Жамал ад-Дин ат-Түркийдиң «Китабу булгат ал-муштак фи-л-луғат ат-турк вал-кыфчак» мийнети Жамал ад-Дин ат-Туркий өз заманының белгили алымы болған. Ол араб ҳәм түркий тиллерин жетик билген. Оның бизге тек бир ғана мийнети – «Китабу булгат ал-муштак фи-л-луғат ат-турк ва-л-қыфчақ» (Түркий ҳәм қыпшақ тиллерин билиў тилегин қанаатландырыў ушын китап) деген мийнети келип жеткен. Бул китап түркий тиллерди үйрениўши араблар ушын жазылған. Айырым изертлеўлерге қарағанда, «Китаб» XIV әсирдиң биринши ярымында Сирияда жазылған. Оның түп нусқасы ҳәзирги ўақытта Париждеги Миллий китапханада сақланады.
Жамал ад-Дин ат-Түркийди илим дүньясына танытқан польшалы тюрколог Ананиаш Зайончковский (1903–1970) болды: Zajaczkowski A. Bulghat al-Muštaq fi-Lugat at-Turk wal-Qifčaq. Warszawa, 1958.
«Китаб» еки бөлимнен турады: «Атаўышлар» ҳәм «Фейил ҳаққында».
«Ал-каванин ул-куллийа ли дабт ил-луғат ат-туркийа» Бул қолланбаның авторы, жазылған жылы ҳәм орны белгисиз. Илимпазлардың шамалаўы бойынша, қолланба XIV әсирдиң аяғы ҳәм XV әсирдиң басларында Мамлюк мәмлекетиниң территориясында жазылған. Онда Русь далаларынан Египетке көшип келген түркий қәўимлердиң аралас қыпшақ-түркмен тилиниң материаллары берилген.
Қолланбаның жалғыз түп нусқасы ҳәзир Стамбулдағы Сулайманийа китапханасында сақланады. Оның түркше текстин Килисли Ахмед Рифат толық түринде баспадан шығарды: Kilisli Rifat. Al Qavanin al-kulliyah lidabt al-lügat al-türkiyah. Istanbul, 1928. Усы басылым бойынша венгр илимпазы С.Телегди немец тилине аўдарды ҳәм оған комментарийлер берип, 1938-жылы көлемли мақала жәриялады.
«Ал-каванин ул-кулийа ли дабт ил-луғат ат-туркийа» (Түркий тилин ийелеў ушын толық қолланба) еки бөлимнен турады: грамматика ҳәм сөзлик.
«Китаб ат-тухфа аз-закийа фи-л-луғат ат-туркийа» Авторы белгисиз бул қолланба XIV әсирде Египетте жазылған. Қолланбаның бизге тек бир ғана нусқасы келип жеткен. Ол ҳәзирги ўақытта Стамбулдағы Вали ад-Дин эфенди китапханасында сақланады. Бул қолланба ҳаққында биринши рет 1922-жылы профессор Мехмет Фуад Кёпрюлюзаде (1890–1966) Венгрия журналларының биринде хабарлады.
«Китаб» төрт мәртебе баспадан шықты. 1942-жылы Будапештте (Венгрия) проф. Т.Халаши - Кун тәрепинен факсимиле түринде басылды. Түрк илимпазы Бесим Аталай «Китабты» түрк тилине аўдарып, оны баспадан шығарды: Ettühfar –üz-Zekije fil-lügat-it-Turkije. Geviren Besim Atalay, Istanbul, 1945. Оның өзбек тилине аўдармасы да басылды: Аттуҳфатуз закияту филлуғатит туркия (Туркий тил (қипчоқ тили) ҳақида ноёб туҳфа). Таржимон ва нашрга тайёрловчи С.Муталлибов. Тошкент, «Фан», 1968. Бул қолланба 1978-жылы Ташкентте «Изысканный дар тюркскому языку» деген атама менен рус тилинде басылып шықты.
«Китаб ат-тухфа аз-закийа фи-л-луғат ат-туркийа» (Түркий тил туўралы жазылған айрықша сыйлық) – Мамлюк қыпшақларының тили жөнинде араб тили грамматикасының үлгиси менен араб тилинде жазылған қолланба. Онда 3 мыңға жақын сөзден туратуғын арабша-түркийше сөзлик, қыпшақ, түркмен ҳәм татар тиллериниң өзгешеликлери изертленген.