еки үлкен естеликти – Кюльтегин ҳәм Могилян-хан естеликлерин тапқан. Н.М.Ядринцевтан соң бул жерге еки экспедиция – Аксель Олай Гейкель (1851–1924) басшылығында фин экспедициясы (1890) ҳәм В.В.Радловтың басшылығында (1891) рус экспедициясы жиберилген. Бул еки экспедиция тәрепинен еки атлас усынылған. Түркий руникалық естеликлердиң усы еки атласы баспадан шыққаннан соң, бул сырлы жазыўларды оқыўға киристи.
1893-жылы 15-декабрьде даниялы илимпаз, лингвист, филолог ҳәм тарийхшы, өзиниң тийкарғы қәнигелиги бойынша скандинавист Вильгельм Томсен (1842–1927) Дания Корольлиги Илимлер академиясының мәжилисинде руникалық жазыўларды оқығанлығы ҳаққында баянат ислеген. Ал, 1894-жылы 19-январьда В.В.Радлов Петербург Илимлер академиясына өзиниң Кюль-тегин естелиги жазыўларының аўдармасын усынған.