Ахмед Югнакийдиң «Хибат ул-хақайық» шығармасы. Ахмед Югнакий Қараханийлер мәмлекетиниң үлкен қалаларының бири Югнакта туўылған. Айырым мағлыўматларға қарағанда, Югнак қаласы Самарқандтың дөгерегинде жайласқан. Шайырдың туўылған ҳәм қайтыс болған жылы белгисиз. Ол шама менен XII әсирдиң ақыры XIII әсирдиң биринши ярымында жасаған. Ахмед Югнакий жаслайынан-ақ көзли болған. Ахмед Югнакийдиң «Хибат ул-хақайық» ямаса «Атебат ул-хақайық» (Ҳақыйқатлар саўғасы) атлы этика-дидактикалық поэмасы XII әсирдиң ақырларында ямаса XIII әсирдиң басларында Самарқандта, айырым мағлыўматлар бойынша, Ферғана ямаса Шығыс Түркстанда жазылған.
Шығарманың бизге тек бир неше көширме нусқалары ғана белгили. Солардың ишинде ең ески ҳәм толық сақланған нусқа Самарқанд нусқасы болып табылады. Бул нусқа 1444-жылы Самарқандта хорезмли каллиграф Зайн-ул-Абид-дин бин Султан Бахт Журжаний Хусайн тәрепинен ески уйғур жазыўында көширилген. Бул көширме ҳәзирги ўақытта Стамбулдағы Айя-София мешити китапханасында сақланады. Шығарманың басқа бир нусқасы 1480-жылы Стамбулда Шайхзада Абдураззақ бахши тәрепинен араб ҳәм уйғур жазыўларында көширилген. Бул нусқа да ҳәзир Стамбулда Айя-София мешити китапханасында сақланады.
Стамбулдағы Топ-Капа сарайы китапханасында шығарманың араб жазыўында жазылған және бир нусқасы сақланады. Бул нусқаның қашан, қайсы жерде ҳәм ким тәрепинен көширилгени белгисиз.
Барлық нусқалардың факсимилеси түрк илимпазы Рашид Раҳмат Арат тәрепинен басылып шықты: Edib Ahmed b. Mahmud Yükneki. Atebatül hakajik. R. R.Arat.Istanbul, 1951.
«Хибат ул-ҳақайық» шығармасы бир қатар тиллерге аўдарылды: Маҳмудов Қ. Аҳмад Югнакийнинг «Ҳибатул ҳақойиқ» асари ҳақида (Кириш, фонетика, морфология, танқидий матн, транскрипция, шарҳ, луғат). Тошкент, 1972; Әдип Әхмәт бинни Мәhмут Йүгнәкий. Әтәбәтул hәқайық. Бейжиң, 1981; Ахмет Йугәнеки. Ақиқат сыйы. Алматы, 1985; Малов. ПДТП, 316–321-бетлер.
Ахмед Яссаўийдиң «Ҳикметлери». Ахмед Яссаўий түркий халықлардың руўхый мәдениятының қәлиплесиўинде белгили из қалдырған. Ол шама менен 1103-жылы ҳәзирги Түркстан қаласына жақын жердеги Йасы аўылында туўылған ҳәм 1166-жылы қайтыс болған.
Ахмед Яссаўийдиң әдебий мийраслары Диванға жәмленген. «Дивани ҳикмет» (Қосықлар жыйнағы) атлы суфистлик-дидактикалық шығармасы орта әсирдеги түркий халықлар әдебиятының үлкен дөретпеси болып есапланады. Суфизм – исламның диний-мистикалық ағымы. Ол XI әсирдиң екинши ярымынан баслап Орта Азия ҳәм Иранда раўажлана баслады.
Ахмед Яссаўий ҳикметлериниң түп нусқасы сақланбаған. Бизге оның XV-XVII әсирлерде көширилген нусқалары келип жеткен.
Do'stlaringiz bilan baham: |