Будда дини мазмунында жазылған естеликлер. Уйғурлардың көпшилиги будда динине де сыйынған ҳәм өзиниң естеликлерин дөреткен. Буддизм түркий қәўимлер арасында VI әсирде-ақ белгили болған ҳәм кең тарқалған. Будда дини мазмунындағы шығармалардың үлкен бөлеги шама менен VIII–XIII әсирлерге туўра келеди, ал айырым шығармалар XIV әсирде пайда болған.
Будда диний шығармаларының тийкарғы бөлеги түркий тилге X әсирден кейин аўдарылған. Будда дини мазмунындағы ең үлкен шығарма «Алтун йаруқ» болып есапланады. Бул шығарма X әсирде қытай тилинен аўдарылған. Онда будда тәлийматындағы тымсаллар, нақыл сөзлер, дуўалар ҳәм тәртип-қағыйдалар берилген. Аўдармашы шығарманы аўдарыўы менен бирге, оған толықтырыўлар да киргизген. «Алтун йаруқ» шығармасының бир қатар қолжазбасын С.Е.Малов 1910-жылы Ганьсудан тапқан. Қолжазба 1687-жылы Дунхуаньда көширилген. Ҳәзир ол Санкт-Петербургте Шығыстаныў институтында сақланады.
Христиан дини мазмунында жазылған естеликлер. Христиан-несторианлар тәрепинен сирия, орта парсы ҳәм соғда тиллеринде, соның менен бирге, түркий тилде жазылған көп санлы қолжазба текстлер табылған. Түркий тилде жазылған үлкен естелик «Волхвлардың табылыўы» деп аталады.
Жоқарыда көрсетилген естеликлерден басқа VI–X әсирлерге ҳәм оннан кейинги дәўирлерге тийисли болған уйғур юридикалық ҳүжжетлер де сақланған. Сондай-ақ, Юсуф Ҳас Ҳажыбтың «Қутадғу билиг», Ахмед Югнакийдиң «Ҳибат ул-хақайық», Хорезмийдиң «Мухаббатнама», «Оғузнама» ҳәм т.б. бир қатар шығармалардың уйғур жазыўында көширилген нусқалары да бар.
Араб жазыўындағы естеликлер
Юсуф Хас Ҳажыбтың «Қутадғу билиг» шығармасы. Юсуф Хас Хажыбтың «Қутадғу билиг» (Бахытқа баслаўшы билим) атлы дидактикалық поэмасы – түркий тилинде жазылған биринши көркем шығарма.
Юсуф Хас Ҳажыб 1021-жылы Қараханийлер мәмлекетиниң административлик ҳәм саўда-сатлық орайы болған Баласағун қаласында туўылған (Ҳәзирги Қырғызстанның Токмак қаласына жақын Чу дәрьясы бойы).
Шығарма 1069–1070-жылларда Қашғарда жазылған. Автордың өзиниң айтыўына қарағанда, шығармасын он сегиз айдың ишинде жазып болған ҳәм оны Қашғар ханына саўға сыпатында берген. Шығармада ханның толық исми-титулы Буғрахан, Тавғачхан, малик Буғрахан, Тавғач Қара Буғра ханлар ханы, Тавғач улуғ Буғра Қарахан абу Али Хасан бинни Арсланхан, Тавғач улуғ Буғархан болып берилген. Хан Юсуфты жоқары баҳалап оған «Ҳас Ҳажыб» деген атақ берген.
Юсуф Хас Ҳажыбтың «Қутадғу билиг» шығармасының бизге үш үлкен қолжазба нусқасы белгили.
Вена нусқасы. Бул нусқа 1439-жылы 16-июньде Герат қаласында Хасан Қара Сейл Шамс деген адам тәрепинен уйғур жазыўында көширилген. Австриялы илимпаз Иозеф фон Хаммер - Пургшталь (1774–1856) Стамбулда 1796-жылы дипломатиялық хызметте жүрген пайытында бул қолжазбаны Шайх-зада Абдуразақ бақши деген адамнан сатып алған ҳәм оны Венадағы Миллий китапханаға тапсырған. Ҳәзирги ўақытта бул көширме усы жерде сақланады. Соған көре, оны Вена нусқасы деп атайды.
Вена нусқасы менен ең дәслеп франциялы илимпаз Амедей Жобер (1779–1847) танысқан ҳәм ол шығарманың айырым бөлимлерин француз тилине аўдарып, оның мазмуны ҳаққында мағлыўматлар берген.
Рус тюркологы В.В.Радлов бул нусқаның факсимилесин 1890-жылы баспада жәриялады.
Каир нусқасы. Бул нусқа XIV әсирдиң екинши ярымында Египетте араб жазыўында жазылған. Ол ҳәзирги ўақытта Каирдеги (Египет) Кедивен китапханасында сақланады. Оны 1896-жылы усы китапхананың директоры Б.Мориц тапқан. Каир нусқасынан көширилген бир нусқа ҳәзир Санкт-Петербургте Шығыстаныў институтында сақланады. Каир нусқасының соңғы бетлери болмағанлықтан, оның көширилген ўақтын анық көрсетиў қыйын.
Наманган нусқасы. Бул нусқа 1913-жылы Наманган қаласында Мухаммед хожа ийшан Лоляриш деген адамның жекке китапханасынан Стамбул университетиниң профессоры А.З.Валиди тәрепинен табылған. Ҳәзирги ўақытта бул қолжазба Ташкентте Өзбекстан Илимлер академиясының Шығыстаныў институтында сақланады. Наманган нусқасы араб жазыўы менен жазылған. Ол шама менен XVII әсирдиң соңғы жылларында көширилген. Наманган нусқасының ақырғы бетлери болмағаны ушын, оның көширилген ўақты, көширген адам ҳаққында мағлыўматлар жоқ. Қәнигелер оны үш нусқаның ең ескиси деп есаплайды (XIII–XIV әсирлер).
«Қутадғу билигтиң» Наманган нусқасы өзбек тилине аўдарылды: Юсуф хос Ҳожиб. Қутадғу билиг. Нашрга тайёрловчи Қаюм Каримов. Тошкент, 1971. Түрк лингвистика жәмийети (Түрк Дил Куруму) үш нусқаның да факсимилесин баспадан шығарды: kutadgu bilig. Tipki basim. I-III. Istanbul, 1942–1943. Шығарма қазақ тилине де аўдарылды: Жұciп Баласағун. Қутты бiлiк. Алматы, 1986. Уйғур тилинде де жәрияланды: Йүсүп хас hажип. Қутадғу билик. Бейжин, 1984.
Do'stlaringiz bilan baham: |